Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.09K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы


Бир неше поэзиялық, прозалық, драмалық шығармалардың авторы, «Кегейли турмысы» газетасында 26 жыл даўамында редактор болып нәтийжели жумыс атқарған журналист Жиенбай Мояновтың дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кеше бүгин райондағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып ѳтти.

Кешеге Қарақалпақстан халық шайыры Х. Дәўлетназаров, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Е. Байназаров, устаз Нураный Ш.Панаев ҳәм бир қатар жазыўшының жақынлары, шәкиртлери қатнасып, жазыўшы, шайырдың дѳретиўшилиги бойынша мағлыўматлар берди.

Илаж районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлиминиң Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен районда туўылған белгили тулғалар дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кешелер режеси тийкарында шѳлкемлестирилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы


Бүгин райондағы 9-санлы мектепте Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым ҳәм жазыўшы Камал Мәмбетовтың дѳретиўшилигине бағышланған кеше болып ѳтти.

Кешеде жазыўшының қәлемине тийисли болған қосықлар бойынша әдебий оқыўлар, шығармашылығы тийкарында сахналастырылған кѳринислер 1-55-9-санлы мектеплердиң талантлы оқыўшылары тәрепинен атқарылды.


Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим!

1-декабрь – Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» сүрени астындағы жәрияланған социаллық видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары.

«Тѳрешилер курамының арнаўлы сыйлығы» номинациясының жеңимпазы
Автор: Жулдызхан Мәмбетниязова
Сыйлық: 500 000 сўм

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
Кегейли  районы  «Жалпақ жап» АПЖ  аймағында  2022-жыл 29-ноябрь  күни саат 09:20 ден  18:00 ге шекем 201-санлы трансформатор  пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз сегизинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дуйсенбай Утамбетов баянат жасады.

Қарақалпақстан Республикасының жайлаў жерлериниң улыўма майданы 5 млн. 185,3 мың гектарды яки республикамыздың улыўма жер майданының 31 процентин қурайды.

Бүгинги күнде бул жерлерде 840 тан аслам шарўашылық ҳәм қаракөлшилик жөнелисиндеги фермер хожалықлары жумыс алып бармақта, олар тәрепинен қаракөл териси, жүни ҳәм гөш-сүт өнимлери жетистирилип атырғаны сессияда атап өтилип, бул мәселе қарап шығылды.

Нызам жойбары бойынша 25-санлы “Наўбаҳар” сайлаў округинен депутат Адилбек Реимбаев шығып сөйлеп, өз пикирин билдирди.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Кейинги мәселе, яғный қала ҳәм районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен субсидиялар ажыратылыўында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Сессияда күн тәртибиндеги екинши мәселе қарап шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter