KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Европа алымлары қорғасынды алтынға айландырды

Илимпазлар Европаның Үлкен адрон коллайдери тезлеткиши жәрдеминде қорғасынды алтынға табыслы айландырды ҳәм секундына 89 мың атом пайда етти. Қорғасынның атомларынан үш киши бөлекшелер – протонлар шығарып тасланғаннан кейин алтын атомлары пайда болған.

Бул процесс фотоядро реакциясы деп аталады ҳәм қысқа ўақыт даўам етеди. Тәжирийбе даўамында шама менен 86 миллиард алтын ядросы пайда болған. Олардың улыўма массасы тек ғана 29 пикограммды қураған ҳәм жүдә қысқа ўақыт ишинде бөлекленип кеткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Абу-Дабиде дүньядағы биринши жасалма интеллектли қала қурылады

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби әмирлиги ҳүкимети дүньядағы биринши толық жасалма интеллектке тийкарланған қала қурылысын жәриялады. Қала нөлден баслап қурылады. Жойбардың баҳасы – 2,5 миллиард доллар.

Aion Sentia деп аталатуғын бул қала Абу-Даби әмирлигин санлы трансформациялаўда әҳмийетли орын ийелейди. Қаланы 2027-жылы толық қурып питкериў жобаластырылған.

Жасалма интеллектли қала экономикалық раўажланыў, мәмлекетлик хызметлердиң ислеўи, ҳәттеки, күнделикли турмыс ҳаққындағы көзқарасларды өзгертип жибериўи айтылмақта.

Жаңа қала альтернатив транспорт, үнемли электр энергиясы инфраструктурасы ҳәм ЖИ тийкарындағы басқарыў системасына ийе болады.
Жойбар киберқәўипсизлик, робототехника, мағлыўматларды басқарыў ҳәм ЖИ әдеп-икрамлылығы сыяқлы тараўларда 5 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеўи күтилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгин «Автомобильсиз күн» акциясы өткериледи

Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ири қалалардағы автомобиль ҳәрекетин қысқартыў мақсетинде 2025-жыл 28-май күни Нөкис, Ташкент ҳәм барлық ўәлаят орайларында гезектеги "Автомобильсиз күн" акциясы шөлкемлестириледи.

Пуқараларға жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм пияда ҳәрекетлениў усыныс етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Педагог ҳәм басқа хызметкерлерге үстеме ҳақы төлеў тәртиби

Үстемелер педагог, психолог ҳәм китапхана хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилиги ҳәм билим бериў сапасына тийкарланып ҳәр айлық тәртипте белгиленеди.

Үстемениң муғдары базалық тариф ставкасына салыстырғанда 40% ке шекем болыўы мүмкин.

Педагоглар ушын баллға қарап үстеме:
65-70 балл – 10%;
71-75 балл – 15%;
76-80 балл – 20%;
81-85 балл – 25%;
86-90 балл – 30%;
91-95 балл – 35%;
96-100 балл – 40%.

Китапхана хизметкерлери ушын:
65-75 балл – 10%;
76-85 балл – 15%;
86-100 балл – 20%.

Психологлар ушын:
65-75 балл – 10%;
76-85 балл – 15%;
86-100 балл – 20%.

Еслетип өтемиз, үстемелер жаңа оқыў жылы ушын өткен оқыў жылы жуўмағына тийкарланып фондтың есабынан белгиленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда күшли тәсир ететуғын дәри түрлерин сатып атырған шахслар усланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Әмиўдәрья, Қараөзек, Тақыятас, Тахтакөпир районлық бөлимлери, МҚХ ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажларда пуқара Г.С. 360 дана, пуқара К.М. 120 дана, пуқара Т.А. 4 қуты ҳәм пуқаралар Р.У. ҳәм А.К. 2 қуты күшли тәсир ететуғын дәри қуралларын сатқан ўақтында усланып, олардан усы дәри қураллары дәлил ретинде алынды.

Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы (наркотик қураллар, олардың аналоглары ямаса психотроп есапланбайтуғын күшли тәсир ететуғын элементлерди тарқататуғын өнимди таярлаў, тарқатыў, реклама етиў, көрсетиў ямаса бундай элементлерди яки зәҳәрли элементлерди нызамға қайшы түрде айланысқа киргизиў) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жалаң аяқ жүриўдиң пайдасын билесиз бе?

️Аяқлардың териси басқа тери майданларына қарағанда көплеген сезиў ағзаларының рецепторлар мәканы есапланады. ️Жалаңаяқ жүриў заўық бериўден тысқары, иммунитетти беккемлеў ушын күшли импульс береди.

️30-40 минут жалаңаяқ жүриў стрессти жеңиллетиўге, қан айланысын жақсылаўға унамлы тәсир етеди. ️Буннан тысқары, жалпақаяқлыққа, сөйлеўди жақсылаўға, жоқары дем алыў жоллары инфекцияларының алдын алыўға да жәрдем береди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️ИИО ҳәм Миллий гвардияның талабын орынламағанлығы ушын жәрийма арттырылады

Сенат ИИО ҳәм Миллий гвардия хызметкерлериниң нызамлы талапларын орынламаў жағдайлары артып барыўы мүнәсибети менен жәриймаларды арттырыўды нәзерде тутатуғын нызамды мақуллады.

️Енди бундай ҳуқықбузарлық ушын жәрийма БЕМның 5-12 есеси етип белгиленеди (әмелде 1 есеси). ️Егер нызамбузыўшылық қайталанса – БЕМның 12-30 есеси ямаса 15 суткаға шекем қамақ жазасы берилиўи мүмкин.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланып, қол қойыў ушын президентке жиберилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қурбан ҳайыты сәнеси жәрияланды

Саудия Арабстанында Зул-Ҳижжа айының ҳилалы көрилди. Бул ҳаж мәўсиминиң басланғанын ҳәм Қурбан ҳайыты сәнесиниң анық болғанын билдиреди.

Қурбан ҳайыты ҳәр жылы Зулҳижжа айының 10-күни белгиленеди. 2025-жылы бул әййям 6-июнь, жума күнине туўра келеди.

Өзбекстанда да Ҳайыт усы сәнеде белгилениўи күтилмекте. Арафа күни болса – 2025-жылдың 5-июнь күни, пийшембиге туўра келеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет арасында 60-орынды ийеледи.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12828

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сатыўшылар товарды ўақтында жеткерип бермесе пеня төлейди

Өзбекстанда Сенат жаңа нызамды мақуллады, егер сатыўшы алды-сатты шәртнамасында көрсетилген мүддетте товарды жеткерип бермесе, ҳәрбир кешиккен ўақыт бирлиги (минут, саат, күн) ушын товар баҳасының 0,5 проценти муғдарында пеня төлеўи белгиленди.

Пеняның улыўма суммасы товар баҳасынан артпаўы керек. Бул қағыйда 2024-жылы тутыныўшылардан түскен мыңлаған шағымлар (әсиресе автомобиль ҳәм хожалық техника бойынша) тийкарында киргизилди.

Егер товардың кешигиўи тутыныўшының айыбы менен жүз берсе, сатыўшы пеня төлемейди. Соның менен бирге, пеня төлеў сатыўшыны басқа зыянды қаплаў миннетлемесинен азат етпейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар ушын усыныснама алыўға арзаларды қабыллаў басланды

30-май, бүгиннен жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 2 мың ҳаял-қызға қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғын усыныснамаларды бериў ушын арзаларды қабыллаў басланды.

️Арзалар электрон формада xotin-qizlar.uz платформасы арқалы қабыл етиледи.

Талапкерлердиң арзалары 8-июньге шекем қабылланады.

Арзалар 10-июньге шекем район (қала)лық Жумысшы топарлар тәрепинен белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Усыныснама электрон түрде 15-июньге шекем белгиленген тәртипте өз ийелерине жеткериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қазақстан ҳәм Өзбекстан балалар рагы бойынша орай шөлкемлестиреди

Қазақстан ҳәм Өзбекстан балалардағы рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Ташкентте халықаралық академиялық орай шөлкемлестиреди. Бул қарар «Балалар ушын сөйлесиў: Орайлық Азия ҳәм UNICEF» конференциясы шеңберинде еки мәмлекет денсаўлықты сақлаў министрлериниң сөйлесиўлери нәтийжесинде қабыл етилди.

Олар денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў, басланғыш медициналық жәрдем, Аралбойындағы экологиялық машқалалар ҳәм балалар саламатлығын додалады. Қазақстан орай шөлкемлестириўди усыныс етип, белсене қатнасыўға таяр екенлигин билдирди. Сондай-ақ, балалар кардиохирургиясы бойынша халықаралық орай шөлкемлестириў усынысы да алға қойылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Курбан ҳайыты мүнәсибети менен избе-из үш күн дем алыс болады

Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен төмендеги күнлерде дем алынады:

6-июнь (жума) – Қурбан ҳайыты байрамы күни – ҳәмме ушын дем алыс;

7-июнь (шемби) – 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын әдеттеги, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

8-июнь (екшемби) – дем алыс күни.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Mr Beast Youtube себепли ең жас миллиардерге айланды

Mr Beast аты менен танылған Жимми Доналдсон 27 жасында миллиардер статусына ерисип, дүньядағы ең жас self-made (өз күши менен табыс, байлық ҳәм даңққа ерискен) миллиардерге айланды.

Оның байлығы 1 миллиард долларға баҳаланбақта, айлық дәраматы болса шама менен 50 миллион долларды қурайды. Ол өз карьерасын Youtube‘та баслаған, ол жерде 2017-жылы 44 саат даўамында 100 000 ға шекем санаған видеосы себепли белгили болған - бул ролик 31 миллионнан артық көрилген.

Youtube‘тағы каналынан тысқары, Mr Beast Feastables бренди, Beast Games шоусы ҳәм мерч линиясы сыяқлы жойбарларын раўажландырмақта. Сондай-ақ, Амазон менен стриминг тараўында бирге ислесиў режелестирилген. 2024-жылы Форбес оның дәраматын 85 миллион долларға баҳалаған, бирақ Mr Beast Burgers жойбары бойынша суд мағлыўматлары оның 2023-жылы 223 миллион доллар ислеп тапқанын, 2024-жылы болса бул муғдар 700 миллион долларға көтерилгенин көрсетти.


Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда дүньядағы ең бийик көпир қурылады

Қытайда дүньядағы ең бийик көпир – Huajiang Kanyon көпири июнь айында пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте. Имарат Golden Gate ҳәм Sidney көпиринен де бийик болады.

Көпир Қытайдың қубла-батысындағы Гуизҳоу провинциясында қурылып атыр. Ол теңиз қәддинен 625 метр бийикликте болады. Ҳәзирги ўақытта дүньяда бийиклиги бойынша рекорд (289 метр) орнатқан көпир Франциядағы Millau Viaduki есапланады.

Гуйчжоу – таўлы, қурамалы рельефке ийе аймақ. Көпир Хуацзян қыснағы (жергиликлилер оны «Жер жарығы» деп атайды) арқалы өтеди. Қытай ҳүкимети таўлы ҳәм аз раўажланған аймақларда инфраструктураны раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

«Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.

Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 метр/секунд тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 17-22 градус, күндиз 34-39 градус жыллы болады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12831

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, кемситиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузатуғын усы сыяқлы басқа ис-ҳәрекетлерде көрсетилген жәмийетте өзин тутыў қағыйдаларын биле тура менсинбеў – базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады».

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12812

Youtube 👉 https://www.youtube.com/shorts/2Ri59d4Wy1Y

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық ҳаял-қызлар демократиялық конфедерациясы конгрессинде қабыл етилген болып, 1950-жылдан белгиленетуғын болды.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12829

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Биз, байрам күнинде оларды сүўретке түсирип, интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырып, oлардың ҳуқықларын қорғаўдың орнына, керисинше өзимиз бузып атырған жоқпыз ба? Өзбекстан нызамшылығында бул ҳаққында не делинген?

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12832

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Зергерлер жеке исбилермен сыпатында жумыс алып барыўы мүмкин болады;

Өзбекстанда Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи;

Социаллық қорғаў бирден-бир реестриндеги жеңилликлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға да енгизиледи;

Кәмбағал шаңарақларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шегирме бериледи;

ИИО ҳәм Миллий гвардияның талабын орынламағанлығы ушын жәрийма арттырылады;

Қурбан ҳайыты сәнеси жәрияланды;

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи;

Сатыўшылар товарды ўақтында жеткерип бермесе пеня төлейди;

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен избе-из үш күн дем алыс болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июньнен транспорт басқарыўшылары ушын жаңа жәрийма баллары системасы күшке кирди

Енди жол қағыйдаларын бузған айдаўшыларға арнаўлы жәрийма баллары топланады. Қағыйдабузарлық түрине қарап ҳәрбир жағдай ушын белгиленген муғдарда балл қосылады.

Қағыйдабузарлықлар бойынша баллар:

➖️ Мәмлекетлик номерсиз ҳәрекет – 1 балл;
Даўыс сигналын өзгертиў – 0,2 балл;
Тезликти асырыў:
20 км/саатқа шекем – 0,5 балл;
20-40 км/саат – 1 балл;
40-60 км/саат – 1,5 балл;
60 км/сааттан артық – 2 балл;
Қызыл шырақта өтиў, белгилерге әмел етпеў – 1 балл;
Қәўипли ҳәрекет (басқалардың өмирине қәўип) – 1,5 балл;
Надурыс қойыў, обгон, темир жол қағыйдасын бузиў – 1 балл;
️ЖТХдан қашыў – 2 балл.

️12 балл топланса айдаўшылық ҳуқықынан 6 айға шекем айырылыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube