Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.95K subscribers
30.5K photos
3.11K videos
63 files
4.82K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Хожели районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде көргизбели семинар өткерилди

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
#Бүгин
Алдын хабар бергенимиздей, Самарқанд қаласында саяхатта болған ҳаял-қызларымыздың, бүгин, Бухара қаласының тарийхый орынларына зияраты шөлкемлестирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
❗️Қарздорлик мавжуд транспортлар стационар постларда тўхтатилади

Ҳукумат қарори (377-сон, 08.07.2022 й.) билан Йўл-патруль хизмати стационар постларида “Яшил” ва “Қизил” йўлак тамойили асосида ҳаракатланиш тартибини жорий этиш тўғрисида низом тасдиқланди.

🔰 Низомга кўра, транспорт воситаларининг ҳаракати фото ва видео қайд этиш қурилмалари орқали қайд қилиниб, ҳайдовчиларга ёруғлик диодли экран орқали ишора бериш йўли билан тартибга солинади.

Экранда акс эттирилмаган ёки “Яшил” йўлак бўйлаб ҳаракатланиш ҳақида ишора берилган транспортлар “Яшил” йўлак бўйлаб тўсиқсиз ҳаракатланади.

❗️“Қизил” йўлакдан ҳаракатланиши буюрилган транспорт воситалари бўйича ҳаракат қатнашчиларининг ҳужжатлари электрон маълумотлар базасидан фойдаланган ҳолда текширилади. Аниқланган қарздорликлар бўйича тўлов амалга оширилганидан сўнг, уларнинг ҳаракатини давом эттиришига рухсат берилади.

☑️ Қарздорлик тўланмаган ҳолларда транспорт воситалари махсус тўхташ жойларига жойлаштирилади.

Қарздорлик аниқланган транспортларга бир нечта ҳолларда, жумладан, қарздорликка асос бўлган қоидабузарлик юзасидан судга мурожаат қилинганда ёки иш судда кўрилаётганда ҳаракатни давом эттиришга рухсат берилади.

https://t.iss.one/yhq172
Хабарландырыў

Кегейли  районы  «Ийшан қала» АПЖ  аймағында  2022-жыл 24-октябрь  күни саат 09:00 ден  18:00 ге шекем 119-санлы трансформатор  пунктинде ири оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы  «Ақтуба» АПЖ  аймағында  2022-жыл 24-октябрь  күни саат 09:10 ден  18:00 ге шекем 34-санлы трансформатор  пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
Жумыс пенен тәмийинлеў дәрежеси қандай?

Кегейли районында 74,1 мыӊ халық болып, соннан мийнетке жарамлы халық 39,1 мыӊды, экономикалық актив 30,4 мыӊды, экономикада бәнтлер саны 28 мыӊды, соннан рәсмий секторда 11,1 мыӊды, нәрәсмий секторда 11,5 мыӊ адамды қурайды.

Жумыс излеп шет еллерге кеткенлер саны 5437 пуқара, жумыссызлар саны 2876 пуқараны қурайды.

2022-жылда жаӊадан 231 киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириӯ белгиленип, әмелде 9-ай даӯамында 131 исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди.

9 ай даӯамында мийнет органларына жумыссыз 2189 пуқара мүрәжат еткен.
10613 пуқараныӊ бәнтлиги тәмийинленген.

Атап айтқанда: қурылыс, транспорт ҳәм коммунал тараўда167 пуқара, Инвестициялар ҳәм сыртқы саӯда комплексинде 374 пуқара, аӯыл хожалығы комплексинде 7374 пуқара, экономика комплексинде 2322 пуқара, Туризм, мәденият ҳәм спорт тараӯында 376 пуқараны қурайды.
754 пуқара жәмийетшилик жумысларына тартылған, 18 пуқараға жумыссызлық напақасы тайынланған, 250 пуқара кәсипке оқытылған.

@kegeylirkuzofficial
#Жасыл_мәкан
#Әҳмийетли_40_күн

Ҳәммемизге белгили, елимизде 20-октябрден 1-декабрь санеси аралығында "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарын 40 күн ишинде әмелге асырыў бойынша тапсырмалар барлық районлар дәрежесинде түсиндирилип, режелер белгилеп алынған еди.

Усы тийкарда Кегейли районында да 40 күнлик шеңберинде 2022-жылдын гүз мәўсиминде 228 800 мың түп терек нәллерин  отырғызыў жумыслары шɵлкемлестириледи.

Бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте 14-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты әтирапына нәл егиў жумыслары әмелге асырылды.

Жойбар шеңберинде нәл егиў жумыслары районымыз бойлап ҳәр күни даўам етеди.

Сизде, ɵзиңизди жасап турған аймақты жасыл мәканға айландырыў жумысларына үлес қосың!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Ҳүрметли Ишки ислер уйымлары хызметкерлери!

Тынышлық сақшылары болған Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы, "25-октябрь – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни" менен қызғын қутлықлаймыз.

Тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлерин халқымыз жақсы аңлайды ҳәм қәдирлейди.

Сизлерге, Ўатанымыз ҳәм халқымызға болған садықлығыңыз ушын терең миннетдаршылық билдиремиз.

Және бир мәрте бәршеңизди бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарағыңызға татыўлық, мақтанышлы кәсибиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Ҳүрметли ишки ислер уйымлары хызметкерлери!

Сизлердиң ғәрезсизлигимизди беккемлеў,  жәмийетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў,  жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бағдарында алып барып атырған мәрдана хызметлериңизди бүгин елимиз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.

Мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўды шөлкемлестириў бойынша ҳәр бир мәҳәлле,  шаңарақ ҳәм пуқара кесиминде жынаятшылықтың себеплерин анықлаў ҳәм оларды болдырмаў мақсетинде «Пуқарабай»,  «Шаңарақбай» ҳәм «Мәҳәллебай» ислеў системасы арқалы күни-түни жынаятшылықтың социаллық профилактикасын тәмийинлеў бойынша жедел ҳәрекетлериңиз болса дыққатқа ылайықлы.

Сизлердиң елимиз тынышлығы,  муқәддес жеримизде пәраўанлықты  тәмийинлеў жолындағы жумысларыңызда табыслар яр болыўын,  шаңарағыңызға бахыт-мәртебе,  қут-берекет ҳәм беккем ден-саўлық тилеймен.

Районымызда ҳуқықый үгит-нәсиятты күшейттириў,  жынаяттың алдын алыў, оған қарсы гүресиўдей хызметлериңизде әўмет яр болсын!

Дәўлетбай Утемуратов,
Кегейли районы ҳәкими
#жасыл_мәкан

🌳Усы жылдың 20-октябрь сәнесинен 1-декабрь сәнеси аралығында «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен Кегейли районындағы мәкеме, кәрхана, оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында районымыз аймағына көше бойлары менен әтирап аймаққа ҳәр түрли декоратив терек ҳәм мийўе нәллерин егиў, жап-салмаларды тазалаў жумыслары алып барылмақта.

Бүгин өткерилген илажға район ҳәкими Д.Утемуратов қатнасты ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте нәл отырғызыў жумысларын әмелге асырды.

Районымыздың бәрше халқын мәҳәллелеримизди, жасап турған көшемизди көклемзарластырыўға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!


Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial