KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
IPhone 17 Pro дизайны тастыйықланды

Төртмүйеш камера модули менен жаңа iPhone 17 Pro дизайны тастыйықланды. Инсайдер ислеп шығарыўдағы смартфон бланкаларын көрсетти, дейди Ict.xabar.uz.

Шырақ ҳәм лидар артқы панельдиң оң мүйешине өтти, бул әллеқашан рендерлерде көринген.

Барлық жаңа өнимлер сентябрь айында көрсетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әпиўайы круассанды шоколадлы етиў ушын шоколад керек емес

Google Gemini 2.0 Flash арқалы текстли сораў менен сүўретлерди редакторлаў функциясын қосты.
Сиз тек ғана чат арқалы сүўретти қалай редакторлаў керек екенлигин жазсаңыз жеткиликли.

Модель сүўретлерди нольден қайта ислегени ушын онда керексиз детальлар пайда болыўы да мүмкин. Бирақ нәтийже 10 секундта таяр болады ҳәм бул ўақыт ишинде әпиўайы круассан шоколадлы круассанға айланады.

Сиз бул функция жәрдеминде ҳеш қандай шеклеўлерсиз қәлегениңизше сүўретлерди пүткиллей бийпул жаратыўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шыпакердиң рецепти бойынша берилетуғын дәрилерди реклама етиў мүмкин емес

Нызамшылыққа бола, төмендеги дәри түрлерин реклама етиў қадаған етиледи:

Тек ғана шыпакердиң рецептине бола тарқатылатуғын дәрилер;

Қурамында нәшебентлик ямаса психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын затлар болған дәрилер;

Өзбекстан медицинасында қолланыў ушын руқсат етилмеген дәри түрлери;

Денсаўлықты сақлаў министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген дәри-дәрмақлар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Автобусларға артықша жүк пенен шыққанда қосымша төлем системасы жолға қойылыўы күтилмекте

Транспорт қадағалаў инспекциясы баслығының орынбасары Санжар Турғуновтың сөзлерине бола, ҳәзирги ўақытта артықша жүк ушын қосымша төлемлерди электрон система арқалы әмелге асырыў механизми үстинде жумыс алып барылмақта.

«Бул система енгизилгеннен соң, жолаўшылар Atto карталар ямаса банк карталары арқалы артықша жүк ушын да төлеў имканиятына ийе болады. Жаңа система жақын күнлерде иске түсириледи» - дейди ол.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзлестириўи жоқары болған социаллық категориядағы студентлерге процентсиз тәлим кредити бериледи

Ҳүкимет қарарына бола, белгиленген категориядағы студентлер ушын 2024/2025-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў шөлкемлеринде пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши (GPA (grade point average) көрсеткиши) «3,5» ҳәм оннан жоқары болған студентлерге кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити ажыратылады, деп хабардайды ӨзА.

Бундай жеңиллик берилетуғын категориялар дизими Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге бола, тәлим грантына талабанлардан быйылғы оқыў жылында өзлестириў көрсеткиши бойынша GPA көрсеткиши 3,5 ҳәм оннан жоқары болыўы талап етиледи. Өзлестириўи усы көрсеткиштен төмен болған студентлердиң тәлим грантын дифференцияластырылған тәризде қайта бөлистириўде қатнасыўына руқсат етилмейди ҳәм тәлим гранты орны бос қалады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12783

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар:

Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады;
Мәмлекет қамсызландырыў пулының 50%ин қаплап береди, бул фермерлер ушын үлкен жәрдем болады;
Тәбийий апатлар яки басқа қәўиплер себепли жеткизилген зыянды қаплаўда қамсызландырыў қоры қаржысы жетерли болмаса, қалган бөлеги мәмлекет бюджети есабынан төленеди;

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12784

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Чекланган нархлар реестри 14.03.2025.pdf
3.6 MB
Шекленген баҳалар жаңаланды

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги дәриханаларда сатылыўға мөлшерленген жергиликли ҳәм сырт ел дәри-дәрмақлары ушын белгиленген шекленген баҳалар дизимин жаңалады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
TikTok ата-ана қадағалаўын күшейтпекте

TikTok ата-ана қадағалаўы усылларын жетилистирип, перзентиниң жазылыўлары ҳәм пайдаланыў ўақытларын шеклеў имканиятын бермекте. 16 жастан киши балаларга саат 22:00 ден кейин тынышландыратуғын музыка менен хабарлама жибериледи, они бийкарлаў мүмкин, бирақ тәкирар еслетпе пайда болады, деп хабар береди Daryo.uz.

Буннан тысқары, уйқы сапасын жақсылаў ушын медитация шынығыўлары сынақтан өткерилип атыр. Сондай-ақ, жасты тастыйықлаў технологиялары раўажландырылмақта, соның ишинде, 13 жастан киши балалардың қосымшадан пайдалана алмаўы ушын жасалма интеллект қолланылып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған.

Айрықша жағдайлар министрлиги Нөкис қаласында жүк машинасы менен жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққында мағлыўмат берди. Атап өтилиўинше, 14-март күни саат 03:05 те Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы М.Нурмуҳаммедов көшесинде МАН маркалы пропан газ тасыўшы жүк автомобили айдаўшысы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергени ҳаққында АЖБға хабар келип түскен.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12786


Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар берди Дунё ахборот агентлиги.

Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қорының хабарына бола, бул саммит ҳәр 18 айда бир мәрте өткерилип, Қарақалпақстанның турақлы раўажланыўына хызмет ететуғын экологиялық, социаллық ҳәм мәдений шешимлерди табыў ушын жергиликли ҳәм халықаралық белсендилер, художник ҳәм илимпазларды бирлестиреди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12785
Тайынлаў

Юсупов Бахтияр Абдуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Б.Юсупов Суў хожалығы министрлигинде бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'da ҳәпте дайжести

Өткен ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

UNESCO Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты;

Аўыл хожалығы жерлерин аукционда сатыў бойынша жаңа тәртип енгизилди;

Ис стажы болмаған пуқараларға пенсия тайынлаў мүддети өзгерди;

Айырым категориядағы пуқаралардың мәмлекеттен шығыўына шек қойылмақта;

2025/2026-оқыў жылында бакалавриатқа қабыллаў ушын баҳалаў системасы жәрияланды;

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

2025-жылда Өзбекстанда ғалаба хабар қуралларының бюджети артады;

Өзлестириўи жоқары болған социаллық категориядағы студентлерге процентсиз тәлим кредити бериледи;

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды;

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылды;

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткерилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди белгиленген тезликтен 10 км/саат шегириледи

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары Министрлер Кабинети тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилди.

Жаңа тәртипке бола, тезлик пенен байланыслы қағыйдабузарлықлар бойынша радар ҳәм спидометрлер көрсеткишлериниң қәтеликлеринен келип шығып, дизимге алынған тезликтен 10 км/саат шегирип тасланады ҳәм буннан кейин ҳәкимшилик жаза қолланылады.

Әмелдеги тәртип:
Ҳәзирги ўақытта системада 5 км/саат қәтелик инабатқа алынады.
Мысалы:
Егер руқсат етилген тезлик 60 км/саат болса ҳәм радар айдаўшының 69 км/саат тезликте ҳәрекетленгенин көрсетсе, әмелдеги тәртипке бола 64 км/саат (-5 км/саат) ушын жәрийма қолланылады.

Жаңа нызам қабыл етилсе, 59 км/саат (-10 км/саат) есапқа алынып, айдаўшы жәриймадан азат етилиўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Илон Маск келеси жыл ақырына шекем Starship'ти Марсқа жибериўге ўәде берди

Онда биринши колонистке айланатуғын Optimus роботы ушады. Егер барлығы жақсы болса, адамлар менен миссиялар 2029-2030-жылларда басланады.

Ҳәзир Starship Жерде сынақтан өткерилип атыр – соңғы ўақытларда машқалалар да пайда болып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар берди. Пенсия жасына жетип, көп жыллық мийнетиниң нәтийжесин көриў, кекселиктиң рәҳәтин сезиў ҳәммемиздиң турмыслық мақсетимиз болып табылады.

Кимлерге пенсия тайынланады?

Жасқа байланыслы толық пенсия алыў ушын ер адамларға 60 жасқа толғанда 25 жыл мийнет стажы, ҳаял-қызларға 55 жаста 20 жыл мийнет стажына ийе болғанда тайынланады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12787

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
375 мың сомнан 1 млн 125 мың сомға шекем...

Автобус жолына кирген транспорт басқарыўшылары ушын жәрийма белгиленди.

Енди арнаўлы автобус жолында ҳәрекетленген айдаўшыларға БЕМниң 1 есеси муғдарында жәрийма қолланылады. Егер бул қағыйдабузарлық бир жыл ишинде қайталанса, жәрийма муғдары үш есеге арттырылады.

Бул илажлар жәмийетлик транспорт ҳәрекетин еркинлестириў ҳәм тығылысларды азайтыў мақсетинде енгизилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди спорт жарысларындағы жағдайды көзи әззилер де сезе алады

Көзи әззилер ушын гаджет - бул спорт жарысларында нелер болып атырғанлығын бармақ ушы менен сезиў имканиятын береди.

OneCourt - бул ойыншылардың ҳәрекетлерин ҳәм топтың жағдайын жеткерип бериў ушын тербелислерден пайдаланатуғын майданның мини-версиясы.

Қурылма АҚШтағы айырым стадионларда бийпул бериледи ҳәм футбол, баскетбол ҳәм бейсбол ушын түрлери бар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда жетекши. Мадридтиң «Реал» клубы ҳүжимшиси Килиан Мбаппе 2-орында тур. «Күшли үшлик»тен орын алған және бир футболшы – Ламин Ямал.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12788

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Агентликтиң мағлыўматларына бола, балалар тәрбиясы ушын үлкен муғдардағы субсидиялар пүткил Қытай бойлап мәмлекеттиң туўылыўды арттырыў бойынша кең көлемли ҳәрекетлери шеңберинде берилмекте. Атап айтқанда, Қытайдың арқасында жайласқан Хух-Хото қаласында ата-аналарға 10 мың юан (шама менен 688 мың тенге) муғдарында бир мәртелик субсидия берилиўи жолға қойылған.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12789

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға көтерилди. Бул ҳаққында «Трансфермаркт» порталы хабар берди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12790

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube