1-июньнен сырт еллилер белгиленген пул есабына 5 жыллық жасаў гүўалығын алыўы мүмкин
Президент пәрманына бола:
️➖ 1-октябрьден ақ қумшекерге акциз салығы бийкар етиледи;
➖ 20 ҳәм оннан артық жумысшысы бар кәрханалар салық ҳәм ижара төлемин 2 бөлекте төлеўге рухсат етилди;
➖ ҚҚС қайтарылыўы ушын дәраматтың 80% реализациядан болыўы керек;
➖ ️Экотехникалық үскенелеў мүддети:
I категория - 2026-жыл 1-январь,
II категория - 2026-жыл 1-июльге шекем;
➖ ️1-июньнен сырт еллилер $200,000 + $100,000 (шаңарақ ағзасы) есесине 5 жыллық жасаў гүўалығын алады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Жаңа пандемия қәўпи, Нөкистеги суйық терек, мопед ҳәм скутер басқарыўшылары ушын жаңалық – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Мопед ҳәм скутер басқарыўшылары ушын айдаўшылық гүўалығы талабы 1-октябрьге шекем созылды;
➖ Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?
➖ Дүньяда жаңа пандемия баслыныўы мүмкин;
➖ Қәўипли кеселлик – абайлы болың!
➖ 1-июльден бирде-бир товардың экспортына шеклеў болмайды;
➖ Нөкистеги фотобиореактор – суў отлары жәрдеминде кислород ислеп шығарыў технологиясы;
➖ 1-июньден сырт еллилер белгиленген пул есабына 5 жыллық жасаў гүўалығын алыўы мүмкин.

Шымбайдағы 100 жыллық имәрат мәдений мийрасқа айландырылады
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-132-санлы қарарына муўапық, Шымбай районында бүгинги күнге шекем сақланып қалған "Пристав үйи" 100 жыллық тарийхый имәраты мәдений мийрас дизимине киргизиледи ҳәм реконструкция етиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-132-санлы қарарына муўапық, Шымбай районында бүгинги күнге шекем сақланып қалған "Пристав үйи" 100 жыллық тарийхый имәраты мәдений мийрас дизимине киргизиледи ҳәм реконструкция етиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Шымбай-Нөкис-Бейнеу» жөнелисинде жолаўшы тасыўшы поездлер қатнаўы жолға қойылады
Президенттиң «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала) ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы 132-санлы қарары менен, Қарақалпақстан Республикасы Шымбай ҳәм Қоңырат районларының 2025-жылға арналған экономикалық өсиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мақсетли көрсеткишлери белгиленген.
Атап айтқанда, Шымбай районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.
Бағдарламаға муўапық, халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде «Шымбай-Нөкис-Бейнеу» жолаўшы (пассажир) тасыў поездлер қатнаўын жаңадан жолға қойыў ҳәм мәмлекетлик жеке шериклик тийкарында заманагөй Темир жол вокзалын қурыў белгиленген.

Рим папасы 88 жасында қайтыс болды
Рим папасы Франциск соңғы айларда кеселлик пенен гүресип келген. Ол 2013-жылы Рим-католик ширкеўи басшылығын өз қолына алғаннан берли жәми төрт мәрте емлеўханаға жатқарылған.
Жаслығында папа кеселликтен соң өкпесиниң бир бөлегин алдырып таслаған, соның ушын тез-тез дем алыў жоллары кеселликлери приступларынан азап шеккен. Францисктиң дизесинде де машқалалар болған, сол себепли ол соңғы жыллары майыплық арбашасы ҳәм таяқтан пайдаланған.

qarir-bojxona.pdf
1.4 MB
️1-майдан физикалық шахслардың жеке мүтәжлиги ушын товарларды бажысыз алып кириў нормалары кемейтилди
➖️ Ҳаўа транспорты – $1000 (алдын $2000);
➖️ Темир жол/дәрья транспорты – $500 (алдын $1000);
➖️ Автомобиль ямаса пияда – $300;
➖ Курьерлик арқалы – $200 (ҳәр шеректе $1000 еди);
➖️ Почта арқалы – $100 (өзгермеген).
Бул өзгерислер коммерциялық емес, тек ғана жеке мүтәжлик ушын алып келинетуғын товарларға тийисли.

Қытайда биринши 10G интернет тармағы иске түсирилди
Қытайдың Huawei ҳәм China Unicom компаниялары менен биргеликте дүньядағы биринши 10G интернет тармағы иске қосылды.
Тармақ 50G PON технологиясына тийкарланған болып, Сюнан районында иске түсирилген. Жүклеп алыў – 9834 Мбит/с, жибериў – 1008 Мбит/с, кешигиў болса тек ғана 3 миллисекундты қурайды. Әпиўайы есаплаў соны көрсетеди, 8К сыпатындағы 90 гигабайтлы фильмди енди 72 секундта жүклеп алыў мүмкин. Буның ушын әпиўайы гигабитли тармақ шама менен 12 минут ўақыт алады.
2025-жыл январь жағдайына бола, Қытайда 4,25 миллион 5G базалық станция орнатылған – бул дүньядағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.

Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ҳаял-қызлары ушын исбилерменлигин раўажландырыўға грант қаржылары ажыратылады
Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған жойбар 2025-жылдыӊ февраль ҳәм 2027-жыл август айлары аралығында даўам етип, Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларынан 1500 ҳаял-қызлар 5 модуль тийкарында оқытылады ҳәм сертификат бериледи.
Сондай-ақ, жойбар жуўмағында ҳәрбир қатнасыўшы халықаралық экспертлер жәрдеминде грант жойбарларын жазып, еӊ жақсы жазылған грантлар 5 000 ҳәм 15 000 АҚШ доллары муғдарында қаржыландырылады. Бул қаржы оларға өзлериниӊ исбилерменлигин раўажландырыўға жәрдем береди.

Өзбекстанда ҳаж ҳәм умра бирден-бир порталы иске қосылады
Дин ислери бойынша комитет ҳәм Санлы технологиялар министрлиги 2025-жыл 1-сентябрьге шекем «Ҳаж ҳәм Умра бирден-бир порталы»н ҳәм оның мобиль қосымшасын ислеп шығады. Бул президенттиң «Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин және де беккемлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгиленди.
Портал ҳажға баратуғын пуқаралардың бирден-бир электрон нәўбети ҳәм умраға жиберилетуғын зыяратшылардың электрон дизими қәлиплестирилетуғын система есапланады. Порталда ҳаж ҳәм умра жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм рәсмийлестириўге байланыслы процесслер санластырылады.

️Өзбекстанда турақлы халық саны ҳәр күни орташа 1,7 мың адамға артпақта
️Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына республикамыздың турақлы халқы 37,7 млн адамды қураған.
✅ Өзбекстанның турақлы халқының саны өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 2% ке артқан.
✅ Мәмлекетимиз халқы 2025-жыл басынан берли 154,6 мың адамға көбейген.
✅ Өзбекстан халқы 2025-жылдың ҳәрбир айында орташа 51,5 мың адамға артқан.
✅ 2025-жылдың ҳәрбир күнинде турақлы халық саны орташа 1,7 мың адамға көбеймекте.

Даўамлылығы 10 минуттан кем болған телекөрсетиўлерди реклама менен үзип қойыў мүмкин емес
️Нызамшылыққа бола, телеканаллардың эфиринде, теле-, видео-, кинохроникалық бағдарламаларда тарқатылып атырған рекламаның улыўма даўамлылығы:
🔹көрсетиў ўақтының 1 сааты даўамында 20 проценттен, бирақ 1 суткада көрсетиў ўақтының 15 процентинен артпаўы керек.
️Бул талап тек ғана реклама телебағдарламаларына қәнигелескен телеканалларға қолланылмайды.
️Даўамлылығы 10 минуттан кем болған телекөрсетиўлерди реклама менен үзип қойыўға ҳәм реклама менен бирге көрсетиўге жол қойылмайды.

️Коррупцияға қарсы гүресиўде жаңа тәртиплер енгизиледи
2027-жыл 1-январьға шекем ҳуқықый эксперимент сыпатында төмендеги жаңалықлар әмелге асырылады:
➖️ Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, «Өзбекнефтгаз» ҳәм «Өзсуўтәмийнат» АЖның коррупцияға қарсы бөлимлериниң басшылары Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги хызметкерлеринен тайынланады;
➖ ️2026-жыл 1-январьға шекем барлық мәмлекетлик хызметлер район/қала дәрежесинде халық тәрепинен баҳаланады. Қанаатландырарсыз деп баҳаланған басшыларға жеке жуўапкершилик жүкленеди;
➖ 2025-жыл 1-июльға шекем «E-anticor.uz» сайтында электрон реестр, есабат ҳәм аноним сораў модульлери иске түсириледи.

️Мийнет мигрантларына финанслық жәрдем тәртиби тастыйықланды
Ҳүкимет қарарына бола, мийнет миграциясындағы пуқараларға субсидия ҳәм кредитлер ажыратылады.
Енди:
➖ Виза, жол билети, тил ҳәм кәсип имтиханлары қәрежетлери мәмлекетлик субсидия есабынан қапланады;
➖️ Немец, инглис, япон ҳәм корейс тиллери бойынша B1 дәрежедеги сертификат алған студентлерди көп таярлаған 50 оқытыўшыға – 50 млн сом бериледи;
➖ ️Миграцияға кетиўшилерге 10 млн сомға шекем микрокредитлер ажыратылады (2 жылға, жоқары процентте);
➖ «Сырт елге жумысқа таярлаў орайы» шөлкемлестириледи, «Бир айна» арқалы хызметлер көрсетиледи;
➖ ️Арзан ҳәм тәртипли автобус қатнаўы жолға қойылады.

PF-70 Xususiylashtirish dasturi-2025.pdf
27.3 MB
Мәмлекет қатнасыўында кәрхана шөлкемлестириўге 2030-жылға шекем мораторий енгизилди
Президент пәрманына муўапық, 2030-жылға шекем (қорғаныў ҳәм қәўипсизлик пенен байланыслы кәрханалар ҳәм президент қарарлары тийкарында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) жаңа мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириў қадаған етиледи. Мақсет – жеке меншик сектор үлесин арттырыў ҳәм мәмлекетлик кәрханалар санын азайтыў.
Ҳүжжетте атап өтилиўинше, 2030-жылға шекем мәмлекетлик емес сектордың үлеси 85%ке жеткериледи ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың саны 6 есеге азайтылады.
Базарлар ҳәм саўда комплекслеринде мәмлекеттиң қатнасыўы мәжбүрийлиги де бийкар етиледи.

Қырғызстанға полиетилен пакетлерди алып кириў қадаған етилиўи мүмкин
Қырғызстанға қалыңлығы 20 микрометр ҳәм оннан жуқа полиетилен пакетлерди импорт етиў ярым жыл мүддетке қадаған етилиўи мүмкин. Экономика ҳәм саўда министрлиги бул усынысты жәмийетшиликтиң додалаўына қойған. Бундай пакетлер ултрафиолет нурлар ҳәм механикалық тәсир ақыбетинде ыдырап, пластик микро бөлекшелерин пайда етеди, олар қоршаған орталықты ҳәм инсан саламатлығын қәўипке қояды. Оларды қайта ислеў болса 3-4 есе көп ресурс талап етеди.
Қадаған етиў импорт жүгин азайтады, денсаўлықты сақлайды ҳәм экологиялық таза алтернативлер – қағаз, ағаш, шийше, металл ямаса гезлеме өнимлерин раўажландырыўға түртки болады, бирақ буның ушын санаат жаңа технологияларға бейимлесиўи керек.

«️Дубай шоколады»нда инсан саламатлығы ушын қәўипли бактериялар анықланды
Ташкенттеги базарларда сатылып атырған Fix Dessert Chocolatier бренди астындағы шоколадта лаборатория тексериўлери нәтийжесинде төмендеги қәўипли бактериялар анықланды:
➖ Ашытқы ҳәм зыянлы бактериялар (МАФАМ);
➖ Коли топары бактериялары (БГКП);
➖ Салмонелла.
Бул бактериялар инсан саламатлығына зыян жеткериўи, атап айтқанда, аллергия ҳәм басқа да кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

«Дүнья үшинши жәҳан урысы алдында турыпты» – Медведев
Россия Қәўипсизлик кеңеси баслығының орынбасары Дмитрий Медведев дүнья үшинши жер жүзилик урыс жағасында турғанын айтты. Бул ҳаққында "РИА Новости" хабар берген.
Медведев Халықаралық жынаят судының (ХЖС) мәмлекет басшыларын, соның ишинде, Россия президенти Владимир Путинди қамаққа алыўға берген ордерлери глобал қәўиплердиң күшейиўине алып келип атырғанын дағазалады.

Халықаралық жәмийетшилик принципиал белгилер бойынша бөлинген ҳәм негизинде планетамыз Үшинши жер жүзилик урыс алдында турған бир дәўирде, ХЖСның қарары өз-өзинен глобал қәўиплердиң күшейиўине алып келди. Бундай қәўиптиң күшейиўинде инсаният алдында Халықаралық жынаят судының айырым лаўазымлы шахслары да жуўапкер, деди Медведев.Ол тийисли пикирлерин «Правоведение» журналындағы мақаласында келтирди. Медведев BRIKS шеңберинде Халықаралық жынаят судына (ХЖС) альтернатив халықаралық ҳуқықый уйым жаратыўға шақырды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ташкентте Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи жумыс баслады
Өзбекстанда Орайлық Азиядағы биринши шоколад музейи ашылды. Жаңа музей пайтахттың «Наўрыз» бағында жайласқан. Бул жерде сиз шоколад тарийхы, көркем өнери менен жүзлесесиз.
Экспонатлар арасында Өзбекстан ҳәм дүньяның белгили архитектуралық естеликлериниң шоколад миниатюралары, белгили тарийхый шахслардың естеликлери бар. Экспозицияда 19 обьект көрсетилген болып, олардан 16сы музей усталары тәрепинен қолдан исленген шоколадлы мүсинлер есапланады.
Музейдеги экспонатларды жасаў ушын 850 килограмм шоколад жумсалған, олардан 2еўи ақ шоколадтан исленген. Ҳәрбир фигура ушын кеминде бир ҳәпте мийнет сарыпланган. Барлық мүсинлер арнаўлы шоколадлы қаплама менен қапланған болып, бул оларды бир жылға шекем өз ҳалында сақлаў имканиятын береди.

️Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар ушын 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи
Жаңа бағ ҳәм жүзимзар пайда етиўшилерге 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи, соннан 3 жылы жеңиллетилген.
Кредит басқышпа-басқыш: Жер таярлаў (10%), нәл ҳәм егиў (40%), суўғарыў системасы (30%) ҳәм қараў (20%) ушын ажыратылады. 1 гектарға ең көби менен БЕМниң 500 есесине шекем кредит бериледи.
Нызам 2025-жыл 23-апрельде тастыйықланған.

Тайынлаў
Қазақбаев Өсербай Жиенбаевич – «Ҳудудгазтаъминот» АЖ «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының «Тәбийий газ есабы ҳәм коммерция» бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Ө.Қазақбаев тайынлаўға шекем халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.