Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.87K subscribers
28.6K photos
2.88K videos
57 files
4.47K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Кегейли ҳәм Бозатаў районы ҳәким жәрдемшилери ушын әҳмийетли семинар

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасында кәмбағаллықты қысқартыў жɵнелисинде жаңаша ислеў системасын шɵлкемлестириў бойынша семинар болып ɵтти.

Семинарға район ҳәкимииниң биринши орынбарасы М.Ниязов, Исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўға кɵмеклесиў басқармасы бас қәнигеси И.Набижанов, Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикаси Басқармасы бɵлим баслығы  А.Сапаров,  Кегейли ҳәм Бозатаў районлары  Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайлары хызметкерлери ҳәм ҳәким жәрдемшилери қатнасты. 

Семинар даўамында қатнасыўшыларға кәмбағаллықты қысқартыў жɵнелисинде жаңаша ислесиў усыллары бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Депутат_қадағалаўы
Кегейли районының дерлик барлық орынларында арнаўлы қараралар ҳәм тийисли бағдарламалар тийкарында қурылысы режелестирилген объектлердиң саны баршылық. Бул объектлер ɵз ўақтында сапалы етип қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылса, пуқаралар ушын оғада үлкен қолайлықлар жаратылып, районның архитектуралық келбетиниң және де  жақсыланыўына тийкар жаратылады.

Бул бағдарда қурылыс жумысларында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысына жәмийетлик қадағалаў жүргизиў мақсетинде депутатлар бириктирилген болып, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Д.Қурбаниязов Кегейли районында болды.

Үйрениўлер даўамында Жоқарғы Кеңес депутаты районда усы жыл ушын белгиленген инвестициялық жойбарлар, арнаўлы бағдарламалар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң Президиум қарары тийкарында ажыратлыған қаржылар есабынан қурылысы алып барылып атырған объектлер менен танысты.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Депутат_қадағалаўы
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутаты район орайында бой тиклеп атырған Жаслар орайы, Халық билимлендириў бɵлими ҳәм Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынында “Абат аўыл” бағдарламасы шеңберинде жаңадан қурылып атырған балалар бақшасы имаратының курылысын ҳәм районлық Медицина бирлеспесинде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумысларының нәтийжесин кɵзден ɵткерди.

Орынларда қурылысшылар менен сәўбетлесип, қурылыс сапасын үйренди, шәртнама мүддети ɵткен қурылысларды қатаң сынға алып, дерлик барлық үйренилген объектлердиң қурылысын қысқа ўақыт аралығында сапалы етип жуўмақлаў бойынша мүддет белгилеп берди.

Әлбетте, депутат қадағалаўы еле даўам етеди. Бүгин сын кɵз-қарастан алып барылған үйрениў жумыслары болса, қурылыстың сапалы орынланыўына ҳәм усы арқалы  пуқаралардың күнделикли турмысында қолайлықлар жаратыўға себеп болары анық.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Т А Й Ы Н Л А Ў

Калмуратов Мухаммед Ахметович- Кегейли районы фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы лаўазымына тайынланды.

М.Калмуратов усы күнге шекем Бакир Каримбердиев атындағы МТП баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим

Бүгин райондағы 10-санлы мектепте Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов ҳәм филология илимлери докторы Тамара Машарипова менен «Ақтуба» пуқаралар жыйынындағы улыўма билим бериў мектеплериниң дѳретиўши оқыўшы жасларының әдебий ушырасыўы болып ѳтти.

Әдебий кешеде жазыўшы бул аймақта жасап ѳткен белгили тулғалар, илим, әдебият ҳәм кѳркем-ѳнер тараўында пидайы мийнет ислеген инсанлар ҳаққында оқыўшыларға кең мағлыўматлар берди. Дѳретиўши оқыўшылар жазыўшының дѳретиўшилиги бойынша сораўларын берип, тийисли жуўапларын ҳәм мәсләҳәтлерин алды. Белсенди қатнасқан ҳәм әжайып сораўларын жоллаған оқыўшылар жазыўшының қолтаңбасы түсирилген китаплары менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@kegeylirkuzofficial