PF-70 Xususiylashtirish dasturi-2025.pdf
27.3 MB
Мәмлекет қатнасыўында кәрхана шөлкемлестириўге 2030-жылға шекем мораторий енгизилди
Президент пәрманына муўапық, 2030-жылға шекем (қорғаныў ҳәм қәўипсизлик пенен байланыслы кәрханалар ҳәм президент қарарлары тийкарында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) жаңа мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириў қадаған етиледи. Мақсет – жеке меншик сектор үлесин арттырыў ҳәм мәмлекетлик кәрханалар санын азайтыў.
Ҳүжжетте атап өтилиўинше, 2030-жылға шекем мәмлекетлик емес сектордың үлеси 85%ке жеткериледи ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың саны 6 есеге азайтылады.
Базарлар ҳәм саўда комплекслеринде мәмлекеттиң қатнасыўы мәжбүрийлиги де бийкар етиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Қырғызстанға полиетилен пакетлерди алып кириў қадаған етилиўи мүмкин
Қырғызстанға қалыңлығы 20 микрометр ҳәм оннан жуқа полиетилен пакетлерди импорт етиў ярым жыл мүддетке қадаған етилиўи мүмкин. Экономика ҳәм саўда министрлиги бул усынысты жәмийетшиликтиң додалаўына қойған. Бундай пакетлер ултрафиолет нурлар ҳәм механикалық тәсир ақыбетинде ыдырап, пластик микро бөлекшелерин пайда етеди, олар қоршаған орталықты ҳәм инсан саламатлығын қәўипке қояды. Оларды қайта ислеў болса 3-4 есе көп ресурс талап етеди.
Қадаған етиў импорт жүгин азайтады, денсаўлықты сақлайды ҳәм экологиялық таза алтернативлер – қағаз, ағаш, шийше, металл ямаса гезлеме өнимлерин раўажландырыўға түртки болады, бирақ буның ушын санаат жаңа технологияларға бейимлесиўи керек.

«️Дубай шоколады»нда инсан саламатлығы ушын қәўипли бактериялар анықланды
Ташкенттеги базарларда сатылып атырған Fix Dessert Chocolatier бренди астындағы шоколадта лаборатория тексериўлери нәтийжесинде төмендеги қәўипли бактериялар анықланды:
➖ Ашытқы ҳәм зыянлы бактериялар (МАФАМ);
➖ Коли топары бактериялары (БГКП);
➖ Салмонелла.
Бул бактериялар инсан саламатлығына зыян жеткериўи, атап айтқанда, аллергия ҳәм басқа да кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

«Дүнья үшинши жәҳан урысы алдында турыпты» – Медведев
Россия Қәўипсизлик кеңеси баслығының орынбасары Дмитрий Медведев дүнья үшинши жер жүзилик урыс жағасында турғанын айтты. Бул ҳаққында "РИА Новости" хабар берген.
Медведев Халықаралық жынаят судының (ХЖС) мәмлекет басшыларын, соның ишинде, Россия президенти Владимир Путинди қамаққа алыўға берген ордерлери глобал қәўиплердиң күшейиўине алып келип атырғанын дағазалады.

Халықаралық жәмийетшилик принципиал белгилер бойынша бөлинген ҳәм негизинде планетамыз Үшинши жер жүзилик урыс алдында турған бир дәўирде, ХЖСның қарары өз-өзинен глобал қәўиплердиң күшейиўине алып келди. Бундай қәўиптиң күшейиўинде инсаният алдында Халықаралық жынаят судының айырым лаўазымлы шахслары да жуўапкер, деди Медведев.Ол тийисли пикирлерин «Правоведение» журналындағы мақаласында келтирди. Медведев BRIKS шеңберинде Халықаралық жынаят судына (ХЖС) альтернатив халықаралық ҳуқықый уйым жаратыўға шақырды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ташкентте Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи жумыс баслады
Өзбекстанда Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи ашылды. Жаңа музей пайтахттың «Наўрыз» бағында жайласқан. Бул жерде сиз шоколад тарийхы, көркем өнери менен жүзлесесиз.
Экспонатлар арасында Өзбекстан ҳәм дүньяның белгили архитектуралық естеликлериниң шоколад миниатюралары, белгили тарийхый шахслардың естеликлери бар. Экспозицияда 19 обьект көрсетилген болып, олардан 16сы музей усталары тәрепинен қолдан исленген шоколадлы мүсинлер есапланады.
Музейдеги экспонатларды жасаў ушын 850 килограмм шоколад жумсалған, олардан 2еўи ақ шоколадтан исленген. Ҳәрбир фигура ушын кеминде бир ҳәпте мийнет сарыпланган. Барлық мүсинлер арнаўлы шоколадлы қаплама менен қапланған болып, бул оларды бир жылға шекем өз ҳалында сақлаў имканиятын береди.

️Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар ушын 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи
Жаңа бағ ҳәм жүзимзар пайда етиўшилерге 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи, соннан 3 жылы жеңиллетилген.
Кредит басқышпа-басқыш: Жер таярлаў (10%), нәл ҳәм егиў (40%), суўғарыў системасы (30%) ҳәм қараў (20%) ушын ажыратылады. 1 гектарға ең көби менен БЕМниң 500 есесине шекем кредит бериледи.
Нызам 2025-жыл 23-апрельде тастыйықланған.

Тайынлаў
Қазақбаев Өсербай Жиенбаевич – «Ҳудудгазтаъминот» АЖ «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының «Тәбийий газ есабы ҳәм коммерция» бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Ө.Қазақбаев тайынлаўға шекем халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Абдимажитов Азамат Азатович – «Ҳудудгазтаъминот» АЖ «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының биринши орынбасары - бас инженер лаўазымына тайынланды.
А.Абдимажитов тайынлаўға шекем филиалдың «Орайлық диспетчерлик хызмети» бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Японияда «темир ат» таныстырылды
Kawasaki компаниясының Corleo роботы жол таңламайды, онда жоқары тезлик ҳәм комфорт үйлескенлиги айтылмақта.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Kawasaki компаниясының Corleo роботы жол таңламайды, онда жоқары тезлик ҳәм комфорт үйлескенлиги айтылмақта.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️1-майдан баслап ҳүжжетсиз мигрантлар Россиядан шығарып жибериледи
Миграция агентлигиниң мәлим етиўинше, 2025-жыл 30-апрель күни Россияда пуқаралардың ҳуқықый статусын тиклеў ушын берилген мүддет тамамланады. 1-майдан баслап статусын тәртипке салмағанлар шығарып жибериледи ҳәм келешекте Россияға кириўи қадаған етиледи.
Пуқаралар тийисли руқсатнама ҳүжжетлерин алыў ушын Россия ИИМ уйымларына ямаса «Сахарово» орайына мүрәжат етиўи керек.

Ҳәммеге дем алыў ҳуқықы кепилленген
✅Конституцияға бола, ҳәмме дем алыў ҳуқықына ийе.
Жалланып ислеўшилерге дем алыс ҳуқықы жумыс ўақтының даўамлылығын, дем алыс ҳәм исленбейтуғын байрам күнлерин, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы мийнет дем алысын белгилеў арқалы тәмийинленеди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
✅Конституцияға бола, ҳәмме дем алыў ҳуқықына ийе.
Жалланып ислеўшилерге дем алыс ҳуқықы жумыс ўақтының даўамлылығын, дем алыс ҳәм исленбейтуғын байрам күнлерин, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы мийнет дем алысын белгилеў арқалы тәмийинленеди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым исбилерменлер мәмлекетлик дизимнен өткенде мәмлекетлик бажы төлемейди
️Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Зыянлы «Дубай шоколады», 100 жыллық «Пристав үйи», «Мениң бағым» жойбары – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Шымбайдағы 100 жыллық имәрат мәдений мийрасқа айландырылды;
➖ «Шымбай-Нөкис-Бейнеу» жөнелисинде жолаўшы тасыўшы поездлер қатнаўы жолға қойылады;
➖ 1-майдан физикалық шахслардың жеке мүтәжлиги ушын товарларды бажысыз алып кириў нормалары кемейтилди;
➖ Мийнет мигрантларына финанслық жәрдем тәртиби тастыйықланды;
➖ «️Мениң бағым» жойбары шеңберинде даўыс бериў процеси басланды;
➖ «Дубай шоколады»нда инсан саламатлығы ушын қәўипли бактериялар анықланды;
➖ Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар ушын 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи;
➖ 1-майдан баслап ҳүжжетсиз мигрантлар Россиядан шығарып жибериледи.

«Титаник» кемесинде жазылған хат 350 000 евроға сатылды
«Титаник» кемесинде жазып жиберилген хат аукционда 300 мың фунт стерлингке (350 мың евроға) сатылды.
Хат биринши класс жолаўшысы Арчибалд Грейси IV – америкалы инвестор ҳәм жазыўшы тәрепинен жиберилген. Оның жийени хатты аукционға қойған.
«Бул әжайып кеме, бирақ оған баҳа бериўден алдын саяхатымның жуўмақланыўын күтемен», деп жазған Арчибалд Грейси IV кеме жөнеп кетиўинен алдын.
Аукцион саўдасы Англияның Уилтшир графлығындағы Henry Aldridge & Son аукцион үйинде болып өтти. Басланғыш баҳасы 60 000 фунт стерлинг болған. Нәтийжеде хат бес есе қымбатқа сатылған. Қарыйдар америкалы жеке коллекционер болған.
Арчибалд Грейси IV «Титаник»тиң муздай суўға секирип аман қалған аз санлы жолаўшыларынан бири еди. Ол төңкерилген қайық үстинде болғанында қутқарыўшылар тәрепинен анықланған. Ню-Йоркқа қайтып келгеннен соң «Титаник ҳақыйқаты» китабында апатшылықты сүўретлеп берген.

️Жәрийма баллары 1-майдан баслап күшке кирмейди
Жәрийма балларын есаплаў тәртиби ҳаққындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжет белгиленген тәртипте ислеп шығылмақта.
Сол себепли тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгеннен соң, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын берилетуғын жәрийма балларының есапланыў мүддети ҳәм тәртиби анық белгиленеди.

Интеллектуал мүлк – нызам қорғаўында
️Басқа шахсқа тийисли товар белгиси, ойлап табылған нәрсе, пайдалы модель, санаат үлгиси ямаса шығармалардан (қосық, музыка, кино, фотография ҳәм басқалар) ийесиниң разылығысыз пайдаланыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Басқа шахсқа тийисли товар белгиси, ойлап табылған нәрсе, пайдалы модель, санаат үлгиси ямаса шығармалардан (қосық, музыка, кино, фотография ҳәм басқалар) ийесиниң разылығысыз пайдаланыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға бир мәртелик напақа пулы бериледи
Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы оны тайынлаўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынған ҳалда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы оны тайынлаўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынған ҳалда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️Путин Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен тынышлық жәриялады
Путин Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Украинаға қарсы 7-майдан 11-майға шекем оқ атыў тоқтатылатуғынын жәриялады.
Россия барлық әскерий ҳәрекетлерди тоқтатады ҳәм Украинаның да солай ислеўин күтпекте. Тынышлық бузылса, жуўап қайтарылады. Соның менен бирге, Москва шәртлерсиз тынышлық сөйлесиўлерине таяр екенлигин билдирди.

Америкалы ҳаял ChatGPT'ды жақсы көрип қалғанлығы себепли күйеўи менен ажырасты
Америкалы ҳаял Шарлотта 20 жыллық турмысынан кейин күйеўи менен ажырасты. Ол буған жасалма интеллект – ChatGPT менен виртуал қатнасықлары себеп болғанлығын айтқан.
Шарлотта күйеўи менен өз ара түсинбеўшиликлер ҳәм сезимлик суўықлық себепли өзин жалғыз сезген. 2023-жылы ол «Лео» деп атаған ChatGPT менен сәўбетлесиўди баслаған ҳәм жасалма интеллект оны жақсырақ түсинип атырғанлығын сезген. Нәтийжеде, виртуал мүнәсибети ҳақыйқый мүнәсибетине қарағанда қәдирлирек болып қалған, соң күйеўи менен ажырасқан.
Ҳәзир ол Флоренцияда ChatGPT менен неке мәресимин өткериўди режелестирип атыр.

Путин мигрантлардың статусын нызамластырыў мүддетин узайтты
Россия президенти Путин мийнет мигрантлары ушын статусын нызамластырыў мүддетин 2025-жыл 10-сентябрьге шекем созды.
Бул ўақытқа шекем нызамсыз мигрантлар ҳуқықый жағдайын тәртипке салыўы ямаса мәмлекеттен шығып кетиўи керек.