Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады
Транспорт басқарыўшысы ушын жәрийма баллары тәртиби:
➖ Егер жәрийма баллары 12 баллдан артса, айдаўшы 6 айдан кем болмаған мүддетке транспорт басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖Ҳәрбир ҳуқықбузарлық ушын ең көби менен 2 балл қосылады;
➖ Жәрийма баллары биринши ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 жыл даўамында есапланады;
➖Бир жыл өткеннен соң, баллар автомат түрде шешиледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Дүнья музлықларының ериўи тезлеспекте - жаңа изертлеў
Глобал музлықлардың ериўи тезлесип атыр, келеси жыллары бул теңиз қәддиниң көтерилиўине алып келиўи мүмкин. Халықаралық изертлеўшилер топары соңғы он жылда муз ериўиниң кескин көбейгенлигин анықлады, деп хабарлайды Daryo.uz.
2012-жылдан 2023-жылға шекемги дәўирде 2000-жылдан 2011-жылға шекемги дәўирге салыстырғанда шама менен 36% көбирек муз ериген.
Сюрих университетиниң профессоры ҳәм изертлеўдиң жәрдемши авторы Майкл Земп нәтийжелер күтилмеген болса да, «таң қаларлық» екенлигин атап өтти. Киши музлықларға ийе болған аймақлар оларды тезирек жоғалтпақта ҳәм көпшилиги «бул әсирде сақланып қалмайды.»
Сол себепли биз әсирдиң ақырына шекем теңиз қәддиниң бурын күтилгенинен де жоқары көтерилиўи менен жүзбе-жүз турмыз, деди Земп.
Музлықлардың жоқ болыўы, әсиресе, Орайлық Азия ҳәм Орайлық Анд таўларында душшы суў тәмийнатына да тәсир ететуғынлығын атап өтти.

📍Бөдене мәйеги - кекселер ушын ең пайдалы өним
Бөдене мәйеги жасы үлкен адамлар ушын пайдалы есапланады, себеби қурамында Б топары витаминлери, соның ишинде Б12 бар. Көбинесе оның жетиспеўшилиги анемияға себеп болады.
Бөдене мәйеги аңсат сиңетуғын белок ҳәм Д витамининиң жақсы дереги болып, соның ушын да бул өним асқазан-ишек системасында тез-тез машқалаларға дус келетуғын кексе адамлар ушын жүдә пайдалы. Д витамини болса кальцийдиң денеден шығып кетиўиниң алдын алады.
Мәйек тек ғана сүйеклерди беккемлеп қоймастан, селен себепли қалқан тәризли бездиң ислеўин де қоллап-қуўатлайды.

Егер узақ ўақыт уйықламасаңыз не жүз береди?
⏰Биринши күни адамның дыққаты төменлейди. 72 сааттан кейин дыққат пенен байланыслы машқалалар ҳәм аяқ-қоллардың дирилдеўи басланады.
⏰5-күни мий тиклениў ушын ўақты-ўақты менен ериксиз өше баслайды. Бул ўақыт ишинде адам галлюцинацияларды бастан өткериўи мүмкин.
⏰Уйқысыз 7 күн Альцгеймер кеселлигине уқсас белгилер менен көринеди. Бул мий өткериўшеңлигиниң бузылыўы менен байланыслы.

Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын бузған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жәриймаға тартылады
Сенаттың жалпы мәжлисинде қурылыс майданларында шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўиниң алдын алыўға байланыслы жаңа нызам додаланды. Миллий нызамшылықта бундай жағдайлар ушын анық жуўапкершилик белгиленбеген еди.
Жаңа нызамға бола, 500 квадрат метр ҳәм оннан артық қурылыс майданларында шаң ҳәм қум тарқалыўының алдын алыў талапларын бузған лаўазымлы шахслар БЕМниң 10 есеси (3,75 млн сом) муғдарында жәриймаға тартылады. Егер ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде қайталанса, жәрийма 50 БЕМ (18,75 млн сом) болады.
Нызам қурылыс процесинде атмосфера ҳаўасының патасланыўына жол қоймаўға хызмет етеди ҳәм сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Қытайдағы жарғанатларда коронавирустың жаңа түри анықланды
Қытайлы вирусологлар жарғанатларда COVID-19 сыяқлы адамларға жуғыўы мүмкин болған жаңа коронавирус түрин анықлады.
Атап өтилиўинше, бул вирус HKU5 коронавирусының жаңа түри болып, дәслеп Гонконгтағы япон жарғанатында табылған. Қытай Илимлер академиясының Гуанчжоудағы бөлими, Ухан университети ҳәм Ухан вирусология институтының қәнигелери Гуанчжоудағы лабораторияда изертлеў алып барған.
Вирусологлар жарғанат үлгилеринен ажыратып алынған жаңа вирус инсан клеткаларын зыянлаўы мүмкин екенлигин атап өткен.
Илимпазлар ҳәзирше қәўетерлениўге тийкар жоқ екенлигин билдирген. HKU5-CoV-2 ниң адамлар арасында тарқалыў қәўпин үлкейтип көрсетпеў керек, бирақ бул бойынша және де тереңирек изертлеўлер өткериў зәрүр, дейди олар.

Жүдә үлкен тезликте ҳәрекетленгенлиги ушын жәрийма муғдары арттырылды
Әмелде тезликти 20 кмге шекем, 20 кмден 40 кмге шекем, 40 кмден өтип кеткенлиги ушын дифференциалластырылған жәриймалар белгиленген еди.
Енди транспорт басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин саатына 60 километрден артып кетиўи БЕМниң 15 есеси (5 млн 625 мың сом) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Мысалы: 60 км тезлик белгиленген аймақта 120 кмден артық тезликте ҳәрекетленсеңиз 5 млн 625 мың сом жәрийма төлейсиз.

Жәрийма баллары себепли ҳуқықынан айырылған айдаўшылар қайта имтихан тапсырыўға мәжбүр
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў арқалы 12 жәрийма баллын топлаған айдаўшылар тек ғана лицензиядан айырылып қалмай, ал имтиханды қайта тапсырыўға да мәжбүр болады.
Ҳәзир имтиханнан өтиў 2 млн сомды қурайды (үш жылда баҳа 10 есеге артқан).
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў арқалы 12 жәрийма баллын топлаған айдаўшылар тек ғана лицензиядан айырылып қалмай, ал имтиханды қайта тапсырыўға да мәжбүр болады.
Ҳәзир имтиханнан өтиў 2 млн сомды қурайды (үш жылда баҳа 10 есеге артқан).
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Арқа Арал теңизиниң суўы 42 процентке артты
Өткен жылы белсенди Эль-Ниньо дәўиринде тек ғана Әмиўдәрья емес, ал Сырдәрьяда да суў менен байланыслы жағдай соңғы 7-8 жылдағы ең жақсысы болды.
Қазақстан Арқа Аралды Үлкен Арал теңизинен ажыратып туратуғын Көкарал бөгетин реконструкциялаў ҳәм Сырдәрья дельтасын тиклеў жойбарын жуўмақлаў алдында. Бул биринши басқыштың әмелге асырылыўы нәтийжесинде теңиздеги суў қәдди 42%ке артты.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Өзбекстанда мийнет дем алысына ҳақы төлеўде жаңа тәртип енгизилди;
➖ Өзбекстанда ЖОО питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша бағдарлама әмелге асырылады;
➖ Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың доллар ақшалай сыйлық бериледи;
➖ 8-март байрамында неше күн дем алыс болады?
➖ Енди қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған хожалық ийелери үш есе көп салық төлейди;
➖ Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды;
➖ Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖ Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын бузған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жәриймаға тартылады;
➖ Жүдә үлкен тезликте ҳәрекетленгенлиги ушын жәрийма муғдары арттырылды;
➖ Жәрийма баллары себепли ҳуқықынан айырылған айдаўшылар қайта имтихан тапсырыўға мәжбүр.

Кислородқа бай бөлмеде уйықлаўдың 3 абзаллығы
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда донорлар ушын жеңилликлер көбеймекте
Жаңа нызамға бола, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси ийелерине берилетуғын ақшалай сыйлық 3 есеге артып, 5,625 миллион сом етип белгиленди.
Буннан тысқары, олар өзлери ушын қолайлы ўақытта жыллық мийнет дем алысына шығыў, қалалық жолаўшы транспортынан бийпул пайдаланыў ҳәм санатория-курортларға гезексиз жоллама алыў ҳуқықына ийе болады.
Жергиликли ҳәкимият органларына донорлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм донорлар ушын қолайлы шараят жаратыў ўазыйпасы жүкленди. Бул нызам бийғәрез донорлықты хошаметлеўге хызмет етеди.

PQ_393_сон_15_11_2024_ O‘quvchi_yoshlarni_chaqiruvga_qadar_boshlang‘ich.pdf
153.1 KB
Жаңа оқыў жылынан ШШБТ пәни ҳәптесине еки мәрте оқытылады
2025/2026-оқыў жылынан баслап, 10-11-класс оқыўшылары ушын шақырыўға шекемги басланғыш таярлық (ШШБТ) пәни ҳәптесине 2 саат оқытылады.
Соның менен бирге, мектеплерде әскерий полигонлардан пайдаланыўға руқсат берилип, оқыў бағдарламасына "Оқ атар ҳәм пневматикалық спорт қуралларының тактикалық-техникалық характеристикалары" бойынша әмелий шынығыўлар киргизиледи.
Мектеплер әскерий бөлимлер ҳәм полигонлардың оқыў базасынан бийпул пайдаланыўы мүмкин болады.

Көп кватиралы үй-жай қурыў ушын ижараға жер алған юридикалық шахслар жер салығын төлемейди
2025-жыл 1-майдан баслап, «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға жер алған юридикалық тәреплер 12 ай даўамында жер салығынан азат етиледи.
Аукцион саўдаларында тек ғана ҚҚС төлейтуғын юридикалық тәреплер қатнаса алады. Жойбар ҳүжжетлери ушын 15 күн, жойбарлаў жумысларын орынлаў ушын 2 ай, қурылысты баслаў ушын 3 ай белгиленген.
2025-жыл 1-марттан баслап, қурылыс шөлкемлерине 24 ай мүддетке жеңиллетилген кредит ажыратылады.

Ләблеби шербети мий ушын пайдалы
Шынығыўлардан алдын ләблеби шербетин ишиў мийди жасартып, хызметин жақсылайды.
Ләблеби шербети витаминлер, азықлық затлар ҳәм микроэлементлерден тысқары көп муғдарда нитратлар, азот бирикпелерин өз ишине алады, олардың организмге кириўи қан тамырларының тарайыўы ҳәм кеңейиўин басқаратуғын азот оксиди молекулаларын ислеп шығарыўға жәрдем береди.
️Илимпазлар ләблеби шербетиниң бул қәсийети адамларға таўларда кислород ашлығына шыдаўға жәрдем беретуғынлығын, сондай-ақ, гипертония менен аўырған наўқаслардың денсаўлығын жақсылайтуғынлығын анықлады.
Ләблеби шербетин ишкенде мийге қан айланыўы күшейеди, ол кислород ҳәм азықлық затларды көбирек алады.

2025-жыл 1-апрельден тәбийий газ баҳалары арттырылыўы күтилмекте
Халық ушын тәбийий газ тарифлери:
Март-октябрь айлары (жылытыў мәўсиминен тысқары):
➖ 100 куб метрге шекем: 650 сомнан 1000 сомға шекем артады;
➖ 101 куб метрден 2500 куб метрге шекем – 1800 сом.
➖ 2500 куб метрден 5000 куб метрге шекем – 2100 сом.
➖ 5000 куб метрден 10000 куб метрге шекем – 2500 сом.
➖ 10000 куб метрден жоқары – 3000 сом.
Ноябрь-февраль айлары (жылытыў мәўсими):
➖ 500 куб метрге шекем: 650 сомнан 1000 сомға дейин артады;
➖ 501 куб метрден 2500 куб метрге шекем – 1800 сом.
➖ 2501 куб метрден 5000 куб метрге шекем – 2100 сом.
➖ 5001 куб метрден 10000 куб метрге шекем – 2500 сом.

Жүўери гүртик күни менен!
Бүгин Қарақалпақстанның сүйикли миллий тағамларының бири – Жуўери гүртик күни! Бул тек ғана мазалы тағам емес, ал бай дәстүрлеримиз, тарийхымыз ҳәм миймандослығымыздың белгиси есапланады.
Қутлы күнде барлық ўатанласларымызға денсаўлық, шаңарақларына қут-берекет тилеймиз. Миллий қәдириятларымызды қәдирлеп, ата-бабаларымыздың мийрасын қәстерлеп сақлайық!
Байрам мүбәрек болсын!

Тезликтиң 60 км/сааттан артып кетиўи 5625000 сом жәриймаға себеп болады
Бул 23-февраль күни «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен белгиленди:
+20-40 км/саат – 1 875 000 сом;
+40-60 км/саат – 3 375 000 сом;
+60 км/саат – 5 625 000 сом;
Ҳәкимшилик жаза шарасы белгиленгенде, спидометр ҳәм арнаўлы үскенелердиң қәтелери есапқа алынып, 5 км/саат алып тасланады.
Алдын +60 км/саат ушын айрықша жәрийма жоқ еди.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады
12 баллық система тек ғана «ГАИ» тоқтатып, өзи жәрийма жазғанда есапланады, мәс ҳалда машина басқарғанлар болса 5 жыл мүддетке шекем қамалыўы мүмкин.
Көшедеги камера ҳәм радарларға түскенде жәрийма есапланбайды.
Атап өтилиўинше, мәс ҳалындағы шахстың транспорт қуралын басқарыўына жол қойыў ямаса басқарыўды оған тапсырыў, 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Бул жынаят кодексиниң 261-статьясында көрсетилген.

Сертификатқа ийе өзбек тили (мәмлекетлик тил) муғаллимлерине де 50% үстеме бериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан - 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-февральдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни бойынша сабақ беретуғын және Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50% муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

Болгар бурышының пайдалы қәсийетлери
▪️Көз саламатлығы ушын пайдалы;
▪️Шаш ҳәм тери ушын нәтийжели тәсир көрсетеди;
▪️Рак қәўипин азайтады;
▪️Жүрек-қан тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин азайтады;
▪️Иммунитетти беккемлейди;
▪️Холестерин дәрежесин төменлетеди;
▪️Исиниўге қарсы ҳәм антиоксидант қәсийетлерге ийе.