Тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған өнимлерди алмастырыўға ҳақылы
️Нызамшылыққа бола, тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы өним сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарға алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.
️Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсийетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлайтуғын тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

️1-майдан утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын өндириледи
Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан:
➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болмаған электромобильлер ушын БЕМның 120 есеси (45 млн сом);
➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болған электромобильлер ушын БЕМның 210 есеси (78 млн 750 мың сом) етип белгиленеди.
Утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын белгиленген болып, гибрид ҳәм қалған транспорт қураллары буған кирмейди.

Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлыққа ийе самал электр станциясы қурылады
Биринши Самарқанд халықаралық климат форумы шеңберинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Өзбекстанда «жасыл экономика»ны раўажландырыўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Атап айтқанда, ISSV ҳәм SANY Renewables International Investment Co., Ltd. арасында Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў бойынша Инвестиция келисимлери қабыл етилди.

«Басламалы бюджет»тиң 2025-жылғы 2-мәўсиминде 826 мәҳәлле қатнаса алмайды
«Басламалы бюджет» процесслериниң 2025-жыл 1-мәўсиминиң жуўмағына бола, 2 011 мәҳәлле (жәми мәҳәлле санына салыстырғанда 21%) жеңимпаз деп табылды.
Мәлим етилиўинше, усы мәўсим шеңберинде 329 мәҳәлле биринши мәрте жеңимпазлықты қолға киргизген. Буннан тысқары, 2024-жылғы 2-мәўсим шеңберинде жеңимпаз болған 826 мәҳәлле усы мәўсимде де қайта жеңимпаз деп табылды. Усы мүнәсибет пенен бул мәҳәллелер ушын быйылғы 2-мәўсим ҳәм 2026-жылғы 1-мәўсимлерде тәнепис бериледи.
Бул мәҳәллелер (сондай-ақ, усы мәҳәллелерде жайласқан мектеп, бақша, медицина мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер) гезектеги еки мәўсим шеңберинде өз жойбарлары менен қатнаса алмайды.

Тайынлаў
Юсупов Тимур Бахтиярович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, тосқынлықларсыз орталық жаратыў, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Т.Юсупов тайынлаўға шекем «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийетиниң Жердеги имаратлардан пайдаланыў ҳәм транспорт басқармасының баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

1-майдан электр энергиясы ушын жаңа тариф енгизиледи
Президент тапсырмасына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап 201 кВт/сааттан 500 кВт/саатқа шекемги электр энергиясы ушын баҳа 900 сом емес, 800 сом етип белгиленеди.
Бул өзгерис Министрлер Кабинетиниң 194-санлы қарарына муўапық әмелге асырылып атыр.
1-майға шекем айлық 500 кВт/саат жумсаған шаңарақ 360 мың сом төлеген болса, 1-майдан кейин де усы муғдар сақланады – баҳа артпайды.

9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн
1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХІІ шақырық ХІІ сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди.
Конституция Қарақалпақстан Республикасының тийкарғы нызамы болып, онда мәмлекетлик суверенитет, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жәмийеттиң демократиялық принциплери және ҳуқықый мәмлекет қурыў жолындағы тийкарғы принциплер беккемлеп қойылған.
Конституциямыздың 32 жыллығы менен пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлаймыз!

ChatGPT енди Өзбекстанда салық төлейди
Американың OpenAI жасалма интеллект компаниясы Өзбекстанда салық төлеўши сыпатында дизимнен өткерилгени мәлим етилди.
ChatGPT чатботы ислеп шығыўшысы 8-апрель күни Салық комитетиниң электрон хызмет жеткерип бериўшилериниң арнаўлы платформасында есапқа алынды. Усының менен Өзбекстанда дизимнен өткен сырт ел интернет компанияларының саны 67 ге жетти.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны қанша?
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы халық саны 2 035,1 мың адамды қураған.
Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,3 процентке көбейген.
Соннан:
Ҳаяллар саны – 1 012,7 мың адам;
Еркеклер саны – 1 022,4 мың адам;
Қалалық жерлерде – 992,6 мың адам;
Аўыллық жерлерде – 1 042,5 мың адамды қурады.

Енди ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў күни» болады
Соңғы жылларда ишки туризмге итибар себепли жергиликли туристлер саны 23 миллионға жетти (2017-жылы 5 млн еди). Бирақ елеге шекем Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабзға бармаған шаңарақлар көп. Сол себепли ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў» күни деп жәрияланады.
Жаслар арасындағы жарыс жеңимпазларына «Өзбекстан бойлап саяхат» жолламасын саўға етиў жолға қойылады. Ҳәр жылы ишки туризмди үгит-нәсиятлаўды кеңейтиўге 20 миллиард сом ажыратылады.

️Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола некеден ажырасыўда мүддет белгиленбейди
9-апрель күни ӨРН-1053 санлы нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
️Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаға бола, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

️2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекет қаржылары есабынан өткерилетуғын концертлерде фонограмма шекленеди
Ҳүкимет қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан өткерилетуғын барлық концертлерде фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди.
Рекламада «Жанлы атқарыў», «Фонограммалы жанлы ҳаўаз» ямаса «Фонограммалы концерт» деп анық көрсетилиўи шәрт.
Буннан тысқары, мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиўде артистлердиң жанлы атқарыў қәбилетине айрықша итибар қаратылады.

️Ишимлик суўында машина жуўыў 3 млн 750 мың сом жәрийма салыўға себеп болады
Егер сиз ишимлик суўынан машина жуўыў мақсетинде пайдалансаңыз, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 163-статьясы тийкарында 3 миллион 750 мың сумға шекем жәриймаға тартылыўыңыз мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Егер сиз ишимлик суўынан машина жуўыў мақсетинде пайдалансаңыз, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 163-статьясы тийкарында 3 миллион 750 мың сумға шекем жәриймаға тартылыўыңыз мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў
Ибраймов Бахтыбай Дарибаевич – Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, жер мониторингин әмелге асырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Б.Ибраймов тайынлаўға шекем «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Курбанов Иномбай Сапарович – Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
И.Курбанов тайынлаўға шекем «Агробанк» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Елликқала филиалы «Фронт-офис» Усақлап сатыў бизнес бөлими бас менеджери лаўазымында жумыс алып барған.

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады
9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал жолының 559-560 километринде ҳәрекетленген «ISUZU» маркалы жүк автомобили «DAF» маркалы жүк автомобили артына келип урылыўы нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди, деп хабар берди Айрықша жағдайлар басқармасы. Ақыбетте, «ISUZU» маркалы жүк автомобили айдаўшысы алған дене жарақаты ақыбетинде кабина ишинде қалып кеткен ҳәм АЖБға хабар жиберген.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12807

️Транспорт қуралын пиядалар жолларынан басқарғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленди
Нызамшылықта төмендегилер менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте:
➖ Айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлар, пиядалар ҳәм велосипед жоллары және оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданлардан басқарғанлығы;
➖ Жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық ететуғын нызамсыз тосықлар ҳәм басқа қурылмалар орнатылғанлығы;
➖ Жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған полосасы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетленгенлиги.
Бул БЕМниң 1 есеси муғдарында жәрийма салыўға, егер ҳуқықбузарлық 1 жыл даўамында қайталанса, БЕМниң 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Ертең айырым орынларда жаўын жаўады
Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, 12-арпель күни Қарақлпақстан Республикасы аймағында ҳаўа бираз бултлы болып, айырым жерлерде жаўын жаўады ҳәм гүлдирмама болады.
Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13°, күндиз 18-23° болады.

Халықаралық IT-сертификатына ийе жаслардың оқыў қәрежетлери қаплап бериледи
Нызамшылыққа бола, халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60%ке шекемги бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
✅ Бунда усы сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30%, орта дәрежеде болғанда 40% ҳәм профессионал дәрежеде болғанда 60% муғдарында жумсалған қәрежетлер қапланады.
️Буннан тысқары, инглис тили бойынша B2, оннан жоқары ҳәм профессионал дәрежедеги халықаралық IT-сертификатына ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатын алыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.