Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» белгиси менен тамғалаўға руқсат бериледи
Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыў тәртиби ҳаққында ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:
➖Өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыў тәртиби;
➖«Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырылған өним ҳәм хызметлерди дәўирлик баҳалаў.
Қарарға бола, өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапдарына муўапық сертификатластырыў органы шөлкемлестириледи. Өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыўда ҳәм оларға қарата талапларды белгилеўде Ислам мәмлекетлери стандартлары ҳәм метрология институты (SMIIC) тәрепинен қабылланған және рәсмий халықаралық көлемдеги стандартларға үстемлик ҳуқықы бериледи.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Барлық мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң веб-сайтлары енди gov.uz платформасында жүргизиледи
Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен 2025-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик органлардың рәсмий веб-сайтлары тек ғана бирден-бир платформада (gov.uz) жүргизилиўи белгиленеди.
Мәмлекет органларының басшылары шөлкеминиң рәсмий веб-сайты бирден-бир платформада жүргизилиўи ушын жуўапкер есапланады.
«Киберқәўипсизлик орайы» МЮК Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте бирден-бир платформаны ҳәр алты айда бийғәрез түрде киберқәўипсизлик талапларына муўапық екенлигин экспертизадан өткереди.

Өзбекстанға 2024-жылы қанша турист келгенлиги мәлим етилди
Статистика агентлигиниң хабарына бола, Өзбекстанға 2024-жылы жәми 8,2 млн шет ел пуқаралары туристлик мақсетлерде келген. Соннан: Ҳаяллар – 4077,1 мың (49,8%), еркеклер – 4104,3 мың (50,2%).
2024-жылдың басынан туристлер ағымы ҳәр ай салмақлы түрде артып бармақта. Европа аўқамы мәмлекетлеринен 2024-жылдың январь айында 4601 пуқара, январь–март айларында жәми 1 млн 519,3 мың шет ел пуқаралары туристлик мақсетте Өзбекстанға келген.
5 айда болса 2,8 млннан артық шет ел пуқаралары Өзбекстанда болған. Солардың 10,6 мыңы АҚШтан келген. 1-октябрьге шекем келгенлер саны жәми 5,7 млнды қураған.

Бажыхана жыйымларының жаңа ставкалары тастыйықланды
Министрлер Кабинетиниң «Бажыхана жыйымлары ставкаларын тастыйықлаў ҳаққында» қарары қабыл етилди.
Қарар менен төмендегилер нәзерде тутылған ҳалда Бажыхана жыйымларының ставкалары тастыйықланды:
➖Товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар муғдары бажыхана органлары тәрепинен ҳәрекетлерди әмелге асырыў менен байланыслы болған қәрежетлердиң шамаланған қунынан келип шығып белгиленеди;
➖Бажыхана органларының жумыс ўақтынан тыс бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйым муғдары 8 есеге кемейтилди;
➖Бажыхана аймағында ҳәм сыртта қайта ислеў бажыхана режимлеринде өндирилетуғын жыйым муғдары 2 есеге кемейтилди;
➖Дәслепки декларациялаў әмелге асырылғанда өндирилетуғын жыйымға 20% муғдарында шегирме усынылады;
➖Транзит бажыхана режими ушын БЕМның 25% муғдарында жыйым белгиленеди;
➖Халықаралық курьерлик посылкаларының 1 кг ушын БЕМның 2%и муғдарында жыйым белгиленди.

Тайынлаў
Жумамуратов Бердах Жаббарбергенович – «Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы» жойбарлаў офиси директоры лаўазымына тайынланды.

Хасанов Улуғбек Курбанбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы директоры етип тайынланды.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының жумысы сапластырылады
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 24-январдағы ПҚ-25-санлы қарарына тийкарланып, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы негизинде Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының искерлиги тоқтатылады.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша жумысшы топар өз жумысын алып бармақта, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги.

Қытайдың DeepSeek чатботы ChatGPT'ды артта қалдырды
Қытайдың DeepSeek чатботы бир ўақыттың өзинде алты мәмлекетте AppStore рейтингинде биринши орынды ийелеген, деп жазады Ict.xabar.uz. Ол ҳәтте АҚШта ChatGPT'дан да өтип кеткен.
Жаңа DeepSeek R1 барлық тийкарғы критерияларда OpenAI o1 моделин артта қалдырды. Буннан тысқары, ол бийпул ҳәм API менен ислеў бир неше есе арзан.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайдың DeepSeek чатботы бир ўақыттың өзинде алты мәмлекетте AppStore рейтингинде биринши орынды ийелеген, деп жазады Ict.xabar.uz. Ол ҳәтте АҚШта ChatGPT'дан да өтип кеткен.
Жаңа DeepSeek R1 барлық тийкарғы критерияларда OpenAI o1 моделин артта қалдырды. Буннан тысқары, ол бийпул ҳәм API менен ислеў бир неше есе арзан.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў
Ережепов Батыр Абдиреймович - Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.
Б.Ережепов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жуўапкершиликли лаўазымда ислеп келген.

Өзбекстанда дрон ислеп шығарыў жолға қойылады
Малайзияның Meraque компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Янгийўл районындағы Аўыл хожалығын механизацияластырыў илимий-изертлеў институты аймағында ақыллы аўыл хожалығы техникалары ҳәм дронларды жергиликлилестирген ҳалда ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Малайзияның Meraque компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Янгийўл районындағы Аўыл хожалығын механизацияластырыў илимий-изертлеў институты аймағында ақыллы аўыл хожалығы техникалары ҳәм дронларды жергиликлилестирген ҳалда ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қытайлы аспаз ең жиңишке лағманды созып, рекорд орнатты
Қытайлы аспаз қолдан таярланған ең жиңишке лағман менен жаңа жәҳән рекордын орнатты, деп жазады Qalampir.uz.
Атап өтилиўинше, Италияның Милан қаласында болған телекөрсетиўде қытайлы аспаз Ли Енхай тамашагөйлер ҳәм төрешилерди таң қалдырған. Ол лағманды қолда 0,18 миллиметр қалыңлықта жайыўға ерискен. Бул болса жаңа жәҳән рекорды сыпатында атап өтилген.
Буннан алдын да ең жиңишке лағман таярлаў бойынша рекорд ийеси Ли Енхай болған, бирақ кейин ала оның нәтийжеси басқа аспаз тәрепинен жаңаланған еди. Енди болса қытайлы уста өз рекордын қайта тиклеп, төрешилерди өзине тән шеберлиги менен ҳайран қалдырды.

Омега-3 ҳақыйқатында да қартайыў процесин пәсейтетуғыны дәлилленди
Швейцариялы изертлеўшилер омега-3 ти ҳәр күни қабыл етиў денедеги тәбийий қартайыў процесин пәсейтетуғынын дәлилледи. Илимий изертлеўде 70 ҳәм оннан үлкен жастағы 777 адам қатнасты. Илимпазлар тәрепинен берилген нәтийжелер Nature Aging журналында басып шығарылды.
Үш жыл даўамында ҳәр күни бир грамм омега-3 қабыл еткен саламат кекселердиң биологиялық жасы басқа қатнасыўшыларға қарағанда үш айға жасырақ болыўы анықланды. Буннан тысқары, рационға Д витаминин қосыў ҳәм физикалық шынығыўлар (ҳәптеде үш мәрте 30 минуттан) бул нәтийжени төрт айға арттырды.
Илимпазлар омега-3 тиң қартайыў тезлигине тәсирин баҳалаў ушын эпигенетикалық саатлар деп аталатуғын биологиялық қураллардан пайдаланды.
Епигенетикалық саат бул тоқымалар, клеткалар ҳәм органлардың биологиялық жасын анықлаўға жәрдем беретуғын арнаўлы ДНК белгилер топламы есапланады.

Нөкисте бақша тәрбияшысы балаларға зорлық ислетти – ҳәдийсе жәмийетшилик додалаўында
Социаллық тармақларда Нөкистеги бақшалардың биринде тәрбияшы ҳәм оның жәрдемшиси балаларға қолайсыз мүнәсибетте болған видеолар кең тарқалды. Олардың биринде тәрбияшы балалардан биреўин теўип, жылағанда оны сүйреп атырғаны көринген. Және бир видеода болса жылап атырған бала тапочка менен урылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының мәлим етиўинше, бул жағдайлар 2024-жыл ноябрь айында Нөкис қаласындағы жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшы Р.Ш. ҳәм оның жәрдемшиси Д.С. тәрепинен исленген.
Ўақыя бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта. Соның менен бирге, жағдай жәмийетшиликтиң итибарына түсип, көплеген пикирлердиң билдирилиўине себеп болып атыр. Ата-аналар ҳәм пуқаралар балалар ҳуқықларын қорғаў зәрүрлигин атап өтпекте.

Студент жасларға контракт төлемлериниң 35%и төлеп бериледи
️Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеген, әскерий бөлимлер командирлигиниң усыныснамасына ийе болған, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў шөлкемлерине төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлердиң төлемли-контракт муғдарының 35%ин Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен төлеп бериў бойынша арзаларды қабыл етиў басланды.
️Арзалар Жоқары оқыў орынларының басланғыш шөлкем басшылары тәрепинен қабылланады.

Енди гаджетлерди инсан денеси арқалы зарядлаў мүмкин болады
АҚШ илимпазлары гаджетлерди инсан денесинен өтип атырған радиочастота энергиясы есабынан зарядлаўды үйренди, деп хабар береди Ict.xabar.uz.
Технология еле дәслепки басқышларда, ол ҳәзирше тек ғана аралықтан басқарыў пультлери ҳәм калькулятор сыяқлы әпиўайы қурылмаларды қуўатландыра алады.
Илимпазлар келешекте ақыллы саатлар, наушниклер ҳәм медициналық әсбапларды қуўатландырыў ушын оның нәтийжелилигин арттырыўды жобаластырып атыр.

Кефир стрессти жеңиўге жәрдем береди
Кефирдиң қурамындағы сүт кислотасы бактериялары тынышландыратуғын тәсирге ийе екенлиги илимпазлар тәрепинен дәлилленген.
Буннан тысқары, кефирде триптофан аминокислотасы бар болып, оннан "қуўаныш гормони" – серотонин пайда болады. Ол стрессли кеселликлерден кейин психологиялық жағдайды жақсылайды.
Уйқылаўдан алдын ишилген бир стакан кефир асқазанға жеңиллик берип, жақсы дем алыўға жәрдем береди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бақшадағы жағдай бойынша рәсмий мүнәсибет
Социаллық тармақлар арқалы жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болып атырған унамсыз жағдайлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен исши топар дүзилип, мониторинг өткерилген. Бүгинги күнде бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик, жеке, шаңарақлық, жеке-шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жоқарыда айтылған унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен мониторинг өткериў режелестирлгенлигин хабарлайды.
Егерде сиз усындай унамсыз жағдайлардың гуўасы болсаңыз ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң исеним телефон номери (61) 222-94-45 ҳәм @QRmshmbministrligi_bot қа мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Аўыр жүк көтериў денсаўлық ушын қәўипли
Егер аўыр жүк көтериў нәтийжесинде қарныңызда пайда болған жағымсыз сезим ямаса аўырыў алты саат даўамында тәкирарланбаса, оның қәўипли тәрепи жоқ ҳәм ҳеш нәрсе жүз бермеген.
Бирақ бул ўақыт аралығында аўырыўлар қайталанса яки қарында тартылыс бақланса, әлбетте, шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.
Аўырыўлар ийилиў ўақтында белде, жамбас ҳәм қарын аймағында бақланыўы мүмкин.
Буннан тысқары, кеўил айныўы, киндик әтирапындағы тери реңиниң өзгериўи, киндик жарасы пайда болыўы мүмкин.