KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Өзбекстан 2027-жылдан картошкаға мүтәжликти толық өзи қаплайды

Картошка жетилистириўди раўажланыдырыў ушын 400 миллиард сом ажыратылады, деп хабар береди Kun.uz.

Өзбекстанда 2027-жылдан картошкаға мүтәжлик толық ишки имканият есабынан қапланыўы жобаластырылып атыр. Бул ҳаққында президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егин майданларында дәраматлы өним жетилистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген жыйналыста мәлим етилген.

Усы жылы картошка жетилистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы фондынан 400 млрд сом ажыратылады. Шеттен алып келинетуғын туқымлы картошкаға мүтәжлик толық ишки имканият есабынан қапланыўы жобаластырылған, делинеди хабарда.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи

Олий Мажлисте жаңа нызам жойбары – «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет додаланды. Бул нызам биринши оқыўда қабыл етилген.

Жойбарға муўапық, жаңа туўылған перзент ушын әкелерге де орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи көзде тутылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди Әзербайжанға да «қызыл» паспортсыз барыў мүмкин болады

Бул мәселе Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның министрлик және мәкемелери ортасында талқыланған. Оған бола, еки мәмлекет пуқаралары шет елге шығыў паспортын алмай турып, ID-картаның өзи менен шегарадан өтиўи көзде тутылған.

Еслетип өтемиз, ҳәзир Қырғызстанға ID-карта арқалы барып келиў мүмкин. Алдынырақ, Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери миллий ID-карталарын өз ара тән алыў усынысын билдирген еди. Ҳәзир Қазақстан менен усы системаны жолға қойыў бойынша жумыслар алып барылып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Социаллық карта арқалы спиртли ишимликлер ҳәм темеки ушын төлемди әмелге асырыў қадаған етиледи

Нызамшылыққа муўапық, социаллық карта арқалы төленген напақа, компенсация ҳәм басқа төлемлердиң (социаллық төлем) пулларынан социаллық төлемлерди алатуғын шаңарақлардың ағзалары, Кәмбағал шаңарақ рейестрине киргизилген шаңарақлардың ағзалары ҳәм ақырғы 12 ай даўамында «Социаллық карта бирден-бир рейестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп аталатуғын шаңарақлардың ағзаларына спиртли ҳәм темеки өнимлери ушын төлемди әмелге асырыў, сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен усы өнимлер ушын төлемди қабыллаў қадаған етиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студентлер 3-курстан баслап нызамлы түрде ислеўи мүмкин

Ҳүкиметтиң «Билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерге тәжирийбели оқытыўшы-педагогларды алыў илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 15-октябрь сәнесиндеги 646-санлы қарарына муўапық, педагогика бағдарларында күндизги, кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-курсында оқып атырған студентлерге мектеплерде сабақ бериў ҳуқықы берилген.

Бул тәртип мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ЖОО студентлери ушын бирдей әмел етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студентлерге қандай жағдайда стипендия төленбейди?

Егер студент семестр даўамында пәнлердиң 30% ҳәм оннан кемин өзлестирсе, жуўмақлаўшы қадағалаўлардың 30%инде «3» баҳа алса стипендия төленбейди. Мәселен, биринши семестрде 6 пән өтилсе, олардың екеўинен 3 баҳа алса, бундай жағдайда өзлестирилген муғдар 33,3% болады ҳәм стипендия төленбейди, студент 6 ай даўамында стипендиядан айрылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Картошка неге қымбатлады?

Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, картошканың қымбатлаўында бир неше себеплерди кѳрсетиў мүмкин. Мысалы, тәкирар егилген майданлардан жетерли ѳним алынбаған.

2024-жыл ушын тәкирар егилген майданнан 1 млн тонна картошка жетилистирилген, бирақ ноябрь–апрель дәўиринде 1,7 млн тонна зәрүр. Жыйналган ѳним талаптың тек 44%ин қаплайды. Тәкирар егиў ушын керек болған ресурслар болса қымбатлаған.
Мағлыўмат ушын, 1 гектар картошка егиўге 55-60 млн сом сарыпланбақта, бул баска егинлерге салыстырғанда 2–2,5 есе кѳп.

Министрликтиң хабарлаўынша, картошка баҳасы турақлы жағдайға келтирилиўи ушын 245,6 мың тонна картошка резервке алынған. 9,9 мың тонна ѳним базарларға шығарылды.

Сондай-ақ, Аўғаныстан, Қырғызстан, Пәкистан ҳәм Иран мәмлкетлеринен 94,2 мың тонна картошка импорт етилген.

Апрель-май айларында жаңа ѳним базарға шығарылады ҳәм картошка баҳасының арзанлаўына ерисиледи. Февраль-май айларында баҳалар турақлы жағдайға келеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Айырым шаңарақлар гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз алыўы мүмкин;

1-февральдан «Даўыт ата» шегара өткериў пункти жүк автомобильлеринен басқа ҳәмме ушын 3 айға жаўылады;

«Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими 1-февральдан басланады;

Әдиллик басқармаларының баслықлары үстеме алады;

Өзбекстан шегара пунктлеринде автомобильлер ушын электрон нәўбет енгизиледи;

Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи;

Енди Әзербайжанға да «қызыл» паспортсыз барыў мүмкин болады;

Картошка неге қымбатлады?

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Автомобильди мәс ҳалында басқарғанлығы ушын жәрийма муғдары арттырылмақта

Автомобильди мәс ҳалында басқарғанлығы ушын жәрийма муғдары БЕМның 25 есесинен (9,7 млн сом) 40 есесине (15 млн сом) арттырылмақта.

Транспорт басқарыўшысы тәкирар мәс ҳалында рольге отырса, 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айрылыўы, 2 жылдан 3 жылға шекем тәртип дүзетиў жумысларына жиберилиўи яки 2 жылдан 3 жылға шекем еркинен айырыў жазасы қолланылыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» белгиси менен тамғалаўға руқсат бериледи

Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыў тәртиби ҳаққында ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

Өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыў тәртиби;

«Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырылған өним ҳәм хызметлерди дәўирлик баҳалаў.

Қарарға бола, өним ҳәм хызметлерди  «Ҳадал» талапдарына муўапық сертификатластырыў органы шөлкемлестириледи. Өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыўда ҳәм оларға қарата талапларды белгилеўде Ислам мәмлекетлери стандартлары ҳәм метрология институты (SMIIC) тәрепинен қабылланған және рәсмий халықаралық көлемдеги стандартларға үстемлик ҳуқықы бериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Барлық мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң веб-сайтлары енди gov.uz платформасында жүргизиледи

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен 2025-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик органлардың рәсмий веб-сайтлары тек ғана бирден-бир платформада (gov.uz) жүргизилиўи белгиленеди.

Мәмлекет органларының басшылары шөлкеминиң рәсмий веб-сайты бирден-бир платформада жүргизилиўи ушын жуўапкер есапланады.

«Киберқәўипсизлик орайы» МЮК Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте бирден-бир платформаны ҳәр алты айда бийғәрез түрде киберқәўипсизлик талапларына муўапық екенлигин экспертизадан өткереди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанға 2024-жылы қанша турист келгенлиги мәлим етилди

Статистика агентлигиниң хабарына бола, Өзбекстанға 2024-жылы жәми 8,2 млн шет ел пуқаралары туристлик мақсетлерде келген. Соннан: Ҳаяллар – 4077,1 мың (49,8%), еркеклер – 4104,3 мың (50,2%).

2024-жылдың басынан туристлер ағымы ҳәр ай салмақлы түрде артып бармақта. Европа аўқамы мәмлекетлеринен 2024-жылдың январь айында 4601 пуқара, январь–март айларында жәми 1 млн 519,3 мың шет ел пуқаралары туристлик мақсетте Өзбекстанға келген.

5 айда болса 2,8 млннан артық шет ел пуқаралары Өзбекстанда болған. Солардың 10,6 мыңы АҚШтан келген. 1-октябрьге шекем келгенлер саны жәми 5,7 млнды қураған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бажыхана жыйымларының жаңа ставкалары тастыйықланды

Министрлер Кабинетиниң «Бажыхана жыйымлары ставкаларын тастыйықлаў ҳаққында» қарары қабыл етилди.

Қарар менен төмендегилер нәзерде тутылған ҳалда Бажыхана жыйымларының ставкалары тастыйықланды:

Товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар муғдары бажыхана органлары тәрепинен ҳәрекетлерди әмелге асырыў менен байланыслы болған қәрежетлердиң шамаланған қунынан келип шығып белгиленеди;

Бажыхана органларының жумыс ўақтынан тыс бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйым муғдары 8 есеге кемейтилди;

Бажыхана аймағында ҳәм сыртта қайта ислеў бажыхана режимлеринде өндирилетуғын жыйым муғдары 2 есеге кемейтилди;

Дәслепки декларациялаў әмелге асырылғанда өндирилетуғын жыйымға 20% муғдарында шегирме усынылады;

Транзит бажыхана режими ушын БЕМның 25% муғдарында жыйым белгиленеди;

Халықаралық курьерлик посылкаларының 1 кг ушын БЕМның 2%и муғдарында жыйым белгиленди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Жумамуратов Бердах Жаббарбергенович – «Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы» жойбарлаў офиси директоры лаўазымына тайынланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Хасанов Улуғбек Курбанбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы директоры етип тайынланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының жумысы сапластырылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 24-январдағы ПҚ-25-санлы қарарына тийкарланып, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы негизинде Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының искерлиги тоқтатылады.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша жумысшы топар өз жумысын алып бармақта, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайдың DeepSeek чатботы ChatGPT'ды артта қалдырды

Қытайдың DeepSeek чатботы бир ўақыттың өзинде алты мәмлекетте AppStore рейтингинде биринши орынды ийелеген, деп жазады Ict.xabar.uz. Ол ҳәтте АҚШта ChatGPT'дан да өтип кеткен.

Жаңа DeepSeek R1 барлық тийкарғы критерияларда OpenAI o1 моделин артта қалдырды. Буннан тысқары, ол бийпул ҳәм API менен ислеў бир неше есе арзан.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Ережепов Батыр Абдиреймович - Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Б.Ережепов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жуўапкершиликли лаўазымда ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда дрон ислеп шығарыў жолға қойылады

Малайзияның Meraque компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Янгийўл районындағы Аўыл хожалығын механизацияластырыў илимий-изертлеў институты аймағында ақыллы аўыл хожалығы техникалары ҳәм дронларды жергиликлилестирген ҳалда ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube