KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
«Қубла Үстирт» тәбият бағының байлықлары

«Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының аймағында әмелге асырылған мониторинг жумыслары даўамында түрли ҳайўанлар ҳәм қуслар камераға түскен.

Олардың айырымлары сийрек ушырасатуғын түрлер ҳәм Қызыл китапқа киргизилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп 8-май ҳәм 11-ноябрьди АҚШта Жеңис күнлери деп жәриялады

АҚШ президенти Доналд Трамп 8-май ҳәм 11-ноябрьди Биринши ҳәм Екинши жер жүзилик урыслардағы Жеңис күнлери сыпатында белгилениўин жәриялады. Бул ҳаққында ол өзиниң Truth Social социаллық тармағындағы бетинде мәлим етти.

Трамп АҚШтың Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске қосқан үлесин үлкен деп баҳалаған. Америка басшысының пикиринше, Вашингтон Биринши жер жүзилик урыста да жеңиске ерискен. Усы мүнәсибет пенен Трамп бул ўақыяларды белгилеўге шақырып, мәмлекетлик байрамлар сыпатында енгизилетуғынын билдирген.

«Көплеген аўқамласларымыз ҳәм досларымыз 8-майды Жеңис күни сыпатында белгилейди.  Бирақ, әйне биз Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске басқа ҳәрқандай мәмлекетке қарағанда шексиз дәрежеде көбирек үлес қостық. Мен 8-майды Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңис күни, 11-ноябрьди болса Биринши жер жүзилик урыстағы Жеңис күни деп жәриялайман» дейди Трамп.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни

Бүгин – сөз еркинлиги, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық ушын гүресип атырған журналистлер, блогерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын әҳмийетли күн. Баспасөз – бул жәмийеттиң айнасы, халықтың көзи, қулағы ҳәм даўысы. Еркин баспасөз бар жерде әдиллик, раўажланыў ҳәм ҳақыйқый демократия болады.

Байрам менен пидайылық пенен мийнет етип атырған барлық журналистлерди, редакция хызметкерлерин ҳәм информация тарқатыўшыларын қызғын қутлықлаймыз. Кәсиплик жумысыңызда әўмет, беккем денсаўлық ҳәм илҳам тилеймиз!

Сөз еркинлиги ҳәм мәлимлеме ушын ашықлық – еркин жәмийеттиң тийкары.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Ҳаж - 2025» мәўсими 13-май күнинен басланады

Өзбекстанлы зыяратшылар 13-майдан 28-майға шекем ҳәр күни Саудия Арабстанына тиккелей рейслер арқалы жөнеп кетеди. Олар Ташкент, Бухара, Наманган, Самарқанд, Қаршы, Термиз, Үргениш, Наўайы ҳәм Нөкис аэропортларынан Мадина қаласына ушады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» топламының II томы басылып шықты

Россия Федерациясының Москва қаласы «Ладомир» илимий-баспахана орайында рус тилинде басып шығарылған «Антология каракалпакской поэзии» («Қарақалпақ поэзиясының антологиясы») топламының II томы баспадан шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кешиктирилген жәрийма баллары, узайтырылған мүддет, еки есе стипендия – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Жәрийма баллары 1-майдан баслап күшке кирмейди;

Еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа пулы бериледи;

Путин мигрантлардың статусын нызамластырыў мүддетин узайтты;

Енди педагог кадрларды таярлаў тек күндизги ҳәм кешки билимлендириў формаларында әмелге асырылады;

Енди айырым студент-қызларға еки есе стипендия бериледи;

Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация етиледи;

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады(видео);

«Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» топламының II томы басылып шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Театрлар ушын зәрүр болған айырым қураллар бажыхана бажынан азат етиледи

️Нызамшылыққа бола, Мәденият министрлиги және Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша сырт елден алып келинетуғын, театрлар ушын зәрүр музыка әсбап-үскенелери, техникалық үскенелер, декорациялар, шырақлар, грим өнимлери ҳәм басқа да затлар 2030-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен неше күн дем алыс бериледи?

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен төмендеги күнлери дем алынады:

🔹9-май (жума) – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
🔹10-май (шемби) – 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын жумыс күни;
🔹11-май (екшемби) – дем алыс күни.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
6-10-май күнлери көшпели қабыллаўлар өткериледи

2025-жыл 6-10-май күнлери республикалық Жумысшы топар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар өткериледи.

Онда Суд-ҳуқық, социаллық-экономикалық және қурылыс ҳәм коммуналлық тараўлар бойынша жуўапкер басшы хызметкерлер қатнасады.

Қабыллаў режеси жоқарыдағы кестеде көрсетилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студентлер сырт елде ислеў ҳәм саяхат етиў бағдарламасы қәрежетлерин қаплаў ушын процентсиз ссуда алыўы мүмкин

Ҳүкимет қарары (290-санлы, 02.05.2025-ж.) менен 2025-жыл 15-майдан «Work and Travel» халықаралық бағдарламалары шеңберинде жумыс ислеў ҳәм саяхат етиў ушын сырт мәмлекетлерине барыў ҳәм келиў және басқа да қәрежетлерди қаплаў мақсетинде студент жасларға ссуда ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Бул мәмлекетлерге Европа Аўқамы мәмлекетлери, Қубла Корея, Япония, Улли Британия, АҚШ, Канада, Австралия, Жаңа Зеландия киреди.

Ҳәр жылы 2 000 ға шекемги студент жасларға БЕМның 40 есеси муғдарында ссуда ажыратылады.

️Ссуда ажыратыў ҳаққындағы арзалар мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса БИМХП (my.gov.uz) арқалы қабыл етиледи.

Стулентлер ажыратылған ссуданы сырт елден келгеннен кейин 1 ай мүддетте қайтарыўы керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп өзиниң итималлы мийрасхорлары ким екенлигин айтты

АҚШ президенти Доналд Трамп мәмлекетлик хаткер Марко Рубио ҳәм вице-президент Жей Ди Венсти итималлы мийрасхорлар қатарында тилге алды. Бул ҳаққында ол NBC News телеканалы эфиринде мәлим етти.

Журналисттиң сораўына жуўап берип, Трамп бул еки сиясатшы және «10-15-20» адам ол кеткенинен кейин «Американы және уллы қыламыз» ҳәрекетин басқарыўы мүмкин екенлигин айтты.

Трамп ҳәзирги ўақытта АҚШ Демократиялық партиясында республикашылардың жас әўладына тең келетуғын сиясатшылар жоқ екенлигин атап өтти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньяда биринши мәрте жүрек урыўдан тоқтамастан көширип өткерилди

Тайванның Миллий университет емлеўханасының хирурглери медицина тарийхында биринши мәрте донор жүрегин урыўдан тоқтатпастан басқа адамға табыслы көширип өткерди.

Әдетте жүрек трансплантациясы ўақтында жүрек суўытылады ҳәм урыўы тоқтатылады, бул болса гейде булшық етлерге зыян жеткереди. Бирақ бул сапары арнаўлы портатив система жәрдеминде жүрек дене сыртында да кислород пенен тәмийинленип, урыўын даўам еткен.

Бул инновациялық усыл 49 жасар жүрек кеселлигине шатылған ҳаялда сынақтан өткерилди. Операциядан кейин наўқас өзин жақсы сезе баслаған ҳәм анализлер жүректиң толық ислеп атырғанын тастыйықлаған.

Алдынғы трансплантация усылларында жүрек қысқа мүддетке болса да тоқтатылған болса, жаңа усылда жүрек бир секундқа да тоқтамады. Қәнигелер бул усыл жүрек көширип өткериўде революция болатуғынлығын айтпақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Малдив президенти дүньядағы ең узақ баспасөз конференциясын өткерип, рекорд орнатты

Малдив президенти Муҳаммад Муиззу 2-май күни дүньядағы ең узақ баспасөз конференциясын өткерди. Ол бул арқалы Украина президенти Владимир Зеленскийдиң рекордын жаңалаған.

Конференция 2-май күни жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 10:00 де басланып, түн ярымында жуўмақланады. Онда жигирмаға шамалас хабаршы қатнасты. Барлық қатнасыўшыларға аўқат ҳәм ишимликлер усыныс етилген.

Марафон даўамында ишки ҳәм сыртқы сиясат мәселелери додаланған. Рәсмий мағлыўматларға бола, баспасөз конференциясы намаз ушын қысқа тәнепислер менен өткерилген.

France 24 телеканалының мәлим етиўинше, конференция 14 саат 54 минут даўам еткен. Усы тәризде ол Зеленскийдиң 2019-жылы орнатқан 14 саатлық рекордын жаңалаған. Сол ўақытта Зеленский Беларус президенти Александр Лукашенконың жети сааттан аслам даўам еткен шығыўын артта қалдырған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бир ўақытта еки ЖООда оқыў имканияты бойынша сенатор сораўы жиберилди

Соңғы жыллары Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасы жедел раўажланып, ЖООлардың саны 77 ден 203 ке жетти, студентлерди қамтып алыў дәрежеси болса 9% тен 42% ке артты. Бирақ халық тәрепинен бир ўақыттың өзинде еки ЖООда билим алыў имканияты шекленгени бойынша мүрәжатлар көбеймекте.

Сенатор Бахром Абдуллаев бул бойынша рәсмий түсиник сорап, Жоқары билимлендириў министрине сораў жоллады. Онда әмелдеги ҳүжжетлер (393-санлы қарар ҳәм HEMIS системасы) жаслардың бир неше билимлендириў бағдарында билим алыў имканиятын шеклеп атырғаны айтылған.

Соның менен бирге, сырт мәмлекетлерде бундай шеклеўлер жоқ екенлиги ҳәм студентлер бир ўақытта бир неше диплом алыўы мүмкин екенлиги атап өтилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сыртқы тәлимге қабыллаў жаўылды

2025/2026-оқыў жылынан баслап сыртқы тәлимге қабыллаў толық тоқтатылады. Бул барлық бағдарлар ҳәм барлық жоқары оқыў орынлары (мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес) ушын әмел етеди. Ҳәзирги сыртқы студентлердиң оқыўы даўам етеди, бирақ жаңа студентлер алынбайды.

Сыртқы билимлендириўдиң орнына аралықтан ямаса оптималластырылған күндизги билимлендириў (part-time) түрлери енгизиледи. Бирақ, бул алтернатив формаларға қабыллаў квотасы күндизги қабыллаўдың 50%инен артпаўы керек.

Сондай-ақ, магистратура басқышында да енди аралықтан ямаса алтернатив формада билим алыў мүмкин болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube