KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

«Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.

Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 метр/секунд тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 17-22 градус, күндиз 34-39 градус жыллы болады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12831

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, кемситиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузатуғын усы сыяқлы басқа ис-ҳәрекетлерде көрсетилген жәмийетте өзин тутыў қағыйдаларын биле тура менсинбеў – базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады».

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12812

Youtube 👉 https://www.youtube.com/shorts/2Ri59d4Wy1Y

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық ҳаял-қызлар демократиялық конфедерациясы конгрессинде қабыл етилген болып, 1950-жылдан белгиленетуғын болды.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12829

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Биз, байрам күнинде оларды сүўретке түсирип, интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырып, oлардың ҳуқықларын қорғаўдың орнына, керисинше өзимиз бузып атырған жоқпыз ба? Өзбекстан нызамшылығында бул ҳаққында не делинген?

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12832

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Зергерлер жеке исбилермен сыпатында жумыс алып барыўы мүмкин болады;

Өзбекстанда Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи;

Социаллық қорғаў бирден-бир реестриндеги жеңилликлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға да енгизиледи;

Кәмбағал шаңарақларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шегирме бериледи;

ИИО ҳәм Миллий гвардияның талабын орынламағанлығы ушын жәрийма арттырылады;

Қурбан ҳайыты сәнеси жәрияланды;

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи;

Сатыўшылар товарды ўақтында жеткерип бермесе пеня төлейди;

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен избе-из үш күн дем алыс болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июньнен транспорт басқарыўшылары ушын жаңа жәрийма баллары системасы күшке кирди

Енди жол қағыйдаларын бузған айдаўшыларға арнаўлы жәрийма баллары топланады. Қағыйдабузарлық түрине қарап ҳәрбир жағдай ушын белгиленген муғдарда балл қосылады.

Қағыйдабузарлықлар бойынша баллар:

➖️ Мәмлекетлик номерсиз ҳәрекет – 1 балл;
Даўыс сигналын өзгертиў – 0,2 балл;
Тезликти асырыў:
20 км/саатқа шекем – 0,5 балл;
20-40 км/саат – 1 балл;
40-60 км/саат – 1,5 балл;
60 км/сааттан артық – 2 балл;
Қызыл шырақта өтиў, белгилерге әмел етпеў – 1 балл;
Қәўипли ҳәрекет (басқалардың өмирине қәўип) – 1,5 балл;
Надурыс қойыў, обгон, темир жол қағыйдасын бузиў – 1 балл;
️ЖТХдан қашыў – 2 балл.

️12 балл топланса айдаўшылық ҳуқықынан 6 айға шекем айырылыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жаўын суўын электр энергиясына айландырыў жолы табылды

Сингапур Миллий университети илимпазлары жаўыннан электр алыў усылын ислеп шықты. Бунда тамлар электр станциясы ўазыйпасын атқарады.

Жаўын тамшылары ҳәрекетлениўи ушын тамда вертикал труба исленген. Суў ҳәрекети нәтийжесинде заряд бөлинип шығып, сол арқалы электр энергиясы пайда болған. Трубкаға түсип атырған жаўын суўының 10 процентинен 12 LED шырағын жағыў ушын жетерли энергия ислеп шығарылған.

Дәстүрий гидроэнергетикадан парықлы түрде, бул усыл үлкен дәрьялар ямаса суў ағысларына мүтәж емес. Изертлеўшилер жаўын-шашын көп жаўатуғын қалаларда төбелерге усындай қурылмаларды орнатыў мүмкин, деп есапламақта. Бул аз хызмет талап ететуғын, экологиялық таза ҳәм турақлы энергия дереги бола алады. Технология жәрдеминде қуяш ямаса самал энергиясы аз жерлерде альтернатив энергия пайда етиў мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Россияда айырым мигрантлар ушын рус тили имтиханы бийкар етилиўи мүмкин

Россияда ҳүкимет квотасы тийкарында жумыс ислеў ушын келетуғын мигрантларды рус тили бойынша имтиханнан азат етиў усыныс етилмекте.

Бул нәзерде тутылған нызам жойбары Мәмлекетлик думаға усынылды. Оған бола, мәмлекетлик квота шеңберинде мийнет етиўге келетуғын сырт ел пуқаралары жумыс ислеўге руқсатнаманы рәсмийлестириўде рус тили, Россия тарийхы ҳәм нызамшылығынан имтихан тапсырыўы шәрт болмайды.

Атап өтилиўинше, бул илаж сырт ел кадрларын тартыў ушын ўақыт ҳәм ҳәкимшилик қәрежетлерди қысқартыў, сондай-ақ, мәмлекет экономикасының талапларын еле де нәтийжели қанаатландырыў имканиятын береди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Айдаўшылар жәрийма балларын бақлап барыўы мүмкин

1-июньнен баслап енгизилген жәрийма баллары системасы бойынша мағлыўматларды "Safe ROAD YHXX" мобиль қосымшасы арқалы аңсат ҳәм тез көриў мүмкин.

Қосымша арқалы транспорт басқарыўшылары:
Топланған жәрийма балларын;
Қағыйдабузарлық түрлери ҳәм сәнесин;
️Баллар қаншаға жеткенин
онлайн бақлап барыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ис ҳақы, напақа, пенсия ҳәм стипендиялар 10%ке арттырылады

️2025-жыл 1-июльден
️пенсия ҳәм напақалар муғдары 10% ке арттырылады.

Бунда:
️Жасқа байланыслы ең кем пенсия – 918 000 сом;
️Майыплық пенсиясы (минимал) – 1 012 000 сом.

Балалар напақасы:
3 жасқа шекем – 360 000 сом;
3-18 жас – 275 000 сом;
2-перзент ушын қосымша – 165 000 сом;
➖️ 3 ҳәм оннан кейингилер ушын – 110 000 сом;
➖️ Материаллық жәрдем (айлық) – 420 000 сом;
➖️ Басқа пенсия ҳәм напақалар арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан ️бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10%ке көбейтиледи.

Базалық шамалар да өзгереди:
1-июльден ️пенсия есаплаў ушын базалық муғдар – 471 000 сом.

1-августтан:
️Ең кем айлық мийнет ҳақы – 1 271 000 сом;
️ Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) – 412 000 сом.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгиннен қабыллаў басланды

Бүгин, ️5-июнь күнинен баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына абитуриентлердиң онлайн дизимнен өтиўи басланды.

Қабыллаў процеси 5-июньнен 25-июньге шекем даўам етеди ҳәм my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.

Еслетпе:
🔹 Бул басқышта тек пәнлер комплекси таңланады;
🔹 Университет ямаса бағдар ҳәзирше таңланбайды;
🔹 Абитуриент қайсы пәнлерден тест тапсыратуғынын белгилейди.

Тест нәтийжелери жәрияланғаннан соң, ҳәрбир абитуриент өз балына қарап, қайсы жоқары оқыў орны ҳәм қайсы бағдарды таңлаўды өзи еркин шешеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте тема жаратыў сыяқлы көплеген жумысларды АИ әллеқашан ислей баслады. Бирақ, журналистиканың айырым тәреплери бар, оларды жасалма интеллект еле узақ ўақыт даўамында орынлай алмайды. Бул ҳаққында Жасалма интеллекттиң жуўабын усыныс етемиз.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12815

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп Гарвардтың сырт ел студентлери ушын виза бериўди рәсмий түрде қадаған етти

Америка Қурама Штатлары президенти Дональд Трамп 4-июнь күни сырт елли студентлердиң Гарвард университетине оқыўға кириўине тосқынлық етиўши нызамға қол қойды.

Қол қойылған бийликте Трамп Гарвард сырт елли студентлерди қабыллаўды даўам еттириўи миллий қәўипсизликке қәўип туўдыратуғынын айтқан.
«Шет ел пуқараларының АҚШқа кириўи мәмлекет мәплерине зыян келтиреди» деп жазған Трамп буйрықта.

Буған Ақ үйдиң университет пенен душпанлығының және де күшейиўи сыпатында қаралмақта. Федерал суд өткен ҳәптеде Ишки қәўипсизлик министрлигине халықаралық студентлерди Гарвардта оқыўдан шетлетиўди қадаған еткен еди.

Гарвард 4-июньға өтетуғын түнде берген баянатында сырт елли студентлерин қорғаўды даўам еттиретуғынын айтқан еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында Миллий статистика комитетиниң бақлаўларына бола, Қарақалпақстан Республикасы бул бағдарда ең арзан палаў таярлаў имканиятын бермекте.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12818

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация бериледи

2025-жыл 1-майдан Өзбекстан бойлап жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация төлеў әмелияты жолға қойылған еди. Енди компенсация тек ғана қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) емес, ҳәр айда төлеп бериледи.

Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын 1-июньнен баслап арза тапсырыў басланды.

Компенсациялар төмендеги категорияларға тийисли шаңарақларға бериледи: Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар - бунда шаңарақ ағзаларына туўра келетуғын айлық дәрамат 669 мың сомнан аз болыўы керек.

Сондай-ақ, еки реестрге де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәрбир ағзасына 1 млн сомнан аз болған шаңарақлар да усы жәрдемнен пайдалана алады.

2025-жылы улыўма есапта 1 трлн 330 млрд сом муғдарында компенсация ажыратылыўы жобаластырылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған баҳаңызға ҳәм ҳәттеки физикалық саламатлығыңызға тәсир етиўи мүмкин болған көринбес жолдасларға айланады. Мүддетлери өтип кеткени ушын турақлы стресс, жақынларың алдындағы айыплылық сезими, қарызлар ҳаққында тынымсыз ойлаў – бул ўақытша қыйыншылықлар емес, ал ҳақыйқый психологиялық жүк.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12816

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы ең ири ҳәм белгили компаниялардан бири болып есапланады. Төменде сизди таң қалдыратуғын Google ҳаққындағы ең қызық ҳәм әжайып фактлерди келтиремиз.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12823

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди Axiosқа сүйенип Кун.уз.

Анықланған жағдайлардың биринде Opus 4 жасалма интеллекти инженерге оның сүйиклиси менен жеке жазыўларын жәриялаў арқалы қәўип салған. Anthropic компаниясы нейротармағы өзин өширип қоймаўлары ушын өтирик сөйлеў ҳәм пайдаланыўшыларды шантажлаўды үйренди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12830

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан аймағына ыссы ҳаўа ағымы кирип келмекте

16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте.

16-17-июнь – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында;
17-19-июнь – мәмлекеттиң барлық аймақларында
ҳаўаның температурасы күндиз 40-42°C;
Қубла ҳәм шөл аймақларында болса 43-44°C ға шекем көтериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәмлекетлик шөлкем хызметкерлериниң дене салмағы қадағаланады

2025-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр күни белгиленген ўақытта дене тәрбия илажлары өткериледи.

🔹 Спорт зоналары шөлкемлестириледи;
🔹 Хызметкерлерге спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратылады;
🔹 Дене салмағы индекси турақлы өлшенип, «hrm.argos.uz» платформасына жүклеп барылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Магистратураға қабыллаў басланды

2025-2026-оқыў жылы ушын мәмлекетлик ЖООлардың магистратурасына ҳүжжетлерди қабыллаў басланды.

️Арзалар my.edu.uz арқалы 30-июльге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.

Таңлаўда белгиленген талап дәрежесиндеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болғанлар қатнасыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube