KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Өзбекстанда жаңа әскерий университет шөлкемлестириледи

Қураллы Күшлер академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Жаңа университет қурамына Қорғаныў министрлигине қараслы барлық әскерий билимлендириў мәкемелери төмендегише киргизиледи:
5 әскерий институт;
Сержантларды таярлаў жоқары мектеби;
️Авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў орайы.

Бул мәкемелер институт статусында жумысын бирден-бир университет қурамында даўам еттиреди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
📸Көк аспан саясы – Қаратерең көли

❤️Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойындағы этнотуризм комплекси елимиз тәбиятының бийтәкирар гөззаллығы, миллийлик ҳәм заманагөйлик жәмленген орынларының бирине айланды.

🌐Karinform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков бул өзгеше гөззаллықты фотосүўретлерге мөрлеўге ҳәрекет етти.

Фотосүўретлерди тамашалап, баҳа бериң.


©️Karinform.uz

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жаңа прокурор тайынланды

Аминов Шохрух Азаматович – Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымына тайынланды.

Ш.Аминов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары лаўазымында ислеген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌓7-сентябрь күни толық Ай тутылыўы ҳәдийсеси бақланады

🌖Усы жылдың 7-сентябрь күни Жер жүзиниң адамлары қызықлы астрономиялық ҳәдийселердиң бири – толық Ай тутылыўын бақлаўы мүмкин. Бул тутылыў толық Ай тутылыўы есапланып, тутылыўдың толық фазасында Айдың бети 100 процент Жердиң саясында болады. Ай тутылыўының толық фазасы 1 саат 22 минут даўам етип, тутылыўдың улыўма даўамлылығы болса 3 сааттан көп ўақыт даўам етеди.


Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улығбек атындағы Астрономия институтының мәлим етиўинше, Өзбекстанда 7-сентябрь күни Ташкент ўақты менен саат 21:27 де үлесли Ай тутылыўы, ал саат 22:30 да болса толық Ай тутылыўы басланады.

🔸Толық фазалы Ай тутылыўы 1 саат 22 минут даўам етеди. Саат 23:11 де толық фазалы Ай тутылыўы максимум фазасына жетеди, саат 23:52 де болса толық фазалы тутылыў жуўмақланады. 8-сентябрь саат 00:56 да үлесли Ай тутылыўы да жуўмақланады. Ай тутылыўы улыўма 5 саат 26 минут даўам етеди.

🔹Тутылыў даўамында Айдың горизонттан бийиклиги Қарақалпақстан Республикасы аймағында тутылыў басланғанда 21 градус (мүйешлик), тутылыўдың максимал фазасында 30 градус (мүйешлик) ҳәм тутылыў жуўмақланыў алдында болса 38 градусты (мүйешлик) қурайды.

↪️Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Ай тутылыўын бақлаў ушын арнаўлы үскенелер талап етилмейди ҳәм әпиўайы (қуралланбаған) көз бенен бақлаў мүмкин. Ай тутылыўын бақлаў Қуяш тутылыўынан парқлы түрде, Айдың толық тутылыўын бақлаў ушын ҳеш қандай арнаўлы үскенелерди талап етпейди. Айдың тутылыўын қуралланбаған көз бенен бақлаў қәўипсиз.


©️Karinform.uz

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM