KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Өзбекстанда китап оқыған қамақтағы шахслардың жаза мүддети қысқартылады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде китап оқыған қамақтағылардың жаза мүддети қысқартылатуғыны айтылды. Онда судланғанларды әдеп-икрамлылық жағынан дүзетиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Бул нызам жойбарына бола, қамақтағылардың жазаны өтеў мүддетин өзин-өзи тәрбиялаў арқалы дүзелиў жолына өткенлигин тастыйықлайтуғын ҳәрекетлерди орынлағанлығы мүнәсибети менен азайтыў нәзерде тутылмақта.

Бул жойбар менен Жынаят кодексине китап оқыўға тартыў арқалы қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жағынан дүзетиў бойынша жаңа 74-1-статья киргизилмекте. Оған бола, тек ғана жаза мүддетин толық өтеўи керек болған қамақтағыларға байланыслы тастыйықланған дизим бойынша 1 китап оқыған ҳәм белгиленген тәртипте имтихан тапсырған жағдайда жазасын 3 күнге қысқартыў нәзерде тутылмақта.

Онда жылына көби менен 10 китап оқыў мүмкин екенлиги белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда Президент олимпиадасы шөлкемлестириледи

Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында Өзбекстанда Президент олимпиадасының шөлкемлестирилетуғынлығы мәлим етилди, деп хабар береди Daryo.uz.

Атап өтилиўинше, жылына еки мәрте аймақларда олимпиада спорт түрлери бойынша "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысларын өткериў жолға қойылады. Район ҳәм ўәлаяттағы сыйлы орын ийелерин ҳәкимлер хошаметлеп барады.

Ўәлаят басқышының жеңимпазлары ҳәр жылы 10-20-декабрь күнлери Олимпиада қалашасында өткерилетуғын Президент олимпиадасында қатнасады. Жарыс жеңимпазлары болса үй, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи. Онда 1-2 курс оқыўшыларына стипендия төлеў жолға қойылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытай блогерлерге армия ҳаққында мағлыўмат бериўди қадаған етти

Қытай өзиниң Қураллы күшлери ҳаққындағы мағлыўматларды интернетте жәриялаўды шеклейтуғын жаңа қағыйдаларды енгизди. Бул қәдем дүньядағы ең ири армияның жумысын бақлаўды шеклеўи мүмкин, деп хабар берди Daryo.uz.

Бул қағыйдалар 1-марттан баслап күшке киреди. Ол Қытай армиясын АҚШ әскерий қүдиретине теңлесиў ушын жеделлик пенен кеңейтип ҳәм модернизациялап атырғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар фонында жәрияланды.

Киргизилген шеклеўлер Қытай әскерий блогерлери ҳәм шолыўшыларына үлкен тәсир көрсетиўи мүмкин. Олар жаңа қурал-жарақ системалары, кадрлар тайынлаў ҳәм әскерлер ҳәрекети ҳаққындағы сүўретлер ямаса мағлыўматларды бөлисиўге әдетленген еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Хызметкерди ҳәмиледарлық ўақтында жумыстан босатыў қадаған етилмекте

Өзбекстанда ҳәмиледарлығы ямаса перзенти болғанлығы себепли хызметкерди жумыстан босатыўға шеклеў киргизилди. Бул ҳаққында кеше, 13-февраль күни қабыл етилген Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамында сөз етилди.

Оған бола, нызам менен Мийнет кодексине "Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәкемелераралық программалық-аппарат комплексинде электрон формада мийнет шәртнамасын рәсмийлестириў тәртибин енгизиўди, мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс даўамлылығын белгилеў тәртибин ҳәм хызметкердиң орташа мийнет ҳақысын есаплаў тәртибин өзгертиўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди автомобильге газ баллон орнатыў ушын руқсатнаманы онлайн тәризде алыў мүмкин

Бул хызмет Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында иске қосылған болып, төлемли хызмет есапланады.

Автотранспорт қуралларын қайта үскенелеўге рухсатнама алыўға арзаны көрип шығыў ушын жыйым 0,3 БЕМ (112 500 сом) ды қурайды. Хызмет көрсетиў мүддети болса 10 күн.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Саққыз шайнаў пайдалы ма?

30 секундтан 10 минутқа шекем мята дәмли саққызларды шайнаў, аўыз бослығын тис щёткасы ҳәм суўға қарағанда жақсырақ тазалайды екен. Бул процесс 10 минуттан аспаўы керек.

✔️ Илимпазлардың анықлаўынша, саққыз өзинде 100 миллионға шамалас бактерияларды жабыстырып алады екен. Егер саққыз 30 секундтан артық шайналса, «тутылатуғын» бактериялар саны кемейип барады. Узақ шайналған саққыз өзинде жыйнаған бактерияларды қайтарып аўыз бослығына шығарып жибереди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Телеграм бар екен, енди YouTube керек емес

Телеграмның видеоплеери күшли жаңаланды, деп жазады Ict.xabar.uz.
Видеоларға сулыў муқаба ҳәм тайм-кодлар қосыў жүдә аңсат.Тайм-кодларға силтемелерди нусқалап дослар менен бөлисиў мүмкин.

Енди видеоны жаўып оған қайтып кирсеңиз видео тоқтатылған жеринен даўам етеди.

Android ҳәм iOS қурылмалары ийелери өз Telegram'ларын жаңалап, усы функциялардан пайдаланыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Енди 1 мың жас сырт елге оқыўға жибериледи

14-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев пенен жаслар ортасында өткерилген сәубетте кәмбағаллықты қысқартыўда билимлендириўдиң әҳмийети атап өтилди. Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын жоқары билим алыў имканиятлары кеңеймекте.

Атап айтқанда, оларға процентсиз тәлим кредитлери, қосымша грантлар ҳәм контракт төлеминиң бир бөлегин қаплаў жеңилликлери берилип атыр.

Сондай-ақ, аўыр шаңарақлық шәраяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған қәбилетли жаслар ушын «Жарқын талант» жойбары әмелге асырылады. Жойбар шеңберинде мәҳәллелерде билимге қуштар жаслар таңлап алынып, сырт ел жоқары оқыў орынларына таярлаў курсларында оқытылады. Таңлап алынған 1 мың жас дүньяның «топ-100» жоқары оқыў орынларына жиберилип, оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи, деп хабарлайды Президент баспасөз хаткери.

Сырт елде оқып келген жаслар миллий кадрлар резервине киргизилип, мәмлекетлик уйымларға таңлаўсыз жумысқа қабыл етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Uzcard'тың СМС-хабарлама хызмети қымбатлайды

Пластик карта операциялары бойынша 5800 номеринен келетуғын «UZCARD SMS-хабарлама» хызметиниң баҳасы ҳәрбир SMS-хабар ушын 2025-жыл 1-марттан 168,4 сом (2 есе қымбат) болады.

Тарифлер 2019-жылдан берли көтерилмеген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тез жүриў дене ушын пайдалы

Лестер университети қәнигелери 405 981 қатнасыўшының генетикалық мағлыўматларын үйренип шығып, усындай жуўмаққа келген.

Изертлеў даўамында илимпазлар кеўиллилердиң теломерлериниң мағлыўматларына сүйенген. Теломерлер дене қартайыўының тийкарғы биомаркерлери есапланади.

➤ Илимпазлардың пикиринше, тез жүриў бул процессти әстенлестириўи мүмкин, себеби ол адамда теломерлерди көбейтиўге жәрдем береди.

✔️ Мәлим болыўынша, тез жүриў тек ғана заўық бағышлап қоймастан, денсаўлықты да жақсылайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шет тиллерин үйренетуғын жасларға 6 айлық оқыў пулы қаплап бериледи

Жеке меншик оқыў орайларында билим алып атырған жаслардың оқыў қәрежетлери «2+6» түринде қапланады: Дәслепки 2 ай оқыўшының өзи, қалған 6 ай болса мәмлекет тәрепинен төленеди, деп хабар береди Президент баспасөз хаткери.

Буннан тысқары, шет тиллеринен C1 дәрежесине ийе жаслар шетки аймақларда оқыў орайларын ашса, оларға 120 млн сомға шекем процентсиз ссуда ажыратылады.

2024-жыл 1-сентябрьден 2027-жыл 1-январьға шекем немец, француз, корейс, қытай ҳәм япон тиллери бойынша халықаралық имтихан қәрежетлерин қаплаў шәртлери жеңиллестирилип, керекли балл нормалары бир басқышқа төменлетилди. Бул баслама жаслардың тил үйрениўин ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болыўын хошаметлеўге қаратылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Chat GPT-5 ҳәмме ушын бийпул болады

Open-AI тез арада GPT-4.5 ти шығарады. Бул модель компанияның ең соңғы пикирлемейтуғын тил модели болады, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Компания Chat GPT версияларының атларын тәртипке салыўды баслайды.

Бес түрли модельден биреўин таңлаўыңыз да шәрт емес, олардың барлығы GPT-5 ке бириктириледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанның барлық аймақларында креатив парклер шөлкемлестириледи

Өзбекстанда креатив индустрия парклери енди аймақларда да қурылады. Бул ҳаққында 14-февраль күни Президенттиң жаслар менен сәўбети даўамында мәлим етилди.

Мәмлекет басшысы енди креатив индустрия парклери аймақларда да қурылатуғынын айтты. Олар зәрүр ресурс ҳәм инфраструктура менен тәмийинленеди.

Мәлим етилиўинше, креатив индустрия парки резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими енгизиледи. Онда социаллық ҳәм дәрамат салық ставкалары 50 процентке азайтылады, резидентлер товарларды реализациялаў көлемине қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер болады.

Парклер негизинде креатив тараў ўәкиллерин оқытатуғын бизнес мектеплери шөлкемлестириледи. Бул мектеплерде жаслар жаңа ҳәм заманагөй бизнес жүргизиў және электрон коммерция сыяқлы хызмет көрсетиўдиң инновациялық усылларын үйренеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда интеллектуал мүлк ҳуқықын бузғанлығы ушын жынайый жуўапкершилик енгизилиўи мүмкин

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 15-февральдан интеллектуаллық мүлк ҳуқықын қорғаўды күшейтиўге байланыслы нызам жойбары көрип шығылмақта.

Оған муўапық Жынаят, Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Пуқаралық кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилип атыр. Нызам жойбары авторлық ҳуқық ҳәм санаат мүлки объектлерине болған ҳуқықларды бузғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутады.

Атап айтқанда, жеке мүлклик емес ҳуқықларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейтиледи ҳәм мүлклик ҳуқықларды бузғанлығы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленеди.

Нызам жойбары сиясий партиялар фракцияларының додалаўына таярланбақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген аҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Енди Face ID'ден өтпей төлем қосымшаларынан пул өткерилмейди;

Ендигиден былай мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи;

2025-жылда медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди;

2025/2026-оқыў жылынан баслап «жасыл техникумлар» шөлкемлестириледи;

Өзбекстанда айырым кәмбағал шаңарақларға субсидия ажыратылады;

Тәбийий апатшылықлардан зыян көрген халыққа БЕМның 150 есесине шекем жәрдем бериледи;

Қамақтан азат етилген шахсларға 2,25 млн сом муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы төленеди;

Өзбекстанда китап оқыған қамақтағы шахслардың жаза мүддети қысқартылады;

Өзбекстанда Президент олимпиадасы шөлкемлестириледи;

Енди 1 мың жас сырт елге оқыўға жибериледи;

Шет тиллерин үйренетуғын жасларға 6 айлық оқыў пулы қаплап бериледи;

Өзбекстанның барлық аймақларында креатив парклер шөлкемлестириледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кальцийге бай өнимлер рак қәўипин азайтады

️Кальцийге бай аўқатлар ҳәм талшық асқазан-ишек рагиниң раўажланыў қәўипин сезилерли дәрежеде кемейтеди.

Буны америкалы илимпазлардың статистикалық есап-санақлары тастыйықлайды, олар күнине шама менен 1200 мг кальций қабыл еткен наўқаслар өспе кеселликлеринен 25% аз азап шегетуғынлығын көрсетти.

Буның себеби сонда, кальций рак клеткаларының фагоцитоз механизмлерин тәртипке салады, соның ушын ол рактың алдын алыў қуралы есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың арттырылыўы ҳаққындағы хабарлар жалған

Экономика ҳәм қаржы министрлиги Өзбекстанда мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалар 2025-жыл 1-март ҳәм 1-августтан 10%ке арттырылатуғынлығы ҳаққында тарқалған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығын мәлим етти.

«Айлық ҳәм пенсиялар бойынша ҳәрқандай рәсмий мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлардың рәсмий дереклери арқалы жәрияланады» делинеди министрликтиң хабарында.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги исенимли дәреклерге сүйениўди ҳәм тексерилип көрилмеген хабарларды тарқатпаўды сорады.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда соңғы мәрте 2024-жыл сентябрьде пенсиялар ҳәм напақалар 15%ке арттырылған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда мийнет дем алысына ҳақы төлеўде жаңа тәртип енгизилди

Жаңа Мийнет кодексине бола, ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын ҳақы төлеўде екшемби күни есапқа алынбайды, деп хабар береди Daryo.uz. Хызметкер жумыстан босағанда дем алыс компенсациясы да екшемби күнин өз ишине алмайды.

Буннан басқа:

Мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыс бир жыл ишинде жәми 3 айдан артпаўы керек;

18 жасқа толмаған шахслар орынбасарлық тийкарында ислей алмайды;

Қолайсыз мийнет шараятларында ислейтуғынлар орынбасарлық тийкарында басқа уқсас шараятларда ислей алмайды (медицина хызметкерлеринен тысқары);

12 жасқа толмаған еки ямаса оннан артық баласы, ямаса 16 жасқа толмаған нәгиранлығы болған баласы бар ата-аналардың бирине ис ҳақысы сақланбаған ҳалда кеминде 14 күнлик дем алыс бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Дүньядағы ең ақыллы жасалма интеллект» 18-февральда таныстырылады

Белгили миллиардер, xAI технология компаниясының ийеси Илон Маск жаңаланған Grok чат-ботының шығыўын жәриялады, деп хабарлайды Ict.xabar.uz.

Масктың өзи «Жер жүзиндеги ең ақыллы жасалма интеллект» деп тәрийиплеген бул чат-бот 18-февраль күни бизиң ўақыт пенен саат 05:00 де (Тыныш океаны ўақты менен 17-февраль саат 20:00 де) усынылады.

Атап өтилиўинше, жаңаланған система еле ҳешбир қолланба жетпеген дәрежеде мағлыўматларды таллаў ҳәм жуўап бериў имканиятына ийе. Сынақларда Grok 3 барлық бәсекилеслерин артта қалдырды, деди Маск.

Алдын Grok чат-ботынан тек Х Premium абонентлери пайдаланыўы мүмкин еди. Grok 3 болса бийпул, буның ушын grok.com веб-сайтына кириўдиң өзи жеткиликли ямаса мобиль қосымшадан пайдаланыў мүмкин. Көплеген чат-ботлардан парқы, Grok 3 те сораў-жуўапларда дерлик шегара жоқ.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шаш не себептен түседи?

Ҳәр күни саламат адамларда 50-80 шаш талшығы төгилиўи мүмкин. Қәўетерлениўге орын жоқ. Егер шашыңыз күнлик нормадан көп түсип атырған болса, оған түрли себеплер бар.

▪️Шаш күтиминде надурыс усыллардан пайдаланыў, организмдеги өзгерислер, тынышсызланыў, мәўсимлердиң алмасыўы да шаш төгилиўине себеп болады.

▪️Шаш төгилиўи ҳаялларға салыстырғанда еркеклерде көбирек бақланады ҳәм ол төмендегилердиң нәтийжесинде жүзеге келеди:

✔️ Нәсиллик фактор;
✔️ Жуқпалы кеселликлер;
✔️ Химиялық затлар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Илимпазлар 1600 ден артық ядро бомбасын жарыўды усыныс етти

Rochester технология институты изертлеўшилери атмосферадан карбонат ангидридти шығарып таслаўдың тәбийий процесслерин тезлестириў ушын 1620 термоядро бомбасын жарыўды усыныс етти.

Илимпазлардың ескертиўинше, егер Жердеги орташа температура жоқарылаўда даўам етсе, әсир ақырына келип жәҳән экономикасына 200 трлн доллар зыян жеткериўи ҳәм жүз миллиондай адамның жасаў шараятлары кескин жаманласыўы мүмкин. Буған жол қоймаў ушын олар әдетий болмаған шешим усыныс етип атыр – ҳәрбири 50 мегатонна болған 1600 ден аслам термоядро зарядларын суў астында жарыў.

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, термоядролық жарылыўлар базальт сыяқлы силикат жынысларының жемирилиўин тезлестириўи мүмкин. Бул процесс карбонат ангидридти өзине бириктирип, оны атмосферадан шығарып таслайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube