Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди
Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген екинши басқыш 1-майда әмелге асырылады. Бас министрдиң баспасөз хаткериниң мағлыўматына бола, бул қарар халық ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12800
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Мәмлекетлик шөлкемлер бир имаратқа көширилетуғын аймақлар жәрияланды
Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни өткерилген мәжилисте 15 район ҳәм қалада барлық мәмлекетлик уйымлар районлардың орайындағы бир көп қабатлы имаратқа көширилетуғынлығын мәлим еткен еди.
Бул районларда мәмлекетлик шөлкемлерден босайтуғын 150 имарат аукционда исбилерменлерге усыныс етиледи.

Әмиўдәрьялы Жасурбек Умаров Гарвард университети студенти болды
Әмиўдәрьялы Жасурбек дүнья тән алған жетекши университетлердиң бири болған Гарвардта билим алыў бахтына миясар болды.
Ол 2024-жылы Топ 100 Uni Campning bakalavr мәўсиминде қатнасып, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен қоллап-қуўатланған Freshman Academy менен биргеликте шөлкемлестирилген Special Admission Programға сайланады. 3 ай даўамында интенсив сабақларда белсене қатнасқан.
Өз үстинде турақлы ислеўи нәтийжесинде Топ 100 Uni Camp ҳәм Special Admissions Program қатнасыўшысы Жасурбек Умаров 360 мың АҚШ доллары – толық грант тийкарында Гарвард университети студентине айланды.

Исбилерменлер кеминде бес жыл ижарада пайдаланған мәмлекетлик мүлкти тиккелей өзи сатып алыўы мүмкин
Бүгинги күнде 632 усындай объект бар. Бул мүлклерди ижараға алыўшылардың өзине сатыў арқалы кеминде 2 триллион сом түсим алыў мүмкин.
Пахтасанааттың сатылмай қалған 131 активлериниң басланғыш баҳасы 50 процентке шекем төменлетилип, аукционға шығарылады. Бунда исбилерменлерге төлемлерди үш жылға шекем бөлип төлеў имканияты бериледи.

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимлилик сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12801

1-майға шекем кешиктирилген тарифлердиң артыўы, Гарвардқа кирген Әмиўдәрьялы Жасур, арттырылған сыйлық пулы – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Себепсиз сабақ қалдырған оқыўшылардың ата-аналары қамақ жазасына да тартылыўы мүмкин;
➖ Кәмбағал шаңарақларға субсидия ажыратылады;
➖ Педагог хызметкерлерге 1-октябрь мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық пулы арттырылады;
➖ Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?
➖ Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи;
➖ Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди;
➖ Әмиўдәрьялы Жасурбек Умаров Гарвард университети студенти болды.

Ўақытша жумыссызларға напақа төленеди
«Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамға бола, жумыссыз деп тән алынған шахсқа жумыссызлық напақасы жергиликли мийнет органында жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимге алынған биринши күннен баслап есапланады ҳәм төленеди.
Дизимнен өтиў ушын онлайн арза бериў мүмкин:
https://www.my.gov.uz/uz/service/903

Фермелерге бир қатар жеңилликлер усынылмақта
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 28.03.2025-жылдағы ПҚ-131-санлы қарары менен, 2025-жыл өниминен баслап ҳәр жылы пахтадан 50 центнер/гектар, ғәлледен 80 центнер/гектардан жоқары өним алғанлығын салық есабатларында сәўлелендирген фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына келеси жылы:
➖ Жердиң 25%и шарўа азық-аўқаты, палыз өнимлери, картошка, майлы ҳәм собықлы егинлерге ажыратылады;
➖ Пахта шийки заты баҳасы 0,3% төмен белгиленеди;
➖️ Жер салығына азайтыўшы коэффициент қолланылады.
Қосымша имканиятлар:
➖ Кооператив фермерлер өндирис қуралларын биргеликте пайдаланыўы мүмкин;
➖ Жерди узақ мүддетке ижараға алыў шәртлери белгиленеди;
➖ ️Шет еллик шәртнамалар дүзиў имканияты жаратылады;
➖ ️Субсидия ҳәм кредит ажыратыў механизми жетилистириледи.

Өзбекстанда Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги шөлкемлестириледи
Министрлер Кабинети жанында Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги шөлкемлестириледи. Агентлик энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизип, хошаметлейтуғын ҳәм тәртипке салатуғын илажларды ислеп шығады, деп жазады Daryo.uz.
2025-жыл 1-июльден баслап, халықтың турақ жайларының энергия аудити қәрежетлери, қуяш панельлери ҳәм гелиоколлекторлар баҳасының 20%и, ыссылық насослары баҳасының болса 40%и субсидия тийкарында қапланады.
2025-жыл 1-сентябрьге шекем Энергия нәтийжелилигин арттырыў санлы платформасы, сондай-ақ, агентлик жанында бюджеттен тысқары Энергия нәтийжелилигин хошаметлеў қоры шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-октябрьге шекем ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер ушын технологиялардың энергия нәтийжелилигиниң «жасыл» стандартлары енгизиледи.

Такси айдаўшыларына арнаўлы ажыратылған жолда ҳәрекетлениў ҳуқықы бериледи
Ҳүкимет қарарына муўапық, юридикалық шахсларға тийисли жөнелиссиз таксилерге төмендеги ҳуқықлар берилди:
➖ «️Тоқтаў қадаған етилген» белгиси әмел ететуғын орынларда, соның ишинде, аэропорт ҳәм вокзаллардың қасында жолаўшы алыў ҳәм түсириў;
️
➖ Аэропорт, вокзал, базар ҳәм ири саўда комплекслериниң төлемли тоқтаў орынларына бийпул кириў;
➖ ️Жөнелисли транспорт ушын ажыратылған арнаўлы жолда ҳәрекетлениў.
Сондай-ақ, 2025-жыл 15-апрельден 2026-жылдың ақырына шекем Ташкент қаласында айдаўшыдан тысқары 4-8 орынлықлы, жоқары қолайлылыққа ийе автотранспортларда өзин-өзи бәнт еткен шахсларға жөнелиссиз такси хызметин көрсетиўге руқсат бериледи.
Бундай тасыўшыларға лицензия ушын мәмлекетлик бажы БЕМниң 3 есеси муғдарында өндириледи.

Быйыл 1-классқа 2018-жыл 31-декабрьге шекем туўылған балалар қабылланады
Нызамшылыққа бола, балалар мектеплердиң 1-класына олар 7 жасқа толған жылы барады. Соған бола, 2025/2026-оқыў жылында 1-классқа 2018-жыл 31-декабрьге шекем туўылған балалар қабыл етиледи.
Сондай-ақ, 6 жастан 7 жасқа шекемги балалар баслаўыш билимлендириўге бир жыл мәжбүрий таярланады.

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты
Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын салыўшы, миллиардер Билл Гейтс The Tonight Show шоусындағы шығып сөйлеўинде тоқтап өткен.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12802

Аттестация тест сынақлары өткерилетуғын сәнелер белгиленди
2025-жыл январь-июнь айларында мектепке шекемги, улыўма билим бериў ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын маманлық категориясы сынақлары өткериледи.
Сынақлар пәнлер бойынша түрли күнлерге белгиленген:
➖ 15-16-апрель – рус тили, география;
➖ 17-апрель – тәрбия, ҳуқық тийкарлары, психологлар;
➖ 18-21-апрель – шет тиллери (инглиз, француз, немец ҳәм басқалар);
➖ 22-24-апрель – өзбек тили ҳәм әдебияты;
➖ 25-26-апрель – дене тәрбиясы, музыка, көркем өнер, технология;
➖ 28-29-апрель – математика;
➖ 30-апрель - 1-май – биология, химия, физика;
➖ 2-7-май – баслаўыш билимлендириў;
➖ 8-май – тарийх;
➖ 10-май – қосымша пәнлер ҳәм арнаўлы педагоглар;
➖ 12-май – информатика;
️➖ 13-14-май – мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлери;
➖ 15-16-май – қарақалпақ тили;
➖ 15-май күни – кәсиплик сертификат сынағы да өткериледи.

Тўлов_тизимлари_операторлари,_электрон_пуллар_тизимлари_операторлари.pdf
955 KB
❗️11,25 млн сомнан жоқары пул өткермелери қатаң қадағалаўда болады
2025-жыл 2-июльден төлем системалары, электрон пуллар ҳәм төлем шөлкемлери үстинен қадағалаў күшейтиледи.
Жаңа тәртипке бола:
🔹 Физикалық шахслар аккаунт ашыўда ямаса E-POS арқалы жумыс баслаўда тексериледи;
🔹 187,5 млн сомнан жоқары операциялар аккаунтсыз әмелге асырылмайды;
🔹 11,25 млн сомнан жоқары өткермелер ушын жибериўши ҳәм қабыллаўшы ҳаққында толық мағлыўматлар талап етиледи.
Мәжбүрий мағлыўматлар:
✅ Физикалық шахслар – паспорт/ID-карта номери, туўылған сәнеси ҳәм орны;
✅ Юридикалық шахслар – шөлкем аты ҳәм СТИР.
Ҳәрбир операция қәўип дәрежесине қарап баҳаланады ҳәм мағлыўматлар өз алдына сақланады.

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи
АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио коньсуллық хызметкерлерине АҚШ ҳәм Израилды сынға алыўда гүманланғанлардың социаллық тармақларын терең тексериўди буйырған. Айрықша қадағалаўға алынатуғын виза түрлери F, M ҳәм J (студентлер, кәсиплик билимлендириў ҳәм мийманға барыў ушын визалар) болып есапланады.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12803

Мектеп жасындағы балалар ушын 5 пайдалы азанғы әдет
Балалардың азанғы әдетлери олардың мектептеги белсендилиги, дыққат аўдарыў қәбилети ҳәм кейпиятына үлкен тәсир етеди. Төмендеги 5 әпиўайы әдет перзентиңизге нәтийжели күн баслаўда жәрдем береди:
1. Бир стакан суў ишиў – организмди оятады, сергекликти арттырады ҳәм дыққатты жақсылайды.
2. Өз ўақтында ояныў – режимге әмел етиў стрессти азайтады ҳәм азанғы қыстаўлы жағдайлардың алдын алады.
3. Пайдалы азанғы аўқат – денсаўлыққа пайдалы болған азанғы аўқат энергия ҳәм ақылый искерлик ушын әҳмийетли.
4. Гаджетлерден ўаз кешиў – таңда экранлардан узақ турыў дыққатты жәмлеўди аңсатластырады.
5. Жеңил дене шынығыўы – 5-10 минут шынығыў қан айланысын жақсылап, мийди кислород пенен тәмийинлейди.
Бул әдетлер балаңыздың күнин нәтийжели, тыныш ҳәм унамлы баслаўына тийкар жаратады.

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин
Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.
Аналитиклердиң пикиринше, Apple өз өнимлери, соның ишинде, iPhone баҳасын 30-40%ке арттырыў арқалы бажыхана төлемлериниң унамсыз тәсирин жумсартыўы мүмкин. Counterpoint Research компаниясы басшысы Нил Шоҳтың айтыўынша, импорт бажыхана төлемлерин қаплаў ушын Apple баҳаларды үштен бирге арттырыўға мәжбүр болады.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12804