7515959.pdf
1.3 MB
2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи
Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў системасын енгизиў бойынша Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Оған бола, 2025-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстанда транспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушын жәрийма баллары қолланылады.
Баллар тек рәсмий баянлама арқалы қабыл етилген қарарлар тийкарында автоматластырылған «E-jarimaball» модулинде есапланады. 12 балл топланса, белгиленген жаза илажлары қолланылады. 8 баллға жеткенде СМС арқалы ескертиў бериледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Билл Гейтс дерлик барлық байлығын қайырқомлыққа ажыратты
Билл Гейтс дерлик барлық байлығын 20 жыл даўамында қайырқомлық ушын ажыратажақ. Оның 108 млрд доллары Gates Foundation қоры арқалы тарқатылады.
«Ақшаларымды жәмийетке өзим жобаластырғаннан тезирек қайтарыўға қарар еттим. Келеси 20 жыл даўамында дерлик барлық байлықларым Гейтс фонды арқалы дүньядағы адамларды қутқарыў ҳәм олардың турмысын жақсылаў ушын тарқатылады. 2045-жылдың 31-декабринде фондтың есиклери пүткиллей жабылады» – деп жазады Гейтс өзиниң сайтында.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Студентлер сырт елге ислеў ҳәм саяхат етиў бағдарламасы қәрежетлерин қаплаў ушын процентсиз ссуда алыўы мүмкин;
➖ Сыртқы тәлимге қабыллаў жаўылды;
➖ Өзбекстанда нызамсыз қудық қазғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди;
➖ 2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи;
➖ Театрлар ушын зәрүр болған айырым қураллар бажыхана бажынан азат етиледи.

Нәгиранлығы болған баланы тәрбиялап атырған шахсларға қосымша дем алыс бериледи
️Нызамшылыққа бола, 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-ананың бирине ямаса ата-ана орнын басыўшы шахсқа айына қосымша 1 дем алыс күни бериледи.
✅Усы дем алыс күни ушын 1 күнлик ис ҳақы муғдарында напақа төлениўи керек.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Нызамшылыққа бола, 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-ананың бирине ямаса ата-ана орнын басыўшы шахсқа айына қосымша 1 дем алыс күни бериледи.
✅Усы дем алыс күни ушын 1 күнлик ис ҳақы муғдарында напақа төлениўи керек.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўғанстан шахматты қадаған етти
Аўғанстан ҳүкимети мәмлекетте шахмат спорт түрин рәсмий қадаған етти. «Талибан» бул ойынды қадаған етип, мәмлекет шахмат федерациясын жабыўға қарар етти.
Оған бола, бул пәрманға Аўғанстан әмириниң жеке өзи қол қойған, баслама болса Жақсы ислерди үгит-нәсиятлаў ҳәм жаўызлықтың алдын алыў министрлиги тәрепинен алға қойылған.
9-май күни аўғанстанлы шахматшылар мәмлекеттеги Спорт ҳәм дене тәрбиясы бойынша департаментке мүрәжат етип, шахмат ойнаўға руқсат бериўин, сондай-ақ, дөгереклер ҳәм жарыслар шөлкемлестириў ушын финанслық жәрдем ажыратыўын сорады. Бирақ, «Талибан» ҳәкимияты тәрепинен дүзилген департамент ўәкиллери бул спорт түри әмир пәрманы менен «ҳарам» деп табылғаны ҳәм Аўғанстан шахмат федерациясының жумысы пүткиллей тоқтатылғанын мәлим етти.

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?
Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында биринши мәрте хабар берилген еди. Онда блогерлердиң миннетлемелери жеңиллесип атырғанына итибар қаратылғаны ҳәммениң дыққатын тартты.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12814

Green Card – 2025: Ең көбин өзбекстанлылар қолға киргизди
Америка Қурама Штатлары тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын Diversity Visa (Green Card) – 2025 бағдарламасының нәтийжелери жәрияланды.
Быйыл дүнья бойынша 55 мың адам АҚШта турақлы жасаў ҳуқықын беретуғын виза утып алған болса, олардың 5,5 мыңнан асламын өзбекстанлылар қурады.
Бул көрсеткиш Өзбекстанды Green Card жеңимпазлары саны бойынша жетекши мәмлекетке айландырды.

Нәгиранлығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия бериледи
️2025-жыл 8-майда қабыл етилген Президент пәрманына бола, майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем субсидия бериледи.
Бул қаржы сурдоаўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметлериниң қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады. Сондай-ақ, физикалық тәреплерге бирге ислесиў хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге руқсат етилди.

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады
Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал шыпакер ҳәм 4 мийирбийке жумыс алып барады. Олар күнине 3 000 наўқасқа диагноз қойыўы, емлеў ҳәм қадағалаўға алыўы мүмкин. Бул система бир неше күнде 10 мың жағдайды көрип шығады – бул әпиўайы шыпакерлер ушын еки жыллық жумыс көлеми есапланады.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12817

Өзбекстан президентиниң «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи
Бул ҳаққында «Қәбилетли қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы президент пәрманында белгиленди.
Пәрманға бола, бул стипендия бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыў ушын ең мүнәсип талабанларды таңлап алыў мақсетинде енгизиледи.
«Эл-юрт умиди» стипендиясы жеңимпазлары ашық таңлаў тийкарында тест сынақлары ҳәм сәўбет өткериў арқалы анықланады. Тест сынақларында талабанлардың интеллектуаллық, таллаў ҳәм креативлик қәбилетлери, психологиялық турақлылығы баҳаланады.
Пәрманға бола, «Эл-юрт умиди» қоры Президент жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша «Эл-юрт умиди» фонды етип қайта шөлкемлестирилди.

️1-июньнен Қытайға визасыз кириў мүмкин
2025-жыл 1-июньнен баслап, Өзбекстан пуқаралары Қытайға визасыз барыўы мүмкин. Ҳәр сапары 30 күннен артпаўы, 180 күн ишинде болса жәми 90 күннен көп болмаўы керек.
Егер пуқаралар 30 күннен артық қалыўы керек болса, олар кириў визасын алдыннан алыўы лазым.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жыл 1-июньнен баслап, Өзбекстан пуқаралары Қытайға визасыз барыўы мүмкин. Ҳәр сапары 30 күннен артпаўы, 180 күн ишинде болса жәми 90 күннен көп болмаўы керек.
Егер пуқаралар 30 күннен артық қалыўы керек болса, олар кириў визасын алдыннан алыўы лазым.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньяның ең кәмбағал президенти қайтыс болды
Уругвайдың бурынғы президенти, «Дүньядағы ең жарлы президент» сыпатында танылған Хосе Мухика 89 жасында қайтыс болды. Бул ҳаққында әмелдеги мәмлекет басшысы Яманду Орси социаллық тармақтағы бетинде терең қайғы менен мәлим еткен. Уругвай ҳүкимети 16-майға шекем матам жәриялады.
Мухика 1935-жылы 20-майда туўылған. Ол жаслығында Тупамарос ҳәрекетиниң ағзасы болған ҳәм 14 жыл қамақта отырған. 2010-2015-жыллары президентлик еткен, кейин ала парламентке сайланған. Ол кишипейил турмысы, айлығын қайырқомлыққа сарплаўы менен белгили болған.
2024-жылы оған қызыл өңеш раги диагнозы қойылған ҳәм январьда халық пенен хошласқан еди. Ол рак кеселлигин емлеўден бас тартып, жерлеў мәресимине алдыннан таярлық көрген.

Майыплығы болған шахслардың аукционда жер участкасын сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи
✅ Нызамшылыққа бола, майыплығы болған шахстың ҳәм қурамында усындай шахс бар шаңарақтың аукционда жерди сатып алыў қәрежетлери қаплап бериледи.
📌 Бунда жерди сатып алыў қәрежетлери тийкарында БЕМның 100 есесине шекем (37,5 млн сомға шекем) бир мәртелик төлем ажыратылады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
✅ Нызамшылыққа бола, майыплығы болған шахстың ҳәм қурамында усындай шахс бар шаңарақтың аукционда жерди сатып алыў қәрежетлери қаплап бериледи.
📌 Бунда жерди сатып алыў қәрежетлери тийкарында БЕМның 100 есесине шекем (37,5 млн сомға шекем) бир мәртелик төлем ажыратылады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды
Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти. Tomorrow Bio деп аталған стартап ушын әллеқашан қарыйдарлар бар.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12819
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти. Tomorrow Bio деп аталған стартап ушын әллеқашан қарыйдарлар бар.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12819
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс баслады.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12821
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс баслады.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12821
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди
Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министриниң орынбасары Қаниш Төлеушин мәлим еткен. Оған бола, санластырыў министри мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм олардың шығып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде усындай буйрыққа қол қойған.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12822

Автомобильди ыссы ҳаўа температурасынан сақлаң!
️Қуяшта қалдырылған автомобиль салонындағы ыссы ҳаўа температурасы 55-60 градусқа шекем көтерилип жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Сүўретте қуяш тәсиринде салон ишиндеги ҳәм сыртындағы ҳаўа температурасы салыстырылған.
Қуяш нурларынан пайда болған жыллылық автомобиль ишинде жүдә тез топланады.
Ҳәзирги күнде ҳаўа температурасының көтерилиўи себепли транспорт қуралын сая ҳәм салқын жерлерде қалдырыўыңызды сораймыз.

️1-июльден баслап паспорт ҳәм «права»ны алып жүриў шәрт емес
1-июльден баслап шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң my.gov.uz порталындағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады.
Банк, нотариус, аэропорт, вокзал сыяқлы орынларда қағаз көширмелери талап етилмейди – телефоныңыздағы рәсмий электрон нусқа жеткиликлии болады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июльден баслап шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң my.gov.uz порталындағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады.
Банк, нотариус, аэропорт, вокзал сыяқлы орынларда қағаз көширмелери талап етилмейди – телефоныңыздағы рәсмий электрон нусқа жеткиликлии болады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды
Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў және оларды қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12825

️1-июньнан жол оңлаў жумысларын күндиз ислеў қадаған етиледи
Президент тапсырмасына тийкарланып, қалаларда транспорт ағымын жақсылаў ҳәм айдаўшыларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде бир қатар әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылады.
Атап айтқанда, 2025-жыл 1-июньнан баслап, қалаларда автомобиль жолларында оңлаў ямаса жол сызықларын жаңалаў жумысларын саат 07:00 ден 21:00 ге шекем әмелге асырыў қадаған етиледи. Бул талап дем алыс күнлери ҳәм кешиктирип болмайтуғын жағдайларға тийисли емес. Енди бундай жумыслар тек ҳәрекет азайған ўақытта – түнги саатларда орынланады.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап, ҳәрекет тезлигин қадағалаўшы барлық түрдеги стационар ҳәм мобиль радарлар орнатылған аймақларда «Радар» жол белгиси мәжбүрий болады. Бул белги радар жайласқан ноқаттан кеминде 250 метр ҳәм көби менен 500 метр алдын орнатылады.