KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Онкологиялық кеселликке шалынған ҳаяллар бийпул емленеди

«️Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.

️Қарарға бола, медицинаның басланғыш буўынында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон дизими қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге мирәт етиў системасы жаратылады.

Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаялларда жатыр мойны раги скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлы реакция тексериў усылы арқалы анықлаў ҳәм суйықлық цитологиясы усылында тексериў жолы менен әмелге асырылады.

️30-65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен бирлемши таңлаўдан өткериледи.

️Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шалынғанлығы анықланған наўқасларды диагнозлаў ҳәм емлеў менен байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп ақылый қәбилет тестинен өтти

АҚШ Президенти Доналд Трамп Уолтер Рид атындағы миллий әскерий медицина орайында төрт саат ақылый қәбилет бойынша тест тапсырды. Бул ҳаққында Президенттиң өзи 11-апрель күни Ақ үйде журналистлер менен болған ушырасыўда сөз етти.

Ақ үй басшысы ҳәзирги президентлик дәўириндеги когнитив тестти табыслы тапсырғанлығын айтқан.

«Барлық сораўларға дурыс жуўап бергенимнен тысқары, сизлерге не айтыўды билмеймен,» деген 78 жасар Президент журналистлерге.

Ақ үй баспасөз хаткери Керолин Ливитт медициналық тексериў нәтийжелери илажы барынша тезирек жәрияланатуғынын мәлим еткен.

Мағлыўмат ушын, Трамптың денсаўлығы ҳаққындағы соңғы толық мағлыўмат 2018-жылы жәрияланған. «The New York Times» газетасы АҚШтағы сайлаўлар алдынан жаңа мағлыўматлардың жоқлығы медицина қәнигелерин қәўетерге салып атырғанлығы, себеби Трамптың жасындағы адамларда аўыр кеселликлер болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында жазған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада;

Өзбасымшалық пенен қурылыс енди жынайый жуўапкершиликке алып келеди;

1-майдан утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын өндириледи;

1-майдан электр энергиясы ушын жаңа тариф енгизиледи;

Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны қанша?

Енди ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў күни» болады;

Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола некеден ажырасыўда мүддет белгиленбейди;

2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекет қаржылары есабынан өткерилетуғын концертлерде фонограмма шекленеди;

Транспорт қуралын пиядалар жолына басқарғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленди;

Онкологиялық кеселликке шалынған ҳаяллар бийпул емленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мүлкке қастан зыян жеткериў жуўапкершиликке себеп болады

️Нызамшылыққа бола, өзгениң мүлкин қастан набыт етиў ямаса оған зыян жеткериў үлкен муғдарды қураса:

️БЕМның 50 есесинен 75 есесине шекемги (18 млн 750 мың сомнан 28 млн 125 мың сомға шекем) муғдарда жәрийма;

300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланыўы белгиленген.

️Егер сол ҳәрекетлер көп муғдарда зыян жеткерген ҳалда исленген болса, 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.

Бирақ, жеткерилген материаллық зыян 3 есе муғдарында қапланса, еркинликти шеклеў ҳәм еркинен айырыў түриндеги жаза қолланылмайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Road24 ҳәм ЖҲҚХ ортасында жәрийма мағлыўматларының алмасыўы тоқтатылды

Енди жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәриймалар ҳаққындағы мағлыўмат Road24 арқалы берилмейди. Сол себепли, пуқараларға ЖПХның рәсмий қосымшасы – «Safe Road YHXX»ны App Store ямаса Play Market арқалы жүклеп, дизимнен өтиў усыныс етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Не ушын банан жеў керек?

Банан депрессияға қарсы гүресиўде жәрдем береди. Буннан тысқары, төмендеги пайдалы өзгешеликлерди өзинде жәмлеген:

1⃣ Сүйеклерди беккемлеў. Банан организмде кальцийди сақлайды, ол сидик пенен шығарылмайды, бирақ денеде қалады ҳәм сүйеклерди беккемлеў ушын пайдаланылады. Бул, әсиресе, кофени жақсы көретуғынлар ушын жүдә әҳмийетли, себеби кофе денеден кальцийди алып таслайды.

2⃣ ️Ишек микрофлорасын жақсылаў. Бананның бир бөлеги болған ферментлер себепли денеге тийкарғы азық-аўқат пенен киретуғын затлар организм тәрепинен тезирек сорылады.

3⃣ ️Банан иш қатыўы менен аўырғанлар ушын жүдә пайдалы. Турақлы банан жеў бул машқаладан қутқарады.

4⃣ ️Асқазан жарасы. Банан желингенде асқазан дийўалларын орап алады ҳәм сол арқалы оны азық-аўқат қурамындағы агрессив элементлер ҳәм кислоталардан қорғайды, бул асқазан жарасын емлеў ҳәм тыртықларда жәрдем береди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Аўыр аймақлардың суў тәмийнаты жақсыланбақта

⚡️Қараөзек районында «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар жуўмағына жеткерилмекте.

Солардан бири райондағы суў тәмийнаты ең аўыр болған "Қойбақ" АПЖ еди. Енди аймақтағы қыйтақ жер майданларына суў жеткериўге қаратылған гезектеги жойбар иске қосылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп Байденди Украинадағы келиспеўшиликти келтирип шығарыўда айыплады

Россия ҳәм Украина арасындағы келиспеўшиликте АҚШтың бурынғы басшысы Жо Байден айыплы. Бул ҳаққында АҚШ президенти Доналд Трамп Truth Social социаллық тармағында айтты.

«Россия ҳәм Украина арасындағы урыс – бул Байденниң урысы, меники емес. Мен бул жерге жақында ғана келдим ҳәм төрт жыллық президентлик дәўиримде бундай жағдайдың алдын алыўда ҳеш қандай машқалаға дус келмедим. Мениң бул келиспеўшиликке ҳешқандай байланысым жоқ, бирақ өлим ҳәм бүлгиншиликти тоқтатыў ушын бар күшимди жумсап атырман,» деп жазған Қурама Штатлар басшысы.

«Егер 2020-жылғы президентлик сайлаўлары қәлбекилестирилмегенде, тийкарында сондай болған, көп жағынан бул қорқынышлы урыс ҳешқашан жүз бермеген болар еди. Президент Зеленский ҳәм Жо Байден бул масқарашылықтың басланыўына жол қойып, пүткиллей қорқынышлы ис иследи. Оның басланыўына жол қоймаўдың көплеген усыллары бар еди» дейди Трамп.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мопед ҳәм скутер басқарыўшылары ушын айдаўшылық гүўалығы талабы 1-октябрьге шекем созылды

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 8-июльдеги 393-санлы қарарына өзгерис киргизилип, мопед ҳәм скутер айдаўшылары ушын гүўалық талап етиў мүддети 2025-жыл 1-октябрьге шекем создырылды.

Мағлыўмат ушын, 2024-жыл 8-июльдеги 393-санлы қарарға тийкарланып, 2025-жыл 1-марттан мопед ҳәм скутер басқарыў ушын тийисли категориядағы айдаўшылық гүўалығы талап етилиўи белгиленген еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Алтын баҳасы жаңа рекорд дәрежеге жетти

Орайлық банк алтын қуймалары ушын рекорд баҳаны белгиледи – 1 грамм алтын баҳасы биринши мәрте 1,4 млн сомнан артты. 100 граммлық қуйма 141 млн сомға шекем көтерилди.

Дүнья базарында болса алтын троя унциясы ушын 3 285 долларға жетти. Аналитиклер баҳа және көтерилиўин, 2026-жылы 4 000 долларға шекем шығыўын күтпекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2035,1 мың адамды қурады.

Соннан:

Ерлер саны – 1 022,4 мың;

Ҳаял-қызлар саны – 1 012,7 мың адамды қурады.

Жоқарыдағы инфографикада бул санлы мағлыўматларды процентлерде көриўиңизге болады.

Tолық мағлыўмат ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12808
Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың барлық аймақларында жаўын жаўыўы бақланады.

Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13°, күндиз 18-23° болыўы күтиледи.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12809
Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан тисин өсириўге еристи, деп хабар берди Telegraph газетасы.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12810
Нөкисте 3,4 млрд сомлық газден нызамсыз пайдаланған заправка анықланды

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында жайласқан «D.C.» ЖШЖға қараслы АГТКШда жәмийеттиң лаўазымлы шахслары «автопилот-про» маркалы газди есапқа алыў үскенесиниң қурылмаларына сыртқы тәсир көрсетип 3 млрд 455 млн сомлық 1,9 млн куб метр тәбийий газди урлаған, деп хабар берди Бас прокуратура.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 169-статьясы 4-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дуздағы йод муғдарының кемейиўи депрессияға себеп болыўы мүмкин

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы мәлимлеме хызмети дуздағы йод муғдарының кемлиги организмге қалай тәсир ететуғынлығы ҳаққында видео жәриялады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ дуз заводының жаңа қуўатлылығы иске түсирилмекте

«Мойнақ минерал дузы» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығарылып атырған экстра категориялы дузлар ишки базарға қосылған ҳалда, Қазақстанға да экспорт етилмекте.

Заводта айына 2800-3000 тонна өним ислеп шығарылады. Бул көрсеткишлер аймақ экономикасының жанланып атырғанлығынан дәрек береди.

Кәрхананың жумысы себепли 100 ден артық жергиликли пуқаралар жумыс пенен тәмийинленди. Жумысшыларға заманагөй ҳәм қолайлы мийнет шараятлары жаратылған.

Ҳәзирги ўақытта «Барса келмес» дуз кәни жанында жаңа филиал қурылысы басланған болып, бул тармақтың еле де кеңейиўине хызмет етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньяда жаңа пандемия басланыўы мүмкин

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми өлимшиликке алып келетуғын «мамонт шешеги» жаңа пандемияға себеп болыўы мүмкинлигин ескертти. 15 мәмлекетте еле анықланбаған вирустың тарқалыўына таярлық бойынша шынығыўлар өткерилди.

Шынығыўларға бола, вирус илимпазлар ҳәм ҳүжжетли фильм дөретиўшилери топары Арктикадағы музлаған тундрада мамонт қалдықларын қазып атырғанда анықланған. Бул вирус Орайлық Африкада ушырасатуғын тәбийий шешек ҳәм «маймыл шешек» (Mpox) вирусларына уқсас болып, өлимге алып келетуғын қәсийетлерге ийе деп тәрийипленген.

ЖДСШтың атап өтиўинше, климат өзгериўи себепли мәңги музлықлар ерип атыр, бул болса әййемги вирус ҳәм бактериялардың жүзеге шығыў қәўпин арттырады.

Илимпазлар мамонтлар ҳәм басқа да әййемги ҳайўанлардың қалдықларын үйренип, мың жыллардан берли уйқылап атырған микроорганизмлер тири организмлерге қәўип салыўы мүмкин, деген жуўмаққа келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Орайлық банк жаңа усылда алдаўшылық исленип атырғанлығын ескертти

Мәлим етилиўинше, бүгинги күнде алдаўшылар пулға мүтәж пуқараларды қызықтырыў ушын Telegram Ads имканиятларынан пайдаланып, каналларда «тез кредит алыў» мазмунындағы жалған хабарларды реклама етип атыр.

Усы реклама силтемесинде көрсетилген Creditium атлы ботқа өтилгенде пайдаланыўшыға кредит ажыратыўға байланыслы әпиўайы сораўлар берилип, сораўнаманың соңында Айнура атлы менеджер менен байланысыў түймеси пайда болады.

Бул менеджердиң бети алдаўшыларға тийисли болып, олар менен байланысыў арқалы жеке ҳәм банк карта мағлыўматларын және тастыйықлаў кодларын бериў ямаса зыянлы «АПК» қосымшаларын смартфонға орнатыў банк картасындағы қаржылардың урланыўына алып келиўи мүмкин.

«Телеграм мессенджеринде көрсетилип атырған рекламаларға абайлы болың,» деп ескертеди Орайлық банк баспасөз хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қәўипли кеселлик – абайлы болың!

Санепид комитети Қрым-конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги тарқалыўы мүмкин екенлигин мәлим етти. Бул вирус тийкарынан кенелар арқалы жуғады.

Не ислеў керек?

Шарўадағы кенелерди қол менен алып тасламаң, өлтирмең;
Ветеринария қәнигелерин шақырың, тазалатың;
Тәбиятқа шыққаныңызда абайлы болың, шаққанда шыпакерге мүрәжат етиң.

Белгилери:

▪️Ыссылық, бас ҳәм булшық ет аўырыўы;
▪️Қусыў, қан кетиўи, иш өтиўи.

Өзиңиз ҳәм жақынларыңызды сақлаң!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-июльден бирде-бир товардың экспортына шеклеў болмайды

Кеше Шавкат Мирзиёев басшылығында дүньяда жүз берип атырған экономикалық тербелислердиң мәмлекетимиздеги тараў ҳәм тармақларға тәсирин жумсартыў илажлары бойынша видеоселектор өткерилди.

Онда 1-июльден баслап, бирде-бир товардың экспортына шеклеў болмайтуғыны жәрияланды. Тек ғана 86 товар топарына кирген шийки зат ҳәм социаллық әҳмийети жоқары өнимлерге экспорт бажылары енгизиледи. Бул исбилерменлер ушын жаңа имканият екени атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта кондитерлик ҳәм салқын ишимликлер тармағы жергиликли санааттың драйверине айланып үлгергени ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги айтылды. Сол себепли қумшекерге акциз төлеми бийкар етилетуғыны белгиленди. Қурғақ сүт импортына қойылған шеклеўлер де алып тасланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкистеги фотобиореактор – суў отлары жәрдеминде кислород ислеп шығарыў технологиясы

Фотобиореактор күнине 10 терек ислеп шығаратуғын кислородды ислеп шығармақта.

Суйық теректеги микро суў отлары патас суўды тазалап, жарамлы екилемши суўға айландыра алады, ҳәтте, шор суў қурамындағы дузды да жоқ қылады.

Бундай жойбарлар қалаларда ҳаўаның тазалығын тәмийинлеў ушын жүдә пайдалы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube