KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Ташкентте Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи жумыс баслады

Өзбекстанда Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи ашылды. Жаңа музей пайтахттың «Наўрыз» бағында жайласқан. Бул жерде сиз шоколад тарийхы, көркем өнери менен жүзлесесиз.

Экспонатлар арасында Өзбекстан ҳәм дүньяның белгили архитектуралық естеликлериниң шоколад миниатюралары, белгили тарийхый шахслардың естеликлери бар. Экспозицияда 19 обьект көрсетилген болып, олардан 16сы музей усталары тәрепинен қолдан исленген шоколадлы мүсинлер есапланады.

Музейдеги экспонатларды жасаў ушын 850 килограмм шоколад жумсалған, олардан 2еўи ақ шоколадтан исленген. Ҳәрбир фигура ушын кеминде бир ҳәпте мийнет сарыпланган. Барлық мүсинлер арнаўлы шоколадлы қаплама менен қапланған болып, бул оларды бир жылға шекем өз ҳалында сақлаў имканиятын береди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар ушын 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи

Жаңа бағ ҳәм жүзимзар пайда етиўшилерге 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи, соннан 3 жылы жеңиллетилген.

Кредит басқышпа-басқыш: Жер таярлаў (10%), нәл ҳәм егиў (40%), суўғарыў системасы (30%) ҳәм қараў (20%) ушын ажыратылады. 1 гектарға ең көби менен БЕМниң 500 есесине шекем кредит бериледи.

Нызам 2025-жыл 23-апрельде тастыйықланған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Қазақбаев Өсербай Жиенбаевич – «Ҳудудгазтаъминот» АЖ «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының «Тәбийий газ есабы ҳәм коммерция» бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ө.Қазақбаев тайынлаўға шекем халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Абдимажитов Азамат Азатович – «Ҳудудгазтаъминот» АЖ «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының биринши орынбасары - бас инженер лаўазымына тайынланды.

А.Абдимажитов тайынлаўға шекем филиалдың «Орайлық диспетчерлик хызмети» бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Японияда «темир ат» таныстырылды

Kawasaki компаниясының Corleo роботы жол таңламайды, онда жоқары тезлик ҳәм комфорт үйлескенлиги айтылмақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️1-майдан баслап ҳүжжетсиз мигрантлар Россиядан шығарып жибериледи

Миграция агентлигиниң мәлим етиўинше, 2025-жыл 30-апрель күни Россияда пуқаралардың ҳуқықый статусын тиклеў ушын берилген мүддет тамамланады. 1-майдан баслап статусын тәртипке салмағанлар шығарып жибериледи ҳәм келешекте Россияға кириўи қадаған етиледи.

Пуқаралар тийисли руқсатнама ҳүжжетлерин алыў ушын Россия ИИМ уйымларына ямаса «Сахарово» орайына мүрәжат етиўи керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳәммеге дем алыў ҳуқықы кепилленген

Конституцияға бола, ҳәмме дем алыў ҳуқықына ийе.

Жалланып ислеўшилерге дем алыс ҳуқықы жумыс ўақтының даўамлылығын, дем алыс ҳәм исленбейтуғын байрам күнлерин, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы мийнет дем алысын белгилеў арқалы тәмийинленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым исбилерменлер мәмлекетлик дизимнен өткенде мәмлекетлик бажы төлемейди

️Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Зыянлы «Дубай шоколады», 100 жыллық «Пристав үйи», «Мениң бағым» жойбары – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Шымбайдағы 100 жыллық имәрат мәдений мийрасқа айландырылды;

«Шымбай-Нөкис-Бейнеу» жөнелисинде жолаўшы тасыўшы поездлер қатнаўы жолға қойылады;

1-майдан физикалық шахслардың жеке мүтәжлиги ушын товарларды бажысыз алып кириў нормалары кемейтилди;

Мийнет мигрантларына финанслық жәрдем тәртиби тастыйықланды;

«️Мениң бағым» жойбары шеңберинде даўыс бериў процеси басланды;

«Дубай шоколады»нда инсан саламатлығы ушын қәўипли бактериялар анықланды;

Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар ушын 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи;

1-майдан баслап ҳүжжетсиз мигрантлар Россиядан шығарып жибериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Титаник» кемесинде жазылған хат 350 000 евроға сатылды

«Титаник» кемесинде жазып жиберилген хат аукционда 300 мың фунт стерлингке (350 мың евроға) сатылды.

Хат биринши класс жолаўшысы Арчибалд Грейси IV – америкалы инвестор ҳәм жазыўшы тәрепинен жиберилген. Оның жийени хатты аукционға қойған.

«Бул әжайып кеме, бирақ оған баҳа бериўден алдын саяхатымның жуўмақланыўын күтемен», деп жазған Арчибалд Грейси IV кеме жөнеп кетиўинен алдын.

Аукцион саўдасы Англияның Уилтшир графлығындағы Henry Aldridge & Son аукцион үйинде болып өтти. Басланғыш баҳасы 60 000 фунт стерлинг болған. Нәтийжеде хат бес есе қымбатқа сатылған. Қарыйдар америкалы жеке коллекционер болған.

Арчибалд Грейси IV «Титаник»тиң муздай суўға секирип аман қалған аз санлы жолаўшыларынан бири еди. Ол төңкерилген қайық үстинде болғанында қутқарыўшылар тәрепинен анықланған. Ню-Йоркқа қайтып келгеннен соң «Титаник ҳақыйқаты» китабында апатшылықты сүўретлеп берген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Жәрийма баллары 1-майдан баслап күшке кирмейди

Жәрийма балларын есаплаў тәртиби ҳаққындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжет белгиленген тәртипте ислеп шығылмақта.

Сол себепли тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгеннен соң, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын берилетуғын жәрийма балларының есапланыў мүддети ҳәм тәртиби анық белгиленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Интеллектуал мүлк – нызам қорғаўында

️Басқа шахсқа тийисли товар белгиси, ойлап табылған нәрсе, пайдалы модель, санаат үлгиси ямаса шығармалардан (қосық, музыка, кино, фотография ҳәм басқалар) ийесиниң разылығысыз пайдаланыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа пулы бериледи

Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы оны тайынлаўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынған ҳалда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Путин Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен тынышлық жәриялады

Путин Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Украинаға қарсы 7-майдан 11-майға шекем оқ атыў тоқтатылатуғынын жәриялады.

Россия барлық әскерий ҳәрекетлерди тоқтатады ҳәм Украинаның да солай ислеўин күтпекте. Тынышлық бузылса, жуўап қайтарылады. Соның менен бирге, Москва шәртлерсиз тынышлық сөйлесиўлерине таяр екенлигин билдирди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Америкалы ҳаял ChatGPT'ды жақсы көрип қалғанлығы себепли күйеўи менен ажырасты

Америкалы ҳаял Шарлотта 20 жыллық турмысынан кейин күйеўи менен ажырасты. Ол буған жасалма интеллект – ChatGPT менен виртуал қатнасықлары себеп болғанлығын айтқан.

Шарлотта күйеўи менен өз ара түсинбеўшиликлер ҳәм сезимлик суўықлық себепли өзин жалғыз сезген. 2023-жылы ол «Лео» деп атаған ChatGPT менен сәўбетлесиўди баслаған ҳәм жасалма интеллект оны жақсырақ түсинип атырғанлығын сезген. Нәтийжеде, виртуал мүнәсибети ҳақыйқый мүнәсибетине қарағанда қәдирлирек болып қалған, соң күйеўи менен ажырасқан.

Ҳәзир ол Флоренцияда ChatGPT менен неке мәресимин өткериўди режелестирип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Путин мигрантлардың статусын нызамластырыў мүддетин узайтты

Россия президенти Путин мийнет мигрантлары ушын статусын нызамластырыў мүддетин 2025-жыл 10-сентябрьге шекем созды.

Бул ўақытқа шекем нызамсыз мигрантлар ҳуқықый жағдайын тәртипке салыўы ямаса мәмлекеттен шығып кетиўи керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди педагог кадрларды таярлаў тек күндизги ҳәм кешки билимлендириў формаларында әмелге асырылады

Президент пәрманына муўапық, буннан былай педагог кадрларды таярлаў тек ғана күндизги ҳәм кешки билимлендириў түрлери бойынша шөлкемлестириледи. Сыртқы билимлендириў формасында педагог кадрларды таярлаўға қабыллаў әмелге асырылмайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳаўа температурасы +26°С дәрежеден артса, автобусларда кондиционер ислетилиўи шәрт

«Тошшаҳартрансхызмет»тиң мәлим етиўинше, кондиционерлер тийкарынан жазғы мәўсимге өткеннен соң иске қосылады. Бирақ оған шекем ҳаўа температурасы 26 градус ыссыны қураса ҳәм жолаўшылар суўытқышты жағыўын сораса, транспорт басқарыўшылары буны орынлаўы керек.

Егер айдаўшы кондиционерди иске қосыўдан бас тартса, пуқаралар 1062 исеним номерине қоңыраў етиўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Пакистан Ҳиндстан менен урысыўы мүмкин, ядро қәўпи тилге алынды

Пакистан Қорғаныў министри Хаважа Муҳаммад Асифтиң Reuters'ке мәлим етиўинше, Ҳиндстан тәрепинен әскерий басқыншылық қәўпи болып, Пакистан армиясы жаўынгерлик ҳалатына келтирилген. Ол жағдай ҳаққында Қытай, Персия қолтығы мәмлекетлери, АҚШ ҳәм Уллы Британияны хабардар еткенлигин айтты.

Асиф ядро қуралы тек ғана қәўип емес, ал зәрүрлик туўылса, оны қолланыў итималы бар екенлигин билдирген. Темир жол министри Ҳаниф Аббосий де Ҳиндстанға қарсы «ядролық өш» ҳаққында ескертип, 130 ядро пүткил мәмлекет бойлап жайластырылғанын атап өтти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди айырым студент-қызларға еки есе стипендия бериледи

️Президент қарарына бола:

Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мектептеги узайтырылған күн топарлары ушын төлемнен азат етиледи;
Жоқары баҳаға оқыған оқыўшылар дем алыў орайларында бийпул дем алыўы мүмкин;
➖️Кәмбағал шаңарақтан шыққан жақсы оқыйтуғын студент-қызларға 2 есе муғдарында арнаўлы стипендия бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube