This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны қанша?
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы халық саны 2 035,1 мың адамды қураған.
Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,3 процентке көбейген.
Соннан:
Ҳаяллар саны – 1 012,7 мың адам;
Еркеклер саны – 1 022,4 мың адам;
Қалалық жерлерде – 992,6 мың адам;
Аўыллық жерлерде – 1 042,5 мың адамды қурады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Енди ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў күни» болады
Соңғы жылларда ишки туризмге итибар себепли жергиликли туристлер саны 23 миллионға жетти (2017-жылы 5 млн еди). Бирақ елеге шекем Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабзға бармаған шаңарақлар көп. Сол себепли ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў» күни деп жәрияланады.
Жаслар арасындағы жарыс жеңимпазларына «Өзбекстан бойлап саяхат» жолламасын саўға етиў жолға қойылады. Ҳәр жылы ишки туризмди үгит-нәсиятлаўды кеңейтиўге 20 миллиард сом ажыратылады.

️Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола некеден ажырасыўда мүддет белгиленбейди
9-апрель күни ӨРН-1053 санлы нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
️Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаға бола, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

️2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекет қаржылары есабынан өткерилетуғын концертлерде фонограмма шекленеди
Ҳүкимет қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан өткерилетуғын барлық концертлерде фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди.
Рекламада «Жанлы атқарыў», «Фонограммалы жанлы ҳаўаз» ямаса «Фонограммалы концерт» деп анық көрсетилиўи шәрт.
Буннан тысқары, мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиўде артистлердиң жанлы атқарыў қәбилетине айрықша итибар қаратылады.

️Ишимлик суўында машина жуўыў 3 млн 750 мың сом жәрийма салыўға себеп болады
Егер сиз ишимлик суўынан машина жуўыў мақсетинде пайдалансаңыз, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 163-статьясы тийкарында 3 миллион 750 мың сумға шекем жәриймаға тартылыўыңыз мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Егер сиз ишимлик суўынан машина жуўыў мақсетинде пайдалансаңыз, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 163-статьясы тийкарында 3 миллион 750 мың сумға шекем жәриймаға тартылыўыңыз мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў
Ибраймов Бахтыбай Дарибаевич – Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, жер мониторингин әмелге асырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Б.Ибраймов тайынлаўға шекем «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Курбанов Иномбай Сапарович – Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
И.Курбанов тайынлаўға шекем «Агробанк» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Елликқала филиалы «Фронт-офис» Усақлап сатыў бизнес бөлими бас менеджери лаўазымында жумыс алып барған.

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады
9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал жолының 559-560 километринде ҳәрекетленген «ISUZU» маркалы жүк автомобили «DAF» маркалы жүк автомобили артына келип урылыўы нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди, деп хабар берди Айрықша жағдайлар басқармасы. Ақыбетте, «ISUZU» маркалы жүк автомобили айдаўшысы алған дене жарақаты ақыбетинде кабина ишинде қалып кеткен ҳәм АЖБға хабар жиберген.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12807

️Транспорт қуралын пиядалар жолларынан басқарғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленди
Нызамшылықта төмендегилер менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте:
➖ Айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлар, пиядалар ҳәм велосипед жоллары және оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданлардан басқарғанлығы;
➖ Жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық ететуғын нызамсыз тосықлар ҳәм басқа қурылмалар орнатылғанлығы;
➖ Жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған полосасы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетленгенлиги.
Бул БЕМниң 1 есеси муғдарында жәрийма салыўға, егер ҳуқықбузарлық 1 жыл даўамында қайталанса, БЕМниң 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Ертең айырым орынларда жаўын жаўады
Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, 12-арпель күни Қарақлпақстан Республикасы аймағында ҳаўа бираз бултлы болып, айырым жерлерде жаўын жаўады ҳәм гүлдирмама болады.
Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13°, күндиз 18-23° болады.

Халықаралық IT-сертификатына ийе жаслардың оқыў қәрежетлери қаплап бериледи
Нызамшылыққа бола, халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60%ке шекемги бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
✅ Бунда усы сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30%, орта дәрежеде болғанда 40% ҳәм профессионал дәрежеде болғанда 60% муғдарында жумсалған қәрежетлер қапланады.
️Буннан тысқары, инглис тили бойынша B2, оннан жоқары ҳәм профессионал дәрежедеги халықаралық IT-сертификатына ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатын алыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

️Егин екпегенлер ушын финанслық санкциялар енгизилген
Ҳәким жәрдемшилериниң хатлаў нәтийжелери тийкарында, қыйтақ жеринде яки ижараға алынған жерлерде егин екпеген ямаса өнимсиз пайдаланып атырған пуқараларға төмендеги санкциялар белгиленди:
➖ ️Жеңиллетилген кредитлер берилмейди;
➖ ️«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» арқалы белгиленген жеңилликлер тоқтатылады (соның ишинде, бала пулы);
➖️ Жер салығы 3 есе муғдарда есапланады.
Қыйтақ жер ҳаққындағы мағлыўматларды мәҳәллеңиздеги ҳәким жәрдемшиси арқалы платформаға киргизиўиңиз мүмкин.

1-сентябрьден МШБШ директорларының мийнет ҳақысы көбейеди
2025-жыл 1-сентябрьден мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорларының арттырылатуғын айлық мийнет ҳақысын видеода көриўиңиз мүмкин.
Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 51-санлы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 531-санлы Қарары менен белгиленген.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жыл 1-сентябрьден мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорларының арттырылатуғын айлық мийнет ҳақысын видеода көриўиңиз мүмкин.
Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 51-санлы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 531-санлы Қарары менен белгиленген.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Онкологиялық кеселликке шалынған ҳаяллар бийпул емленеди
«️Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.
️Қарарға бола, медицинаның басланғыш буўынында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон дизими қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге мирәт етиў системасы жаратылады.
✅ Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаялларда жатыр мойны раги скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлы реакция тексериў усылы арқалы анықлаў ҳәм суйықлық цитологиясы усылында тексериў жолы менен әмелге асырылады.
️30-65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен бирлемши таңлаўдан өткериледи.
️Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шалынғанлығы анықланған наўқасларды диагнозлаў ҳәм емлеў менен байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

Трамп ақылый қәбилет тестинен өтти
АҚШ Президенти Доналд Трамп Уолтер Рид атындағы миллий әскерий медицина орайында төрт саат ақылый қәбилет бойынша тест тапсырды. Бул ҳаққында Президенттиң өзи 11-апрель күни Ақ үйде журналистлер менен болған ушырасыўда сөз етти.
Ақ үй басшысы ҳәзирги президентлик дәўириндеги когнитив тестти табыслы тапсырғанлығын айтқан.
«Барлық сораўларға дурыс жуўап бергенимнен тысқары, сизлерге не айтыўды билмеймен,» деген 78 жасар Президент журналистлерге.
Ақ үй баспасөз хаткери Керолин Ливитт медициналық тексериў нәтийжелери илажы барынша тезирек жәрияланатуғынын мәлим еткен.
Мағлыўмат ушын, Трамптың денсаўлығы ҳаққындағы соңғы толық мағлыўмат 2018-жылы жәрияланған. «The New York Times» газетасы АҚШтағы сайлаўлар алдынан жаңа мағлыўматлардың жоқлығы медицина қәнигелерин қәўетерге салып атырғанлығы, себеби Трамптың жасындағы адамларда аўыр кеселликлер болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында жазған еди.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада;
➖ Өзбасымшалық пенен қурылыс енди жынайый жуўапкершиликке алып келеди;
➖ 1-майдан утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын өндириледи;
➖ 1-майдан электр энергиясы ушын жаңа тариф енгизиледи;
➖ Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны қанша?
➖ Енди ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў күни» болады;
➖ Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола некеден ажырасыўда мүддет белгиленбейди;
➖ 2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекет қаржылары есабынан өткерилетуғын концертлерде фонограмма шекленеди;
➖ Транспорт қуралын пиядалар жолына басқарғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленди;
➖ Онкологиялық кеселликке шалынған ҳаяллар бийпул емленеди.

Мүлкке қастан зыян жеткериў жуўапкершиликке себеп болады
️Нызамшылыққа бола, өзгениң мүлкин қастан набыт етиў ямаса оған зыян жеткериў үлкен муғдарды қураса:
️БЕМның 50 есесинен 75 есесине шекемги (18 млн 750 мың сомнан 28 млн 125 мың сомға шекем) муғдарда жәрийма;
300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланыўы белгиленген.
️Егер сол ҳәрекетлер көп муғдарда зыян жеткерген ҳалда исленген болса, 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.
Бирақ, жеткерилген материаллық зыян 3 есе муғдарында қапланса, еркинликти шеклеў ҳәм еркинен айырыў түриндеги жаза қолланылмайды.

Road24 ҳәм ЖҲҚХ ортасында жәрийма мағлыўматларының алмасыўы тоқтатылды
Енди жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәриймалар ҳаққындағы мағлыўмат Road24 арқалы берилмейди. Сол себепли, пуқараларға ЖПХның рәсмий қосымшасы – «Safe Road YHXX»ны App Store ямаса Play Market арқалы жүклеп, дизимнен өтиў усыныс етиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәриймалар ҳаққындағы мағлыўмат Road24 арқалы берилмейди. Сол себепли, пуқараларға ЖПХның рәсмий қосымшасы – «Safe Road YHXX»ны App Store ямаса Play Market арқалы жүклеп, дизимнен өтиў усыныс етиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Не ушын банан жеў керек?
Банан депрессияға қарсы гүресиўде жәрдем береди. Буннан тысқары, төмендеги пайдалы өзгешеликлерди өзинде жәмлеген:
1⃣ Сүйеклерди беккемлеў. Банан организмде кальцийди сақлайды, ол сидик пенен шығарылмайды, бирақ денеде қалады ҳәм сүйеклерди беккемлеў ушын пайдаланылады. Бул, әсиресе, кофени жақсы көретуғынлар ушын жүдә әҳмийетли, себеби кофе денеден кальцийди алып таслайды.
2⃣ ️Ишек микрофлорасын жақсылаў. Бананның бир бөлеги болған ферментлер себепли денеге тийкарғы азық-аўқат пенен киретуғын затлар организм тәрепинен тезирек сорылады.
3⃣ ️Банан иш қатыўы менен аўырғанлар ушын жүдә пайдалы. Турақлы банан жеў бул машқаладан қутқарады.
4⃣ ️Асқазан жарасы. Банан желингенде асқазан дийўалларын орап алады ҳәм сол арқалы оны азық-аўқат қурамындағы агрессив элементлер ҳәм кислоталардан қорғайды, бул асқазан жарасын емлеў ҳәм тыртықларда жәрдем береди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Аўыр аймақлардың суў тәмийнаты жақсыланбақта
⚡️Қараөзек районында «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар жуўмағына жеткерилмекте.
Солардан бири райондағы суў тәмийнаты ең аўыр болған "Қойбақ" АПЖ еди. Енди аймақтағы қыйтақ жер майданларына суў жеткериўге қаратылған гезектеги жойбар иске қосылды.