KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Айдаўшылар жәрийма балларын бақлап барыўы мүмкин

1-июньнен баслап енгизилген жәрийма баллары системасы бойынша мағлыўматларды "Safe ROAD YHXX" мобиль қосымшасы арқалы аңсат ҳәм тез көриў мүмкин.

Қосымша арқалы транспорт басқарыўшылары:
Топланған жәрийма балларын;
Қағыйдабузарлық түрлери ҳәм сәнесин;
️Баллар қаншаға жеткенин
онлайн бақлап барыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ис ҳақы, напақа, пенсия ҳәм стипендиялар 10%ке арттырылады

️2025-жыл 1-июльден
️пенсия ҳәм напақалар муғдары 10% ке арттырылады.

Бунда:
️Жасқа байланыслы ең кем пенсия – 918 000 сом;
️Майыплық пенсиясы (минимал) – 1 012 000 сом.

Балалар напақасы:
3 жасқа шекем – 360 000 сом;
3-18 жас – 275 000 сом;
2-перзент ушын қосымша – 165 000 сом;
➖️ 3 ҳәм оннан кейингилер ушын – 110 000 сом;
➖️ Материаллық жәрдем (айлық) – 420 000 сом;
➖️ Басқа пенсия ҳәм напақалар арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан ️бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10%ке көбейтиледи.

Базалық шамалар да өзгереди:
1-июльден ️пенсия есаплаў ушын базалық муғдар – 471 000 сом.

1-августтан:
️Ең кем айлық мийнет ҳақы – 1 271 000 сом;
️ Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) – 412 000 сом.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгиннен қабыллаў басланды

Бүгин, ️5-июнь күнинен баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына абитуриентлердиң онлайн дизимнен өтиўи басланды.

Қабыллаў процеси 5-июньнен 25-июньге шекем даўам етеди ҳәм my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.

Еслетпе:
🔹 Бул басқышта тек пәнлер комплекси таңланады;
🔹 Университет ямаса бағдар ҳәзирше таңланбайды;
🔹 Абитуриент қайсы пәнлерден тест тапсыратуғынын белгилейди.

Тест нәтийжелери жәрияланғаннан соң, ҳәрбир абитуриент өз балына қарап, қайсы жоқары оқыў орны ҳәм қайсы бағдарды таңлаўды өзи еркин шешеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте тема жаратыў сыяқлы көплеген жумысларды АИ әллеқашан ислей баслады. Бирақ, журналистиканың айырым тәреплери бар, оларды жасалма интеллект еле узақ ўақыт даўамында орынлай алмайды. Бул ҳаққында Жасалма интеллекттиң жуўабын усыныс етемиз.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12815

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп Гарвардтың сырт ел студентлери ушын виза бериўди рәсмий түрде қадаған етти

Америка Қурама Штатлары президенти Дональд Трамп 4-июнь күни сырт елли студентлердиң Гарвард университетине оқыўға кириўине тосқынлық етиўши нызамға қол қойды.

Қол қойылған бийликте Трамп Гарвард сырт елли студентлерди қабыллаўды даўам еттириўи миллий қәўипсизликке қәўип туўдыратуғынын айтқан.
«Шет ел пуқараларының АҚШқа кириўи мәмлекет мәплерине зыян келтиреди» деп жазған Трамп буйрықта.

Буған Ақ үйдиң университет пенен душпанлығының және де күшейиўи сыпатында қаралмақта. Федерал суд өткен ҳәптеде Ишки қәўипсизлик министрлигине халықаралық студентлерди Гарвардта оқыўдан шетлетиўди қадаған еткен еди.

Гарвард 4-июньға өтетуғын түнде берген баянатында сырт елли студентлерин қорғаўды даўам еттиретуғынын айтқан еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында Миллий статистика комитетиниң бақлаўларына бола, Қарақалпақстан Республикасы бул бағдарда ең арзан палаў таярлаў имканиятын бермекте.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12818

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация бериледи

2025-жыл 1-майдан Өзбекстан бойлап жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация төлеў әмелияты жолға қойылған еди. Енди компенсация тек ғана қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) емес, ҳәр айда төлеп бериледи.

Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын 1-июньнен баслап арза тапсырыў басланды.

Компенсациялар төмендеги категорияларға тийисли шаңарақларға бериледи: Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар - бунда шаңарақ ағзаларына туўра келетуғын айлық дәрамат 669 мың сомнан аз болыўы керек.

Сондай-ақ, еки реестрге де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәрбир ағзасына 1 млн сомнан аз болған шаңарақлар да усы жәрдемнен пайдалана алады.

2025-жылы улыўма есапта 1 трлн 330 млрд сом муғдарында компенсация ажыратылыўы жобаластырылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған баҳаңызға ҳәм ҳәттеки физикалық саламатлығыңызға тәсир етиўи мүмкин болған көринбес жолдасларға айланады. Мүддетлери өтип кеткени ушын турақлы стресс, жақынларың алдындағы айыплылық сезими, қарызлар ҳаққында тынымсыз ойлаў – бул ўақытша қыйыншылықлар емес, ал ҳақыйқый психологиялық жүк.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12816

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы ең ири ҳәм белгили компаниялардан бири болып есапланады. Төменде сизди таң қалдыратуғын Google ҳаққындағы ең қызық ҳәм әжайып фактлерди келтиремиз.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12823

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди Axiosқа сүйенип Кун.уз.

Анықланған жағдайлардың биринде Opus 4 жасалма интеллекти инженерге оның сүйиклиси менен жеке жазыўларын жәриялаў арқалы қәўип салған. Anthropic компаниясы нейротармағы өзин өширип қоймаўлары ушын өтирик сөйлеў ҳәм пайдаланыўшыларды шантажлаўды үйренди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12830

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан аймағына ыссы ҳаўа ағымы кирип келмекте

16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте.

16-17-июнь – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында;
17-19-июнь – мәмлекеттиң барлық аймақларында
ҳаўаның температурасы күндиз 40-42°C;
Қубла ҳәм шөл аймақларында болса 43-44°C ға шекем көтериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәмлекетлик шөлкем хызметкерлериниң дене салмағы қадағаланады

2025-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр күни белгиленген ўақытта дене тәрбия илажлары өткериледи.

🔹 Спорт зоналары шөлкемлестириледи;
🔹 Хызметкерлерге спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратылады;
🔹 Дене салмағы индекси турақлы өлшенип, «hrm.argos.uz» платформасына жүклеп барылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Магистратураға қабыллаў басланды

2025-2026-оқыў жылы ушын мәмлекетлик ЖООлардың магистратурасына ҳүжжетлерди қабыллаў басланды.

️Арзалар my.edu.uz арқалы 30-июльге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.

Таңлаўда белгиленген талап дәрежесиндеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болғанлар қатнасыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сентябрьден B2 сертификатына ийе болмаған шет тили муғаллимлери жумыстан босатылыўы мүмкин

2025/2026-оқыў жылынан барлық улыўма, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде сабақ беретуғын шет тили муғаллимлеринде кеминде B2 дәрежедеги сертификат болыўы мәжбүрий етип белгиленди.

Сертификаты жоқ оқытыўшылар менен мийнет шәртнамасы бийкар етилиўи мүмкин.

Талап барлық шет тиллерине тийисли (2-шет тиллеринен тысқары).

Бүгинги күнде B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе оқытыўшылар саны – 29 001.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды

↪️Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланды.


Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт комплексинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.

Бул жерде абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада –
1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем
болып өтеди.

❤️Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 32 700 ден аслам абитурентлер қатнасыўы күтилип атырған болып, тест сынақлары усы жылдың 22-июль күнине шекем даўам етеди.


Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2025.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM