Гарвард университети шет ел студентлерин оқытыў ҳуқықынан айырылды
АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Гарвард университетин сырт ел студентлерине билим бериў ҳуқықынан айырды.
Ишки ислер министри Кристи Ноемге бола, Гарвард студентлер алмасыў бағдарламасы ушын зәрүр болған сертификаттан айырылды. Енди ол сырт елли студентлерди қабыл ете алмайды, ҳәзир оқып атырғанлар болса басқа университетке өтиўи ямаса мәмлекетти таслап кетиўи керек.
Ноем Гарвардты зорлық ҳәм антисемитизмди оятыўда және Қытай менен байланыслар орнатыўда айыплады. Оған бола, сырт елли студентлерди қабыл етиў ҳуқық емес, ал жеңиллик болып есапланады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

️Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары ушын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылды
Президент пәрманына тийкарланып, абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған жаслар ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Президент пәрманына тийкарланып, абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған жаслар ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
️Шавкат Мирзиёев ҳәм Словения бас министри Роберт Голоб биргеликтеги билдириўге қол қойды
Сондай-ақ, еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.
Булар:
🔹 Билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 «Ақыллы» қалаларды басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Суў ресурсларын басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққында;
🔹 Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.

Өзбекстанда орташа өмир көриў даўамлылығы неше жас?
Өзбекстанда туўылыўда күтилип атырған өмир даўамлылығының динамикасы жәрияланды.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, Өзбекстанда 2024-жылы туўылыўда күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы 75,1 жасты қурады.
Мәмлекетте туўылыўда күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы динамикасы төмендегише:
1991-жылы – 66,4 жас;
1995-жылда – 69,1 жас;
2000-жылда – 70,8 жас;
2005-жылда – 71,8 жас;
2010-жылда – 73 жас;
2015-жылы – 73,6 жас;
2020-жылы – 73,4 жас;
2024-жылы – 75,1 жасты қурады.

Өзбекстан газ ҳәм алтын экспортын кескин көбейтти
Төрт ай ишинде алтын сатыў мәмлекеттиң улыўма экспортының дерлик ярымын қурады. Газ экспортының көлеми де 85%ке өсти.
Статистика комитети 2025-жыл январь-апрель айларындағы Өзбекстан сыртқы саўдасы көлемин жәриялады. Атап өтилиўинше, бул дәўирде мәмлекет 11,9 млрд долларлық экспорт (жыллық өсиў 35,1%), 12,7 млрд долларлық (өсиў 2,9%) импорт операцияларын әмелге асырған. Улыўма сыртқы саўда дефицити 846,3 млн долларды қураған.
Өзбекстан сыртқы саўда айланысының төрттен үш бөлеги үш мәмлекеттиң үлесине туўра келмекте. Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде республика менен Қытай 4,2 млрд долларлық, Россия 3,7 млрд долларлық, Қазақстан 1,4 млрд долларлық саўда ислеген.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Қазақстан ҳәм Өзбекстан шегарасындағы өткериў пункти және 4 айға жабылды;
➖ 2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи;
➖ Енди машинадан шығынды таслаў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады;
➖ Айырым шыпакерлердиң айлықлары көбейтиледи;
➖ Айырым студент қызларға 2 есе стипендия төленеди;
➖ Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары ушын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылды;
➖ Өзбекстанда орташа өмир көриў даўамлылығы неше жас?

Зергерлер жеке исбилермен сыпатында жумыс алып барыўы мүмкин болады
Рәсмий емес зергерлик расталары нызамластырылып, заманагөй көриниске келтириледи.
Сырттан қәниге алып келиў қәрежетиниң 2,5 мың долларға шекемги бөлеги, кеминде 5 шәкирт таярлаў шәрти менен қапланады. Сондай-ақ, абырайлы брендлердиң дизайнын ҳәм қәлиплерин алып келиў қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлеги де қаплап бериледи.
Зергерлик үскенелери ҳәм комплектлеўши бөлеклери импорт бажысынан азат етиледи.
Алтынды Наўайы ҳәм Алмалық комбинатларынан бөлип төлеў тийкарында сатып алыў тәртиби және 3 жылға создырылады.

Өзбекстанда Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи
Бул компания сырт елден қәнигелерди тартып, халықаралық сертификатқа ийе, бәсекиге шыдамлы 50 миллий өнимди таңлап алады ҳәм оларды үгит-нәсиятлайды.
Сондай-ақ, тек миллий өнимлер сатылатуғын «Mall of Uzbekistan» саўда орайлары ашылады. Бул орайларда исбилерменлерге арзан ижаралар, кәрханаларға болса жеңиллетилген салықлар усыныс етиледи.
Президент халықаралық сертификатлар өнимлерди қымбат базарларға алып шығыўдың тийкарғы гилти екенин атап өтти. Ҳәзирги ўақытта 1,5 мыңнан артық тоқымашылық кәрханаларынан тек ғана 244инде халықаралық сертификат бар. Енди барлық ўәлаятлардағы кәрханаларға сертификат алыўда жәрдем бериў ўазыйпасы қойылды.

Социаллық қорғаў бирден-бир реестриндеги жеңилликлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға да енгизиледи
✅ Нызамшылыққа бола, 1-июньнен Социаллық қорғаў бирден-бир реестриндеги шаңарақлар ушын нызамшылықта белгиленген социаллық хызметлер, жәрдемлер ҳәм жеңилликлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға да енгизиледи, 2026-жыл 1-январьдан баслап болса тек ғана Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақларға көрсетиледи.
Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақлар «қызыл» ямаса «сары» категориядан «жасыл» категорияға өткенде олар ушын нызамшылықта нәзерде тутылған мәмлекетлик социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары кейинги 12 ай мүддетке сақлап қалынады.

Кәмбағал шаңарақларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шегирме бериледи
✅ Нызамшылыққа бола, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди төлеўде «сары» категорияға киргизилген шаңарақларға 50 процент, «қызыл» категорияға киргизилген шаңарақларға болса 75 процент муғдарында шегирмелер қолланылады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
✅ Нызамшылыққа бола, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди төлеўде «сары» категорияға киргизилген шаңарақларға 50 процент, «қызыл» категорияға киргизилген шаңарақларға болса 75 процент муғдарында шегирмелер қолланылады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Өзбекстан Мийнет кодексине өзгерис киргизиў усыныс етилмекте
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексине өзгерис киргизиў усыныс етилип атыр. Оған бола, жумыс ўақтынан тысқары жумыс ушын төлем 2 еседен 1,5 есеге азайтылыўы ҳәм жылына 120 саатлық шеклеў бийкар етилиўи мүмкин. Бул усыныс Олий Мажлис Нызамшылық палатасында додаланды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексине өзгерис киргизиў усыныс етилип атыр. Оған бола, жумыс ўақтынан тысқары жумыс ушын төлем 2 еседен 1,5 есеге азайтылыўы ҳәм жылына 120 саатлық шеклеў бийкар етилиўи мүмкин. Бул усыныс Олий Мажлис Нызамшылық палатасында додаланды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Европа алымлары қорғасынды алтынға айландырды
Илимпазлар Европаның Үлкен адрон коллайдери тезлеткиши жәрдеминде қорғасынды алтынға табыслы айландырды ҳәм секундына 89 мың атом пайда етти. Қорғасынның атомларынан үш киши бөлекшелер – протонлар шығарып тасланғаннан кейин алтын атомлары пайда болған.
Бул процесс фотоядро реакциясы деп аталады ҳәм қысқа ўақыт даўам етеди. Тәжирийбе даўамында шама менен 86 миллиард алтын ядросы пайда болған. Олардың улыўма массасы тек ғана 29 пикограммды қураған ҳәм жүдә қысқа ўақыт ишинде бөлекленип кеткен.

Абу-Дабиде дүньядағы биринши жасалма интеллектли қала қурылады
Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби әмирлиги ҳүкимети дүньядағы биринши толық жасалма интеллектке тийкарланған қала қурылысын жәриялады. Қала нөлден баслап қурылады. Жойбардың баҳасы – 2,5 миллиард доллар.
Aion Sentia деп аталатуғын бул қала Абу-Даби әмирлигин санлы трансформациялаўда әҳмийетли орын ийелейди. Қаланы 2027-жылы толық қурып питкериў жобаластырылған.
Жасалма интеллектли қала экономикалық раўажланыў, мәмлекетлик хызметлердиң ислеўи, ҳәттеки, күнделикли турмыс ҳаққындағы көзқарасларды өзгертип жибериўи айтылмақта.
Жаңа қала альтернатив транспорт, үнемли электр энергиясы инфраструктурасы ҳәм ЖИ тийкарындағы басқарыў системасына ийе болады.
Жойбар киберқәўипсизлик, робототехника, мағлыўматларды басқарыў ҳәм ЖИ әдеп-икрамлылығы сыяқлы тараўларда 5 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеўи күтилмекте.

Бүгин «Автомобильсиз күн» акциясы өткериледи
Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ири қалалардағы автомобиль ҳәрекетин қысқартыў мақсетинде 2025-жыл 28-май күни Нөкис, Ташкент ҳәм барлық ўәлаят орайларында гезектеги "Автомобильсиз күн" акциясы шөлкемлестириледи.
Пуқараларға жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм пияда ҳәрекетлениў усыныс етиледи.

️Педагог ҳәм басқа хызметкерлерге үстеме ҳақы төлеў тәртиби
Үстемелер педагог, психолог ҳәм китапхана хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилиги ҳәм билим бериў сапасына тийкарланып ҳәр айлық тәртипте белгиленеди.
Үстемениң муғдары базалық тариф ставкасына салыстырғанда 40% ке шекем болыўы мүмкин.
Педагоглар ушын баллға қарап үстеме:
65-70 балл – 10%;
71-75 балл – 15%;
76-80 балл – 20%;
81-85 балл – 25%;
86-90 балл – 30%;
91-95 балл – 35%;
96-100 балл – 40%.
Китапхана хизметкерлери ушын:
65-75 балл – 10%;
76-85 балл – 15%;
86-100 балл – 20%.
Психологлар ушын:
65-75 балл – 10%;
76-85 балл – 15%;
86-100 балл – 20%.
Еслетип өтемиз, үстемелер жаңа оқыў жылы ушын өткен оқыў жылы жуўмағына тийкарланып фондтың есабынан белгиленеди.

Қарақалпақстанда күшли тәсир ететуғын дәри түрлерин сатып атырған шахслар усланды
Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Әмиўдәрья, Қараөзек, Тақыятас, Тахтакөпир районлық бөлимлери, МҚХ ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажларда пуқара Г.С. 360 дана, пуқара К.М. 120 дана, пуқара Т.А. 4 қуты ҳәм пуқаралар Р.У. ҳәм А.К. 2 қуты күшли тәсир ететуғын дәри қуралларын сатқан ўақтында усланып, олардан усы дәри қураллары дәлил ретинде алынды.
Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы (наркотик қураллар, олардың аналоглары ямаса психотроп есапланбайтуғын күшли тәсир ететуғын элементлерди тарқататуғын өнимди таярлаў, тарқатыў, реклама етиў, көрсетиў ямаса бундай элементлерди яки зәҳәрли элементлерди нызамға қайшы түрде айланысқа киргизиў) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Жалаң аяқ жүриўдиң пайдасын билесиз бе?
️Аяқлардың териси басқа тери майданларына қарағанда көплеген сезиў ағзаларының рецепторлар мәканы есапланады. ️Жалаңаяқ жүриў заўық бериўден тысқары, иммунитетти беккемлеў ушын күшли импульс береди.
️30-40 минут жалаңаяқ жүриў стрессти жеңиллетиўге, қан айланысын жақсылаўға унамлы тәсир етеди. ️Буннан тысқары, жалпақаяқлыққа, сөйлеўди жақсылаўға, жоқары дем алыў жоллары инфекцияларының алдын алыўға да жәрдем береди.

️ИИО ҳәм Миллий гвардияның талабын орынламағанлығы ушын жәрийма арттырылады
Сенат ИИО ҳәм Миллий гвардия хызметкерлериниң нызамлы талапларын орынламаў жағдайлары артып барыўы мүнәсибети менен жәриймаларды арттырыўды нәзерде тутатуғын нызамды мақуллады.
️Енди бундай ҳуқықбузарлық ушын жәрийма БЕМның 5-12 есеси етип белгиленеди (әмелде 1 есеси). ️Егер нызамбузыўшылық қайталанса – БЕМның 12-30 есеси ямаса 15 суткаға шекем қамақ жазасы берилиўи мүмкин.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланып, қол қойыў ушын президентке жиберилди.

️Қурбан ҳайыты сәнеси жәрияланды
Саудия Арабстанында Зул-Ҳижжа айының ҳилалы көрилди. Бул ҳаж мәўсиминиң басланғанын ҳәм Қурбан ҳайыты сәнесиниң анық болғанын билдиреди.
Қурбан ҳайыты ҳәр жылы Зулҳижжа айының 10-күни белгиленеди. 2025-жылы бул әййям 6-июнь, жума күнине туўра келеди.
Өзбекстанда да Ҳайыт усы сәнеде белгилениўи күтилмекте. Арафа күни болса – 2025-жылдың 5-июнь күни, пийшембиге туўра келеди.

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи
Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет арасында 60-орынды ийеледи.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12828