KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў, яғный:

– Бәлент даўыста қосық айтыў;
– Музыка шертиў;
– Даўыс сигналларын бериў;
– Үйлерде, турақ-жайлардың коридорлары ҳәм есиклеринде, көшелерде даўсы қатты қойылған телевизор, радиоприйомниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығаратуғын басқа аппаратуралардан пайдаланыў;
– Турақ-жай имаратларында ҳәм сыртында жүдә зәрүр болмаған жағдайда шаўқым шығаратугын жумысларды ислеў, сондай-ақ, шаўқымға қарсы гүрес талапларын бузатугын басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги, лаўазымлы шахсларга – үштен бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12811

Youtube 👉 https://www.youtube.com/shorts/xJlDYDyOVhY
Қытай АҚШта COVID-19 Уханнан алдын пайда болғанлығын айтпақта

Қытай мәмлекетлик кеңеси мәлимлеме бюросы жәриялаған «Ақ китап»та SARS-CoV-2 коронавирусы Қытайдың Ухан қаласынан алдын АҚШта пайда болғанлығы атап өтилген. Ҳүжжетте, әсиресе, Флорида штатына итибар қаратылып, ол жерде биринши жағдай рәсмий түрде 2020-жыл 1-мартта анықланғаны, бирақ вирус январь айында-ақ тарқала баслағаны жазылған. Мағлыўматларға бола, наўқаслардың көпшилиги сырт елге шықпаған ҳәм айырым дәлиллер кейин ала жоқ етилген.

Алдын Ақ үй рәсмий сайтында пандемияға Ухандағы лабораториядан вирус шығыўы себеп болғанлығы ҳаққында арнаўлы бет иске қосылған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизимин жәриялады

Оған бола, «ПСЖ» ҳүжимшиси Усман Дембеле сыйлықты қолға киргизиў ушын ең тийкарғы талабан. «Барселона» вингери Ламин Ямал ҳәм Рафиня екинши ҳәм үшинши орынларда дизимге алынған.

Улыўма алғанда, жигирмалық төмендегише:

1. Усман Дембеле («ПСЖ»);
2. Ламин Ямал («Барселона»);
3. Рафиня Диас («Барселона»);
4. Педри («Барселона»);
5. Муҳаммад Салоҳ («Ливерпул»);
6. Роберт Левандовски («Барселона»);
7. Жанлуижи Доннарумма («ПСЖ»);
8. Гарри Кейн («Бавария»);
9. Килиан Мбаппе («Реал»);
10. Нуну Мендес («ПСЖ»);
11. Деклан Райс («Арсенал»);
12. Жуд Беллингем («Реал»);
13. Винициус Жуниор («Реал»);
14. Витиня («ПСЖ»);
15. Хвича Кварасхелия («ПСЖ»);
16. Виктор Гёкереш («Спортинг»);
17. Лаутаро Мартинес («Интер»);
18. Дезире Дуе («ПСЖ»);
19. Букаё Сака («Арсенал»);
20. Дензел Думфрис («Интер»).

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT ме ямаса студентлер – жаңа изертлеў нәтийжелери жәрияланды

Уллы Британияның Шығыс Англия университети илимпазлары өткерген изертлеўге бола, ChatGPT жазған шығармалар елеге шекем ҳақыйқый студентлердиң дәрежесине жетпеген. Written Communication журналында басып шығарылған изертлеўде 145 студенттиң жумысларын ChatGPT дөреткен шығармалар менен салыстырылған.

Жасалма интеллект грамматикалық жақтан дурыс текстлерди жазса да, олардың жеке көзқарас ҳәм интерактивликтен узақ екенлиги анықланған. Студентлер болса риторикалық сораўлар, жеке пикирлер ҳәм тиккелей мүрәжатлар арқалы оқыўшыны белсенди қатнасыўға ийтермелейди.

Профессор Кен Хайландтың атап өтиўинше, ChatGPT ҳәм соған уқсас қураллар көширип жазыў имканиятын бериўи мүмкин, сол себепли оқытыўшылар қәўетерде. Бирақ, изертлеўшилер жасалма интеллектти оқыў процесинде жәрдемши қурал сыпатында пайдаланыў мүмкин екенлигин де айтпақта: «Жазыў емес, пикирлеўди үйретиў әҳмийетли.»

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай орында турған еди.

Рейтинг ҳәр жылы «Шегара билмес хабаршылар» шөлкеми тәрепинен жәҳән баспасөз еркинлиги күни алдынан жәрияланады. Биринши мәрте халықаралық ғалаба хабар қураллары еркинлигиниң жағдайы «аўыр» деп классификацияланбақта. Бул алдын жәрияланған «машқалалы» статусына салыстырғанда төменлеў есапланады.

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12813

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Қубла Үстирт» тәбият бағының байлықлары

«Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының аймағында әмелге асырылған мониторинг жумыслары даўамында түрли ҳайўанлар ҳәм қуслар камераға түскен.

Олардың айырымлары сийрек ушырасатуғын түрлер ҳәм Қызыл китапқа киргизилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп 8-май ҳәм 11-ноябрьди АҚШта Жеңис күнлери деп жәриялады

АҚШ президенти Доналд Трамп 8-май ҳәм 11-ноябрьди Биринши ҳәм Екинши жер жүзилик урыслардағы Жеңис күнлери сыпатында белгилениўин жәриялады. Бул ҳаққында ол өзиниң Truth Social социаллық тармағындағы бетинде мәлим етти.

Трамп АҚШтың Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске қосқан үлесин үлкен деп баҳалаған. Америка басшысының пикиринше, Вашингтон Биринши жер жүзилик урыста да жеңиске ерискен. Усы мүнәсибет пенен Трамп бул ўақыяларды белгилеўге шақырып, мәмлекетлик байрамлар сыпатында енгизилетуғынын билдирген.

«Көплеген аўқамласларымыз ҳәм досларымыз 8-майды Жеңис күни сыпатында белгилейди.  Бирақ, әйне биз Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске басқа ҳәрқандай мәмлекетке қарағанда шексиз дәрежеде көбирек үлес қостық. Мен 8-майды Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңис күни, 11-ноябрьди болса Биринши жер жүзилик урыстағы Жеңис күни деп жәриялайман» дейди Трамп.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни

Бүгин – сөз еркинлиги, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық ушын гүресип атырған журналистлер, блогерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын әҳмийетли күн. Баспасөз – бул жәмийеттиң айнасы, халықтың көзи, қулағы ҳәм даўысы. Еркин баспасөз бар жерде әдиллик, раўажланыў ҳәм ҳақыйқый демократия болады.

Байрам менен пидайылық пенен мийнет етип атырған барлық журналистлерди, редакция хызметкерлерин ҳәм информация тарқатыўшыларын қызғын қутлықлаймыз. Кәсиплик жумысыңызда әўмет, беккем денсаўлық ҳәм илҳам тилеймиз!

Сөз еркинлиги ҳәм мәлимлеме ушын ашықлық – еркин жәмийеттиң тийкары.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Ҳаж - 2025» мәўсими 13-май күнинен басланады

Өзбекстанлы зыяратшылар 13-майдан 28-майға шекем ҳәр күни Саудия Арабстанына тиккелей рейслер арқалы жөнеп кетеди. Олар Ташкент, Бухара, Наманган, Самарқанд, Қаршы, Термиз, Үргениш, Наўайы ҳәм Нөкис аэропортларынан Мадина қаласына ушады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» топламының II томы басылып шықты

Россия Федерациясының Москва қаласы «Ладомир» илимий-баспахана орайында рус тилинде басып шығарылған «Антология каракалпакской поэзии» («Қарақалпақ поэзиясының антологиясы») топламының II томы баспадан шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кешиктирилген жәрийма баллары, узайтырылған мүддет, еки есе стипендия – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Жәрийма баллары 1-майдан баслап күшке кирмейди;

Еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа пулы бериледи;

Путин мигрантлардың статусын нызамластырыў мүддетин узайтты;

Енди педагог кадрларды таярлаў тек күндизги ҳәм кешки билимлендириў формаларында әмелге асырылады;

Енди айырым студент-қызларға еки есе стипендия бериледи;

Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация етиледи;

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады(видео);

«Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» топламының II томы басылып шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Театрлар ушын зәрүр болған айырым қураллар бажыхана бажынан азат етиледи

️Нызамшылыққа бола, Мәденият министрлиги және Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша сырт елден алып келинетуғын, театрлар ушын зәрүр музыка әсбап-үскенелери, техникалық үскенелер, декорациялар, шырақлар, грим өнимлери ҳәм басқа да затлар 2030-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен неше күн дем алыс бериледи?

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен төмендеги күнлери дем алынады:

🔹9-май (жума) – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
🔹10-май (шемби) – 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын жумыс күни;
🔹11-май (екшемби) – дем алыс күни.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
6-10-май күнлери көшпели қабыллаўлар өткериледи

2025-жыл 6-10-май күнлери республикалық Жумысшы топар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар өткериледи.

Онда Суд-ҳуқық, социаллық-экономикалық және қурылыс ҳәм коммуналлық тараўлар бойынша жуўапкер басшы хызметкерлер қатнасады.

Қабыллаў режеси жоқарыдағы кестеде көрсетилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube