KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бақшадағы жағдай бойынша рәсмий мүнәсибет

Социаллық тармақлар арқалы жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болып атырған унамсыз жағдайлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен исши топар дүзилип, мониторинг өткерилген. Бүгинги күнде бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик, жеке, шаңарақлық, жеке-шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жоқарыда айтылған унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен мониторинг өткериў режелестирлгенлигин хабарлайды.

Егерде сиз усындай унамсыз жағдайлардың гуўасы болсаңыз ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң исеним телефон номери (61) 222-94-45 ҳәм @QRmshmbministrligi_bot қа мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аўыр жүк көтериў денсаўлық ушын қәўипли

Егер аўыр жүк көтериў нәтийжесинде қарныңызда пайда болған жағымсыз сезим ямаса аўырыў алты саат даўамында тәкирарланбаса, оның қәўипли тәрепи жоқ ҳәм ҳеш нәрсе жүз бермеген.

Бирақ бул ўақыт аралығында аўырыўлар қайталанса яки қарында тартылыс бақланса, әлбетте, шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

Аўырыўлар ийилиў ўақтында белде, жамбас ҳәм қарын аймағында бақланыўы мүмкин.

Буннан тысқары, кеўил айныўы, киндик әтирапындағы тери реңиниң өзгериўи, киндик жарасы пайда болыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Россияда мигрантларға банкте есап бетин ашыў қадаған етиледи

Россияда енди сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ушын есап бетлерин ашыў қадаған етиледи.

Хабарға бола, 5-февральдан баслап Россияда қалыў ушын нызамлы тийкарға ийе болмаған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға қарата мәмлекеттен шығарып жибериў тәртиби қолланылады.

Бундай пуқаралар қадағаланатуғын шахслар ушын жаратылған реестрге киргизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT енди жеке компьютериңизди басқара алады

ChatGPT енди сизиң компьютериңизди басқарып ғана қоймастан, ал пайдалы ЖИ жәрдемшиси болыўы мүмкин.

Боттан сатып алыў, самолёт билетин сатып алыў, почтаны таңлап алыў, жақын жердеги кешки аўқат ушын буйыртпа, электрон кестени толтырыў ҳәм басқа да көплеген нәрселерди сораў мүмкин.

Ол браузерде ислейди. ChatGPT'де сүўретти анықлаў мүмкин, соның ушын сиз аўқатлар дизимин қолда жазыўыңыз ҳәм буйыртпа бериў ушын ChatGPT'ге жибериўиңиз мүмкин.

Ҳәзир тек АҚШтағы Pro жазылыўшылары пайдалана алады, кейин ала ол басқа мәмлекетлердеги Plus пайдаланыўшылары ушын да кеңейтиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Автомобильди мәс ҳалында басқарғанлығы ушын жәрийма муғдары арттыралмақта;

Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» белгиси менен тамғалаўға руқсат бериледи;

Бажыхана жыйымларының жаңа ставкалары тастыйықланды;

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының жумысы сапластырылады;

Нөкисте бақша тәрбияшысы балаларға зорлық ислетти – ҳәдийсе жәмийетшилик додалаўында;

Студент жасларға контракт төлемлериниң 35%и төлеп бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қол неге терлейди?

Қол терлеўи көпшилик адамларда бақланатуғын жағдайлардың бири. Бул анық бир кеселлик емес, ал түрли кеселликлердиң белгиси болыўы мүмкин. Оны анықлаў ушын наўқас, әлбетте, шыпакер тексериўинен өтиўи керек.

Көпшилик жағдайларда қол терлеўине төмендеги кеселликлер себеп болады:

➤бүйрек үсти безлериниң интенсив ислеўи;
➤ қалқан тәризли без хызметиниң бузылыўы;
➤ қантлы диабет;
➤ вегетатив нерв системасы хызметиниң бузылыўы;
➤ стресс ҳәм турақлы руўҳый қыйыншылықлар.

Егер сизде де қол алақанларының терлеўи тоқтамай, созылмалы даўам етип атырған болса, дәрҳал терапевт, невропатолог ямаса эндокринолог шыпакерлердиң көригинен өтиўиңиз, гипергидроз себеплерин анықлап, тийисли илажларды көриўге ҳәрекет етиўиңиз керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстандағы халқы ең аз район ҳәм қалалардың дизими жәрияланды

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына муўапық, 2025-жыл 1-январь жағдайына бола Өзбекстанда турақлы халық саны 37,5 миллионды қураған.

Халқы ең аз район ҳәм қалалар төмендегилер:

🔹 Ғазған қаласы (Наўайы ўәлаяты) - 9,3 мың адам;
🔹 Тамды районы (Наўайы) - 15,3 мың;
🔹 Ширин қаласы (Сырдәря) - 19,4 мың;
🔹 Қараўылбазар районы (Бухара) - 20,3 мың;
🔹 Бозатаў районы (Қарақалпақстан Республикасы) - 21,9 мың;
🔹 Янгиабад районы (Жиззах) - 30,2 мың;
🔹 Мойнақ районы (Қарақалпақстан Республикасы) - 33,9 мың;
🔹 Кенимех районы (Наўайы) - 37,2 мың;
🔹 Тахтакөпир районы (Қарақалпақстан Республикасы) - 38,9 мың;
🔹 Учқудуқ районы (Наўайы) - 39,7 мың.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
#Фоторепортаж

❄️Пайтахт аппақ түске енгенде…

🌨Бүгин, 10-февраль күни пайтахтымыз Нөкис қаласында қыс мәўсиминиң көптен күтилген ўақыясы – қар жаўды.


Қыстың өзгеше көрки, тәбияттың әжайып гөззаллығы халқымызды өзгеше қуўанышқа бөлеп, кеўиллерге пәклик бағышламақта.

📸Фотосүўретлер авторы Ислам Матеков.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди Face ID‘ден өтпей төлем қосымшаларынан пул өткерилмейди

Өзбекстанда банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң мобиль қосымшаларында идентификациядан өтпей, шығыў операцияларын орынлаў имканиятын шеклеў талап етилмекте.

Атап айтқанда, усы жылы 7-февральдан баслап мобиль қосымшаларда идентификациядан өтпеген қарыйдар картадан картаға өткермелерди әмелге асыра алмайды. Бул ҳаққында Орайлық банк тәрепинен банклерге тийисли көрсетпе хаты жиберилген.

Тәртипке бола, егер пайдаланыўшы мобиль қосымшаға жаңа қурылмадан кирген болса, парольди ҳәм "арнаўлы код"ты дурыс терсе де, идентификациядан өтпегенше, әмелият орынлай алмайды.

2025-жыл 10-февральдан баслап бул талаплар орынланбаған жағдайда, барлық алдаўшылық операциялары нәтийжесинде қарыйдарға жеткерилген зыянлар қаржы шөлкеми тәрепинен қапланады, делинеди регулятор хатында.

Үйрениўлер даўамында айырым банклер ҳәм төлем қосымшаларында Face ID'ден өтпестен операция ислеў имканияты жоқ екенлиги анықланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Саудия балаларды Ҳажға алып барыўды қадаған етти

Саудия Арабстаны Ҳаж ҳәм Умра министрлиги 2025-жыл мәўсиминде зыяратшыларға балаларды алып келиўге руқсат берилмейтуғынлығын мәлим етти, деп жазады Yuz.uz.

Ҳәр жылы Ҳаж ўақтында ҳәдден тыс көп адам жыйналыўы мүнәсибети менен балалар қәўипсизлигин тәмийинлеўде машқалалар пайда болмаўы ушын усындай қарар қабыл етилген.

Сондай-ақ, мәўсимди және де шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде қәўипсизлик бойынша түсиник компаниясы, муқаддес зыярат етиў орынларында ҳәрекетти басқаратуғын ҳәм тәртипке салатуғын ақыллы системаларды әмелиятқа енгизиў, қолайлылықты арттырыў ҳәм мәресимлер процесин аңсатластырыў ушын қоныў орынлары ҳәм жолларды жаңалаў сыяқлы және бир қатар жаңа илажлар енгизилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ендигиден былай мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

Мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ЭСҚ) жәрдеминде қол қойылады.

Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

▪️жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;
▪️процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;
▪️мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты пайда болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алды алынады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылда медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди

Президент пәрманына бола, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, олардың мийнет өнимдарлығын баҳалаў көрсеткишлерин ислеп шығып, нәтийжелиликке ерискен хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төлеў енгизиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube