KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Бүгин ҳәмме 1 саат алдын үйге кетиўи мүмкин

Ертең 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, яғный дем алыс берилетуғын байрам күни болғанлығы себепли бүгин қысқартылған жумыс күни болады. Хызметкерлер жумыстан 1 саат алдын кетиўи мүмкин.

Мийнет кодексиниң 187-статьясына тийкарланып,
️байрам (исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Алымлар Қуяш Жердеги тиришиликти қашан жоқ қылыўы мүмкин екенлигин анықлады

Чикаго университети изертлеўшилери Қуяшта жүз берип атырған глобал өзгерислер себепли бес млрд жылдан кейин Жерде тиришилик тамамланыўын болжады.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, жулдыздың қартайыўы нәтийжесинде Қуяш системасындағы бир неше планета жоқ болып кетиўи мүмкин.

Қуяшта температура көтерилиўи менен Жерде карбонат ангидрид гази муғдары артып, өсимликлер набыт болады. Нәтийжеде оларсыз планетада кислород жоғалады.
«Егер өсимликлер набыт болса, кислородқа байланыслы болған басқа организмлер де жасай алмайды», делинеди мақалада.

Соның менен бирге, изертлеўшилер адамзаттың сол ўақытқа шекем жетип барыўына кепиллик бере алмайды. Олардың пикиринше, адамзаттың қырылыўына Қуяштың қартайыўы емес, ал вулканлардың массалық атылыўы ямаса литосфера плиталарының тектоникалық ҳәрекети себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шоманайда 3D форматтағы пиядалар жолы сызылды

Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы аймағынан өткен Д235 (4Р177) «Қанлыкөл» темир жол станциясы – Шоманай қаласы – Қарабайлы темир жол станциясы» автомобиль жолының 43-44-километр аралығында пиядалар өтиў орны заманагөй көринисте жаңаланып, 3D форматта сызылды.

3D пиядалар өтиў жолы – бул оптикалық иллюзия тийкарында сызылған жол белгиси болып, айдаўшы оны биринши көриўде жол бетинде бийик қуты ямаса тосық бар сыяқлы қабыл етеди. Бул визуал еффект нәтийжесинде айдаўшылар автомат түрде тезликти пәсейтеди, итибарын арттырады, нәтийжеде пиядалар ушын қәўип азаяды.

Бул жойбар арқалы жолаўшылар, әсиресе пиядалар ушын қәўипсизликти тәмийинлеў, айдаўшылардың итибарын пиядалар жолларына қаратыў ҳәм ҳәрекет тезлигин нормада услап турыў мақсет етилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Бүгин жүрегимизде мақтаныш, көзлеримизде болса миннетдаршылық жаслары. Ҳәр жылы 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне қәлбимизде терең из қалдырған, бийбаҳа мәртлик үлгилерин еске салатуғын, тарийхты умытпаўға шақыратуғын муқаддес күн.

Бул күн – бизге тыныш турмыс, ашық аспан, еркинлик ҳәм бахытлы келешекти мийрас етип қалдырған ата-бабаларымызды ҳүрмет пенен еслеў күни. Урыстың аўыр жыллары, сабыр-тақат, пидайылық ҳәм мәртлик – булардың барлығы бүгинги күнимиздиң тийкары.

Өткенлерди естелик пенен, тирилерди болса ҳүрмет пенен еске алайық. Олардың мәртлиги, сабыры ҳәм пидайылығы алдында бас ийемиз.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
7515959.pdf
1.3 MB
2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи

Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў системасын енгизиў бойынша Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Оған бола, 2025-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстанда транспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушын жәрийма баллары қолланылады.

Баллар тек рәсмий баянлама арқалы қабыл етилген қарарлар тийкарында автоматластырылған «E-jarimaball» модулинде есапланады. 12 балл топланса, белгиленген жаза илажлары қолланылады. 8 баллға жеткенде СМС арқалы ескертиў бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Билл Гейтс дерлик барлық байлығын қайырқомлыққа ажыратты

Билл Гейтс дерлик барлық байлығын 20 жыл даўамында қайырқомлық ушын ажыратажақ. Оның 108 млрд доллары Gates Foundation қоры арқалы тарқатылады.

«Ақшаларымды жәмийетке өзим жобаластырғаннан тезирек қайтарыўға қарар еттим. Келеси 20 жыл даўамында дерлик барлық байлықларым Гейтс фонды арқалы дүньядағы адамларды қутқарыў ҳәм олардың турмысын жақсылаў ушын тарқатылады. 2045-жылдың 31-декабринде фондтың есиклери пүткиллей жабылады» – деп жазады Гейтс өзиниң сайтында.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Студентлер сырт елге ислеў ҳәм саяхат етиў бағдарламасы қәрежетлерин қаплаў ушын процентсиз ссуда алыўы мүмкин;

Сыртқы тәлимге қабыллаў жаўылды;

Өзбекстанда нызамсыз қудық қазғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди;

2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи;

Театрлар ушын зәрүр болған айырым қураллар бажыхана бажынан азат етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нәгиранлығы болған баланы тәрбиялап атырған шахсларға қосымша дем алыс бериледи

️Нызамшылыққа бола, 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-ананың бирине ямаса ата-ана орнын басыўшы шахсқа айына қосымша 1 дем алыс күни бериледи.

Усы дем алыс күни ушын 1 күнлик ис ҳақы муғдарында напақа төлениўи керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўғанстан шахматты қадаған етти

Аўғанстан ҳүкимети мәмлекетте шахмат спорт түрин рәсмий қадаған етти. «Талибан» бул ойынды қадаған етип, мәмлекет шахмат федерациясын жабыўға қарар етти.

Оған бола, бул пәрманға Аўғанстан әмириниң жеке өзи қол қойған, баслама болса Жақсы ислерди үгит-нәсиятлаў ҳәм жаўызлықтың алдын алыў министрлиги тәрепинен алға қойылған.

9-май күни аўғанстанлы шахматшылар мәмлекеттеги Спорт ҳәм дене тәрбиясы бойынша департаментке мүрәжат етип, шахмат ойнаўға руқсат бериўин, сондай-ақ, дөгереклер ҳәм жарыслар шөлкемлестириў ушын финанслық жәрдем ажыратыўын сорады. Бирақ, «Талибан» ҳәкимияты тәрепинен дүзилген департамент ўәкиллери бул спорт түри әмир пәрманы менен «ҳарам» деп табылғаны ҳәм Аўғанстан шахмат федерациясының жумысы пүткиллей тоқтатылғанын мәлим етти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында биринши мәрте хабар берилген еди. Онда блогерлердиң миннетлемелери жеңиллесип атырғанына итибар қаратылғаны ҳәммениң дыққатын тартты.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12814
Green Card – 2025: Ең көбин өзбекстанлылар қолға киргизди

Америка Қурама Штатлары тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын Diversity Visa (Green Card) – 2025 бағдарламасының нәтийжелери жәрияланды.

Быйыл дүнья бойынша 55 мың адам АҚШта турақлы жасаў ҳуқықын беретуғын виза утып алған болса, олардың 5,5 мыңнан асламын өзбекстанлылар қурады.

Бул көрсеткиш Өзбекстанды Green Card жеңимпазлары саны бойынша жетекши мәмлекетке айландырды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нәгиранлығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия бериледи

️2025-жыл 8-майда қабыл етилген Президент пәрманына бола, майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Бул қаржы сурдоаўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметлериниң қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады. Сондай-ақ, физикалық тәреплерге бирге ислесиў хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге руқсат етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал шыпакер ҳәм 4 мийирбийке жумыс алып барады. Олар күнине 3 000 наўқасқа диагноз қойыўы, емлеў ҳәм қадағалаўға алыўы мүмкин. Бул система бир неше күнде 10 мың жағдайды көрип шығады – бул әпиўайы шыпакерлер ушын еки жыллық жумыс көлеми есапланады.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12817

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан президентиниң «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи

Бул ҳаққында «Қәбилетли қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы президент пәрманында белгиленди.

Пәрманға бола, бул стипендия бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыў ушын ең мүнәсип талабанларды таңлап алыў мақсетинде енгизиледи.

«Эл-юрт умиди» стипендиясы жеңимпазлары ашық таңлаў тийкарында тест сынақлары ҳәм сәўбет өткериў арқалы анықланады. Тест сынақларында талабанлардың интеллектуаллық, таллаў ҳәм креативлик қәбилетлери, психологиялық турақлылығы баҳаланады.

Пәрманға бола, «Эл-юрт умиди» қоры Президент жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша «Эл-юрт умиди» фонды етип қайта шөлкемлестирилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️1-июньнен Қытайға визасыз кириў мүмкин

2025-жыл 1-июньнен баслап, Өзбекстан пуқаралары Қытайға визасыз барыўы мүмкин. Ҳәр сапары 30 күннен артпаўы, 180 күн ишинде болса жәми 90 күннен көп болмаўы керек.

Егер пуқаралар 30 күннен артық қалыўы керек болса, олар кириў визасын алдыннан алыўы лазым.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньяның ең кәмбағал президенти қайтыс болды

Уругвайдың бурынғы президенти, «Дүньядағы ең жарлы президент» сыпатында танылған Хосе Мухика 89 жасында қайтыс болды. Бул ҳаққында әмелдеги мәмлекет басшысы Яманду Орси социаллық тармақтағы бетинде терең қайғы менен мәлим еткен. Уругвай ҳүкимети 16-майға шекем матам жәриялады.

Мухика 1935-жылы 20-майда туўылған. Ол жаслығында Тупамарос ҳәрекетиниң ағзасы болған ҳәм 14 жыл қамақта отырған. 2010-2015-жыллары президентлик еткен, кейин ала парламентке сайланған. Ол кишипейил турмысы, айлығын қайырқомлыққа сарплаўы менен белгили болған.

2024-жылы оған қызыл өңеш раги диагнозы қойылған ҳәм январьда халық пенен хошласқан еди. Ол рак кеселлигин емлеўден бас тартып, жерлеў мәресимине алдыннан таярлық көрген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Майыплығы болған шахслардың аукционда жер участкасын сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи

Нызамшылыққа бола, майыплығы болған шахстың ҳәм қурамында усындай шахс бар шаңарақтың аукционда жерди сатып алыў қәрежетлери қаплап бериледи.

📌 Бунда жерди сатып алыў қәрежетлери тийкарында БЕМның 100 есесине шекем (37,5 млн сомға шекем) бир мәртелик төлем ажыратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти. Tomorrow Bio деп аталған стартап ушын әллеқашан қарыйдарлар бар.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12819

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс баслады.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12821

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министриниң орынбасары Қаниш Төлеушин мәлим еткен. Оған бола, санластырыў министри мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм олардың шығып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде усындай буйрыққа қол қойған.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12822

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube