Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.87K subscribers
31.1K photos
3.2K videos
63 files
4.96K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Сайлаў_2022
Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы болып өтти

Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына жәми 213 ўәкилден 194 сайлаўшы қатнасты.

Өткерилген сайлаў, сайлаў нызамшылығына тийкар алып барылып, аўыл халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанларына даўыс берди.

Сайлаў нәтийжесине бола, сайлаўшылардың қоллап-қуўатлаўы менен 75,7% даўыс топлаған талабан Тилеген Жүндуллаев жеңимпаз деп табылып, Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Бүгин
Кегейли район медицина бирлеспесине қараслы “ХСТТКК ҳәм ФАА” бөлими шыпакерлери тәрепинен "Халқабад дийхан базары"нда усы аймақта жасаўшы турғынларға "Дурыс аўқатланыў куни"не арналған ярмарка өткерилди.

Пуқараларға саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дурыс аўқатланыў қағыйдалары түсиндирилип, олардың артериал қан басымы ,бой салмағы өлшенип тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Кегейли халқы,
әзиз қосық шайдалары!


Бәршеңизди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында хызмет көрсеткен артист, "Ниҳол" сыйлығының лауреаты Мақсет Өтемуратовтың "Сағындым" атлы концертине мирәт етемиз.

Концерт 20-май күни саат 19:00 де Кегейли районы орайлық стадионында болып өтеди.

Жанға жағымлы қосықлар тыңлап кеўил көтеремиз десеңиз концертке мәрхәмат!

📌Билетлер Кегейли районы Мәденият орайында сатылмақта (Билет баҳасы 20 000 сўм)

Мағлыўмат ушын:📲
+99 893 717 99 64
📣📣📣 ДЫҚҚАТ ДЫҚҚАТ!

Кегейли районы Айрықша жағдайлар бѳлими ескертеди.
@kegeylirkuzofficial
#Сайлаў_2022
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Усы жылдың 20-май күни саат 16: 00 де Кегейли районы "Қумшүнгил" АПЖда пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтеди.

Талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен сайлаў өткерилетуғын орынларда толық танысыўыңыз мүмкин.

Аймақ турғынларын пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Мәнзил: Кегейли районы 22-санлы мектеп

@kegeylirkuzofficial
Перспективы и точки роста Республики Каракалпакстан в фокусе внимания СМИ Нидерландов

Председатель Совета Министров Республики Каракалпакстан Кахрамон Сариев в интервью рассказал, что работа Бахтияра Менглибекова, помощника хокима в махалле Мадели в Муйнакском районе, была высоко оценена, и он был назначен хокимом того же района

Подробнее

Telegram | Facebook | Twitter| Telegram (O'zbekcha)
Мектепте әжайып баслама

20-май күни районлық Халық билимлендириў бѳлимине караслы 30-санлы улыўма билим бериў мектебинде 2021-2022 оқыў жылы жуўмақларына бағышланып, «Хошемет» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып ѳтти.
Илажда оқыў жылы даўамында билимлендириў бағдарында пән олимпиадалары ҳәм таңлаўларда, спорт жѳнелислеринде ҳәм жәмийетлик басламаларда жоқары нәтийжелерге ерискен оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары, искерлиги жоқары деп баҳаланған оқытыўшылар ҳәм мектеп хызметкерлериниң ең белсендилери хошеметленди.
Бул илажды ѳткериўден мақсет, оқыўшылардың билим алыўға болған қызығыўшылықларын еледе асырыў, ата-аналарда перезент тәрбиясына болған итибарлылықты күшейтиўге ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлериниң мийнетлерин ылайық баҳалаўдан ибарат.

Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы районлық бѳлими баслығы Б.Матеков ҳәм районлық Халық билимлендириў бѳлиминиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбия мәселелери бойынша сектор баслығы А.Қәлилаевлар қатнасты.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими.
👍1
#Онлайн
Ҳәзирги мәўритлерде Кегейли районындағы орайлық стадионында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында хызмет көрсеткен артист, "Ниҳол" сыйлығының лауреаты Мақсет Өтемуратовтың "Сағындым" атлы концерт бағдарламасы Кегейлиши ықласбетлериниң нәзерине усынылмақта.

@kegeylirkuzofficial