KarInform.uz
386 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Тислер ушын пайдалы өнимлер

▫️Теңиз өнимлери: Олар кариестин алдын алады.
▫️Сүт өнимлери: Қурамында исиниўге қарсы функцияларды атқаратуғын ферментлер бар.
▫️ Мәйек фосфор муғдарын турақластырады.
▫️Ғоза кальцийдиң сорылыўына жәрдем береди.
▫️Цитрус мийўелер кальций пайда болыўын тәмийинлейди.
▫️Көк шөплер тислерди бактериялардан қорғайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасы енгизиледи

Өзбекстанда президент пәрманы менен көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасы енгизиледи, деп хабар берди Әдиллик министрлиги.

Бул система:

Турақ жайлар ҳәм турақ жай емес жайлар, жер участкаларының экономикалық қунын анықлаў;

Салық салыў, алды-сатты ҳәм гиреўге қойыў сыяқлы процесслерде әдил баҳаны тәмийинлеў;

Исенимли ҳәм жаңаланып баратуғын мәлимлеме базасын жаратыўды мақсет етеди.

Баҳалаў жумыслары:

▫️2025-2026-жылларда Ташкентте;
▫️2026-2027-жылларда Нөкис ҳәм ўәлаятлар орайларында;
▫️2027-жылдан қалған аймақларда әмелге асырылады.

Пәрман менен Кадастр агентлиги жанында Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайы шөлкемлестириледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мектеплерде бәҳәрги демалыс қашан басланады?

«Улыўма орта билимлендириў ҳаққында»ғы нызам талапларына муўапық, 2025-жылы мектеплерде III шеректиң соңғы күни 20-мартқа туўра келип, IV шерек 28-март күнинен басланады, деп жазады talimxabarlari.uz.

Яғный, 20-март күни сабақлар толық өтиледи. Бәҳәрги демалыс болса 21-марттан басланады ҳәм 7 календар күн даўам етеди. IV шерек 28-мартта басланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2050-жылға келип артықша салмақ эпидемиясы күшейиўи күтилмекте

2050-жылға келип дүнья бойлап орта жастағылардың ярымынан көби артықша салмақтан қыйналыўы мүмкин, деп хабар берди The Guardian.

Қәнигелердиң пикиринше, бул жағдай ерте өлим ҳәм түрли кеселликлердиң раўажланыўына себеп болыўы мүмкин.

Артықша салмақ төмендеги факторларға байланыслы:
Энергия теңсалмақлығының бузылыўы;
Надурыс аўқатланыў;
Аз ҳәрекетлениў;
Генетикалық факторлар;
Эндокрин кеселликлер;
Психикалық факторлар;
Социаллық ҳәм қоршаған орталықтың тәсири.

Ҳәзирги ўақытта 2,11 млрд 25 ҳәм оннан үлкен жастағылар ҳәм 493 млн 5 жастан 24 жасқа шекемги адамлар артықша салмаққа ийе. 2050-жылға келип бул көрсеткиш сәйкес түрде 3,8 млрд 746 млн адамға жетиўи прогноз етилип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳаўа-райы қан басымына тәсир етеди

▪️Атмосфера басымы төменлегенде (әдетте жаўыннан алдын) қан тамырлары дийўалларындағы керексиз стресстиң алдын алыў ушын организм қан басымын төменлетеди.

▪️Қыста, температура төменлегенде тамырлар тез-тез тараяды, бул болса басымды арттырады.

▪️Қан басымының көтерилиўи бас аўырыўы, тынышсызланыў, кеўил айныўы ҳәм тынышсызланыўға алып келеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгин, 7-март күни барлық хузметкерлер жумыстан 1 саат алдын кетиў ҳуқықына ийе

Мийнет кодексиниң 187-статьясына муўапық, байрам (исленбейтуғын) күнлери алдында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады.

Еслетип өтемиз, 8-март (шемби) күни байрам мүнәсибети менен демалыс есапланады. 10-март (дүйшемби) – 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын дем алыс күни.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студентлер ушын дүйшемби күни оқыў ма яки демалыс?

Негизинде, Мийнет кодексиниң 208-статьясындағы қағыйдалар студентлерге тийисли емес. Студентлер хызметкер есапланбайды.

Соның ушын студентлерге 5 күнлик оқыў ма ямаса 6 күнлик оқыў парқы жоқ.

Сонда дүйшемби күни студентлер не қылады?

Бул ЖООдағы оқытыўшылардың жумыс тәртибине байланыслы. Егер оқытыўшылар 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислесе, онда дүйшемби демалыс күни болады. Демек, студентлер де оқыўға бармайды.

Егер оқытыўшылар 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислесе, онда дүйшемби күни жумысқа барады ҳәм өз-өзинен студентлер де оқыйды.

Сол себепли дүйшемби оқыў я демалыс екенлигин өзиңиз оқыйтуғын оқыў орнынан сораўыңыз керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен!

Ҳүрметли ҳәм әзиз ҳаял-қызлар, бүгинги гөззал байрам бахыт ҳәм қуўаныш алып келсин. Сиз өмиримиздиң ең әҳмийетли ҳәм ең сулыў бөлегисиз – мийирман ана, садық дос, исенимли әжапа, ғамхор өмирлик жолдас ҳәм илҳам дереги.

Сизге беккем денсаўлық, шексиз бахыт, жүзиңизге күлки ҳәм қәлбиңизди жылыўлық пенен толтыратуғын муҳаббат тилеймиз. Ҳәрбир күниңиз 8-марттай жақсы кейпият пенен өтсин! Байрамыңыз қутлы болсын!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

«Telegram» белгисиз контактлар ҳаққында мағлыўматларды көрсетиўди баслайды;

Педагогларды аттестациядан өткериў тәртибине өзгерислер киргизилди;

Өзбекстанда Temu платформасы 20-марттан баслап шекленеди;

Өзбекстанда қурылыс майданында шаң көтерилиўиниң алдын алмағанлар жәриймаға тартылады;

Мектеплерде бәҳәрги демалыс қашан басланады?

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Apple жаңа iPad ҳәм iPad Air'ди усынды

iPad Air М3 чипине ийе, Magic Keyboard ҳәм Apple Intelligence жасалма интеллект функцияларын қоллап-қуўатлайды. М1 чипине ийе iPad Air'дан еки есе тез. Планшеттиң басланғыш баҳасы 599 АҚШ доллары етип белгиленди.

iPad енди А16 Bionic чипинде ислейди ҳәм 128 ГБ версиясы бар. Планшеттиң басланғыш баҳасы: 349 АҚШ доллары.

Еки планшет те 12-марттан сатыўға шығарылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мигрантлардың пул өткермелерисиз Өзбекстанда кәмбағаллық муғдары 17%ке шекем артыўы мүмкин

Жәҳән банкиниң изертлеўине бола, мигрантлардың пул өткермелери болмаса, Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 9,6%тен 16,8%ке шекем артыўы мүмкин. Бул болса мигрантлар жиберген қаржылардың халықтың турмыс дәрежесин сақлаўдағы әҳмийетин көрсетеди.

Изертлеўде атап өтилиўинше, өзбекстанлы мигрантлар ағымы соңғы жылларда диверсификацияланған. Ҳәзирги ўақытта олардың 57%и Россияда, 15%и Қазақстанда, 10%и Украинада жумыс ислеп атыр. Алдынлары мигрантлардың тийкарғы бөлеги Россияны таңлаған болса, енди басқа мәмлекетлерге де бағдарлар кеңейген.

Миграция пүткил Европа ҳәм Орайлық Азия регионында экономикалық раўажланыўға тәсир көрсетпекте. Дәраматлар айырмашылығы, демографиялық өзгерислер, климат машқалалары ҳәм қураллы келиспеўшиликлер мийнет мигрантлары ағымының өсиўине себеп болып атырған тийкарғы факторлардың бири болып қалып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди смартфонларға да қуяш панельлери орнатылады

Қытайлылар қуяш панельлерин смартфонлар ҳәм олар ушын арналған корпусларға интеграциялаўды жобаластырып атыр, деп жазады Ict.xabar.uz.

Қытайдың Infinix прототиплери әллеқашан таяр. Олар 2 Vt қуўатлылыққа ийе болыўын ҳәм қурылма ҳәдден тыс қызып кетпеўи ушын тек пайдаланылмай атырғанда қолланыўды усыныс етеди және оны ҳәттеки лампа жақтылығынан да зарядлаў мүмкин болады.

Бирақ еле шығыў сәнеси жәрияланбады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги ҳаял-қызлар контрактының бир бөлеги қаплап бериледи

Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы бакалавриат ҳәм магистратураның күндизги бағдарында билим алып атырған ҳаял-қызлар ямаса олардың оқып атырған еки ҳәм оннан артық перзентлериниң бир перзентине төлемли-контракт суммасының 50%ине шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен көп болмаған муғдарда бир мәрте төлемли-контракты төлеп бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Open budget»ке даўыс бериў басланды

«Басламалы бюджет»тиң 2025-жылғы 1-мәўсими шеңберинде даўыс бериў басқышы басланды.

Даўыс бериў процесслери 20-март саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
UNESCO Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты

Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин UNESCOның Дүньяжүзлик мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди.

Әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде UNESCO халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жазған буйрығыңыз тийкарында видео ислейтуғын нейротармақ енди телефоныңызда

Hailuo Video нейротармағы видеоларды тиккелей телефонда аңсат ғана генерациялайтуғын мобиль версиясын усынды.

Сиз тек ғана текстли сораў ямаса сүўрет тийкарында видеолар ислеўиңиз, керекли модель ҳәм усылларды таңлаўыңыз мүмкин. Пайда болған видеолар реалистлик түске ийе болады.

IOC ҳәм Android ушын мөлшерленген бул нейротармақ жәрдеминде күнине үш видеоға шекем пүткиллей бийпул генерациялаўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўыл хожалығы жерлерин аукционда сатыў бойынша жаңа тәртип енгизилди

Аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыўды жеделлестириў мақсетинде 2025-жыл 11-марттан баслап "E-aukcion" электрон саўда платформасында онлайн-аукцион саўдаларын шөлкемлестириў бойынша жаңа жеңиллетилген тәртип енгизилди.

Бунда:

Биринши аукцион бес күн мүддетте, қайта саўда бойынша аукцион бир күн мүддетте өткериледи;
Аукционда бир қатнасыўшы болғанда да саўдалар өткен деп есапланады;
Қайта саўдаларда басланғыш баҳасы 10%тен басқышпа-басқыш 20%ке шекем төменлетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мүрәжатты дизимнен өткермеўге жол қойылмайды

Нызамшылыққа бола, мәмлекетлик шөлкем, мәкеме ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен мүрәжат сол күнниң өзинде, жумыс ўақты жуўмақланғаннан кейин келип түскен жағдайда, кейинги жумыс күни дизимнен өткерилиўи керек.

Бунда, мүрәжатты дизимнен өткериўди бийкарлаўға жол қойылмайды.

Мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде мүрәжатларды дизимнен өткериў дәптери жүргизилип, онда мүрәжаттың тәртип саны ҳәм келип түскен сәнеси, мүрәжат етиўши физикалық шахстың фамилиясы (аты, әкесиниң аты), юридикалық шахстың аты, мүрәжаттың қысқаша мазмуны, орынланыўы ҳаққындағы белги, сондай-ақ, басқа да мағлыўматлар көрсетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳәмиледар ҳаяллар дем алысты өзлери қәлеген ўақытта алыўы мүмкин

Нызамшылыққа бола,
ҳәмиледар ҳаялларға ҳәм балалы болған ҳаялларға жыллық мийнет дем алысы олардың қәлеўине бола, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысынан алдын ямаса оннан кейин бериледи.

️Ҳәмиледар ҳаялларды жыллық мийнет дем алысынан шақырып алыўға жол қойылмайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытай мектеплеринде жасалма интеллект бойынша мәжбүрий курслар енгизиледи

Баслаўыш класс оқыўшылары жасалма интеллект қалай ислейтуғынлығын, орта класс оқыўшылары оннан күнделикли турмыста қалай пайдаланыў мүмкинлигин, жоқары класс оқыўшылары болса оның имканиятларын қалай кеңейтиўди түсиниўи керек.

Курсларды раўажландырыў ушын мектеплер университетлер, изертлеў орайлары ҳәм IT компаниялары менен бирге ислеседи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ис стажы болмаған пуқараларға пенсия тайынлаў мүддети өзгерди

Жаңа тәртипке бола, ер адамлар 65 жастан, ҳаял-қызлар болса 60 жастан баслап пенсия алыўы мүмкин.

Ҳәзирги күнде ис стажы болмаған пуқараларға төленетуғын пенсия муғдары 745 000 сом етип белгиленген.

Буннан тысқары, ер адамлардың 60 жаста, ҳаял-қызлардың болса 55 жаста пенсияға шығыўы ушын кеминде 7 жыл мийнет стажына ийе болыўы шәрт. Бул талап орынланбаған жағдайда, олар тек ғана белгиленген жасқа толғаннан кейин пенсия алыў ҳуқықына ийе болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube