7528313.pdf
1.7 MB
Мектеп ҳәм бақшалардың алдына 30 км тезликте ҳәрекетлениў белгиси орнатылады
Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети «Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем Ишки ислер министрлиги тәрепинен мектеп ҳәм бақшалардың әтирапында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша анық илажлар көриледи. Соның ишинде, билимлендириў шөлкемлериниң алдына саатына 30 километрден артық ҳәрекетлениўди қадаған ететуғын жол белгилери, радар ҳәм арнаўлы техникалар орнатылады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Буннын былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Олардың өзгешелиги неде?
➖ Өзбекстан президентиниң «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи;
➖ 1-июньнен Қытайға визасыз кириў мүмкин;
➖ Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти;
➖ Автомобильди ыссы ҳаўа температурасынан сақлаң;
➖ 1-июльден баслап паспорт ҳәм «права»ны алып жүриў шәрт емес;
➖ 1-июньнен радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды;
➖ 1-июньнен жол оңлаў жумысларын күндиз ислеў қадаған етиледи;
➖ Мектеп ҳәм бақшалардың алдына 30 км тезликте ҳәрекетлениў белгиси орнатылады.

«Соңғы қоңыраў» 24-май күни өткериледи
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги социаллық тармақларда тарқалған «Соңғы қоңыраў» илажларының қадаған етилгени ҳаққындағы хабарларды бийкарлады.
Министрликке бола, 2025-жылдың соңғы оқыў күни – 25-май екшембиге туўра келгени себепли, илажлар 24-май – шемби күни өткериледи.
«Соңғы қоңыраў» әдеттегидей көтериңки кейпиятта ҳәм салтанатлы түрде өткерилетуғыны айтылды. Сондай-ақ, министрлик барлық қатнасыўшыларды қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўге шақырды.
Алдынырақ илажларда вальс түсиў қадаған етилгени ҳаққында хабарлар тарқалған еди. Бирақ министрлик бул бойынша ҳеш қандай ҳүжжет жоқ екенлигин билдирди.

Қазақстан ҳәм Өзбекстан шегарасындағы өткериў пункти және 4 айға жабылды
Өзбекстанның ўәкилликли уйымлары менен келисилген ҳалда физикалық шахслар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм жүк көтериў қуўатлылығы 3,5 тоннаға шекемги автотранспорт қураллары ушын «Тажен» қадағалаў-өткериў пункти арқалы ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылды.
Қарар өткериў пунктинде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын жеделлестириў мақсетинде қабыл етилген.

Қазақстанға Орта Азиядағы ең күшли суперкомпьютер алып келинди
Қазақстанға дерлик еки экзафлоп қуўатлылығына ийе болған Орайлық Азиядағы ең күшли суперкомпьютер алып келинди. Ол NVIDIA H200 графикалық чиплеринде жыйналып, жасалма интеллект ҳәм жоқары нәтийжели есаплаў ушын мөлшерленген.
Суперкомпьютер санлы экосистеманы раўажландырыў, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, энергетика, билимлендириў ҳәм мәмлекетлик хызметлерде қолланылады. Ол Қазақстанға бажы ҳәм ҚҚСсыз алып келинген биринши жоқары технологиялы үскене болды. Жойбар 2029-жылға шекем AI раўажланыў концепциясының әҳмийетли бөлеги есапланады.

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды
12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте қайта ислеп шыққанын жәриялады.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12826
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте қайта ислеп шыққанын жәриялады.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12826
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи
2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип, QR-код алыўы шәрт. Бул код шегарадан өткенде бериледи.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12827
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип, QR-код алыўы шәрт. Бул код шегарадан өткенде бериледи.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12827
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкис мәмлекетлик техника университетине ректор тайынланды
Қайпбергенов Батырбек Төлепбергенович – Нөкис мәмлекетлик техника университети ректоры лаўазымына тайынланды.
Б.Қайпбергенов тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымында жумыс алып барған.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қайпбергенов Батырбек Төлепбергенович – Нөкис мәмлекетлик техника университети ректоры лаўазымына тайынланды.
Б.Қайпбергенов тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымында жумыс алып барған.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
7528761.pdf
12.3 MB
️Енди машинадан шығынды таслаў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин
Президенттиң басламасы менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер киргизилиўи күтилмекте. Бул өзгерислерге бола, автомашинадан шығынды таслаў енди тек ғана әдепсизлик емес, ал ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
Соның менен бирге, Президент тәрепинен 2030-жылға шекем халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясы да тастыйықланды. Бул ҳүжжет тәбиятты қорғаўға қаратылған әҳмийетли қәдемлердиң бири есапланады.

«Пропан» газ, цемент, шрот ҳәм қумшекер баҳасы арзанлады
20-май жуўмағы бойынша биржа саўдаларында суйылтырылған газ (пропан) 3,3%ке арзанлап тоннасы ушын 5 378,5 сомды, цемент 2,5%ке арзанлап тоннасы ушын 613,0 сомды, шрот 2,8 %ке арзанлап 4 316,5 сомды, қумшекер 3,0%ке арзанлап тоннасы ушын 12 204,6 сомды қурады.
Бул баҳалар тез күнде саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында да көриниўи керек.

️Айырым шыпакерлердиң айлықлары көбейтиледи
Президент пәрманына бола:
️➖ Көшпели медициналық хызмет хызметкерлерине – 50% үстеме;
➖ Халық саны нормадан артқан аймақлардағы бригадаларға – 0,3% (қала), 0,5% (район) үстеме;
➖ Шаңарақ саламатлығы курсын тамамлағанларға – 100% үстеме;
➖ Орайлық емлеўхана шыпакерлери – 20%, орта хызметкерлер ушын – 10% мийнет ҳақы арттырылады;
️KPI тийкарында ҳәммеге – 100% ке шекем үстеме енгизиледи.

Айырым студент қызларға 2 есе стипендия төленеди
Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-июньнен «қызыл» категорияға киргизилген шаңарақлардың «айрықша» баҳаларға оқыған студент қызларына базалық стипендияның 2 есеси муғдарындағы арнаўлы стипендия төленеди.
📌 Мағлыўмат ушын, 2025-жыл 15-майдан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм усы реестрге түсиў қәўпи астында болған шаңарақларды «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға бөлиў белгиленген.

Гарвард университети шет ел студентлерин оқытыў ҳуқықынан айырылды
АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Гарвард университетин сырт ел студентлерине билим бериў ҳуқықынан айырды.
Ишки ислер министри Кристи Ноемге бола, Гарвард студентлер алмасыў бағдарламасы ушын зәрүр болған сертификаттан айырылды. Енди ол сырт елли студентлерди қабыл ете алмайды, ҳәзир оқып атырғанлар болса басқа университетке өтиўи ямаса мәмлекетти таслап кетиўи керек.
Ноем Гарвардты зорлық ҳәм антисемитизмди оятыўда және Қытай менен байланыслар орнатыўда айыплады. Оған бола, сырт елли студентлерди қабыл етиў ҳуқық емес, ал жеңиллик болып есапланады.

️Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары ушын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылды
Президент пәрманына тийкарланып, абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған жаслар ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Президент пәрманына тийкарланып, абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған жаслар ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
️Шавкат Мирзиёев ҳәм Словения бас министри Роберт Голоб биргеликтеги билдириўге қол қойды
Сондай-ақ, еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.
Булар:
🔹 Билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 «Ақыллы» қалаларды басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Суў ресурсларын басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
🔹 Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққында;
🔹 Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.

Өзбекстанда орташа өмир көриў даўамлылығы неше жас?
Өзбекстанда туўылыўда күтилип атырған өмир даўамлылығының динамикасы жәрияланды.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, Өзбекстанда 2024-жылы туўылыўда күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы 75,1 жасты қурады.
Мәмлекетте туўылыўда күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы динамикасы төмендегише:
1991-жылы – 66,4 жас;
1995-жылда – 69,1 жас;
2000-жылда – 70,8 жас;
2005-жылда – 71,8 жас;
2010-жылда – 73 жас;
2015-жылы – 73,6 жас;
2020-жылы – 73,4 жас;
2024-жылы – 75,1 жасты қурады.

Өзбекстан газ ҳәм алтын экспортын кескин көбейтти
Төрт ай ишинде алтын сатыў мәмлекеттиң улыўма экспортының дерлик ярымын қурады. Газ экспортының көлеми де 85%ке өсти.
Статистика комитети 2025-жыл январь-апрель айларындағы Өзбекстан сыртқы саўдасы көлемин жәриялады. Атап өтилиўинше, бул дәўирде мәмлекет 11,9 млрд долларлық экспорт (жыллық өсиў 35,1%), 12,7 млрд долларлық (өсиў 2,9%) импорт операцияларын әмелге асырған. Улыўма сыртқы саўда дефицити 846,3 млн долларды қураған.
Өзбекстан сыртқы саўда айланысының төрттен үш бөлеги үш мәмлекеттиң үлесине туўра келмекте. Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде республика менен Қытай 4,2 млрд долларлық, Россия 3,7 млрд долларлық, Қазақстан 1,4 млрд долларлық саўда ислеген.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Төрт ай ишинде алтын сатыў мәмлекеттиң улыўма экспортының дерлик ярымын қурады. Газ экспортының көлеми де 85%ке өсти.
Статистика комитети 2025-жыл январь-апрель айларындағы Өзбекстан сыртқы саўдасы көлемин жәриялады. Атап өтилиўинше, бул дәўирде мәмлекет 11,9 млрд долларлық экспорт (жыллық өсиў 35,1%), 12,7 млрд долларлық (өсиў 2,9%) импорт операцияларын әмелге асырған. Улыўма сыртқы саўда дефицити 846,3 млн долларды қураған.
Өзбекстан сыртқы саўда айланысының төрттен үш бөлеги үш мәмлекеттиң үлесине туўра келмекте. Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде республика менен Қытай 4,2 млрд долларлық, Россия 3,7 млрд долларлық, Қазақстан 1,4 млрд долларлық саўда ислеген.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Қазақстан ҳәм Өзбекстан шегарасындағы өткериў пункти және 4 айға жабылды;
➖ 2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи;
➖ Енди машинадан шығынды таслаў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады;
➖ Айырым шыпакерлердиң айлықлары көбейтиледи;
➖ Айырым студент қызларға 2 есе стипендия төленеди;
➖ Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары ушын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылды;
➖ Өзбекстанда орташа өмир көриў даўамлылығы неше жас?

Зергерлер жеке исбилермен сыпатында жумыс алып барыўы мүмкин болады
Рәсмий емес зергерлик расталары нызамластырылып, заманагөй көриниске келтириледи.
Сырттан қәниге алып келиў қәрежетиниң 2,5 мың долларға шекемги бөлеги, кеминде 5 шәкирт таярлаў шәрти менен қапланады. Сондай-ақ, абырайлы брендлердиң дизайнын ҳәм қәлиплерин алып келиў қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлеги де қаплап бериледи.
Зергерлик үскенелери ҳәм комплектлеўши бөлеклери импорт бажысынан азат етиледи.
Алтынды Наўайы ҳәм Алмалық комбинатларынан бөлип төлеў тийкарында сатып алыў тәртиби және 3 жылға создырылады.

Өзбекстанда Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи
Бул компания сырт елден қәнигелерди тартып, халықаралық сертификатқа ийе, бәсекиге шыдамлы 50 миллий өнимди таңлап алады ҳәм оларды үгит-нәсиятлайды.
Сондай-ақ, тек миллий өнимлер сатылатуғын «Mall of Uzbekistan» саўда орайлары ашылады. Бул орайларда исбилерменлерге арзан ижаралар, кәрханаларға болса жеңиллетилген салықлар усыныс етиледи.
Президент халықаралық сертификатлар өнимлерди қымбат базарларға алып шығыўдың тийкарғы гилти екенин атап өтти. Ҳәзирги ўақытта 1,5 мыңнан артық тоқымашылық кәрханаларынан тек ғана 244инде халықаралық сертификат бар. Енди барлық ўәлаятлардағы кәрханаларға сертификат алыўда жәрдем бериў ўазыйпасы қойылды.