Кальцийге бай өнимлер рак қәўипин азайтады
️Кальцийге бай аўқатлар ҳәм талшық асқазан-ишек рагиниң раўажланыў қәўипин сезилерли дәрежеде кемейтеди.
️
Буны америкалы илимпазлардың статистикалық есап-санақлары тастыйықлайды, олар күнине шама менен 1200 мг кальций қабыл еткен наўқаслар өспе кеселликлеринен 25% аз азап шегетуғынлығын көрсетти.
Буның себеби сонда, кальций рак клеткаларының фагоцитоз механизмлерин тәртипке салады, соның ушын ол рактың алдын алыў қуралы есапланады.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың арттырылыўы ҳаққындағы хабарлар жалған
Экономика ҳәм қаржы министрлиги Өзбекстанда мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалар 2025-жыл 1-март ҳәм 1-августтан 10%ке арттырылатуғынлығы ҳаққында тарқалған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығын мәлим етти.
«Айлық ҳәм пенсиялар бойынша ҳәрқандай рәсмий мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлардың рәсмий дереклери арқалы жәрияланады» делинеди министрликтиң хабарында.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги исенимли дәреклерге сүйениўди ҳәм тексерилип көрилмеген хабарларды тарқатпаўды сорады.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда соңғы мәрте 2024-жыл сентябрьде пенсиялар ҳәм напақалар 15%ке арттырылған еди.

Өзбекстанда мийнет дем алысына ҳақы төлеўде жаңа тәртип енгизилди
Жаңа Мийнет кодексине бола, ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын ҳақы төлеўде екшемби күни есапқа алынбайды, деп хабар береди Daryo.uz. Хызметкер жумыстан босағанда дем алыс компенсациясы да екшемби күнин өз ишине алмайды.
Буннан басқа:
➖ Мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыс бир жыл ишинде жәми 3 айдан артпаўы керек;
➖ 18 жасқа толмаған шахслар орынбасарлық тийкарында ислей алмайды;
➖ Қолайсыз мийнет шараятларында ислейтуғынлар орынбасарлық тийкарында басқа уқсас шараятларда ислей алмайды (медицина хызметкерлеринен тысқары);
➖ 12 жасқа толмаған еки ямаса оннан артық баласы, ямаса 16 жасқа толмаған нәгиранлығы болған баласы бар ата-аналардың бирине ис ҳақысы сақланбаған ҳалда кеминде 14 күнлик дем алыс бериледи.

«Дүньядағы ең ақыллы жасалма интеллект» 18-февральда таныстырылады
Белгили миллиардер, xAI технология компаниясының ийеси Илон Маск жаңаланған Grok чат-ботының шығыўын жәриялады, деп хабарлайды Ict.xabar.uz.
Масктың өзи «Жер жүзиндеги ең ақыллы жасалма интеллект» деп тәрийиплеген бул чат-бот 18-февраль күни бизиң ўақыт пенен саат 05:00 де (Тыныш океаны ўақты менен 17-февраль саат 20:00 де) усынылады.
Атап өтилиўинше, жаңаланған система еле ҳешбир қолланба жетпеген дәрежеде мағлыўматларды таллаў ҳәм жуўап бериў имканиятына ийе. Сынақларда Grok 3 барлық бәсекилеслерин артта қалдырды, деди Маск.
Алдын Grok чат-ботынан тек Х Premium абонентлери пайдаланыўы мүмкин еди. Grok 3 болса бийпул, буның ушын grok.com веб-сайтына кириўдиң өзи жеткиликли ямаса мобиль қосымшадан пайдаланыў мүмкин. Көплеген чат-ботлардан парқы, Grok 3 те сораў-жуўапларда дерлик шегара жоқ.

Шаш не себептен түседи?
✅ Ҳәр күни саламат адамларда 50-80 шаш талшығы төгилиўи мүмкин. Қәўетерлениўге орын жоқ. Егер шашыңыз күнлик нормадан көп түсип атырған болса, оған түрли себеплер бар.
▪️Шаш күтиминде надурыс усыллардан пайдаланыў, организмдеги өзгерислер, тынышсызланыў, мәўсимлердиң алмасыўы да шаш төгилиўине себеп болады.
▪️Шаш төгилиўи ҳаялларға салыстырғанда еркеклерде көбирек бақланады ҳәм ол төмендегилердиң нәтийжесинде жүзеге келеди:
✔️ Нәсиллик фактор;
✔️ Жуқпалы кеселликлер;
✔️ Химиялық затлар.

Илимпазлар 1600 ден артық ядро бомбасын жарыўды усыныс етти
Rochester технология институты изертлеўшилери атмосферадан карбонат ангидридти шығарып таслаўдың тәбийий процесслерин тезлестириў ушын 1620 термоядро бомбасын жарыўды усыныс етти.
Илимпазлардың ескертиўинше, егер Жердеги орташа температура жоқарылаўда даўам етсе, әсир ақырына келип жәҳән экономикасына 200 трлн доллар зыян жеткериўи ҳәм жүз миллиондай адамның жасаў шараятлары кескин жаманласыўы мүмкин. Буған жол қоймаў ушын олар әдетий болмаған шешим усыныс етип атыр – ҳәрбири 50 мегатонна болған 1600 ден аслам термоядро зарядларын суў астында жарыў.
Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, термоядролық жарылыўлар базальт сыяқлы силикат жынысларының жемирилиўин тезлестириўи мүмкин. Бул процесс карбонат ангидридти өзине бириктирип, оны атмосферадан шығарып таслайды.

Қайнатыў ямаса пуўға писириў – қайсы бири пайдалы?
Пуўда писирилген аўқат қайнатылған, демленген ямаса печте писирилген аўқатқа қарағанда пайдалырақ. Пуўландырыў процесинде температура 100 C дан артпайды, соның ушын пайдалы затлар өнимлерде толық сақланып қалады.
️Қайнатылғанда көплеген суўда ерийтуғын витаминлер сорпаға өтеди ҳәм палыз өнимлери пайдалы қәсийетлерин жоғалтады.
Буннан тысқары, қайнатыў ҳәм пуўланыў процесинде палыз өнимлери, гөш өзиниң тәбийий реңин жоғалтады ҳәм ағарып кетеди.

Тайынлаў
Султанов Тлеуберген Айтмуратович – Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары-аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.
Т.Султанов тайынлаўға шекем Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Өзбекстанда ЖОО питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша бағдарлама әмелге асырылады
Өзбекстанда ЖОО питкериўшилериниң жумысқа кириўине жәрдемлесетуғын «Келешекке қәдем» бағдарламасы әмелге асырылады. Бул ҳаққында 14-февральда қол қойылған Президент қарарында белгиленген.
«Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға бола, бағдарлама төмендегилерди нәзерде тутады:
➖ Өз бизнес идеяларын әмелге асырыўды қәлейтуғын жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўши басқыш студентлери ушын бизнес идеяны таяр жойбарға шекем алып барыў процесинде толық жәрдемлесиў, соның ишинде, қолайлы шәртлерде қаржыландырыў;
➖ ЖООның питкериўши ҳәм төменги басқыш студентлери арасында тараўлар бойынша ашық таңлаўлар өткериў ҳәм жеңимпазларды жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў.

«Айдынлар» фильми «Ең жақсы фильм» деп тән алынды
2025-жылдың 12-15-февраль күнлери Ватикан мәмлекетинде Рим Папасы Франциск тәрепинен шөлкемлестирилген «XVI-MIRABILE DICTU» кинофестивалы болып өтти. «Католик Оскари» деп аталған бул фестиваль жақсылық ҳәм дослық сүрени астында өткериледи және пүткил дүньядан кино дөретиўшилери қатнасады.
Кинофестивальға 2000 нан аслам фильм усыныс етилген. Олардың арасында «Өзбектелефильм» мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен сүўретке алынған «Айдынлар» фильми (режиссёрлар Музаффархон Эркинов ҳәм Музаффар Қарабаев) «Ең жақсы фильм» номинациясының жеңимпазы болды.
Фильм Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында сүўретке алынған болып, онда жергиликли актёр ҳәм актрисалар табыслы роль ойнаған. Бул жоқары жетискенлик миллий киноматографияның раўажланыўының және бир үлгиси болды.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың доллар ақшалай сыйлық бериледи
Президенттиң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди, деп жазады Daryo.uz.
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрам сыпатында кеңнен белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын, оларға теңлестирилген шахсларды және 1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларын материаллық хошаметлеў мақсетинде бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленди.
Оған бола:
➖ Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәрбирине 10 мың доллар;
➖ Урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслардың ҳәрбирине 25 млн сом;
➖ Урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларының ҳәрбирине 3 млн сом муғдарында бериледи.
Ақшалай сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылады.

Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не қылыў керек?
Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети есапланады. Себеби, балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекетшең ҳәм белсенди болады.
️Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: Топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент етеди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳешқашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Олар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
✔️ Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәрбир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.

8-март байрамында неше күн дем алыс болады?
Усы жылы 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.
Мийнет кодексине муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.
Оған бола, байрам қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише болады:
➖ 8-март, шемби – байрам күни, дем алыс күни;
➖ 9-март, екшемби – дем алыс күни;
➖ 10-март, дүйшемби – қосымша дем алыс күни.

Енди қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған хожалық ийелери үш есе көп салық төлейди
Өзбекстанда қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде «Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Оған бола:
➖ Қыйтақ жер ямаса дийқан хожалықлары жерлеринен пайдаланыў жағдайы ҳәр шеректе мониторинг етиледи.
➖ Егер егин егилмесе ямаса жер қараўсыз қалса (форс-мажор жағдайлары буған кирмейди):
Жеңиллетилген кредитлер берилмейди;
Социаллық жеңилликлер тоқтатылады;
Жер салығы үш есеге арттырылады.
Қарарлар «мәҳәлле жетилиги»ниң жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Жерден нәтийжели пайдаланыў жолға қойылса, жеңилликлер ҳәм әдеттеги салық ставкалары тикленеди.

Орайлық банк карталар ҳаққында жиберилип атырған SMS хабарлар бойынша мағлыўмат берди
Орайлық банк коммерциялық банклердиң пуқараларға SMS арқалы карталары ҳаққында хабар жибериўи бойынша түсиник берди.
Хабарлар пуқараларды олардың атына рәсмийлестирилген карталар ҳаққында хабардар етиў мақсетинде жиберилип атыр. Қәўипсизлик талапларына муўапық карта номерлериниң бир бөлеги көрсетиледи.
Орайлық банк пуқараларға SMS арқалы мағлыўматта көрсетилген карталар бойынша түсинбеўшилик жүзеге келгенде, хызмет көрсететуғын банкке мүрәжат етип, пайдаланылмай атырған карталарды жабыўды усыныс етти.
Сондай-ақ, алдаўшылық арқалы виртуал карталар ашылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ескертти.

Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды
Сенаттың 20-февральдағы жалпы мәжилисинде өзине кредит ажыратыўды қадаған етиўди нәзерде тутатуғын нызам мақулланды.
Нызамға муўапық:
➖ Физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин қадаған етиў ҳәм бундай шахсларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилгенлер реестрине киргизиў тәртиби белгиленди;
➖ Алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредит рәсмийлестириўдиң алдын алыў механизмлери жаратылды;
➖ Кредит бюроларының миннетлемелери ҳәм нызамбузыўшылықлар ушын жуўапкершилик илажлары белгиленди.
Нызам пуқаралардың хабарысыз кредит рәсмийлестириў менен байланыслы алдаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған.

Жәрийма баллары 12 ден өтсе айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады
Транспорт басқарыўшысы ушын жәрийма баллары тәртиби:
➖ Егер жәрийма баллары 12 баллдан артса, айдаўшы 6 айдан кем болмаған мүддетке транспорт басқарыў ҳуқықынан айырылады;
➖Ҳәрбир ҳуқықбузарлық ушын ең көби менен 2 балл қосылады;
➖ Жәрийма баллары биринши ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 жыл даўамында есапланады;
➖Бир жыл өткеннен соң, баллар автомат түрде шешиледи.

Дүнья музлықларының ериўи тезлеспекте - жаңа изертлеў
Глобал музлықлардың ериўи тезлесип атыр, келеси жыллары бул теңиз қәддиниң көтерилиўине алып келиўи мүмкин. Халықаралық изертлеўшилер топары соңғы он жылда муз ериўиниң кескин көбейгенлигин анықлады, деп хабарлайды Daryo.uz.
2012-жылдан 2023-жылға шекемги дәўирде 2000-жылдан 2011-жылға шекемги дәўирге салыстырғанда шама менен 36% көбирек муз ериген.
Сюрих университетиниң профессоры ҳәм изертлеўдиң жәрдемши авторы Майкл Земп нәтийжелер күтилмеген болса да, «таң қаларлық» екенлигин атап өтти. Киши музлықларға ийе болған аймақлар оларды тезирек жоғалтпақта ҳәм көпшилиги «бул әсирде сақланып қалмайды.»
Сол себепли биз әсирдиң ақырына шекем теңиз қәддиниң бурын күтилгенинен де жоқары көтерилиўи менен жүзбе-жүз турмыз, деди Земп.
Музлықлардың жоқ болыўы, әсиресе, Орайлық Азия ҳәм Орайлық Анд таўларында душшы суў тәмийнатына да тәсир ететуғынлығын атап өтти.

📍Бөдене мәйеги - кекселер ушын ең пайдалы өним
Бөдене мәйеги жасы үлкен адамлар ушын пайдалы есапланады, себеби қурамында Б топары витаминлери, соның ишинде Б12 бар. Көбинесе оның жетиспеўшилиги анемияға себеп болады.
Бөдене мәйеги аңсат сиңетуғын белок ҳәм Д витамининиң жақсы дереги болып, соның ушын да бул өним асқазан-ишек системасында тез-тез машқалаларға дус келетуғын кексе адамлар ушын жүдә пайдалы. Д витамини болса кальцийдиң денеден шығып кетиўиниң алдын алады.
Мәйек тек ғана сүйеклерди беккемлеп қоймастан, селен себепли қалқан тәризли бездиң ислеўин де қоллап-қуўатлайды.