KarInform.uz
386 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Кәўетерлениўге қарсы көзәйнек ислеп шығарылды

Meta жаңа ақыллы Aria Gen 2 гаджетин шығарды, бул үйде жойтылған гилтлер ҳәм дүканлардағы өнимлерди табыўға жәрдем береди.

Қурылма микрофон ҳәм төрт камера арқалы әтирапты, көз ҳәрекетлерин бақлап, даўысларды таный алады.

Аккумлятордың актив ислеўи 6-8 саат даўам етеди. Енди сиз көзәйнектен утюг үйде өширилгенлигин сораўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда Temu платформасы 20-марттан баслап шекленеди

Өзбекстанда Temu платформасынан пайдаланыў 2025-жыл 20-марттан баслап шекленеди. Бул ҳаққында Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги ҳәм Салық комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 26-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасында электрон коммерция тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 2-бәнтинде электрон коммерция операторлары, атап айтқанда, электрон саўда платформаларының операторлары сыпатында тек ғана юридикалық тәреплер – Өзбекстан резидентлери жумыс алып барыўы мүмкин екенлиги белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда қурылыс майданында шаң көтерилиўиниң алдын алмағанлар жәриймаға тартылады

3-март күни қол қойылған нызамға бола, 500 кв.м ҳәм оннан артық қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына әмел етпеген лаўазымлы шахслар жәриймаға тартылады.

Шаң ҳәм қум бөлекшелерин сапластырмаў – 3 млн 750 мың сом

Бир жыл ишинде қайта ҳуқықбузарлық – 18 млн 750 мың сом

Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан дүньядағы ең ири алтын қарыйдары болды

2025-жылдың январь айында Өзбекстан 8 тонна алтын алып, дүньядағы ең көп алтын сатып алған мәмлекетке айланды, деп хабарлайды Daryo.uz. Нәтийжеде, мәмлекеттиң алтын резервлери 391 тоннаға жеткен ҳәм халықаралық резервлердеги үлеси 82%ти қурады.

Алтынды ең көп сатып алған мәмлекетлер арасында Қытай (5 тонна) ҳәм Қазақстан (4 тонна) кейинги орынларды ийеледи.

Өзбекстан Орайлық банки алтынды баҳа төменлегенде сатып алып, баҳа көтерилгенде сатыў арқалы резервлерди басқарады. Январь айында алтын экспорт етилмеген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Япониядағы парк дүньядағы ең киши парк деп тән алынды

Токио жанында жайласқан майданы 0,24 квадрат метр болған парк дүньядағы ең киши парк сыпатында Гиннестиң рекордлар китабына киргизилди.

1988-жылы жергиликли халықтың басламасы менен исленген бул парк АҚШтағы Милл Эндс Паркинен илҳамланып қурылған. Кишкене бағ кесилиспеде жайласқан болып, онда киши орынлық ҳәм бираз отлар бар.

Ол 2024-жыл 25-декабрьде қалалық парк сыпатында дизимге алынған ҳәм туристлер арасында белгили болмақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Фотохудожниктен байрам саўғасы

Бүгин, 5-март күни Өзбекстан Көркем дөретиўшилер аўқамының ағзасы, фотохудожник Махсет Хабибуллаевтың 8-март «Халықаралық ҳаял-қызлар күни»не арналған «Өмирдиң гүлтажы, муқаддес ҳаял» атамасындағы жеке фото көргизбеси болып өтти.

Көргизбени Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Утегенова ашып берип, байрам менен ҳәммени қутлықлады.

Онда дөретиўшиниң жәми 80нен аслам фото сүўретлери орын алған. Оларда халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етип атырған ҳәм кең жәмийетшиликке танылған пидайы бирнеше ҳаял-қызлардың образы қаҳарман сыпатында сәўлеленген. Атап айтқанда, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы, миллий өнерментшилик, спорт ҳәм басқа да тараўларда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлардың образы, көбирек журналистиканың фотоочерк, фотохабар, фотокорреспонденция, фоторепортаж жанрлары арқалы ашып берилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тислер ушын пайдалы өнимлер

▫️Теңиз өнимлери: Олар кариестин алдын алады.
▫️Сүт өнимлери: Қурамында исиниўге қарсы функцияларды атқаратуғын ферментлер бар.
▫️ Мәйек фосфор муғдарын турақластырады.
▫️Ғоза кальцийдиң сорылыўына жәрдем береди.
▫️Цитрус мийўелер кальций пайда болыўын тәмийинлейди.
▫️Көк шөплер тислерди бактериялардан қорғайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасы енгизиледи

Өзбекстанда президент пәрманы менен көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасы енгизиледи, деп хабар берди Әдиллик министрлиги.

Бул система:

Турақ жайлар ҳәм турақ жай емес жайлар, жер участкаларының экономикалық қунын анықлаў;

Салық салыў, алды-сатты ҳәм гиреўге қойыў сыяқлы процесслерде әдил баҳаны тәмийинлеў;

Исенимли ҳәм жаңаланып баратуғын мәлимлеме базасын жаратыўды мақсет етеди.

Баҳалаў жумыслары:

▫️2025-2026-жылларда Ташкентте;
▫️2026-2027-жылларда Нөкис ҳәм ўәлаятлар орайларында;
▫️2027-жылдан қалған аймақларда әмелге асырылады.

Пәрман менен Кадастр агентлиги жанында Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайы шөлкемлестириледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мектеплерде бәҳәрги демалыс қашан басланады?

«Улыўма орта билимлендириў ҳаққында»ғы нызам талапларына муўапық, 2025-жылы мектеплерде III шеректиң соңғы күни 20-мартқа туўра келип, IV шерек 28-март күнинен басланады, деп жазады talimxabarlari.uz.

Яғный, 20-март күни сабақлар толық өтиледи. Бәҳәрги демалыс болса 21-марттан басланады ҳәм 7 календар күн даўам етеди. IV шерек 28-мартта басланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2050-жылға келип артықша салмақ эпидемиясы күшейиўи күтилмекте

2050-жылға келип дүнья бойлап орта жастағылардың ярымынан көби артықша салмақтан қыйналыўы мүмкин, деп хабар берди The Guardian.

Қәнигелердиң пикиринше, бул жағдай ерте өлим ҳәм түрли кеселликлердиң раўажланыўына себеп болыўы мүмкин.

Артықша салмақ төмендеги факторларға байланыслы:
Энергия теңсалмақлығының бузылыўы;
Надурыс аўқатланыў;
Аз ҳәрекетлениў;
Генетикалық факторлар;
Эндокрин кеселликлер;
Психикалық факторлар;
Социаллық ҳәм қоршаған орталықтың тәсири.

Ҳәзирги ўақытта 2,11 млрд 25 ҳәм оннан үлкен жастағылар ҳәм 493 млн 5 жастан 24 жасқа шекемги адамлар артықша салмаққа ийе. 2050-жылға келип бул көрсеткиш сәйкес түрде 3,8 млрд 746 млн адамға жетиўи прогноз етилип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳаўа-райы қан басымына тәсир етеди

▪️Атмосфера басымы төменлегенде (әдетте жаўыннан алдын) қан тамырлары дийўалларындағы керексиз стресстиң алдын алыў ушын организм қан басымын төменлетеди.

▪️Қыста, температура төменлегенде тамырлар тез-тез тараяды, бул болса басымды арттырады.

▪️Қан басымының көтерилиўи бас аўырыўы, тынышсызланыў, кеўил айныўы ҳәм тынышсызланыўға алып келеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube