Туўма соқырлықтың еми табылды
Тарийхта биринши мәрте шыпакерлер туўма соқыр болған балаларды емлеўге еристи. AIPL1 гениндеги мутация нәтийжесинде келип шыққан туўма амауроз диагнозы қойылған балалар пүткиллей соқыр болып қалған еди.
Шыпакерлер бундай балалардың көзиниң тор пердесине генниң саламат нусқаларын жайластырды. Операциядан бес жыл өткеннен кейин де олар жақсы көрип атыр.
Ҳәзир бул балалар ата-аналарының жүзлерин биймәлел таный алады, оқыў ҳәм жазыў да олар ушын машқала емес.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Чатботлардың тилин билесиз бе?
Чатботлар өзлериниң тилинде сөйлесиўди баслады, деп хабар береди Ict.xabar.uz. Енди чатботлар басқа чатбот пенен сөйлесип атырғанлығын түсиниўи ҳәм сигналлар арқалы сөйлесиўге өтиўи мүмкин.
Адамлар бул сигналларды түсинбейди, чатботлар болса биймәлел усындай өз-ара мағлыўмат алмаса алады. Жақын келешекте олар өзлери ушын пүткиллей жаңа тил ойлап таўып, сөйлесиўи де ҳақыйқаттан жырақ емес.

«Telegram» белгисиз контактлар ҳаққында мағлыўматларды көрсетиўди баслайды
Telegram енди сәўбетлесиўши ҳаққындағы мағлыўматларды усынады. Telegram қосымшасының Android ушын бета-версиясында енди сиз бенен сәўбетлескен пайдаланыўшы ҳаққындағы қосымша мағлыўматларды көриў функциясы пайда болады.
Мессенджер арқалы:
➖ Телефон номери тийисли мәмлекет;
➖ Аккаунтты дизимнен өткерген ай ҳәм жыл;
➖ Улыўма топарлар дизими ҳәм саны;
➖ Верификация дәрежесин билиў мүмкин болады.
Бул идея Павел Дуров тәрепинен 2024-жыл июль айында жәрияланған еди.
Бундай жаңалық қосымшада жалған аккаунтлар ашып, алдаўшылық ислеп атырғанларға қарсы гүресиў ҳәм пайдаланыўшылар ушын қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде енгизилмекте.

Қарақалпақстанлы 2 қыз «Зулфия» сыйлығы менен сыйлықланды
Туремуратова Бийбиназ Кеңесбай қызы ─ Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты (Қарақалпақстан Республикасы);
Ибрагимова Шахзада Алишер қызы ─ Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң көркем гимнастика бойынша тренери (Қарақалпақстан Республикасы).
Сыйлық 8-март күни – Ҳалықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам кешесинде тапсырылады.
Оның ийелериниң ҳәрбирине БЕМның 50 есеси (18 млн 750 мың сом) муғдарында пул бериледи.

Педагогларды аттестациядан өткериў тәртибине өзгерислер киргизилди
Министрлер Кабинетиниң 130-санлы қарарына бола, мәжбүрий аттестациядан азат етилетуғынлар:
➖ 15 жыл даўамында жоқары маманлық категориясын сақлап қалғанлар (бас оқытыўшы);
➖ 25 жыл ҳәм оннан көп педагогикалық жумыс стажына ийе болғанлар;
➖ Пенсияға шығыўына 5 жыл қалғанлар;
➖ Пенсия жасындағы белсенди педагоглар.
️Туўрыдан-туўры маманлық категориясы берилетуғынлар:
➖ 25 жыллық жумыс стажына ийе болғанлар;
➖ Пенсияға шығыўына 5 жыл қалғанлар;
➖ 15 жыл даўамында жоқары маманлық категориясын сақлап келгенлер.
🔍 Қосымша илажлар:
➖ Музыка, дене тәрбиясы ҳәм жоқары мағлыўматқа ийе болмаған педагогларды аттестациядан өткериў;
➖ Маман педагогларды хошаметлеў;
➖ Министрлик фондының жумысын жетилистириў.
Өзгерислер педагоглардың кәсиплик раўажланыўы ҳәм мийнетин хошаметлеўге қаратылған.

Күн тәртибин дурыс дүзиў бойынша пайдалы усыныслар
✔️ Саат 6:00 ге шекем бахыт гормони серотонин ислеп шығарылады.
✔️ 6:00 ден кейин – организмди ояныўға таярлайтуғын кортизол гормонының дәрежеси артады.
✔️ Азанда 500 мл суў ишип, физикалық шынығыўлар ислесеңиз, стресс гормонлары жуўылып кетеди.
✔️ 7:00 ден баслап – мелатонин ислеп шығарылыўы тоқтатылады. Буннан кейинги уйқының мәниси 0 ге тең.
✔️ 10:00 - 14:00 аралығында нейрогормон дәрежеси шыңына жетеди. Бул ақылый жумыс ушын ең жақсы ўақыт.
✔️ 14:00 - 16:00 аралығында - 20 минут уйқылаў өсиў, жаслық ҳәм гөззаллық гормонын хошаметлейди.
✔️ 17:00 ден баслап – кортизол кемейиўди баслайды. Әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ҳәм шынығыўлар шеклениўи керек, себеби булшық етлердиң азықланыўы жүдә қыйын болады.
✔️ 21:00 ден баслап – мелатонин ислеп шығарыла баслайды. Дене температурасы төменлейди. Организм уйқыға тайын болады.

Кәўетерлениўге қарсы көзәйнек ислеп шығарылды
Meta жаңа ақыллы Aria Gen 2 гаджетин шығарды, бул үйде жойтылған гилтлер ҳәм дүканлардағы өнимлерди табыўға жәрдем береди.
Қурылма микрофон ҳәм төрт камера арқалы әтирапты, көз ҳәрекетлерин бақлап, даўысларды таный алады.
Аккумлятордың актив ислеўи 6-8 саат даўам етеди. Енди сиз көзәйнектен утюг үйде өширилгенлигин сораўыңыз мүмкин.

Өзбекстанда Temu платформасы 20-марттан баслап шекленеди
Өзбекстанда Temu платформасынан пайдаланыў 2025-жыл 20-марттан баслап шекленеди. Бул ҳаққында Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги ҳәм Салық комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 26-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасында электрон коммерция тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 2-бәнтинде электрон коммерция операторлары, атап айтқанда, электрон саўда платформаларының операторлары сыпатында тек ғана юридикалық тәреплер – Өзбекстан резидентлери жумыс алып барыўы мүмкин екенлиги белгиленген.

Өзбекстанда қурылыс майданында шаң көтерилиўиниң алдын алмағанлар жәриймаға тартылады
3-март күни қол қойылған нызамға бола, 500 кв.м ҳәм оннан артық қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына әмел етпеген лаўазымлы шахслар жәриймаға тартылады.
✅ Шаң ҳәм қум бөлекшелерин сапластырмаў – 3 млн 750 мың сом
✅ Бир жыл ишинде қайта ҳуқықбузарлық – 18 млн 750 мың сом
Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.

Өзбекстан дүньядағы ең ири алтын қарыйдары болды
2025-жылдың январь айында Өзбекстан 8 тонна алтын алып, дүньядағы ең көп алтын сатып алған мәмлекетке айланды, деп хабарлайды Daryo.uz. Нәтийжеде, мәмлекеттиң алтын резервлери 391 тоннаға жеткен ҳәм халықаралық резервлердеги үлеси 82%ти қурады.
Алтынды ең көп сатып алған мәмлекетлер арасында Қытай (5 тонна) ҳәм Қазақстан (4 тонна) кейинги орынларды ийеледи.
Өзбекстан Орайлық банки алтынды баҳа төменлегенде сатып алып, баҳа көтерилгенде сатыў арқалы резервлерди басқарады. Январь айында алтын экспорт етилмеген.

Япониядағы парк дүньядағы ең киши парк деп тән алынды
Токио жанында жайласқан майданы 0,24 квадрат метр болған парк дүньядағы ең киши парк сыпатында Гиннестиң рекордлар китабына киргизилди.
1988-жылы жергиликли халықтың басламасы менен исленген бул парк АҚШтағы Милл Эндс Паркинен илҳамланып қурылған. Кишкене бағ кесилиспеде жайласқан болып, онда киши орынлық ҳәм бираз отлар бар.
Ол 2024-жыл 25-декабрьде қалалық парк сыпатында дизимге алынған ҳәм туристлер арасында белгили болмақта.

Фотохудожниктен байрам саўғасы
Бүгин, 5-март күни Өзбекстан Көркем дөретиўшилер аўқамының ағзасы, фотохудожник Махсет Хабибуллаевтың 8-март «Халықаралық ҳаял-қызлар күни»не арналған «Өмирдиң гүлтажы, муқаддес ҳаял» атамасындағы жеке фото көргизбеси болып өтти.
Көргизбени Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Утегенова ашып берип, байрам менен ҳәммени қутлықлады.
Онда дөретиўшиниң жәми 80нен аслам фото сүўретлери орын алған. Оларда халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етип атырған ҳәм кең жәмийетшиликке танылған пидайы бирнеше ҳаял-қызлардың образы қаҳарман сыпатында сәўлеленген. Атап айтқанда, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы, миллий өнерментшилик, спорт ҳәм басқа да тараўларда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлардың образы, көбирек журналистиканың фотоочерк, фотохабар, фотокорреспонденция, фоторепортаж жанрлары арқалы ашып берилген.