Көп уйқылайсыз ба, онда мийиңиз кишкене екен
Илимпазлар өткерген жүзден артық илимий изертлеўлердиң нәтийжесине бола, уйқының бузылыўы ҳәм оның жетиспеўи мий көлеминиң киширейиўине алып келеди екен.
Уйқының жетиспеўшилиги себепли когнитив қәбилетлер төменлейди – еслеў, дыққат ҳәм реакция тезлиги төменлейди. Бул депрессия, тәшўиш ҳәм басқа да руўхый кеселликлер қәўпин арттырады.
Сондай-ақ, уйқы ўақтында мий зәҳәрли белоклардан тазаланады, егер олар топланып қалса алцгеймер, деменсия ҳәм басқа кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Өзбекстанда 2025-жылғы Рамазан ҳайыты күни белгиленди
Өзбекстан мусылманлары шөлкеминиң мағлыўматына бола, 2025-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 30-март, екшемби күнине туўра келеди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде 30-март – Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленеди, деп хабар береди president.uz.
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық, байрам күни дем алыс күнине туўра келгенлиги ушын 31-март, дүйшемби күни қосымша дем алыс күни етип белгиленди.
Сондай-ақ, зыярат етиў орынларына барыў ушын қолайлы шараятлар жаратылыўы ҳәм ҒХҚ тәрепинен Рамазан ҳайытының кеңнен сәўлелендирилиўи усыныс етилди.

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?
Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма контракт төлемесе, оны студентлер қатарынан шетлетип жибериў мүмкин.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12797
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма контракт төлемесе, оны студентлер қатарынан шетлетип жибериў мүмкин.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12797
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи
️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында билимлендириў грантын алыўы мүмкин. Сондай-ақ, айырым категориядағы студентлер ушын қосымша грантлар ажыратылады, олардың контракт төлеми мәмлекетлик ямаса ЖОО қаржылары есабынан қапланады. ️
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12798

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең
Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32 * 10−14 грамм (53 квадриллион граммның бөлеги) ға тең екен. Бул пүткил дүньядағы 175 зеттабайтлы мағлыўматларды бир серверде шифрлаў ушын зәрүр болган энергия массасы.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12799

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған хызмет түрлери қысқарады
Президенттиң «Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлери ҳәм хызметлердиң жаңа дизими тастыйықланды.
2026-жыл 1-январьдан баслап өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлериниң дизими әмелдеги 104 бәнттен 72 ге шекем қысқарады.

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди
Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген екинши басқыш 1-майда әмелге асырылады. Бас министрдиң баспасөз хаткериниң мағлыўматына бола, бул қарар халық ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12800

Мәмлекетлик шөлкемлер бир имаратқа көширилетуғын аймақлар жәрияланды
Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни өткерилген мәжилисте 15 район ҳәм қалада барлық мәмлекетлик уйымлар районлардың орайындағы бир көп қабатлы имаратқа көширилетуғынлығын мәлим еткен еди.
Бул районларда мәмлекетлик шөлкемлерден босайтуғын 150 имарат аукционда исбилерменлерге усыныс етиледи.

Әмиўдәрьялы Жасурбек Умаров Гарвард университети студенти болды
Әмиўдәрьялы Жасурбек дүнья тән алған жетекши университетлердиң бири болған Гарвардта билим алыў бахтына миясар болды.
Ол 2024-жылы Топ 100 Uni Campning bakalavr мәўсиминде қатнасып, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен қоллап-қуўатланған Freshman Academy менен биргеликте шөлкемлестирилген Special Admission Programға сайланады. 3 ай даўамында интенсив сабақларда белсене қатнасқан.
Өз үстинде турақлы ислеўи нәтийжесинде Топ 100 Uni Camp ҳәм Special Admissions Program қатнасыўшысы Жасурбек Умаров 360 мың АҚШ доллары – толық грант тийкарында Гарвард университети студентине айланды.

Исбилерменлер кеминде бес жыл ижарада пайдаланған мәмлекетлик мүлкти тиккелей өзи сатып алыўы мүмкин
Бүгинги күнде 632 усындай объект бар. Бул мүлклерди ижараға алыўшылардың өзине сатыў арқалы кеминде 2 триллион сом түсим алыў мүмкин.
Пахтасанааттың сатылмай қалған 131 активлериниң басланғыш баҳасы 50 процентке шекем төменлетилип, аукционға шығарылады. Бунда исбилерменлерге төлемлерди үш жылға шекем бөлип төлеў имканияты бериледи.

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимлилик сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12801

1-майға шекем кешиктирилген тарифлердиң артыўы, Гарвардқа кирген Әмиўдәрьялы Жасур, арттырылған сыйлық пулы – Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Себепсиз сабақ қалдырған оқыўшылардың ата-аналары қамақ жазасына да тартылыўы мүмкин;
➖ Кәмбағал шаңарақларға субсидия ажыратылады;
➖ Педагог хызметкерлерге 1-октябрь мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық пулы арттырылады;
➖ Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?
➖ Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи;
➖ Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди;
➖ Әмиўдәрьялы Жасурбек Умаров Гарвард университети студенти болды.