KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Илон Маск келеси жыл ақырына шекем Starship'ти Марсқа жибериўге ўәде берди

Онда биринши колонистке айланатуғын Optimus роботы ушады. Егер барлығы жақсы болса, адамлар менен миссиялар 2029-2030-жылларда басланады.

Ҳәзир Starship Жерде сынақтан өткерилип атыр – соңғы ўақытларда машқалалар да пайда болып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар берди. Пенсия жасына жетип, көп жыллық мийнетиниң нәтийжесин көриў, кекселиктиң рәҳәтин сезиў ҳәммемиздиң турмыслық мақсетимиз болып табылады.

Кимлерге пенсия тайынланады?

Жасқа байланыслы толық пенсия алыў ушын ер адамларға 60 жасқа толғанда 25 жыл мийнет стажы, ҳаял-қызларға 55 жаста 20 жыл мийнет стажына ийе болғанда тайынланады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12787

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
375 мың сомнан 1 млн 125 мың сомға шекем...

Автобус жолына кирген транспорт басқарыўшылары ушын жәрийма белгиленди.

Енди арнаўлы автобус жолында ҳәрекетленген айдаўшыларға БЕМниң 1 есеси муғдарында жәрийма қолланылады. Егер бул қағыйдабузарлық бир жыл ишинде қайталанса, жәрийма муғдары үш есеге арттырылады.

Бул илажлар жәмийетлик транспорт ҳәрекетин еркинлестириў ҳәм тығылысларды азайтыў мақсетинде енгизилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди спорт жарысларындағы жағдайды көзи әззилер де сезе алады

Көзи әззилер ушын гаджет - бул спорт жарысларында нелер болып атырғанлығын бармақ ушы менен сезиў имканиятын береди.

OneCourt - бул ойыншылардың ҳәрекетлерин ҳәм топтың жағдайын жеткерип бериў ушын тербелислерден пайдаланатуғын майданның мини-версиясы.

Қурылма АҚШтағы айырым стадионларда бийпул бериледи ҳәм футбол, баскетбол ҳәм бейсбол ушын түрлери бар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда жетекши. Мадридтиң «Реал» клубы ҳүжимшиси Килиан Мбаппе 2-орында тур. «Күшли үшлик»тен орын алған және бир футболшы – Ламин Ямал.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12788

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Агентликтиң мағлыўматларына бола, балалар тәрбиясы ушын үлкен муғдардағы субсидиялар пүткил Қытай бойлап мәмлекеттиң туўылыўды арттырыў бойынша кең көлемли ҳәрекетлери шеңберинде берилмекте. Атап айтқанда, Қытайдың арқасында жайласқан Хух-Хото қаласында ата-аналарға 10 мың юан (шама менен 688 мың тенге) муғдарында бир мәртелик субсидия берилиўи жолға қойылған.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12789

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға көтерилди. Бул ҳаққында «Трансфермаркт» порталы хабар берди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12790

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири туўылыў жағдайлары дизимге алынған.

Дизимге алынған туўылыўлардың қала ҳәм аўыллық жерлер бойынша бөлистирилиўи төмендегише:
Қалаларда – 66 555;
Аўыллық жерлерде – 69 359.

Өзбекстанда аўылларда жасаўшы пуқаралар 2024-жылғы мағлыўматларға муўапық, 18028,7 мың адамды қураса, ал қалаларда болса 18771,1 мыңға туўры келеди. Демек, елимизде қалаларда жасаўшы халықтың саны көбирек болғанлығына қарамастан, аўылларда туўылыўшылық жағдайы жоқары екенлигин көриўимизге болады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12791

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери 20-март күни болып өтеди

Пайтахтымыз Нөкис қаласында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астындағы улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары 20-март күни 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанында ҳәм «Дослық» каналы бойында болып өтеди, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Samsung өзиниң ақыллы жүзиклери қатарын кеңейтеди

Samsung компаниясы өзиниң Galaxy Ring ақыллы гаджетин Жаңа Зеландияда таныстырыўға таярланбақта. Киши жүзик формасындағы қурылма 2-апрельден сатыўға шығарылады. Оны Samsung'дың Жаңа Зеландиядағы веб-сайты ҳәм таңланған дүканларда сатып алыў мүмкин болады.
Баҳасы шама менен 400 АҚШ долларын қурайды.

Galaxy Ring сизиң денсаўлығыңызды бақлап барады: Жүрек урыў тезлигин өлшейди, уйқыны бақлайды ҳәм қәдемлериңизди есаплайды.

Жүзик үш ренде сатыўға шығарылады: гүмис титан, қара титан ҳәм алтын титан. Буннан тысқары, 5 тен 15 ке шекемги болған 11 өлшем бар, ҳәрким өз зәрүрликлерине сәйкес келетуғынын табыўы мүмкин.
Аўырлығы жүдә аз - 2,3 ден 3 граммға шекем.

Жүзик Android телефонлары менен ислейди, бирақ сизге Android 11 ден ески болмаған версия керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәжбүрий даўыс жыйнаған жойбарлар «Басламалы бюджет»тен шетлетиледи

«Басламалы бюджет» бағдарламасы шеңберинде мәжбүрий даўыс жыйнағанлығы анықланған жойбарлар даўыс бериў басқышынан шетлетилди. Экономика ҳәм қаржы министрлиги пуқараларға тийисли еслетпе менен шықты.

Социаллық тармақларда Ферғана ўәлаяты Қува районындағы 37-мектепте мәжбүрий даўыс бериў жағдайлары бойынша хабарлар тарқалған. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлим етиўинше, бул жағдайлар тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен үйренилип, ҳақыйқатында да бул мектепте хызметкерлер мәжбүрий даўыс бериўге тартылғанлығы тастыйықланды.

Усы мүнәсибет пенен министрлик тәрепинен бул мектепте мәжбүрий даўыс жыйналған жойбарларды даўыс бериў басқышынан шетлетиў бойынша тийисли районлық Халық депутатлары кеңесине усыныс жиберилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мектеп ҳәм бақша директорларының айлығы көбейеди

Президент пәрманына бола, 2025-жыл 1-сентябрьден мектеп директорларының мийнет ҳақысы 20%, орынбасарларының мийнет ҳақысы 15%ке арттырылады.
Бақша директорларының айлығы болса мектеп орынбасарлары менен теңлестириледи.

2026-жыл 1-январьдан директор ҳәм орынбасарларға KPI нәтийжелерине бола ҳәр айлық 20% ҳәм 10% үстеме төленеди. Бул өзгерислер 10 мыңнан аслам мектеп директоры, 7 мыңға шамалас бақша директоры ҳәм 35 мыңға шамалас мектеп орынбасарларын қамтып алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Онда шахсты сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыўда (оны жәриялаў, көрсетиў, тарқатыў, сақлаў, қайта ислеў, басып шығарыў) оның руқсатын алыў шәрт етип белгиленбекте.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12792

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы президент қарарында белгиленди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12793

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгин ҳәмме 1 саат бурын үйге қайта алады

Мийнет кодексиниң 187-статьясына бола, байрам қарсаңында жумыс ўақты 1 саатқа қысқартырылады.

Ертең, 21-март – Наўрыз, соның ушын бүгин, 20-мартта барлық хызметкерлер 1 саат алдын жумыстан қайтыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Басламалы бюджет»те даўыс бериў басқышы қашан жуўмақланады?

«Басламалы бюджет» процесслериниң 2025-жылдағы 1-мәўсиминде даўыс бериў басқышы бүгин, 20-март күни саат 23:59 да жуўмақланады.

Жеңимпазлар 21-март – Наўрыз байрамы күни жәрияланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Киши бизнес ҳәм фермерлер ушын жеңилликлер енгизилмекте

«Киши ҳәм орта бизнеске қосымша талап ҳәм миннетлеме жүклейтуғын нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиўге үш жыллық мораторий жәрияланады.

Сондай-ақ, фермерлер ушын жақсы жаңалық – салық қарызын өз ўақтында төлей алмағанлығы ушын жыйналып қалған 1 триллион сомлық пеняны өндириў бийкар етиледи» – Президент.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Қутыбаев Еркинбай Меңлибаевич – Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Е.Қутыбаев Спорт тараўында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди «свет» ҳәм газ баҳасы ҳәр үш жылда өзгереди

Өзбекстанда электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын баҳалар 2026-жылдан баслап, үш жылдан кем болмаған мүддетке әмел етеди.

Халықтың кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў электр энергиясы ҳәм тәбийий газдиң базалық нормасын қолланыў және олар ушын тарифлер артқанда компенсациялар бериў жолы менен тәмийинленеди.

Нызам 2025-жыл 1-апрельден күшке киреди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Наўрыз байрамы мүбәрек болсын!

Тәбият оянып, жаңа өмир басланып атырған бул гөззал күнде ҳәммеге денсаўлық, бахыт ҳәм тынышлық тилеймиз.

Наўрыз - жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм жаңаланыў байрамы. Жаңа жыл сизге әўмет, жумысларда табыс ҳәм молшылық алып келсин! Кеўлиңиз мудамы бәҳәр руўхында болсын, үйлериңизди қут-берекет ҳеш тәрк етпесин!

Наўрыз байрамы қутлы болсын!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен белгиленди. Ерте таңнан байрам салтанаты ҳүким сүрип, қала ҳәм аўылларда адамлар бир-бирин қутлықлаўға асықты. Көшелерде миллий нама-қосықлар жаңлап, рәңбәрең липас кийген жаслар бәҳәр байрамының заўқын сезинди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12794

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube