KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды

↪️Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланды.


Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт комплексинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.

Бул жерде абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада –
1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем
болып өтеди.

❤️Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 32 700 ден аслам абитурентлер қатнасыўы күтилип атырған болып, тест сынақлары усы жылдың 22-июль күнине шекем даўам етеди.


Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2025.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«️Өзбекнефтгаз» АИ-80 бензинин ислеп шығарыўды тоқтатады

«Өзбекнефтгаз» 2025-жыл сентябрьден АИ-80 бензинин ислеп шығарыўды толық тоқтатажақ. Усы жылдың өзинде АИ-80 резервлери система кәрханаларының қоймаханаларында сапластырылады.

2026-жылдан тек жоқары октанлы автобензинлер (мәселен, АИ-91, АИ-95) сатылыўы жобаластырылған.
Бул қарар «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңбериндеги қоршаған орталықты сақлаў ҳәм жасыл экономика мақсетлерине муўапық қабыл етилмекте.

Президент пәрманына бола, 2025-жылдың ақырына шекем АИ-80 нен пайдаланыў ҳәм сатыўды шеклеў ушын барлық ресурслар мобилизацияланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Bakalavr_kvota_kunduzgi_2025.pdf
15.2 MB
ЖООларға қабыллаў параметрлери жәрияланды

2025/2026-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриат басқышына қабыллаў параметрлери билимлендириў формасы, бағдары ҳәм оқытыў тили кесиминде тастыйықланды.

Соның менен бирге, ЖООларға кириў имтиханларындағы минимал өтиў балы өзгериссиз қалды. Жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант бойынша минимал өтиў балы – 68 балл (максимал 189 баллдың 36%и), төлемли-контракт бойынша минимал өтиў балы – 56,7 балл (максимал 189 баллдың 30%и) етип белгиленди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Техникумларға ҳүжжет тапсырыў мүддети 10-августқа шекем создырылды

2025-жылы улыўма орта билимлендириўди (9-класс) тамамлаған питкериўшилер 519 техникумнан биреўинде оқыў ушын my.edu.uz платформасы арқалы 10-августқа шекем (сол күни де) онлайн дизимнен өтиўи мүмкин.

Қабыллаў мәмлекетлик грант тийкарында күндизги ямаса дуал тәлим формасында әмелге асырылады.

Сондай-ақ, 14 техникумдағы халықаралық билимлендириў бағдарламаларына да грант тийкарында қабыллаў ашық.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда жаңа әскерий университет шөлкемлестириледи

Қураллы Күшлер академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Жаңа университет қурамына Қорғаныў министрлигине қараслы барлық әскерий билимлендириў мәкемелери төмендегише киргизиледи:
5 әскерий институт;
Сержантларды таярлаў жоқары мектеби;
️Авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў орайы.

Бул мәкемелер институт статусында жумысын бирден-бир университет қурамында даўам еттиреди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
📸Көк аспан саясы – Қаратерең көли

❤️Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойындағы этнотуризм комплекси елимиз тәбиятының бийтәкирар гөззаллығы, миллийлик ҳәм заманагөйлик жәмленген орынларының бирине айланды.

🌐Karinform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков бул өзгеше гөззаллықты фотосүўретлерге мөрлеўге ҳәрекет етти.

Фотосүўретлерди тамашалап, баҳа бериң.


©️Karinform.uz

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM