KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Жумыссызларға берилетуғын напақа, жасалма интеллект жоқ ете алмайтуғын үш кәсип, жылытыў мәўсиминде берилетуғын 1 млн сом – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Ўақытша жумыссызларға напақа төленеди;

Фермерлерге бир қатар жеңилликлер усынылмақта;

Такси айдаўшыларына арнаўлы ажыратылған жолда ҳәрекетлениў ҳуқықы бериледи;

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты;

Аттестация тест сынақлары өткерилетуғын сәнелер белгиленди;

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин;

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды;

«Басламалы бюджет» бойынша оңланатуғын автомобиль жоллары жәрияланды;

Жылытыў мәўсиминде мүтәж шаңарақларға 1 млн сомлық бир мәртелик жәрдем бериледи;

Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ бойынша компенсация бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қәлесеңиз де жолда тезликти арттыра алмайсыз

АҚШта қала шетиндеги көшелерде тезликти арттырып жүретуғын айдаўшыларға қарсы гүресиў ушын әдеттегидей емес толқын тәризли жол сызықлары сынақтан өткерилип атыр, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Жолда бурылыў иллюзиясын жарататуғын бул сызықлар айдаўшыларды тезликти пәсейтиўге, сондай-ақ, жолда итибарлы болыўға шақырады.

Транспорт басқарыўшылары буған итибар бермей өтип кетпеўи ушын траектория бойлап ҳәрекетлениўге мәжбүрлейтуғын пластик бағаналар да қойылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити өткерилди. Саммит тек ғана Аралбойы регионы ушын емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе болды.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12806

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Мениң бағым» жойбарының 2025-жылғы мәўсими басланды

5-апрельден «Ашық бюджет» порталының «Мениң бағым» жойбары ушын арза қабыллаў процеси басланды.

Процесс төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

1⃣ Жойбарды усыныс етиў – 5-14-апрель;
2⃣ Сайлап алыў – 15-20-апрель;
3⃣ Даўыс бериў – 21-30-апрель.

Пуқаралар өзлериниң бағ ҳәм көклемзарластырыў бойынша идеяларын усыныўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбасымшалық пенен қурылыс енди жынайый жуўапкершиликке алып келеди

2025-жыл 25-мартта қабыл етилген нызамға бола, нызамшылық талапларына қайшы түрде қурылыс жумысларын алып барыў жынаят есапланады.

Бул өзгерислер сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, инсанлардың өмири ҳәм мүлкин қорғаў және нызамсыз қурылыслардың алдын алыў мақсетинде енгизилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған өнимлерди алмастырыўға ҳақылы

️Нызамшылыққа бола, тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы өним сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарға алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.

️Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсийетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлайтуғын тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️1-майдан утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын өндириледи

Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан:

➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болмаған электромобильлер ушын БЕМның 120 есеси (45 млн сом);

➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болған электромобильлер ушын БЕМның 210 есеси (78 млн 750 мың сом) етип белгиленеди.

Утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын белгиленген болып, гибрид ҳәм қалған транспорт қураллары буған кирмейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлыққа ийе самал электр станциясы қурылады

Биринши Самарқанд халықаралық климат форумы шеңберинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Өзбекстанда «жасыл экономика»ны раўажландырыўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Атап айтқанда, ISSV ҳәм SANY Renewables International Investment Co., Ltd. арасында Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў бойынша Инвестиция келисимлери қабыл етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Билимлендириў системасы 5 күнликке өтиўи мүмкин

«Мениң пикирим» порталында билимлендириў системасын толық бес күнликке өткериў бойынша петиция жайластырылған еди.

Оған 10 мыңнан артық даўыс жыйналды. Тез арада бул мәселе бойынша қарар қабыл етилиўи күтилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Басламалы бюджет»тиң 2025-жылғы 2-мәўсиминде 826 мәҳәлле қатнаса алмайды

«Басламалы бюджет» процесслериниң 2025-жыл 1-мәўсиминиң жуўмағына бола, 2 011 мәҳәлле (жәми мәҳәлле санына салыстырғанда 21%) жеңимпаз деп табылды.

Мәлим етилиўинше, усы мәўсим шеңберинде 329 мәҳәлле биринши мәрте жеңимпазлықты қолға киргизген. Буннан тысқары, 2024-жылғы 2-мәўсим шеңберинде жеңимпаз болған 826 мәҳәлле усы мәўсимде де қайта жеңимпаз деп табылды. Усы мүнәсибет пенен бул мәҳәллелер ушын быйылғы 2-мәўсим ҳәм 2026-жылғы 1-мәўсимлерде тәнепис бериледи.
Бул мәҳәллелер (сондай-ақ, усы мәҳәллелерде жайласқан мектеп, бақша, медицина мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер) гезектеги еки мәўсим шеңберинде өз жойбарлары менен қатнаса алмайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Юсупов Тимур Бахтиярович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, тосқынлықларсыз орталық жаратыў, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Т.Юсупов тайынлаўға шекем «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийетиниң Жердеги имаратлардан пайдаланыў ҳәм транспорт басқармасының баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-майдан электр энергиясы ушын жаңа тариф енгизиледи

Президент тапсырмасына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап 201 кВт/сааттан 500 кВт/саатқа шекемги электр энергиясы ушын баҳа 900 сом емес, 800 сом етип белгиленеди.

Бул өзгерис Министрлер Кабинетиниң 194-санлы қарарына муўапық әмелге асырылып атыр.

1-майға шекем айлық 500 кВт/саат жумсаған шаңарақ 360 мың сом төлеген болса, 1-майдан кейин де усы муғдар сақланады – баҳа артпайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн

1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХІІ шақырық ХІІ сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди.

Конституция Қарақалпақстан Республикасының тийкарғы нызамы болып, онда мәмлекетлик суверенитет, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жәмийеттиң демократиялық принциплери және ҳуқықый мәмлекет қурыў жолындағы тийкарғы принциплер беккемлеп қойылған.

Конституциямыздың 32 жыллығы менен пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлаймыз!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT енди Өзбекстанда салық төлейди

Американың OpenAI жасалма интеллект компаниясы Өзбекстанда салық төлеўши сыпатында дизимнен өткерилгени мәлим етилди.

ChatGPT чатботы ислеп шығыўшысы 8-апрель күни Салық комитетиниң электрон хызмет жеткерип бериўшилериниң арнаўлы платформасында есапқа алынды. Усының менен Өзбекстанда дизимнен өткен сырт ел интернет компанияларының саны 67 ге жетти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Аралқум шөлиниң фаунасы: Фотоқақпан объективинде сийрек ушырасатуғын сайғақлар

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигине қараслы «Аралқум» миллий тәбият бағының фотоқақпанына бир топар сайғақлар түсип қалды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны қанша?

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы халық саны 2 035,1 мың адамды қураған.

Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,3 процентке көбейген.

Соннан:

Ҳаяллар саны – 1 012,7 мың адам;
Еркеклер саны – 1 022,4 мың адам;
Қалалық жерлерде – 992,6 мың адам;
Аўыллық жерлерде – 1 042,5 мың адамды қурады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў күни» болады

Соңғы жылларда ишки туризмге итибар себепли жергиликли туристлер саны 23 миллионға жетти (2017-жылы 5 млн еди). Бирақ елеге шекем Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабзға бармаған шаңарақлар көп. Сол себепли ҳәр айдың бир шемби ҳәм екшембиси «шаңарақ ҳәм мийнет топары менен саяхатқа шығыў» күни деп жәрияланады.

Жаслар арасындағы жарыс жеңимпазларына «Өзбекстан бойлап саяхат» жолламасын саўға етиў жолға қойылады. Ҳәр жылы ишки туризмди үгит-нәсиятлаўды кеңейтиўге 20 миллиард сом ажыратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола некеден ажырасыўда мүддет белгиленбейди

9-апрель күни ӨРН-1053 санлы нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

️Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаға бола, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекет қаржылары есабынан өткерилетуғын концертлерде фонограмма шекленеди

Ҳүкимет қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан өткерилетуғын барлық концертлерде фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди.

Рекламада «Жанлы атқарыў», «Фонограммалы жанлы ҳаўаз» ямаса «Фонограммалы концерт» деп анық көрсетилиўи шәрт.

Буннан тысқары, мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиўде артистлердиң жанлы атқарыў қәбилетине айрықша итибар қаратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ишимлик суўында машина жуўыў 3 млн 750 мың сом жәрийма салыўға себеп болады

Егер сиз ишимлик суўынан машина жуўыў мақсетинде пайдалансаңыз, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 163-статьясы тийкарында 3 миллион 750 мың сумға шекем жәриймаға тартылыўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Ибраймов Бахтыбай Дарибаевич
– Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, жер мониторингин әмелге асырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Б.Ибраймов тайынлаўға шекем «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube