«Айдынлар» фильми «Ең жақсы фильм» деп тән алынды
2025-жылдың 12-15-февраль күнлери Ватикан мәмлекетинде Рим Папасы Франциск тәрепинен шөлкемлестирилген «XVI-MIRABILE DICTU» кинофестивалы болып өтти. «Католик Оскари» деп аталған бул фестиваль жақсылық ҳәм дослық сүрени астында өткериледи және пүткил дүньядан кино дөретиўшилери қатнасады.
Кинофестивальға 2000 нан аслам фильм усыныс етилген. Олардың арасында «Өзбектелефильм» мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен сүўретке алынған «Айдынлар» фильми (режиссёрлар Музаффархон Эркинов ҳәм Музаффар Қарабаев) «Ең жақсы фильм» номинациясының жеңимпазы болды.
Фильм Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында сүўретке алынған болып, онда жергиликли актёр ҳәм актрисалар табыслы роль ойнаған. Бул жоқары жетискенлик миллий киноматографияның раўажланыўының және бир үлгиси болды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың доллар ақшалай сыйлық бериледи
Президенттиң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди, деп жазады Daryo.uz.
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрам сыпатында кеңнен белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын, оларға теңлестирилген шахсларды және 1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларын материаллық хошаметлеў мақсетинде бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленди.
Оған бола:
➖ Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәрбирине 10 мың доллар;
➖ Урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслардың ҳәрбирине 25 млн сом;
➖ Урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларының ҳәрбирине 3 млн сом муғдарында бериледи.
Ақшалай сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылады.

Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не қылыў керек?
Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети есапланады. Себеби, балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекетшең ҳәм белсенди болады.
️Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: Топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент етеди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳешқашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Олар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
✔️ Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәрбир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.

8-март байрамында неше күн дем алыс болады?
Усы жылы 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.
Мийнет кодексине муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.
Оған бола, байрам қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише болады:
➖ 8-март, шемби – байрам күни, дем алыс күни;
➖ 9-март, екшемби – дем алыс күни;
➖ 10-март, дүйшемби – қосымша дем алыс күни.

Енди қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған хожалық ийелери үш есе көп салық төлейди
Өзбекстанда қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде «Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Оған бола:
➖ Қыйтақ жер ямаса дийқан хожалықлары жерлеринен пайдаланыў жағдайы ҳәр шеректе мониторинг етиледи.
➖ Егер егин егилмесе ямаса жер қараўсыз қалса (форс-мажор жағдайлары буған кирмейди):
Жеңиллетилген кредитлер берилмейди;
Социаллық жеңилликлер тоқтатылады;
Жер салығы үш есеге арттырылады.
Қарарлар «мәҳәлле жетилиги»ниң жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Жерден нәтийжели пайдаланыў жолға қойылса, жеңилликлер ҳәм әдеттеги салық ставкалары тикленеди.

Орайлық банк карталар ҳаққында жиберилип атырған SMS хабарлар бойынша мағлыўмат берди
Орайлық банк коммерциялық банклердиң пуқараларға SMS арқалы карталары ҳаққында хабар жибериўи бойынша түсиник берди.
Хабарлар пуқараларды олардың атына рәсмийлестирилген карталар ҳаққында хабардар етиў мақсетинде жиберилип атыр. Қәўипсизлик талапларына муўапық карта номерлериниң бир бөлеги көрсетиледи.
Орайлық банк пуқараларға SMS арқалы мағлыўматта көрсетилген карталар бойынша түсинбеўшилик жүзеге келгенде, хызмет көрсететуғын банкке мүрәжат етип, пайдаланылмай атырған карталарды жабыўды усыныс етти.
Сондай-ақ, алдаўшылық арқалы виртуал карталар ашылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ескертти.

Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды
Сенаттың 20-февральдағы жалпы мәжилисинде өзине кредит ажыратыўды қадаған етиўди нәзерде тутатуғын нызам мақулланды.
Нызамға муўапық:
➖ Физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин қадаған етиў ҳәм бундай шахсларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилгенлер реестрине киргизиў тәртиби белгиленди;
➖ Алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредит рәсмийлестириўдиң алдын алыў механизмлери жаратылды;
➖ Кредит бюроларының миннетлемелери ҳәм нызамбузыўшылықлар ушын жуўапкершилик илажлары белгиленди.
Нызам пуқаралардың хабарысыз кредит рәсмийлестириў менен байланыслы алдаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған.

Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады
Транспорт басқарыўшысы ушын жәрийма баллары тәртиби:
➖ Егер жәрийма баллары 12 баллдан артса, айдаўшы 6 айдан кем болмаған мүддетке транспорт басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖Ҳәрбир ҳуқықбузарлық ушын ең көби менен 2 балл қосылады;
➖ Жәрийма баллары биринши ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 жыл даўамында есапланады;
➖Бир жыл өткеннен соң, баллар автомат түрде шешиледи.

Дүнья музлықларының ериўи тезлеспекте - жаңа изертлеў
Глобал музлықлардың ериўи тезлесип атыр, келеси жыллары бул теңиз қәддиниң көтерилиўине алып келиўи мүмкин. Халықаралық изертлеўшилер топары соңғы он жылда муз ериўиниң кескин көбейгенлигин анықлады, деп хабарлайды Daryo.uz.
2012-жылдан 2023-жылға шекемги дәўирде 2000-жылдан 2011-жылға шекемги дәўирге салыстырғанда шама менен 36% көбирек муз ериген.
Сюрих университетиниң профессоры ҳәм изертлеўдиң жәрдемши авторы Майкл Земп нәтийжелер күтилмеген болса да, «таң қаларлық» екенлигин атап өтти. Киши музлықларға ийе болған аймақлар оларды тезирек жоғалтпақта ҳәм көпшилиги «бул әсирде сақланып қалмайды.»
Сол себепли биз әсирдиң ақырына шекем теңиз қәддиниң бурын күтилгенинен де жоқары көтерилиўи менен жүзбе-жүз турмыз, деди Земп.
Музлықлардың жоқ болыўы, әсиресе, Орайлық Азия ҳәм Орайлық Анд таўларында душшы суў тәмийнатына да тәсир ететуғынлығын атап өтти.

📍Бөдене мәйеги - кекселер ушын ең пайдалы өним
Бөдене мәйеги жасы үлкен адамлар ушын пайдалы есапланады, себеби қурамында Б топары витаминлери, соның ишинде Б12 бар. Көбинесе оның жетиспеўшилиги анемияға себеп болады.
Бөдене мәйеги аңсат сиңетуғын белок ҳәм Д витамининиң жақсы дереги болып, соның ушын да бул өним асқазан-ишек системасында тез-тез машқалаларға дус келетуғын кексе адамлар ушын жүдә пайдалы. Д витамини болса кальцийдиң денеден шығып кетиўиниң алдын алады.
Мәйек тек ғана сүйеклерди беккемлеп қоймастан, селен себепли қалқан тәризли бездиң ислеўин де қоллап-қуўатлайды.

Егер узақ ўақыт уйықламасаңыз не жүз береди?
⏰Биринши күни адамның дыққаты төменлейди. 72 сааттан кейин дыққат пенен байланыслы машқалалар ҳәм аяқ-қоллардың дирилдеўи басланады.
⏰5-күни мий тиклениў ушын ўақты-ўақты менен ериксиз өше баслайды. Бул ўақыт ишинде адам галлюцинацияларды бастан өткериўи мүмкин.
⏰Уйқысыз 7 күн Альцгеймер кеселлигине уқсас белгилер менен көринеди. Бул мий өткериўшеңлигиниң бузылыўы менен байланыслы.

Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын бузған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жәриймаға тартылады
Сенаттың жалпы мәжлисинде қурылыс майданларында шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўиниң алдын алыўға байланыслы жаңа нызам додаланды. Миллий нызамшылықта бундай жағдайлар ушын анық жуўапкершилик белгиленбеген еди.
Жаңа нызамға бола, 500 квадрат метр ҳәм оннан артық қурылыс майданларында шаң ҳәм қум тарқалыўының алдын алыў талапларын бузған лаўазымлы шахслар БЕМниң 10 есеси (3,75 млн сом) муғдарында жәриймаға тартылады. Егер ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде қайталанса, жәрийма 50 БЕМ (18,75 млн сом) болады.
Нызам қурылыс процесинде атмосфера ҳаўасының патасланыўына жол қоймаўға хызмет етеди ҳәм сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Қытайдағы жарғанатларда коронавирустың жаңа түри анықланды
Қытайлы вирусологлар жарғанатларда COVID-19 сыяқлы адамларға жуғыўы мүмкин болған жаңа коронавирус түрин анықлады.
Атап өтилиўинше, бул вирус HKU5 коронавирусының жаңа түри болып, дәслеп Гонконгтағы япон жарғанатында табылған. Қытай Илимлер академиясының Гуанчжоудағы бөлими, Ухан университети ҳәм Ухан вирусология институтының қәнигелери Гуанчжоудағы лабораторияда изертлеў алып барған.
Вирусологлар жарғанат үлгилеринен ажыратып алынған жаңа вирус инсан клеткаларын зыянлаўы мүмкин екенлигин атап өткен.
Илимпазлар ҳәзирше қәўетерлениўге тийкар жоқ екенлигин билдирген. HKU5-CoV-2 ниң адамлар арасында тарқалыў қәўпин үлкейтип көрсетпеў керек, бирақ бул бойынша және де тереңирек изертлеўлер өткериў зәрүр, дейди олар.

Жүдә үлкен тезликте ҳәрекетленгенлиги ушын жәрийма муғдары арттырылды
Әмелде тезликти 20 кмге шекем, 20 кмден 40 кмге шекем, 40 кмден өтип кеткенлиги ушын дифференциалластырылған жәриймалар белгиленген еди.
Енди транспорт басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин саатына 60 километрден артып кетиўи БЕМниң 15 есеси (5 млн 625 мың сом) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Мысалы: 60 км тезлик белгиленген аймақта 120 кмден артық тезликте ҳәрекетленсеңиз 5 млн 625 мың сом жәрийма төлейсиз.

Жәрийма баллары себепли ҳуқықынан айырылған айдаўшылар қайта имтихан тапсырыўға мәжбүр
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў арқалы 12 жәрийма баллын топлаған айдаўшылар тек ғана лицензиядан айырылып қалмай, ал имтиханды қайта тапсырыўға да мәжбүр болады.
Ҳәзир имтиханнан өтиў 2 млн сомды қурайды (үш жылда баҳа 10 есеге артқан).
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў арқалы 12 жәрийма баллын топлаған айдаўшылар тек ғана лицензиядан айырылып қалмай, ал имтиханды қайта тапсырыўға да мәжбүр болады.
Ҳәзир имтиханнан өтиў 2 млн сомды қурайды (үш жылда баҳа 10 есеге артқан).
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Арқа Арал теңизиниң суўы 42 процентке артты
Өткен жылы белсенди Эль-Ниньо дәўиринде тек ғана Әмиўдәрья емес, ал Сырдәрьяда да суў менен байланыслы жағдай соңғы 7-8 жылдағы ең жақсысы болды.
Қазақстан Арқа Аралды Үлкен Арал теңизинен ажыратып туратуғын Көкарал бөгетин реконструкциялаў ҳәм Сырдәрья дельтасын тиклеў жойбарын жуўмақлаў алдында. Бул биринши басқыштың әмелге асырылыўы нәтийжесинде теңиздеги суў қәдди 42%ке артты.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ Өзбекстанда мийнет дем алысына ҳақы төлеўде жаңа тәртип енгизилди;
➖ Өзбекстанда ЖОО питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша бағдарлама әмелге асырылады;
➖ Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың доллар ақшалай сыйлық бериледи;
➖ 8-март байрамында неше күн дем алыс болады?
➖ Енди қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған хожалық ийелери үш есе көп салық төлейди;
➖ Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды;
➖ Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖ Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын бузған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары жәриймаға тартылады;
➖ Жүдә үлкен тезликте ҳәрекетленгенлиги ушын жәрийма муғдары арттырылды;
➖ Жәрийма баллары себепли ҳуқықынан айырылған айдаўшылар қайта имтихан тапсырыўға мәжбүр.

Кислородқа бай бөлмеде уйықлаўдың 3 абзаллығы
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
▫️Бул арқалы сиз ҳәтте раўажланып атырған уйқысызлықты да жеңиўиңиз ҳәм нерв системаңызды тәртипке салыўыңыз мүмкин.
▫️Вируслар жабық орталықта көп раўажланады. Таза ҳаўа болса бөлмени тазалаўға хызмет етеди.
▫️Уйқы сапасы жақсыланады, сапалы дем алыўды тәмийинлейди.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда донорлар ушын жеңилликлер көбеймекте
Жаңа нызамға бола, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси ийелерине берилетуғын ақшалай сыйлық 3 есеге артып, 5,625 миллион сом етип белгиленди.
Буннан тысқары, олар өзлери ушын қолайлы ўақытта жыллық мийнет дем алысына шығыў, қалалық жолаўшы транспортынан бийпул пайдаланыў ҳәм санатория-курортларға гезексиз жоллама алыў ҳуқықына ийе болады.
Жергиликли ҳәкимият органларына донорлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм донорлар ушын қолайлы шараят жаратыў ўазыйпасы жүкленди. Бул нызам бийғәрез донорлықты хошаметлеўге хызмет етеди.

PQ_393_сон_15_11_2024_ O‘quvchi_yoshlarni_chaqiruvga_qadar_boshlang‘ich.pdf
153.1 KB
Жаңа оқыў жылынан ШШБТ пәни ҳәптесине еки мәрте оқытылады
2025/2026-оқыў жылынан баслап, 10-11-класс оқыўшылары ушын шақырыўға шекемги басланғыш таярлық (ШШБТ) пәни ҳәптесине 2 саат оқытылады.
Соның менен бирге, мектеплерде әскерий полигонлардан пайдаланыўға руқсат берилип, оқыў бағдарламасына "Оқ атар ҳәм пневматикалық спорт қуралларының тактикалық-техникалық характеристикалары" бойынша әмелий шынығыўлар киргизиледи.
Мектеплер әскерий бөлимлер ҳәм полигонлардың оқыў базасынан бийпул пайдаланыўы мүмкин болады.