KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
#Фоторепортаж

❄️Пайтахт аппақ түске енгенде…

🌨Бүгин, 10-февраль күни пайтахтымыз Нөкис қаласында қыс мәўсиминиң көптен күтилген ўақыясы – қар жаўды.


Қыстың өзгеше көрки, тәбияттың әжайып гөззаллығы халқымызды өзгеше қуўанышқа бөлеп, кеўиллерге пәклик бағышламақта.

📸Фотосүўретлер авторы Ислам Матеков.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди Face ID‘ден өтпей төлем қосымшаларынан пул өткерилмейди

Өзбекстанда банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң мобиль қосымшаларында идентификациядан өтпей, шығыў операцияларын орынлаў имканиятын шеклеў талап етилмекте.

Атап айтқанда, усы жылы 7-февральдан баслап мобиль қосымшаларда идентификациядан өтпеген қарыйдар картадан картаға өткермелерди әмелге асыра алмайды. Бул ҳаққында Орайлық банк тәрепинен банклерге тийисли көрсетпе хаты жиберилген.

Тәртипке бола, егер пайдаланыўшы мобиль қосымшаға жаңа қурылмадан кирген болса, парольди ҳәм "арнаўлы код"ты дурыс терсе де, идентификациядан өтпегенше, әмелият орынлай алмайды.

2025-жыл 10-февральдан баслап бул талаплар орынланбаған жағдайда, барлық алдаўшылық операциялары нәтийжесинде қарыйдарға жеткерилген зыянлар қаржы шөлкеми тәрепинен қапланады, делинеди регулятор хатында.

Үйрениўлер даўамында айырым банклер ҳәм төлем қосымшаларында Face ID'ден өтпестен операция ислеў имканияты жоқ екенлиги анықланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Саудия балаларды Ҳажға алып барыўды қадаған етти

Саудия Арабстаны Ҳаж ҳәм Умра министрлиги 2025-жыл мәўсиминде зыяратшыларға балаларды алып келиўге руқсат берилмейтуғынлығын мәлим етти, деп жазады Yuz.uz.

Ҳәр жылы Ҳаж ўақтында ҳәдден тыс көп адам жыйналыўы мүнәсибети менен балалар қәўипсизлигин тәмийинлеўде машқалалар пайда болмаўы ушын усындай қарар қабыл етилген.

Сондай-ақ, мәўсимди және де шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде қәўипсизлик бойынша түсиник компаниясы, муқаддес зыярат етиў орынларында ҳәрекетти басқаратуғын ҳәм тәртипке салатуғын ақыллы системаларды әмелиятқа енгизиў, қолайлылықты арттырыў ҳәм мәресимлер процесин аңсатластырыў ушын қоныў орынлары ҳәм жолларды жаңалаў сыяқлы және бир қатар жаңа илажлар енгизилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ендигиден былай мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

Мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ЭСҚ) жәрдеминде қол қойылады.

Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

▪️жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;
▪️процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;
▪️мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты пайда болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алды алынады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылда медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди

Президент пәрманына бола, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, олардың мийнет өнимдарлығын баҳалаў көрсеткишлерин ислеп шығып, нәтийжелиликке ерискен хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төлеў енгизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025/2026-оқыў жылынан баслап «жасыл техникумлар» шөлкемлестириледи

Президент пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетине бириктирилетуғын «жасыл техникумлар» жумысы жолға қойылады.

Сондай-ақ, тәбийий пәнлер, инженерлик-техника, экономика ҳәм қаржы бағдарларындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл раўажланыў» пәни және оқыў бағдарламалары киргизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қоршаған орталыққа тәсири жоқары кәрханалар қала ҳәм ўәлаят орайларынан көшириледи

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң мәлим етиўинше, Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлардың орайларында қоршаған орталыққа жоқары дәрежеде тәсир көрсететуғын жаңа жойбарларды әмелге асырыўдың қадаған етилиўи, сондай-ақ, әмелдеги 168 санаат кәрханасының басқышпа-басқыш көширилиўи аймақлардың экологиялық турақлылығын тәмийинлейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балық – ҳәмиледарлар ушын ең жақсы өним

Қызыл балық белок ҳәм жақсы майлардың дереги болып, асқыныўды кемейтиўге жәрдем береди ҳәм гормонал теңсалмақлылықты тәмийинлейди.

Қызыл балық қурамындағы омега-3 кислоталары бөпениң мийиниң раўажланыўын қоллап-қуўатлайды ҳәм аллергияның раўажланыў қәўпин азайтады.

Ҳәптеде кеминде еки мәрте балық жеўге ҳәрекет етиң.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда айырым кәмбағал шаңарақларға субсидия ажыратылады

«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы президент пәрманы менен кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-апрельден «Жаслар дәптери» фонды арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса «Ҳаял-қызлар дәптери» фонды арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлердиң орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын ажыратылған напақалар төленеди.

2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасайтуғын Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди ChatGPT чатботының излеў функциясынан пайдаланыў ушын дизимнен өтиў ямаса системаға кириў шәрт емес

«ChatGPT енди излеў системасы арқалы сизге тиккелей тез ҳәм өз ўақтында жуўап береди, буның ушын чатботтан дизимнен өтиўиңиз шәрт емес» дейди OpenAI ўәкили.

ChatGPT сиз сораған нәрсе тийкарында интернеттен излеўди таңлайды яки сиз веб-излеў белгисин басыў арқалы қолда излеўди де таңлаўыңыз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тәбийий апатшылықлардан зыян көрген халыққа БЕМның 150 есесине шекем жәрдем бериледи

Өрт, суў тасқыны, жер силкиниў ҳәм басқалардан зыян көрген шаңарақларға базалық есаплаў муғдарының 150 есесине шекемги муғдарда жәрдем бериледи.

Район (қала) ҳәкимликлери жанында «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» қорлары дүзиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Iphone 16 ҳәм Iphone 14 жуплығынан пайда болған 499 долларлық Iphone SE 4

Корпусы Iphone 14 сыяқлы болған жаңаланған Iphone SЕ 4 модели 6,1 дюймлы Super Retina XDR OLED дисплейи менен үскенеленген болып, ол өзине тән саңлақлы ҳәм бир қыйлы түйме тәртибине ийе. Панель шыдамлы Ceramic Shield айнасы менен қапланған.

MagCafe арқалы сымсыз қуўатландырыў да мүмкин. Арқа тәрепинде бир 48 мегапикселли камера жайласқан. Iphone 16 сыяқлы жаңа сенсор екран портрет сүўретлер, жаңаша фотографиялық усыллар ҳәм кесиў себепли сапаны жоғалтпастан 2 есе үлкейтиў имканиятын береди.

Қурылма Apple Intelligence AI функцияларын қоллап-қуўатлайды.
Буннан тысқары, ол айрықша жағдай СОС функциясы ушын жасалма жолдас байланыс модули менен де тәмийинлениўи мүмкин, бул сизге мобиль тармақтан тысқарыда да айрықша жағдай хабарын жибериў имканиятын береди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жоқары қан басымы менен гүресиўге жәрдем беретуғын өнимлер

Ҳәптелик рационыңызға төмендеги өнимлерди қосың ҳәм гипертония ҳаққында умытың:

✅️Какао. Қан тамыр дийўалларын беккемлейди.

Майсыз сүт. Гипертензия менен аўырған наўқаслардың жағдайын жақсылайды.

Бадам. Қурамындағы пайдалы майлар себепли холестерин дәрежесин төменлетеди.

Көк шай. Холестерин тығынларын еритеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қамақтан азат етилген шахсларға 2,25 млн сом муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы төленеди

«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, 2025-жыл 1-майдан баслап еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси (2,25 млн сом) муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Халықаралық радио күни

Радио бүгинги күнде жәмийетти бирлестириўде, түрли мәдениятлар ҳәм пикирлерди бир майданға алып шығыўда өзине тән күшке ийе. Ол тек ғана информация тарқатыў емес, ал сөйлесиў ҳәм адамлар арасында бирликти пайда ететуғын қураллардың бири болып қалмақта.

Санлы дәўирде де радио өз әҳмийетин жоғалтпады. Оның тыңлаўшыларға тиккелей жетип барыў ҳәм қурамалы мәселелерди әпиўайы түрде жеткериў қәбилети тыңлаўшыларды тартады. Бүгин радио мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў ҳәм жәмийетти бирлестириўде әҳмийетке ийе.

Радио күни менен барлық тыңлаўшыларды ҳәм радиоға хызмет етип атырғанларды қутлықлаймыз!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда китап оқыған қамақтағы шахслардың жаза мүддети қысқартылады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде китап оқыған қамақтағылардың жаза мүддети қысқартылатуғыны айтылды. Онда судланғанларды әдеп-икрамлылық жағынан дүзетиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Бул нызам жойбарына бола, қамақтағылардың жазаны өтеў мүддетин өзин-өзи тәрбиялаў арқалы дүзелиў жолына өткенлигин тастыйықлайтуғын ҳәрекетлерди орынлағанлығы мүнәсибети менен азайтыў нәзерде тутылмақта.

Бул жойбар менен Жынаят кодексине китап оқыўға тартыў арқалы қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жағынан дүзетиў бойынша жаңа 74-1-статья киргизилмекте. Оған бола, тек ғана жаза мүддетин толық өтеўи керек болған қамақтағыларға байланыслы тастыйықланған дизим бойынша 1 китап оқыған ҳәм белгиленген тәртипте имтихан тапсырған жағдайда жазасын 3 күнге қысқартыў нәзерде тутылмақта.

Онда жылына көби менен 10 китап оқыў мүмкин екенлиги белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда Президент олимпиадасы шөлкемлестириледи

Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында Өзбекстанда Президент олимпиадасының шөлкемлестирилетуғынлығы мәлим етилди, деп хабар береди Daryo.uz.

Атап өтилиўинше, жылына еки мәрте аймақларда олимпиада спорт түрлери бойынша "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысларын өткериў жолға қойылады. Район ҳәм ўәлаяттағы сыйлы орын ийелерин ҳәкимлер хошаметлеп барады.

Ўәлаят басқышының жеңимпазлары ҳәр жылы 10-20-декабрь күнлери Олимпиада қалашасында өткерилетуғын Президент олимпиадасында қатнасады. Жарыс жеңимпазлары болса үй, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи. Онда 1-2 курс оқыўшыларына стипендия төлеў жолға қойылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube