KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў және оларды қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12825

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июньнан жол оңлаў жумысларын күндиз ислеў қадаған етиледи

Президент тапсырмасына тийкарланып, қалаларда транспорт ағымын жақсылаў ҳәм айдаўшыларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде бир қатар әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылады.

Атап айтқанда, 2025-жыл 1-июньнан баслап, қалаларда автомобиль жолларында оңлаў ямаса жол сызықларын жаңалаў жумысларын саат 07:00 ден 21:00 ге шекем әмелге асырыў қадаған етиледи. Бул талап дем алыс күнлери ҳәм кешиктирип болмайтуғын жағдайларға тийисли емес. Енди бундай жумыслар тек ҳәрекет азайған ўақытта – түнги саатларда орынланады.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап, ҳәрекет тезлигин қадағалаўшы барлық түрдеги стационар ҳәм мобиль радарлар орнатылған аймақларда «Радар» жол белгиси мәжбүрий болады. Бул белги радар жайласқан ноқаттан кеминде 250 метр ҳәм көби менен 500 метр алдын орнатылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жол ҳәрекетиндеги айырым ҳуқықбузарлықларды биринши мәрте әмелге асырған шахсларға ескертиў бериледи

Президент тапсырмасына муўапық, ҳәкимшилик жазалар системасына жаңа – «ҳәкимшилик ескертиў» илажын киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылды.

Жойбарға бола, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў менен байланыслы айырым жеңил түрдеги ҳуқықбузарлықларды биринши мәрте ислеген шахсларға ЖПХ инспекторы тәрепинен ескертиў бериледи.

Ескертиў бир жыл ишинде тек бир мәрте берилиўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Арал теңизиниң қурыған ултанында Арундо донах өсимлиги сынақтан өткерилди

Экология министрлигиниӊ жойбары шеңберинде алып барылған изертлеў даўамында, бул гигант қамыс түри қыйын шараятларға бейимлесиўшеңлиги менен ажыралып турған.

Оның тамырлары 2 метр тереңликке жетеди ҳәм жер асты суўларынан пайдаланады. Үргенш ҳәм Қарақалпақстаннан алынған тамыр бүртиклери менен егилген нәллердиң жасап қалыў дәрежеси 90 проценттен артқан.

Бул усыл Арал ултанын көклемзарластырыў ҳәм экологиялық жақтан тиклеў ушын перспективалы жол болып есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
7528313.pdf
1.7 MB
Мектеп ҳәм бақшалардың алдына 30 км тезликте ҳәрекетлениў белгиси орнатылады

Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети «Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем Ишки ислер министрлиги тәрепинен мектеп ҳәм бақшалардың әтирапында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша анық илажлар көриледи. Соның ишинде, билимлендириў шөлкемлериниң алдына саатына 30 километрден артық ҳәрекетлениўди қадаған ететуғын жол белгилери, радар ҳәм арнаўлы техникалар орнатылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Буннын былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Олардың өзгешелиги неде?

Өзбекстан президентиниң «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи;

1-июньнен Қытайға визасыз кириў мүмкин;

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти;

Автомобильди ыссы ҳаўа температурасынан сақлаң;

1-июльден баслап паспорт ҳәм «права»ны алып жүриў шәрт емес;

1-июньнен радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды;

1-июньнен жол оңлаў жумысларын күндиз ислеў қадаған етиледи;

Мектеп ҳәм бақшалардың алдына 30 км тезликте ҳәрекетлениў белгиси орнатылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Соңғы қоңыраў» 24-май күни өткериледи

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги социаллық тармақларда тарқалған «Соңғы қоңыраў» илажларының қадаған етилгени ҳаққындағы хабарларды бийкарлады.

Министрликке бола, 2025-жылдың соңғы оқыў күни – 25-май екшембиге туўра келгени себепли, илажлар 24-май – шемби күни өткериледи.

«Соңғы қоңыраў» әдеттегидей көтериңки кейпиятта ҳәм салтанатлы түрде өткерилетуғыны айтылды. Сондай-ақ, министрлик барлық қатнасыўшыларды қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўге шақырды.

Алдынырақ илажларда вальс түсиў қадаған етилгени ҳаққында хабарлар тарқалған еди. Бирақ министрлик бул бойынша ҳеш қандай ҳүжжет жоқ екенлигин билдирди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қазақстан ҳәм Өзбекстан шегарасындағы өткериў пункти және 4 айға жабылды

Өзбекстанның ўәкилликли уйымлары менен келисилген ҳалда физикалық шахслар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм жүк көтериў қуўатлылығы 3,5 тоннаға шекемги автотранспорт қураллары ушын «Тажен» қадағалаў-өткериў пункти арқалы ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылды.

Қарар өткериў пунктинде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын жеделлестириў мақсетинде қабыл етилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қазақстанға Орта Азиядағы ең күшли суперкомпьютер алып келинди

Қазақстанға дерлик еки экзафлоп қуўатлылығына ийе болған Орайлық Азиядағы ең күшли суперкомпьютер алып келинди. Ол NVIDIA H200 графикалық чиплеринде жыйналып, жасалма интеллект ҳәм жоқары нәтийжели есаплаў ушын мөлшерленген.

Суперкомпьютер санлы экосистеманы раўажландырыў, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, энергетика, билимлендириў ҳәм мәмлекетлик хызметлерде қолланылады. Ол Қазақстанға бажы ҳәм ҚҚСсыз алып келинген биринши жоқары технологиялы үскене болды. Жойбар 2029-жылға шекем AI раўажланыў концепциясының әҳмийетли бөлеги есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте қайта ислеп шыққанын жәриялады.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12826

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип, QR-код алыўы шәрт. Бул код шегарадан өткенде бериледи.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12827

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкис мәмлекетлик техника университетине ректор тайынланды

Қайпбергенов Батырбек Төлепбергенович – Нөкис мәмлекетлик техника университети ректоры лаўазымына тайынланды.

Б.Қайпбергенов тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымында жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
7528761.pdf
12.3 MB
Енди машинадан шығынды таслаў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин

Президенттиң басламасы менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер киргизилиўи күтилмекте. Бул өзгерислерге бола, автомашинадан шығынды таслаў енди тек ғана әдепсизлик емес, ал ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

Соның менен бирге, Президент тәрепинен 2030-жылға шекем халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясы да тастыйықланды. Бул ҳүжжет тәбиятты қорғаўға қаратылған әҳмийетли қәдемлердиң бири есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Пропан» газ, цемент, шрот ҳәм қумшекер баҳасы арзанлады

20-май жуўмағы бойынша биржа саўдаларында суйылтырылған газ (пропан) 3,3%ке арзанлап тоннасы ушын 5 378,5 сомды, цемент 2,5%ке арзанлап тоннасы ушын 613,0 сомды, шрот 2,8 %ке арзанлап 4 316,5 сомды, қумшекер 3,0%ке арзанлап тоннасы ушын 12 204,6 сомды қурады.

Бул баҳалар тез күнде саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында да көриниўи керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым шыпакерлердиң айлықлары көбейтиледи

Президент пәрманына бола:

Көшпели медициналық хызмет хызметкерлерине – 50% үстеме;

Халық саны нормадан артқан аймақлардағы бригадаларға – 0,3% (қала), 0,5% (район) үстеме;

Шаңарақ саламатлығы курсын тамамлағанларға – 100% үстеме;

Орайлық емлеўхана шыпакерлери – 20%, орта хызметкерлер ушын – 10% мийнет ҳақы арттырылады;

️KPI тийкарында ҳәммеге – 100% ке шекем үстеме енгизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым студент қызларға 2 есе стипендия төленеди

Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-июньнен «қызыл» категорияға киргизилген шаңарақлардың «айрықша» баҳаларға оқыған студент қызларына базалық стипендияның 2 есеси муғдарындағы арнаўлы стипендия төленеди.

📌 Мағлыўмат ушын, 2025-жыл 15-майдан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм усы реестрге түсиў қәўпи астында болған шаңарақларды «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға бөлиў белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Гарвард университети шет ел студентлерин оқытыў ҳуқықынан айырылды

АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Гарвард университетин сырт ел студентлерине билим бериў ҳуқықынан айырды.

Ишки ислер министри Кристи Ноемге бола, Гарвард студентлер алмасыў бағдарламасы ушын зәрүр болған сертификаттан айырылды. Енди ол сырт елли студентлерди қабыл ете алмайды, ҳәзир оқып атырғанлар болса басқа университетке өтиўи ямаса мәмлекетти таслап кетиўи керек.

Ноем Гарвардты зорлық ҳәм антисемитизмди оятыўда және Қытай менен байланыслар орнатыўда айыплады. Оған бола, сырт елли студентлерди қабыл етиў ҳуқық емес, ал жеңиллик болып есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары ушын ақшалай сыйлық 5 есеге арттырылды

Президент пәрманына тийкарланып, абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған жаслар ушын берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев ҳәм Словения бас министри Роберт Голоб биргеликтеги билдириўге қол қойды

Сондай-ақ, еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.

Булар:

🔹 Билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында;

🔹 Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

🔹 «Ақыллы» қалаларды басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

🔹 Стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

🔹 Суў ресурсларын басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

🔹 Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққында;

🔹 Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«Аралбойы»нда аққуўлар

«Аралбойы» миллий тәбият бағында Аққуўлардың ҳәрекети видеоға алынды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube