KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен!

Ҳүрметли ҳәм әзиз ҳаял-қызлар, бүгинги гөззал байрам бахыт ҳәм қуўаныш алып келсин. Сиз өмиримиздиң ең әҳмийетли ҳәм ең сулыў бөлегисиз – мийирман ана, садық дос, исенимли әжапа, ғамхор өмирлик жолдас ҳәм илҳам дереги.

Сизге беккем денсаўлық, шексиз бахыт, жүзиңизге күлки ҳәм қәлбиңизди жылыўлық пенен толтыратуғын муҳаббат тилеймиз. Ҳәрбир күниңиз 8-марттай жақсы кейпият пенен өтсин! Байрамыңыз қутлы болсын!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

«Telegram» белгисиз контактлар ҳаққында мағлыўматларды көрсетиўди баслайды;

Педагогларды аттестациядан өткериў тәртибине өзгерислер киргизилди;

Өзбекстанда Temu платформасы 20-марттан баслап шекленеди;

Өзбекстанда қурылыс майданында шаң көтерилиўиниң алдын алмағанлар жәриймаға тартылады;

Мектеплерде бәҳәрги демалыс қашан басланады?

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Apple жаңа iPad ҳәм iPad Air'ди усынды

iPad Air М3 чипине ийе, Magic Keyboard ҳәм Apple Intelligence жасалма интеллект функцияларын қоллап-қуўатлайды. М1 чипине ийе iPad Air'дан еки есе тез. Планшеттиң басланғыш баҳасы 599 АҚШ доллары етип белгиленди.

iPad енди А16 Bionic чипинде ислейди ҳәм 128 ГБ версиясы бар. Планшеттиң басланғыш баҳасы: 349 АҚШ доллары.

Еки планшет те 12-марттан сатыўға шығарылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мигрантлардың пул өткермелерисиз Өзбекстанда кәмбағаллық муғдары 17%ке шекем артыўы мүмкин

Жәҳән банкиниң изертлеўине бола, мигрантлардың пул өткермелери болмаса, Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 9,6%тен 16,8%ке шекем артыўы мүмкин. Бул болса мигрантлар жиберген қаржылардың халықтың турмыс дәрежесин сақлаўдағы әҳмийетин көрсетеди.

Изертлеўде атап өтилиўинше, өзбекстанлы мигрантлар ағымы соңғы жылларда диверсификацияланған. Ҳәзирги ўақытта олардың 57%и Россияда, 15%и Қазақстанда, 10%и Украинада жумыс ислеп атыр. Алдынлары мигрантлардың тийкарғы бөлеги Россияны таңлаған болса, енди басқа мәмлекетлерге де бағдарлар кеңейген.

Миграция пүткил Европа ҳәм Орайлық Азия регионында экономикалық раўажланыўға тәсир көрсетпекте. Дәраматлар айырмашылығы, демографиялық өзгерислер, климат машқалалары ҳәм қураллы келиспеўшиликлер мийнет мигрантлары ағымының өсиўине себеп болып атырған тийкарғы факторлардың бири болып қалып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди смартфонларға да қуяш панельлери орнатылады

Қытайлылар қуяш панельлерин смартфонлар ҳәм олар ушын арналған корпусларға интеграциялаўды жобаластырып атыр, деп жазады Ict.xabar.uz.

Қытайдың Infinix прототиплери әллеқашан таяр. Олар 2 Vt қуўатлылыққа ийе болыўын ҳәм қурылма ҳәдден тыс қызып кетпеўи ушын тек пайдаланылмай атырғанда қолланыўды усыныс етеди және оны ҳәттеки лампа жақтылығынан да зарядлаў мүмкин болады.

Бирақ еле шығыў сәнеси жәрияланбады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги ҳаял-қызлар контрактының бир бөлеги қаплап бериледи

Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы бакалавриат ҳәм магистратураның күндизги бағдарында билим алып атырған ҳаял-қызлар ямаса олардың оқып атырған еки ҳәм оннан артық перзентлериниң бир перзентине төлемли-контракт суммасының 50%ине шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен көп болмаған муғдарда бир мәрте төлемли-контракты төлеп бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Open budget»ке даўыс бериў басланды

«Басламалы бюджет»тиң 2025-жылғы 1-мәўсими шеңберинде даўыс бериў басқышы басланды.

Даўыс бериў процесслери 20-март саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
UNESCO Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты

Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин UNESCOның Дүньяжүзлик мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди.

Әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде UNESCO халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жазған буйрығыңыз тийкарында видео ислейтуғын нейротармақ енди телефоныңызда

Hailuo Video нейротармағы видеоларды тиккелей телефонда аңсат ғана генерациялайтуғын мобиль версиясын усынды.

Сиз тек ғана текстли сораў ямаса сүўрет тийкарында видеолар ислеўиңиз, керекли модель ҳәм усылларды таңлаўыңыз мүмкин. Пайда болған видеолар реалистлик түске ийе болады.

IOC ҳәм Android ушын мөлшерленген бул нейротармақ жәрдеминде күнине үш видеоға шекем пүткиллей бийпул генерациялаўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўыл хожалығы жерлерин аукционда сатыў бойынша жаңа тәртип енгизилди

Аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыўды жеделлестириў мақсетинде 2025-жыл 11-марттан баслап "E-aukcion" электрон саўда платформасында онлайн-аукцион саўдаларын шөлкемлестириў бойынша жаңа жеңиллетилген тәртип енгизилди.

Бунда:

Биринши аукцион бес күн мүддетте, қайта саўда бойынша аукцион бир күн мүддетте өткериледи;
Аукционда бир қатнасыўшы болғанда да саўдалар өткен деп есапланады;
Қайта саўдаларда басланғыш баҳасы 10%тен басқышпа-басқыш 20%ке шекем төменлетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мүрәжатты дизимнен өткермеўге жол қойылмайды

Нызамшылыққа бола, мәмлекетлик шөлкем, мәкеме ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен мүрәжат сол күнниң өзинде, жумыс ўақты жуўмақланғаннан кейин келип түскен жағдайда, кейинги жумыс күни дизимнен өткерилиўи керек.

Бунда, мүрәжатты дизимнен өткериўди бийкарлаўға жол қойылмайды.

Мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде мүрәжатларды дизимнен өткериў дәптери жүргизилип, онда мүрәжаттың тәртип саны ҳәм келип түскен сәнеси, мүрәжат етиўши физикалық шахстың фамилиясы (аты, әкесиниң аты), юридикалық шахстың аты, мүрәжаттың қысқаша мазмуны, орынланыўы ҳаққындағы белги, сондай-ақ, басқа да мағлыўматлар көрсетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳәмиледар ҳаяллар дем алысты өзлери қәлеген ўақытта алыўы мүмкин

Нызамшылыққа бола,
ҳәмиледар ҳаялларға ҳәм балалы болған ҳаялларға жыллық мийнет дем алысы олардың қәлеўине бола, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысынан алдын ямаса оннан кейин бериледи.

️Ҳәмиледар ҳаялларды жыллық мийнет дем алысынан шақырып алыўға жол қойылмайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытай мектеплеринде жасалма интеллект бойынша мәжбүрий курслар енгизиледи

Баслаўыш класс оқыўшылары жасалма интеллект қалай ислейтуғынлығын, орта класс оқыўшылары оннан күнделикли турмыста қалай пайдаланыў мүмкинлигин, жоқары класс оқыўшылары болса оның имканиятларын қалай кеңейтиўди түсиниўи керек.

Курсларды раўажландырыў ушын мектеплер университетлер, изертлеў орайлары ҳәм IT компаниялары менен бирге ислеседи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ис стажы болмаған пуқараларға пенсия тайынлаў мүддети өзгерди

Жаңа тәртипке бола, ер адамлар 65 жастан, ҳаял-қызлар болса 60 жастан баслап пенсия алыўы мүмкин.

Ҳәзирги күнде ис стажы болмаған пуқараларға төленетуғын пенсия муғдары 745 000 сом етип белгиленген.

Буннан тысқары, ер адамлардың 60 жаста, ҳаял-қызлардың болса 55 жаста пенсияға шығыўы ушын кеминде 7 жыл мийнет стажына ийе болыўы шәрт. Бул талап орынланбаған жағдайда, олар тек ғана белгиленген жасқа толғаннан кейин пенсия алыў ҳуқықына ийе болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Пенсия менен напақаның парқы қандай?

Көпшилик пуқаралар пенсия ҳәм напақа сөзлерин бирдей түсиник деп есаплайды. Яғный, «напақа» сөзин «пенсия» сөзиниң рус тилинен аўдармасы деп түсинеди. Негизинде, бул еки сөз еки түрли мәнисти аңлатады.

Пенсия – бул оны алыў ҳуқықы «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген шәртлерге ҳәм нормаларға муўапық анықланатуғын ҳәм шахсларға пенсия жасына толыў, майыплық ямаса бағыўшысынан айырылыў мүнәсибети менен берилетуғын айлық ақшалай төлем.

Пенсия муғдары пуқараның жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысына қарап тайынланады.

Напақа – «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген шәртлерге ҳәм нормаларға муўапық, мәмлекетлик пенсияны алыў ҳуқықына ийе болмаған шахсларға напақа жасына толыўы, майыплық ямаса бағыўшысынан айырылыўы мүнәсибети менен берилетуғын айлық пул төлеми.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Айырым категориядағы пуқаралардың мәмлекеттен шығыўына шек қойылмақта

Жынаят иси шеңберинде қамаққа алыў шарасы қолланылмаған гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшының Өзбекстаннан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеп қойыў тәртиби белгиленбекте.

Депутатлар тийисли нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етти.

Бас прокурордың орынбасары Шерзод Тўхтабоевтың атап өтиўинше, 2020-2024-жыллары излеўге берилген шахслардың 89%и сырт елге шығып кеткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025/2026-оқыў жылында бакалавриатқа қабыллаў ушын баҳалаў системасы жәрияланды

2025/2026-оқыў жылы бакалаврына қабыллаў ушын тест сынақлары тапсырылатуғын пәнлер бойынша тест тапсырмаларының саны ҳәм баҳалаў системасы белгиленди, деп хабарлайды Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги.

Оған бола;

Мәжбүрий пәнлер (30 сораў):
Ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ) – 10 дана;
Математика – 10 дана;
Өзбекстан тарийхы – 10 дана.
1.1 баллдан, жәми 33 балл.

Қәнигелик пәнлери (60 сораў):
1-пән – 30 сораў х 3.1 балл = 93 балл.
2-пән – 30 сораў х 2.1 балл = 63 балл;

🔹 Жәми: 90 сораў, максимал 189 балл.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс күни берилиўи ҳаққында ҳеш қандай рәсмий ҳүжжет жоқ. Тилекке қарсы, соңғы жылларда байрам күнлери қарсаңында берилетуғын қосымша дем алыс күнлерин бериў ҳаққында пәрман 2025-жыл ушын шықпады. Сол себепли быйылғы байрамлар алдында қосымша дем алыс күни бериў ямаса айырым күнлерди көшириў мәселеси белгисиз болып қалмақта.

Рәсмий ҳүжжет жоқ екенлигин есапқа алсақ, демек, усы жылы байрамларда избе-из дем алыс күнлери болмайды.

Ҳәзирги жағдайда Наўрыз байрамында дем алыс күнлери төмендегише болады:

21-март (жума) – байрам, ҳәмме ушын дем алыс күни;
22-март (шемби) – 5 күнликлерге дем алыс, 6 күнликлерге жумыс.
23-март (екшемби) – әдеттеги дем алыс күни.


Яғный тек ғана Наўрыз күни ҳәммеге дем алыс болады, қалған күнлерде ҳеш нәрсе өзгермейди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12782

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылда Өзбекстанда ғалаба хабар қуралларының бюджети артады

Мәмлекет бюджети ҳаққындағы нызам ҳәм оны әмелге асырыў бойынша президент қарарына муўапық, 2025-жылда Өзбекстандағы дерлик барлық ҒХҚның бюджети 2024-жылға салыстырғанда көбейди.

Миллий телерадиокомпанияның бюджети 1,6 есеге көбейип, 881,3 миллиард сомға жетеди. Футболды ғалаба ен жайдырыў ушын 108 миллиард сомға көшпели телевидение станциясы сатып алынады.

«Өзбекстан 24» ҳәм «Мәҳәлле» телеканалларын HD форматқа өткериў ушын 20 миллиард сом ажыратылады.

УзА бюджети 15,4%ке артып, 40,7 миллиард сомға жетеди. 2025-жылы УзА социаллық тармақлардағы жазылыўшылар үлесин 3,5%ке жеткериўди ҳәм шет тилиндеги мақалалардың үлесин 80%ке арттырыўды жобаластырған.

«Янги Ўзбекистон», «Правда Востока», «Нурлы Жол», «Овази Тажик» газеталарының улыўма бюджети 65,65 миллиард сомды қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
IPhone 17 Pro дизайны тастыйықланды

Төртмүйеш камера модули менен жаңа iPhone 17 Pro дизайны тастыйықланды. Инсайдер ислеп шығарыўдағы смартфон бланкаларын көрсетти, дейди Ict.xabar.uz.

Шырақ ҳәм лидар артқы панельдиң оң мүйешине өтти, бул әллеқашан рендерлерде көринген.

Барлық жаңа өнимлер сентябрь айында көрсетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әпиўайы круассанды шоколадлы етиў ушын шоколад керек емес

Google Gemini 2.0 Flash арқалы текстли сораў менен сүўретлерди редакторлаў функциясын қосты.
Сиз тек ғана чат арқалы сүўретти қалай редакторлаў керек екенлигин жазсаңыз жеткиликли.

Модель сүўретлерди нольден қайта ислегени ушын онда керексиз детальлар пайда болыўы да мүмкин. Бирақ нәтийже 10 секундта таяр болады ҳәм бул ўақыт ишинде әпиўайы круассан шоколадлы круассанға айланады.

Сиз бул функция жәрдеминде ҳеш қандай шеклеўлерсиз қәлегениңизше сүўретлерди пүткиллей бийпул жаратыўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube