KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Быйыл 1-классқа 2018-жыл 31-декабрьге шекем туўылған балалар қабылланады

Нызамшылыққа бола, балалар мектеплердиң 1-класына олар 7 жасқа толған жылы барады. Соған бола, 2025/2026-оқыў жылында 1-классқа 2018-жыл 31-декабрьге шекем туўылған балалар қабыл етиледи.

Сондай-ақ, 6 жастан 7 жасқа шекемги балалар баслаўыш билимлендириўге бир жыл мәжбүрий таярланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын салыўшы, миллиардер Билл Гейтс The Tonight Show шоусындағы шығып сөйлеўинде тоқтап өткен.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12802

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аттестация тест сынақлары өткерилетуғын сәнелер белгиленди

2025-жыл январь-июнь айларында мектепке шекемги, улыўма билим бериў ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын маманлық категориясы сынақлары өткериледи.

Сынақлар пәнлер бойынша түрли күнлерге белгиленген:

15-16-апрель – рус тили, география;
17-апрель – тәрбия, ҳуқық тийкарлары, психологлар;
18-21-апрель – шет тиллери (инглиз, француз, немец ҳәм басқалар);
22-24-апрель – өзбек тили ҳәм әдебияты;
25-26-апрель – дене тәрбиясы, музыка, көркем өнер, технология;
28-29-апрель – математика;
30-апрель - 1-май – биология, химия, физика;
2-7-май – баслаўыш билимлендириў;
8-май – тарийх;
10-май – қосымша пәнлер ҳәм арнаўлы педагоглар;
12-май – информатика;
13-14-май – мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлери;
15-16-май – қарақалпақ тили;
15-май күни – кәсиплик сертификат сынағы да өткериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тўлов_тизимлари_операторлари,_электрон_пуллар_тизимлари_операторлари.pdf
955 KB
❗️11,25 млн сомнан жоқары пул өткермелери қатаң қадағалаўда болады

2025-жыл 2-июльден төлем системалары, электрон пуллар ҳәм төлем шөлкемлери үстинен қадағалаў күшейтиледи.

Жаңа тәртипке бола:

🔹 Физикалық шахслар аккаунт ашыўда ямаса E-POS арқалы жумыс баслаўда тексериледи;
🔹 187,5 млн сомнан жоқары операциялар аккаунтсыз әмелге асырылмайды;
🔹 11,25 млн сомнан жоқары өткермелер ушын жибериўши ҳәм қабыллаўшы ҳаққында толық мағлыўматлар талап етиледи.

Мәжбүрий мағлыўматлар:

Физикалық шахслар – паспорт/ID-карта номери, туўылған сәнеси ҳәм орны;
Юридикалық шахслар – шөлкем аты ҳәм СТИР.

Ҳәрбир операция қәўип дәрежесине қарап баҳаланады ҳәм мағлыўматлар өз алдына сақланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио коньсуллық хызметкерлерине АҚШ ҳәм Израилды сынға алыўда гүманланғанлардың социаллық тармақларын терең тексериўди буйырған. Айрықша қадағалаўға алынатуғын виза түрлери F, M ҳәм J (студентлер, кәсиплик билимлендириў ҳәм мийманға барыў ушын визалар) болып есапланады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12803

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мектеп жасындағы балалар ушын 5 пайдалы азанғы әдет

Балалардың азанғы әдетлери олардың мектептеги белсендилиги, дыққат аўдарыў қәбилети ҳәм кейпиятына үлкен тәсир етеди. Төмендеги 5 әпиўайы әдет перзентиңизге нәтийжели күн баслаўда жәрдем береди:

1. Бир стакан суў ишиў – организмди оятады, сергекликти арттырады ҳәм дыққатты жақсылайды.

2. Өз ўақтында ояныў – режимге әмел етиў стрессти азайтады ҳәм азанғы қыстаўлы жағдайлардың алдын алады.

3. Пайдалы азанғы аўқат – денсаўлыққа пайдалы болған азанғы аўқат энергия ҳәм ақылый искерлик ушын әҳмийетли.

4. Гаджетлерден ўаз кешиў – таңда экранлардан узақ турыў дыққатты жәмлеўди аңсатластырады.

5. Жеңил дене шынығыўы – 5-10 минут шынығыў қан айланысын жақсылап, мийди кислород пенен тәмийинлейди.

Бул әдетлер балаңыздың күнин нәтийжели, тыныш ҳәм унамлы баслаўына тийкар жаратады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Аналитиклердиң пикиринше, Apple өз өнимлери, соның ишинде, iPhone баҳасын 30-40%ке арттырыў арқалы бажыхана төлемлериниң унамсыз тәсирин жумсартыўы мүмкин. Counterpoint Research компаниясы басшысы Нил Шоҳтың айтыўынша, импорт бажыхана төлемлерин қаплаў ушын Apple баҳаларды үштен бирге арттырыўға мәжбүр болады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12804

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қақланған ерик ҳәмиледар ҳаяллар ушын пайдалы

Кептирилген ерик магний ҳәм кальцийге бай болып, қан тамырлары дийўалларының спазмларын жеңиллестиреди, қан айланысы жақсыланады ҳәм қан басымы төменлейди. Бөтеке ҳәм жүрек жумысына унамлы тәсир көрсетеди.

Қақ ерик ҳәмиледар ҳаяллар ушын айрықша әҳмийетли болып, ол жатыр тонусының артыўының алдын алады, стрессти кемейтеди ҳәм қандағы гемоглобин дәрежесин арттырады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы инфографикада соңғы 4 жылда 76%тен 94%ке көтерилгенлиги келтирилген.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12805
«Басламалы бюджет» бойынша оңланатуғын автомобиль жоллары жәрияланды

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети «Басламалы бюджет» жойбарының 2025-жыл 1-мәўсими шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында оңланатуғын автомобиль жоллары ҳаққында мағлыўмат берди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жылытыў мәўсиминде мүтәж шаңарақларға 1 млн сомлық бир мәртелик жәрдем бериледи

2025/2026-жылғы жылытыў мәўсими мүнәсибети менен, 2025-жыл ноябрь айында төмендеги категориядағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1 млн сом муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады:

➖️ Социаллық қорғаў реестрине киргизилген шаңарақларға;
«Мәҳәлле жетилиги» жуўмағы менен жәрдемге мүтәж деп табылған, бирақ реестрге киргизилмеген шаңарақларға.

Үстемлик пенен жәрдем алатуғынлар:

Бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар;
I яки II топар майыплығы болған ағзасы бар шаңарақлар;
Майыплығы болған баласы бар шаңарақлар;
Узақ мүддетли емлениўди талап ететуғын наўқаслар жасайтуғын шаңарақлар;
Жалғыз кекселер ҳәм басқа күтимге мүтәж шахслар;
3 ҳәм оннан артық шаңарақ бир үйде жасағанда;
Газ тәмийнаты жоқ ҳәм ысытыў системасы болмаған көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғынлар.

Қосымша қәлиплестирилетуғын дизимдеги шаңарақлардың саны реестрдеги шаңарақлар санының 40%инен артпаўы керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Картадан картаға пул өткериўдеги жаңа талаплар пайдаланыўшыларға қыйыншылық туўдырмайды

1-июльден күшке киретуғын тәртип тек ғана банклер ҳәм төлем шөлкемлери арасындағы мағлыўмат алмасыўға байланыслы болып, қарыйдарлардан қосымша мағлыўмат талап етилмейди.

Яғный, пайдаланыўшы есап бетин ашқан ўақытта берилген идентификация мағлыўматлары – базалық есаплаў муғдарының 30 есесине тең ямаса оннан артық суммадағы өткермелерде автомат түрде өткерме менен бирге жибериледи.

Бул тәртип пайдаланыўшы емес, төлем шөлкемлери ушын мәжбүрий есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ бойынша компенсация бериледи

Президент қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алатуғын және Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген, сондай-ақ, реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар нормаларына туўра келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын шаңарақларға:

электр энергиясы тутыныўы бойынша – айына базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем;

тәбийий газ тутыныўы бойынша – жылытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан артқан баҳалар арасындағы парық компенсация қылып бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жумыссызларға берилетуғын напақа, жасалма интеллект жоқ ете алмайтуғын үш кәсип, жылытыў мәўсиминде берилетуғын 1 млн сом – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Ўақытша жумыссызларға напақа төленеди;

Фермерлерге бир қатар жеңилликлер усынылмақта;

Такси айдаўшыларына арнаўлы ажыратылған жолда ҳәрекетлениў ҳуқықы бериледи;

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты;

Аттестация тест сынақлары өткерилетуғын сәнелер белгиленди;

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин;

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды;

«Басламалы бюджет» бойынша оңланатуғын автомобиль жоллары жәрияланды;

Жылытыў мәўсиминде мүтәж шаңарақларға 1 млн сомлық бир мәртелик жәрдем бериледи;

Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ бойынша компенсация бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қәлесеңиз де жолда тезликти арттыра алмайсыз

АҚШта қала шетиндеги көшелерде тезликти арттырып жүретуғын айдаўшыларға қарсы гүресиў ушын әдеттегидей емес толқын тәризли жол сызықлары сынақтан өткерилип атыр, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Жолда бурылыў иллюзиясын жарататуғын бул сызықлар айдаўшыларды тезликти пәсейтиўге, сондай-ақ, жолда итибарлы болыўға шақырады.

Транспорт басқарыўшылары буған итибар бермей өтип кетпеўи ушын траектория бойлап ҳәрекетлениўге мәжбүрлейтуғын пластик бағаналар да қойылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити өткерилди. Саммит тек ғана Аралбойы регионы ушын емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе болды.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12806

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Мениң бағым» жойбарының 2025-жылғы мәўсими басланды

5-апрельден «Ашық бюджет» порталының «Мениң бағым» жойбары ушын арза қабыллаў процеси басланды.

Процесс төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

1⃣ Жойбарды усыныс етиў – 5-14-апрель;
2⃣ Сайлап алыў – 15-20-апрель;
3⃣ Даўыс бериў – 21-30-апрель.

Пуқаралар өзлериниң бағ ҳәм көклемзарластырыў бойынша идеяларын усыныўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбасымшалық пенен қурылыс енди жынайый жуўапкершиликке алып келеди

2025-жыл 25-мартта қабыл етилген нызамға бола, нызамшылық талапларына қайшы түрде қурылыс жумысларын алып барыў жынаят есапланады.

Бул өзгерислер сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, инсанлардың өмири ҳәм мүлкин қорғаў және нызамсыз қурылыслардың алдын алыў мақсетинде енгизилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған өнимлерди алмастырыўға ҳақылы

️Нызамшылыққа бола, тутыныўшы сапалы емес азық-аўқат болмаған товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы өним сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарға алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.

️Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсийетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлайтуғын тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
️1-майдан утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын өндириледи

Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 2025-жыл 1-майдан:

➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болмаған электромобильлер ушын БЕМның 120 есеси (45 млн сом);

➖️ Ислеп шығарылған мүддетинен баслап 3 жылдан артық болған электромобильлер ушын БЕМның 210 есеси (78 млн 750 мың сом) етип белгиленеди.

Утилизация жыйымы тек ғана электромобильлер ушын белгиленген болып, гибрид ҳәм қалған транспорт қураллары буған кирмейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлыққа ийе самал электр станциясы қурылады

Биринши Самарқанд халықаралық климат форумы шеңберинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Өзбекстанда «жасыл экономика»ны раўажландырыўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Атап айтқанда, ISSV ҳәм SANY Renewables International Investment Co., Ltd. арасында Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў бойынша Инвестиция келисимлери қабыл етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube