KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Наўрыз байрамы мүбәрек болсын!

Тәбият оянып, жаңа өмир басланып атырған бул гөззал күнде ҳәммеге денсаўлық, бахыт ҳәм тынышлық тилеймиз.

Наўрыз - жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм жаңаланыў байрамы. Жаңа жыл сизге әўмет, жумысларда табыс ҳәм молшылық алып келсин! Кеўлиңиз мудамы бәҳәр руўхында болсын, үйлериңизди қут-берекет ҳеш тәрк етпесин!

Наўрыз байрамы қутлы болсын!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен белгиленди. Ерте таңнан байрам салтанаты ҳүким сүрип, қала ҳәм аўылларда адамлар бир-бирин қутлықлаўға асықты. Көшелерде миллий нама-қосықлар жаңлап, рәңбәрең липас кийген жаслар бәҳәр байрамының заўқын сезинди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12794

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Парламент комиссиясы аймақларда социаллық машқалаларды үйренип, грант таңлаўларын өткереди

Аймақлардағы социаллық машқалаларды шешиўде Парламент комиссиясы тәрепинен жаңа система енгизилмекте. Халықты социаллық қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў, қоршаған орталықты, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў сыяқлы социаллық машқалалардың шешимине жаңаша системада қатнас жасалмақта.

Әсиресе, Парламент, Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд ўәкиллери ҳәм жергиликли кеңес депутатларының орынларда мәҳәллелер менен сөйлесиўи мәселелерди шешиўде социаллық шерикликти жоқары дәрежеге көтерип атыр.

Усы күнлерде жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында болып, жергиликли кеңес депутатлары ҳәм мәҳәллелердиң ўәкиллери менен биргеликте халықтың әҳмийетли машқалаларын үйренди.

Үйрениўлер нәтийжеси бойынша машқалаларды мәнзилли шешиў мақсетинде аймақларға мөлшерленген мәмлекетлик грант таңлаўлары жәрияланыўы жобаластырылмақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда дерлик еки айға балық аўлаў қадаған етилди

🔹 11-март - 31-май: Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда балық аўлаў мүмкин емес;
🔹 26-апрель - 10-июнь: Пүткил мәмлекет бойлап тәбийий суў бассейнлеринде балық аўлаў қадаған етиледи;
🔹 Басқа барлық тәбийий суў бассейнлеринде 16-апрельден 31-майға шекем балық аўлаў қадаған етиледи.

Қадаған етилген дәўирде ҳәм қадаған етилген аймақта балық аўлаў және балық аўлаў қағыйдаларын бузыў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады. Қағыйдаларға әмел етпегенлер 250 млн сомға шекем жәрийма ямаса 3-5 жыл қамақ жазасын алыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Енди белгиленген тезликтен 10 км/саат шегириледи;

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

375 мың сомнан 1 млн 125 мың сомға шекем...

Мектеп ҳәм бақша директорының айлығы көбейеди;

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин;

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди;

Киши бизнес ҳәм фермерлер ушын жеңилликлер енгизилмекте;

Енди «свет» ҳәм газ баҳасы ҳәр үш жылда өзгереди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Себепсиз сабақ қалдырған оқыўшылардың ата-аналары қамақ жазасына да тартылыўы мүмкин

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Юридикалық басқарма баслығы Хуршид Асроров перзентлери себепсиз сабақ қалдырған ата-аналарды ескертти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ертең «таза» автобуслар бийпул хызмет көрсетеди

Ертең, 25-март күни «Рамазан айы» мүнәсибети менен «Sapsan Trans Nukus» ЖШЖ тәрепинен жәмийетлик автобуслар азанғы саат 07.00 ден кешки саат 20.00 ге шекем халыққа бийпул хызмет көрсетеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди суў, «свет» ямаса газ есаплағышларын дәўирли салыстырыўдан өткериў тәмийнатшы кәрханаларға жүкленди

🔹 Халық ҳәм исбилерменлер электр, газ ҳәм суў есаплағышларын салыстырыў ушын мүрәжат етиў талабынан азат етилди.
🔹 Есаплағышларды дәўирлик салыстырыў ўәкилликли уйымлар тәрепинен (проактив түрде) әмелге асырылады.

Бул өзгерис Министрлер Кабинетиниң 847-санлы қарары (12.12.2024) тийкарында енгизилди.

Проактив мәмлекетлик хызмет – мүрәжат талап етилмейди, есаплағышлар автомат тәризде салыстырыўдан өткериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгин барлық мәмлекетлик шөлкемлерде «свет» бир саатқа өшеди

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң басламасы менен елимизде 25-март – «Жер ўақты» күнине бағышлап арнаўлы акция өткериледи. Буннан мақсет – тәбийий ресурсларды сақлаў ҳәм сол арқалы планетамызға ғамхорлық көрсетиў.

Акция шеңберинде 1 саат даўамында электр энергиясын өширип қойыў усыныс етиледи.

«Ҳәммеңизди бул акцияға бийпәрўа болмаўға ҳәм күн даўамында тек ғана 60 минут электр энергиясынан пайдаланбаўға шақырамыз» – делинеди Экология министрлигиниң билдириўинде.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кәмбағал шаңарақларға субсидия ажыратылады

Президент пәрманына бола:

🔹 2025-жыл 1-апрельден - «Жаслар дәптери» ҳәм 1-сентябрьден - «Ҳаяллар дәптери» арқалы берилетуғын бир мәртелик жәрдемлер орнына напақалар төленеди;

🔹 2025-жыл 1-майдан емлеў ҳәм операция қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў арқалы қаржыландырылады.

🔹 Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде мүтәж шаңарақларға артезиан қудық қазыў, насос орнатыў ҳәм суў фильтрин сатып алыў ушын субсидия ажыратылады. Қәрежетлердиң 90%и қапланады (бирақ БЕМниң 30 есесинен артпаўы шәрт).

🔹 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан шығып келгенлерге БЕМның 6 есеси муғдарында напақа бериледи.

🔹 Район ҳәм қалаларда «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» қорлары шөлкемлестириледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.

OpenAI ҳәм Массачусетс технология институты изертлеўшилери ChatGPT менен турақлы сөйлесиў адамлар менен аз сөйлесиўге ҳәм жалғызлық сезимин күшейтиўге алып келиўи мүмкин екенлигин анықлады. Тәжирийбелердиң биринде илимпазлар бир ай даўамында ChatGPT'ден пайдаланатуғын 1000 ға шамалас адамды бақлады. Оларға ҳәр күни кеминде бес минут даўамында чат-боттың текстли ямаса даўыслы версиясы менен сөйлесиў усыныс етилди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12796
Педагог хызметкерлерге 1-октябрь мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық пулы арттырылады

Алдын муғаллимлер мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 50%и (577 500 сом) муғдарында сыйлық алған.

Жаңа тәртипке бола, ПП-51-санлы пәрман тийкарында бул муғдар 75% ке арттырылды.

🔹 2024-жыл 1-октябрьден баслап, сыйлық муғдары 866 250 сом етип белгиленди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди 45 жасқа шекемги инсанлар «жаслар» қатарына киреди

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми жас ҳаққындағы рәсмий нормаларды өзгертти.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң жаңа классификациясына бола:

0-45 жас аралығындағы инсанлар - жас;
46-60 жас - орта жас;
61-75 жас - кекселик;
76-90 жас - кекселик;
90 жастан жоқары - узақ өмир көриўшилер есапланады.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, белсенди узақ өмир ҳәм жақсы медициналық хызмет себепли инсан өмириндеги басқышлар жылжып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Көп уйқылайсыз ба, онда мийиңиз кишкене екен

Илимпазлар өткерген жүзден артық илимий изертлеўлердиң нәтийжесине бола, уйқының бузылыўы ҳәм оның жетиспеўи мий көлеминиң киширейиўине алып келеди екен.

Уйқының жетиспеўшилиги себепли когнитив қәбилетлер төменлейди – еслеў, дыққат ҳәм реакция тезлиги төменлейди. Бул депрессия, тәшўиш ҳәм басқа да руўхый кеселликлер қәўпин арттырады.

Сондай-ақ, уйқы ўақтында мий зәҳәрли белоклардан тазаланады, егер олар топланып қалса алцгеймер, деменсия ҳәм басқа кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 2025-жылғы Рамазан ҳайыты күни белгиленди

Өзбекстан мусылманлары шөлкеминиң мағлыўматына бола, 2025-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 30-март, екшемби күнине туўра келеди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде 30-март – Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленеди, деп хабар береди president.uz.

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық, байрам күни дем алыс күнине туўра келгенлиги ушын 31-март, дүйшемби күни қосымша дем алыс күни етип белгиленди.

Сондай-ақ, зыярат етиў орынларына барыў ушын қолайлы шараятлар жаратылыўы ҳәм ҒХҚ тәрепинен Рамазан ҳайытының кеңнен сәўлелендирилиўи усыныс етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма контракт төлемесе, оны студентлер қатарынан шетлетип жибериў мүмкин.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12797

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында билимлендириў грантын алыўы мүмкин. Сондай-ақ, айырым категориядағы студентлер ушын қосымша грантлар ажыратылады, олардың контракт төлеми мәмлекетлик ямаса ЖОО қаржылары есабынан қапланады. ️

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12798

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32 * 10−14 грамм (53 квадриллион граммның бөлеги) ға тең екен. Бул пүткил дүньядағы 175 зеттабайтлы мағлыўматларды бир серверде шифрлаў ушын зәрүр болган энергия массасы.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12799

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube