Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Өзбекстанда мийнет дем алысына ҳақы төлеўде жаңа тәртип енгизилди;
➖ Өзбекстанда ЖОО питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша бағдарлама әмелге асырылады;
➖ Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың доллар ақшалай сыйлық бериледи;
➖ 8-март байрамында неше күн дем алыс болады?
➖ Енди қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған хожалық ийелери үш есе көп салық төлейди;
➖ Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды;
➖ Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖ Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын бузған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жәриймаға тартылады;
➖ Жүдә үлкен тезликте ҳәрекетленгенлиги ушын жәрийма муғдары арттырылды;
➖ Жәрийма баллары себепли ҳуқықынан айырылған айдаўшылар қайта имтихан тапсырыўға мәжбүр.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Кислородқа бай бөлмеде уйықлаўдың 3 абзаллығы
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда донорлар ушын жеңилликлер көбеймекте
Жаңа нызамға бола, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси ийелерине берилетуғын ақшалай сыйлық 3 есеге артып, 5,625 миллион сом етип белгиленди.
Буннан тысқары, олар өзлери ушын қолайлы ўақытта жыллық мийнет дем алысына шығыў, қалалық жолаўшы транспортынан бийпул пайдаланыў ҳәм санатория-курортларға гезексиз жоллама алыў ҳуқықына ийе болады.
Жергиликли ҳәкимият органларына донорлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм донорлар ушын қолайлы шараят жаратыў ўазыйпасы жүкленди. Бул нызам бийғәрез донорлықты хошаметлеўге хызмет етеди.

PQ_393_сон_15_11_2024_ O‘quvchi_yoshlarni_chaqiruvga_qadar_boshlang‘ich.pdf
153.1 KB
Жаңа оқыў жылынан ШШБТ пәни ҳәптесине еки мәрте оқытылады
2025/2026-оқыў жылынан баслап, 10-11-класс оқыўшылары ушын шақырыўға шекемги басланғыш таярлық (ШШБТ) пәни ҳәптесине 2 саат оқытылады.
Соның менен бирге, мектеплерде әскерий полигонлардан пайдаланыўға руқсат берилип, оқыў бағдарламасына "Оқ атар ҳәм пневматикалық спорт қуралларының тактикалық-техникалық характеристикалары" бойынша әмелий шынығыўлар киргизиледи.
Мектеплер әскерий бөлимлер ҳәм полигонлардың оқыў базасынан бийпул пайдаланыўы мүмкин болады.

Көп кватиралы үй-жай қурыў ушын ижараға жер алған юридикалық шахслар жер салығын төлемейди
2025-жыл 1-майдан баслап, «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға жер алған юридикалық тәреплер 12 ай даўамында жер салығынан азат етиледи.
Аукцион саўдаларында тек ғана ҚҚС төлейтуғын юридикалық тәреплер қатнаса алады. Жойбар ҳүжжетлери ушын 15 күн, жойбарлаў жумысларын орынлаў ушын 2 ай, қурылысты баслаў ушын 3 ай белгиленген.
2025-жыл 1-марттан баслап, қурылыс шөлкемлерине 24 ай мүддетке жеңиллетилген кредит ажыратылады.

Ләблеби шербети мий ушын пайдалы
Шынығыўлардан алдын ләблеби шербетин ишиў мийди жасартып, хызметин жақсылайды.
Ләблеби шербети витаминлер, азықлық затлар ҳәм микроэлементлерден тысқары көп муғдарда нитратлар, азот бирикпелерин өз ишине алады, олардың организмге кириўи қан тамырларының тарайыўы ҳәм кеңейиўин басқаратуғын азот оксиди молекулаларын ислеп шығарыўға жәрдем береди.
️Илимпазлар ләблеби шербетиниң бул қәсийети адамларға таўларда кислород ашлығына шыдаўға жәрдем беретуғынлығын, сондай-ақ, гипертония менен аўырған наўқаслардың денсаўлығын жақсылайтуғынлығын анықлады.
Ләблеби шербетин ишкенде мийге қан айланыўы күшейеди, ол кислород ҳәм азықлық затларды көбирек алады.

2025-жыл 1-апрельден тәбийий газ баҳалары арттырылыўы күтилмекте
Халық ушын тәбийий газ тарифлери:
Март-октябрь айлары (жылытыў мәўсиминен тысқары):
➖ 100 куб метрге шекем: 650 сомнан 1000 сомға шекем артады;
➖ 101 куб метрден 2500 куб метрге шекем – 1800 сом.
➖ 2500 куб метрден 5000 куб метрге шекем – 2100 сом.
➖ 5000 куб метрден 10000 куб метрге шекем – 2500 сом.
➖ 10000 куб метрден жоқары – 3000 сом.
Ноябрь-февраль айлары (жылытыў мәўсими):
➖ 500 куб метрге шекем: 650 сомнан 1000 сомға дейин артады;
➖ 501 куб метрден 2500 куб метрге шекем – 1800 сом.
➖ 2501 куб метрден 5000 куб метрге шекем – 2100 сом.
➖ 5001 куб метрден 10000 куб метрге шекем – 2500 сом.

Жүўери гүртик күни менен!
Бүгин Қарақалпақстанның сүйикли миллий тағамларының бири – Жуўери гүртик күни! Бул тек ғана мазалы тағам емес, ал бай дәстүрлеримиз, тарийхымыз ҳәм миймандослығымыздың белгиси есапланады.
Қутлы күнде барлық ўатанласларымызға денсаўлық, шаңарақларына қут-берекет тилеймиз. Миллий қәдириятларымызды қәдирлеп, ата-бабаларымыздың мийрасын қәстерлеп сақлайық!
Байрам мүбәрек болсын!

Тезликтиң 60 км/сааттан артып кетиўи 5625000 сом жәриймаға себеп болады
Бул 23-февраль күни «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен белгиленди:
+20-40 км/саат – 1 875 000 сом;
+40-60 км/саат – 3 375 000 сом;
+60 км/саат – 5 625 000 сом;
Ҳәкимшилик жаза шарасы белгиленгенде, спидометр ҳәм арнаўлы үскенелердиң қәтелери есапқа алынып, 5 км/саат алып тасланады.
Алдын +60 км/саат ушын айрықша жәрийма жоқ еди.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады
12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады, мәс ҳалда машина басқарғанлар болса 5 жыл мүддетке шекем қамалыўы мүмкин.
Көшедеги камера ҳәм радарларға түскенде жәрийма есапланбайды.
Атап өтилиўинше, мәс ҳалындағы шахстың транспорт қуралын басқарыўына жол қойыў ямаса басқарыўды оған тапсырыў, 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Бул жынаят кодексиниң 261-статьясында көрсетилген.

Сертификатқа ийе өзбек тили (мәмлекетлик тил) муғаллимлерине де 50% үстеме бериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан - 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-февральдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни бойынша сабақ беретуғын және Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50% муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

Болгар бурышының пайдалы қәсийетлери
▪️Көз саламатлығы ушын пайдалы;
▪️Шаш ҳәм тери ушын нәтийжели тәсир көрсетеди;
▪️Рак қәўипин азайтады;
▪️Жүрек-қан тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин азайтады;
▪️Иммунитетти беккемлейди;
▪️Холестерин дәрежесин төменлетеди;
▪️Исиниўге қарсы ҳәм антиоксидант қәсийетлерге ийе.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
▪️Көз саламатлығы ушын пайдалы;
▪️Шаш ҳәм тери ушын нәтийжели тәсир көрсетеди;
▪️Рак қәўипин азайтады;
▪️Жүрек-қан тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин азайтады;
▪️Иммунитетти беккемлейди;
▪️Холестерин дәрежесин төменлетеди;
▪️Исиниўге қарсы ҳәм антиоксидант қәсийетлерге ийе.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 2025-жылы неше адам қайтыс болыўы прогноз етилди
Ranking прогнозларына бола, 2025-жылы дүнья бойлап 63,1 млн адам қайтыс болыўы күтилмекте. Бул 2024-жылға салыстырғанда 1,2%ке көп.
Өзбекстанда болса өлимшилик саны 223,9 мың адамды қураўы прогноз етилип атыр. ҒМДА мәмлекетлери арасында ең көп өлим Россияда (1,9 млн адам) дизимге алыныўы болжанбақта. Оннан кейин Украина (520,2 мың), Қазақстан (140,6 мың), Беларус (119,1 мың) ҳәм басқа мәмлекетлер келеди.
Макрорегионлар кесиминде ең көп өлимшилик Азияда (34,7 млн), Африкада (11,7 млн) ҳәм Европада (8,5 млн) болыўы мүмкин. Америкада бул көрсеткиш 7,9 млн, Океанияда болса 317,8 мың адамға тең болады.
Прогнозларға бола, еркеклердиң өлим көрсеткиши ҳаялларға салыстырғанда 17,3%ке жоқары болып, 2025-жылы 34,1 млн еркек ҳәм 29,1 млн ҳаял қайтыс болыўы мүмкин. Илимпазлардың болжаўы бойынша, 2100-жылға барып жыллық өлим саны 122,9 млн адамға жетеди.

⚡️Қоңыратта көшпели светофор орнатылды
Қоңырат районында мектеп алдындағы пиядалар өтиў жолларына мектеп оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде көшпели светафор орнатылды, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баспасөз хызмети.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қоңырат районында мектеп алдындағы пиядалар өтиў жолларына мектеп оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде көшпели светафор орнатылды, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баспасөз хызмети.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды
2025/2026-оқыў жылы қабыллаўынан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.
Яғный, қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, оған тек сертификаты барлар ғана ҳүжжет тапсыра алады.

Ғоза рак кеселлигиниң алдын алады
Америка рак изертлеўлери институты мағлыўматларына бола, күнине 30 грамм ғоза жеў рак кеселлигиниң улыўма қәўипин 15 процентке азайтыўы мүмкин.
✅ Буннан тысқары, ғозаны турақлы қабыллаў бар болған өспелердиң өсиўин пәсейтеди деген дәлиллер де бар.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Америка рак изертлеўлери институты мағлыўматларына бола, күнине 30 грамм ғоза жеў рак кеселлигиниң улыўма қәўипин 15 процентке азайтыўы мүмкин.
✅ Буннан тысқары, ғозаны турақлы қабыллаў бар болған өспелердиң өсиўин пәсейтеди деген дәлиллер де бар.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 1-марттан аң мәўсими жуўмақланады
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 8-июльдеги «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы 627-санлы Нызамына муўапық, усы жылдың 1-мартынан 15-августына шекем аң аўлаў мәўсими жабылады.
Бул ўақытта жабайы ҳайўанлар ҳәм қусларды аўлаў қатаң қадаған етиледи.