KarInform.uz
386 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады

12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады, мәс ҳалда машина басқарғанлар болса 5 жыл мүддетке шекем қамалыўы мүмкин.

Көшедеги камера ҳәм радарларға түскенде жәрийма есапланбайды.

Атап өтилиўинше, мәс ҳалындағы шахстың транспорт қуралын басқарыўына жол қойыў ямаса басқарыўды оған тапсырыў, 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Бул жынаят кодексиниң 261-статьясында көрсетилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сертификатқа ийе өзбек тили (мәмлекетлик тил) муғаллимлерине де 50% үстеме бериледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан - 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-февральдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни бойынша сабақ беретуғын және Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50% муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Болгар бурышының пайдалы қәсийетлери

▪️Көз саламатлығы ушын пайдалы;
▪️Шаш ҳәм тери ушын нәтийжели тәсир көрсетеди;
▪️Рак қәўипин азайтады;
▪️Жүрек-қан тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин азайтады;
▪️Иммунитетти беккемлейди;
▪️Холестерин дәрежесин төменлетеди;
▪️Исиниўге қарсы ҳәм антиоксидант қәсийетлерге ийе.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 2025-жылы неше адам қайтыс болыўы прогноз етилди

Ranking прогнозларына бола, 2025-жылы дүнья бойлап 63,1 млн адам қайтыс болыўы күтилмекте. Бул 2024-жылға салыстырғанда 1,2%ке көп.

Өзбекстанда болса өлимшилик саны 223,9 мың адамды қураўы прогноз етилип атыр. ҒМДА мәмлекетлери арасында ең көп өлим Россияда (1,9 млн адам) дизимге алыныўы болжанбақта. Оннан кейин Украина (520,2 мың), Қазақстан (140,6 мың), Беларус (119,1 мың) ҳәм басқа мәмлекетлер келеди.

Макрорегионлар кесиминде ең көп өлимшилик Азияда (34,7 млн), Африкада (11,7 млн) ҳәм Европада (8,5 млн) болыўы мүмкин. Америкада бул көрсеткиш 7,9 млн, Океанияда болса 317,8 мың адамға тең болады.

Прогнозларға бола, еркеклердиң өлим көрсеткиши ҳаялларға салыстырғанда 17,3%ке жоқары болып, 2025-жылы 34,1 млн еркек ҳәм 29,1 млн ҳаял қайтыс болыўы мүмкин. Илимпазлардың болжаўы бойынша, 2100-жылға барып жыллық өлим саны 122,9 млн адамға жетеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Қоңыратта көшпели светофор орнатылды

Қоңырат районында мектеп алдындағы пиядалар өтиў жолларына мектеп оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде көшпели светафор орнатылды, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баспасөз хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды

2025/2026-оқыў жылы қабыллаўынан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

Яғный, қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, оған тек сертификаты барлар ғана ҳүжжет тапсыра алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ғоза рак кеселлигиниң алдын алады

Америка рак изертлеўлери институты мағлыўматларына бола, күнине 30 грамм ғоза жеў рак кеселлигиниң улыўма қәўипин 15 процентке азайтыўы мүмкин.

Буннан тысқары, ғозаны турақлы қабыллаў бар болған өспелердиң өсиўин пәсейтеди деген дәлиллер де бар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 1-марттан аң мәўсими жуўмақланады

Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 8-июльдеги «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы 627-санлы Нызамына муўапық, усы жылдың 1-мартынан 15-августына шекем аң аўлаў мәўсими жабылады.

Бул ўақытта жабайы ҳайўанлар ҳәм қусларды аўлаў қатаң қадаған етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Рамазан календары жәрияланды

Рамазан календары Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен таярланған, яғный, республикамыздың белгили уламалары, билим журты устазлары тәрепинен усыныс етилген.

Ҳижрий-қамарий айлар айдың туўылыўына қарап 29 ямаса 30 күннен ибарат болады. Сонлықтан Рамазан айының басланыўы да ай шығыўына байланыслы бир күнге парық қылыўы мүмкин, деп хабарлайды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Педагогларға 70% үстеме төлеў тәртиби тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети педагогларды аттестациядан өткериў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириўге байланыслы қарар қабыл етти.

Тийкарғы өзгерислер:

Талабанларды таңлаў:
Енди үстеме алыў ушын барлық пән муғаллимлери ашық сынақларда қатнасады.

МШБШ тәрбияшылары:
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшылары да үстеме алыў ушын сынақларда қатнасыўы мүмкин.

Маманлық категориясы сынақлары:
Жоқары яки биринши категорияға ийе болып, 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған педагогларға 70% муғдарында үстеме төленеди.

Сертификатқа ийе педагоглар:
Билим ҳәм маманлық сертификатына ийе болған педагоглар гезектеги аттестацияның биринши басқышынан азат етиледи.

Бул өзгерислер педагоглардың маманлығын арттырыў ҳәм хошаметлеўге хызмет етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанлы илимпазлар еки жаңа қоңыз түрин анықлады

Өзбекстанлы илимпазлар Бухара, Наўайы ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан аймағында илим ушын жаңа болған еки қоңыз түрин анықлады. Авторлардың бири Хорезм Мамун академиясы докторанты Норбек Бекчановтың айтыўынша, ол россиялы энтомолог Максим Набоженко менен бирнеше жыллардан берли Өзбекстан этномофаунасын үйренип атыр.

Жаңа түрлерге Microdera uzbekistanica ҳәм Microdera abdullohi атлары берилген. Олар тийкарынан түнде активлесетуғын, қурғақ орталыққа бейимлескен эндемик жәнликлер болып есапланады.

Бул ҳаққында халықаралық Zootaxa журналында мақала жәрияланған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балық жеў организм ушын пайдалы

Ҳәптесине 2 бөлек балық гөшин жейтуғынларда жүрек кеселликлери қәўипи 3 есе азаятуғынлығы дәлилленген.

Депрессияны жоқ етеди;

Көз өткирлиги ҳәм мий искерлигине унамлы тәсир көрсетеди;

Астма раўажланыўының алдын алады;

Исиниўге қарсы тәсирге ийе;

Диабет қәўипин азайтады.

️Узақ өмир сүретуғын мәмлекетлерде жасайтуғын адамлардың рационында гөш ҳәм сүт өнимлери жетекши орынды ийелейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жыл ушын закат, питир садақасы ҳәм фидия муғдары жәрияланды

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы 2025-жыл ушын закат, питир садақа ҳәм фидия муғдарын белгиледи.

Закат төлеми – 85 грамм 585 пробалы алтынның баҳасына тийкарланып 61 млн 200 мың сом етип белгиленди. Кимде зәрүрликтен тысқары сонша қаржы ямаса оған тең саўда-сатық малы болса, жәми қаржысының 2,5%и (1/40 бөлеги) закат сыпатында бериледи.

Питир садақасы муғдары:
2 кг бийдай унынан – 10 000 сом;
4 кг арпадан – 16 000 сом;
2 кг кишмиштен – 110 000 сом;
4 кг хурмадан – 180 000 сом.

Ҳәр ким өз имканиятына қарап усы өнимлерден бири ямаса оның баҳасын питир садақасы сыпатында берсе болады.

Фидия муғдары питир садақа менен бирдей болып, бир күнлик фидия ушын жоқарыдағы өнимлерден бири ямаса оның баҳасы бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда такси хызмети өзин-өзи бәнт еткенлер шуғылланатуғын жумыслар дизимине киргизилди

Өзбекстанда такси хызмети өзин-өзи бәнт еткенлер шуғылланатуғын жумыслардың дизимине киргизилди. Бул ҳаққында 27-февраль күни қабыл етилген "Хызметлер тараўының турақлы раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы президент қарарында белгиленди.

Қарарға бола, жеңил автотранспорт қуралларында жолаўшыларды қалалық, қала әтирапы ҳәм қалалараралық тасыў жумысы өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери дизимине киргизиледи ҳәм олар усы жумыс пенен лицензия тийкарында шуғылланыўы белгиленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Уйқылаўдан алдын нелерди жеў керек?

✔️Гүриш. 100 гр қайнатылған гүришти уйқыдан бир саат алдын жеў мүмкин. Оның қурамында жетерли муғдарда витамин ҳәм минераллар бар, олар уйқы сапасын жақсылайды.

✔️Балықлы сорпа 45 минутта-ақ сиңеди. Түнде ҳәтте бир бөлек майлы балық та жеў мүмкин. Оның қурамында уйқылаўға жәрдем беретуғын омега-3 май кислотасы ҳәм Д витамини бар.

✔️Таўықлы ямаса палыз өнимлеринен таярланған сорпа организмди тынышландырады. Бирақ қурамында қыйын сиңетуғын лобия (фасол) болмаўы керек.

✔️️Қатық ишиў де организм ушын пайдалы. Ол ишеклердиң жумысын жақсылайды ҳәм иш қатыўының алдын алады.

✔️️Мазалы затлар. Егер кеўлиңиз мазалы нәрсени қәлеп қалса, онда пал, жүзим ямаса қара шоколадты таңлаўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тәбийий газ ушын ысытыў мәўсиминде белгиленген базалық норма 1-апрельге шекем узайтырылды

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен ысытыў мәўсими ушын белгиленген 500 куб метрлик базалық норма 2025-жылдың 1-апрелине шекем созылды.

Алдын 1-марттан баслап ысытыў мәўсиминде тәбийий газ ушын енгизилген 500 куб метрлик базалық норма 100 куб метрге түсирилиўи жобаластырылған еди.

Бирақ, март айында ҳаўа температурасының төменлеўи ҳәм айырым күнлери 0°C дәрежеден төмен болыўы итималы себепли халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде базалық норманы 1-апрельге шекем создырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген аҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Көп квартиралы үй-жай қурыў ушын ижараға жер алған юридикалық шахслар жер салығын төлемейди;

2025-жыл 1-апрельден тәбийий газ баҳалары арттырылыўы күтилмекте;

Тезликтиң 60 км/сааттан артып кетиўи 5625000 сом жәриймаға себеп болады;

12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады;

Сертификатқа ийе өзбек тили (мәмлекетлик тил) муғаллимлерине де 50% үстеме бериледи;

Сертификаты жоқ абиртуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды;

Педагогларға 70% үстеме төлеў тәртиби тастыйықланды;

Өзбекстанда илимпазлар еки жаңа қоңыз түрин анықлады;

2025-жыл ушын заказ, питир садақасы ҳәм фидия муғдары жәрияланды;

Өзбекстанда такси хызмети өзин-өзи бәнт еткенлер шуғылланатуғын жумыслар дизимине киргизилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube