KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Дүньяда биринши мәрте жүрек урыўдан тоқтамастан көширип өткерилди

Тайванның Миллий университет емлеўханасының хирурглери медицина тарийхында биринши мәрте донор жүрегин урыўдан тоқтатпастан басқа адамға табыслы көширип өткерди.

Әдетте жүрек трансплантациясы ўақтында жүрек суўытылады ҳәм урыўы тоқтатылады, бул болса гейде булшық етлерге зыян жеткереди. Бирақ бул сапары арнаўлы портатив система жәрдеминде жүрек дене сыртында да кислород пенен тәмийинленип, урыўын даўам еткен.

Бул инновациялық усыл 49 жасар жүрек кеселлигине шатылған ҳаялда сынақтан өткерилди. Операциядан кейин наўқас өзин жақсы сезе баслаған ҳәм анализлер жүректиң толық ислеп атырғанын тастыйықлаған.

Алдынғы трансплантация усылларында жүрек қысқа мүддетке болса да тоқтатылған болса, жаңа усылда жүрек бир секундқа да тоқтамады. Қәнигелер бул усыл жүрек көширип өткериўде революция болатуғынлығын айтпақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Малдив президенти дүньядағы ең узақ баспасөз конференциясын өткерип, рекорд орнатты

Малдив президенти Муҳаммад Муиззу 2-май күни дүньядағы ең узақ баспасөз конференциясын өткерди. Ол бул арқалы Украина президенти Владимир Зеленскийдиң рекордын жаңалаған.

Конференция 2-май күни жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 10:00 де басланып, түн ярымында жуўмақланады. Онда жигирмаға шамалас хабаршы қатнасты. Барлық қатнасыўшыларға аўқат ҳәм ишимликлер усыныс етилген.

Марафон даўамында ишки ҳәм сыртқы сиясат мәселелери додаланған. Рәсмий мағлыўматларға бола, баспасөз конференциясы намаз ушын қысқа тәнепислер менен өткерилген.

France 24 телеканалының мәлим етиўинше, конференция 14 саат 54 минут даўам еткен. Усы тәризде ол Зеленскийдиң 2019-жылы орнатқан 14 саатлық рекордын жаңалаған. Сол ўақытта Зеленский Беларус президенти Александр Лукашенконың жети сааттан аслам даўам еткен шығыўын артта қалдырған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бир ўақытта еки ЖООда оқыў имканияты бойынша сенатор сораўы жиберилди

Соңғы жыллары Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасы жедел раўажланып, ЖООлардың саны 77 ден 203 ке жетти, студентлерди қамтып алыў дәрежеси болса 9% тен 42% ке артты. Бирақ халық тәрепинен бир ўақыттың өзинде еки ЖООда билим алыў имканияты шекленгени бойынша мүрәжатлар көбеймекте.

Сенатор Бахром Абдуллаев бул бойынша рәсмий түсиник сорап, Жоқары билимлендириў министрине сораў жоллады. Онда әмелдеги ҳүжжетлер (393-санлы қарар ҳәм HEMIS системасы) жаслардың бир неше билимлендириў бағдарында билим алыў имканиятын шеклеп атырғаны айтылған.

Соның менен бирге, сырт мәмлекетлерде бундай шеклеўлер жоқ екенлиги ҳәм студентлер бир ўақытта бир неше диплом алыўы мүмкин екенлиги атап өтилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сыртқы тәлимге қабыллаў жаўылды

2025/2026-оқыў жылынан баслап сыртқы тәлимге қабыллаў толық тоқтатылады. Бул барлық бағдарлар ҳәм барлық жоқары оқыў орынлары (мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес) ушын әмел етеди. Ҳәзирги сыртқы студентлердиң оқыўы даўам етеди, бирақ жаңа студентлер алынбайды.

Сыртқы билимлендириўдиң орнына аралықтан ямаса оптималластырылған күндизги билимлендириў (part-time) түрлери енгизиледи. Бирақ, бул алтернатив формаларға қабыллаў квотасы күндизги қабыллаўдың 50%инен артпаўы керек.

Сондай-ақ, магистратура басқышында да енди аралықтан ямаса алтернатив формада билим алыў мүмкин болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Европа Аўқамы пүткил дүньядан илимпазларды тартыўға 500 млн евро ажыратады

Европа Аўқамы пүткил дүнья илимпазларын тартыў мақсетинде 500 млн евро (шама менен 566,6 млн доллар) муғдарында кең көлемли басламаны баслайды. Бул ҳаққында Еврокомиссия басшысы Урсула фон дер Ляен мәлим етти.

Ол Франция президенти Эммануел Макрон менен ушырасыўда тийисли баянат иследи. Илимпазларды тартыўға АҚШ президенти администрациясы ҳәм Америка университетлери арасындағы қатнасықлардың кескинлесиўи себеп болған. Ақ үй илимди қаржыландырыўды қысқартқан.

Европа Аўқамы мәмлекетлери 2030-жылға барып илимге мәмлекетлик инвестицияларды жалпы ишки өнимниң 3%и дәрежесине жеткережақ екенлигин атап өткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда нызамсыз қудық қазғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди

Айырым нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, жер асты суўлы қатламларынан алынатуғын суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныў қағыйдаларын, жер асты суўлы қатламларынан суў алыў лимитлерин бузыў, жер асты суўларынан өзбасымшалық пенен суў алыў, жер асты суўларына қудықты нызамға қайшы түрде бураўлаў:

🔹 Пуқараларға БЕМның 6 есесинен 15 есесине шекем (2 млн 250 мың сомнан 5 млн 675 мың сомға шекем);
🔹 Лаўазымлы шахсларға болса 15 есесинен 20 есесине шекемги (5 млн 675 мың сомнан 7,5 млн сомға шекем) муғдарда жәрийма салыныўына себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди майыплықты белгилеўде шыпакерлик-мәсләҳәт комиссиялары (ШМК) сапластырылады

Бул ўазыйпаны шаңарақлық шыпакер рәсмийлестирген ҳүжжет тийкарында медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы әмелге асырады. Жаңа система 1-июньнан Ташкент ҳәм Наўайыда, 1-сентябрьге шекем болса пүткил мәмлекет бойлап енгизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
53 жыл алдын ушырылған космик аппарат Жерге қулаўы мүмкин – Өзбекстанға түсиў қәўпи бар

1972-жылы 31-мартта бурынғы Совет Аўқамының «Венера» бағдарламасы шеңберинде ушырылған «Космос-482» космослық аппараты ракетаның насазлығы себепли орбитада қалып кеткен еди. Арадан 53 жыл өтип, ол Жерге қулаўы күтилмекте.

Қәнигелердиң болжаўы бойынша, аппарат 9 - 11-май күнлери Жерге түседи. Қай жерге қулаўын анық айтыў қыйын, бирақ Азия, атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Өзбекстан аймағына түсиў итималы 0,3-0,5 процент әтирапында баҳаланбақта.

Аппараттың тийкарғы бөлеклери атмосферада жанып кетеди, бирақ Венера шараятларына бейимлестирилген, шама менен 500 кг аўырлықтағы титан капсула Жерге жетип келиўи мүмкин. Парашют бар болса да, жыллар даўамында истен шыққан болыўы мүмкин. Бул болса капсуланың Жерге саатына 500 км тезликте урылыў қәўпин арттырады. Жуўапкерлер жағдайды бақлаўда даўам етпекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгин ҳәмме 1 саат алдын үйге кетиўи мүмкин

Ертең 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, яғный дем алыс берилетуғын байрам күни болғанлығы себепли бүгин қысқартылған жумыс күни болады. Хызметкерлер жумыстан 1 саат алдын кетиўи мүмкин.

Мийнет кодексиниң 187-статьясына тийкарланып,
️байрам (исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Алымлар Қуяш Жердеги тиришиликти қашан жоқ қылыўы мүмкин екенлигин анықлады

Чикаго университети изертлеўшилери Қуяшта жүз берип атырған глобал өзгерислер себепли бес млрд жылдан кейин Жерде тиришилик тамамланыўын болжады.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, жулдыздың қартайыўы нәтийжесинде Қуяш системасындағы бир неше планета жоқ болып кетиўи мүмкин.

Қуяшта температура көтерилиўи менен Жерде карбонат ангидрид гази муғдары артып, өсимликлер набыт болады. Нәтийжеде оларсыз планетада кислород жоғалады.
«Егер өсимликлер набыт болса, кислородқа байланыслы болған басқа организмлер де жасай алмайды», делинеди мақалада.

Соның менен бирге, изертлеўшилер адамзаттың сол ўақытқа шекем жетип барыўына кепиллик бере алмайды. Олардың пикиринше, адамзаттың қырылыўына Қуяштың қартайыўы емес, ал вулканлардың массалық атылыўы ямаса литосфера плиталарының тектоникалық ҳәрекети себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шоманайда 3D форматтағы пиядалар жолы сызылды

Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы аймағынан өткен Д235 (4Р177) «Қанлыкөл» темир жол станциясы – Шоманай қаласы – Қарабайлы темир жол станциясы» автомобиль жолының 43-44-километр аралығында пиядалар өтиў орны заманагөй көринисте жаңаланып, 3D форматта сызылды.

3D пиядалар өтиў жолы – бул оптикалық иллюзия тийкарында сызылған жол белгиси болып, айдаўшы оны биринши көриўде жол бетинде бийик қуты ямаса тосық бар сыяқлы қабыл етеди. Бул визуал еффект нәтийжесинде айдаўшылар автомат түрде тезликти пәсейтеди, итибарын арттырады, нәтийжеде пиядалар ушын қәўип азаяды.

Бул жойбар арқалы жолаўшылар, әсиресе пиядалар ушын қәўипсизликти тәмийинлеў, айдаўшылардың итибарын пиядалар жолларына қаратыў ҳәм ҳәрекет тезлигин нормада услап турыў мақсет етилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Бүгин жүрегимизде мақтаныш, көзлеримизде болса миннетдаршылық жаслары. Ҳәр жылы 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне қәлбимизде терең из қалдырған, бийбаҳа мәртлик үлгилерин еске салатуғын, тарийхты умытпаўға шақыратуғын муқаддес күн.

Бул күн – бизге тыныш турмыс, ашық аспан, еркинлик ҳәм бахытлы келешекти мийрас етип қалдырған ата-бабаларымызды ҳүрмет пенен еслеў күни. Урыстың аўыр жыллары, сабыр-тақат, пидайылық ҳәм мәртлик – булардың барлығы бүгинги күнимиздиң тийкары.

Өткенлерди естелик пенен, тирилерди болса ҳүрмет пенен еске алайық. Олардың мәртлиги, сабыры ҳәм пидайылығы алдында бас ийемиз.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
7515959.pdf
1.3 MB
2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи

Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў системасын енгизиў бойынша Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Оған бола, 2025-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстанда транспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушын жәрийма баллары қолланылады.

Баллар тек рәсмий баянлама арқалы қабыл етилген қарарлар тийкарында автоматластырылған «E-jarimaball» модулинде есапланады. 12 балл топланса, белгиленген жаза илажлары қолланылады. 8 баллға жеткенде СМС арқалы ескертиў бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Билл Гейтс дерлик барлық байлығын қайырқомлыққа ажыратты

Билл Гейтс дерлик барлық байлығын 20 жыл даўамында қайырқомлық ушын ажыратажақ. Оның 108 млрд доллары Gates Foundation қоры арқалы тарқатылады.

«Ақшаларымды жәмийетке өзим жобаластырғаннан тезирек қайтарыўға қарар еттим. Келеси 20 жыл даўамында дерлик барлық байлықларым Гейтс фонды арқалы дүньядағы адамларды қутқарыў ҳәм олардың турмысын жақсылаў ушын тарқатылады. 2045-жылдың 31-декабринде фондтың есиклери пүткиллей жабылады» – деп жазады Гейтс өзиниң сайтында.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Студентлер сырт елге ислеў ҳәм саяхат етиў бағдарламасы қәрежетлерин қаплаў ушын процентсиз ссуда алыўы мүмкин;

Сыртқы тәлимге қабыллаў жаўылды;

Өзбекстанда нызамсыз қудық қазғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди;

2025-жыл 1-июньнен жәрийма баллары системасы енгизиледи;

Театрлар ушын зәрүр болған айырым қураллар бажыхана бажынан азат етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нәгиранлығы болған баланы тәрбиялап атырған шахсларға қосымша дем алыс бериледи

️Нызамшылыққа бола, 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-ананың бирине ямаса ата-ана орнын басыўшы шахсқа айына қосымша 1 дем алыс күни бериледи.

Усы дем алыс күни ушын 1 күнлик ис ҳақы муғдарында напақа төлениўи керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўғанстан шахматты қадаған етти

Аўғанстан ҳүкимети мәмлекетте шахмат спорт түрин рәсмий қадаған етти. «Талибан» бул ойынды қадаған етип, мәмлекет шахмат федерациясын жабыўға қарар етти.

Оған бола, бул пәрманға Аўғанстан әмириниң жеке өзи қол қойған, баслама болса Жақсы ислерди үгит-нәсиятлаў ҳәм жаўызлықтың алдын алыў министрлиги тәрепинен алға қойылған.

9-май күни аўғанстанлы шахматшылар мәмлекеттеги Спорт ҳәм дене тәрбиясы бойынша департаментке мүрәжат етип, шахмат ойнаўға руқсат бериўин, сондай-ақ, дөгереклер ҳәм жарыслар шөлкемлестириў ушын финанслық жәрдем ажыратыўын сорады. Бирақ, «Талибан» ҳәкимияты тәрепинен дүзилген департамент ўәкиллери бул спорт түри әмир пәрманы менен «ҳарам» деп табылғаны ҳәм Аўғанстан шахмат федерациясының жумысы пүткиллей тоқтатылғанын мәлим етти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында биринши мәрте хабар берилген еди. Онда блогерлердиң миннетлемелери жеңиллесип атырғанына итибар қаратылғаны ҳәммениң дыққатын тартты.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12814
Green Card – 2025: Ең көбин өзбекстанлылар қолға киргизди

Америка Қурама Штатлары тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын Diversity Visa (Green Card) – 2025 бағдарламасының нәтийжелери жәрияланды.

Быйыл дүнья бойынша 55 мың адам АҚШта турақлы жасаў ҳуқықын беретуғын виза утып алған болса, олардың 5,5 мыңнан асламын өзбекстанлылар қурады.

Бул көрсеткиш Өзбекстанды Green Card жеңимпазлары саны бойынша жетекши мәмлекетке айландырды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нәгиранлығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия бериледи

️2025-жыл 8-майда қабыл етилген Президент пәрманына бола, майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Бул қаржы сурдоаўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметлериниң қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады. Сондай-ақ, физикалық тәреплерге бирге ислесиў хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге руқсат етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube