KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Енди ержетпегенлер менен ИИБ емес, Миллий гвардия шуғылланады

Ишки ислер органларының ержетпегенлер ортасында нызамбузыўшылықлар профилактикасына тийисли ўәкилликлери Миллий гвардияға өткерилди.

2024-жыл 5-февральдағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарары менен Ишки ислер органларының ержетпегенлер мәселеси бойынша инспектор-психологлары (үлкен инспектор-психологлары) лаўазымлары Миллий гвардияға өткерилди.

Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясында Балалар менен ислесиў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, ержетпегенлердиң мәселелери бойынша үлкен инспектор-психологлар ҳәм инспектор-психологлар лаўазымлары енгизилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлери ваучер системасы тийкарында қаплап бериледи;

Нөкисте техника университети ашылады;

Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасы арттыралады;

Күнине 9 сааттан көп уйқылаў инсультқа себеп болыўы мүмкин;

Дипломлары туўрыдан-туўры тән алынатуғын TOP-1000лыққа кирген ЖООлардың дизими жәрияланды;

Өзбекстанда орташа айлық ис ҳақы артты;

Өзбекстанда 1-апрельден электр энергиясы ушын тарифлер көтериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым шаңарақлар гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз алыўы мүмкин

2025-жыл февраль айынан баслап Ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкири тәрепинен гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз алатуғын кәмбағал шаңарақлардың дизими қәлиплестириледи.

Кәмбағал шаңарақ ағзаларына шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде ноутбук ҳәм тийкарғы қуралларды сатып алыў ушын гиреўсиз ҳәм процентсиз кредит ажыратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Демократия денсаўлық ушын пайдалы: Коррупцияласқан мәмлекетлерде халықтың саламатлығы жаманырақ екенлиги мәлим болды

Мәмлекетлик хызметлер күшлирек болған бай мәмлекетлерде халық әдетте узақрақ өмир сүреди, денсаўлықты сақлаў системасы да күшлирек болады. 134 мәмлекетте өткерилген изертлеўге бола, тек кәмбағаллық емес, ал демократия ҳәм коррупция да бул мәселеде шешиўши себеплерден есапланады. Изертлеў нәтийжелери PLOS Global Public Health журналында жәрияланған.

Жаңа изертлеўде келтирилиўинше, мәлекетлер өзиниң экономикасының көлемине қарағанда денсаўлықты сақлаў ушын қанша қаржы жумсалғанына қарамастан, демократия, коррупция ҳәм медицина хызметкерлери ортасындағы байланыс өзгериссиз қалған.

Изертлеў нәтийжелерине бола, үлкейгеннен соң қай жерде жасаўына қарамастан, өмириниң дәслепки 20 жылын демократия шәраятында өткерген адамлар, авторитар система шәраятында үлкейген адамларға қарағанда 2,8 жыл көбирк өмир сүрген. Балалар өлими 3,28%ке төмен болған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-февральдан «Даўыт ата» шегара өткериў пункти жүк автомобильлеринен басқа ҳәмме ушын 3 айға жаўылады

Қазақстанның «Тажен» (Өзбекстанның «Даўыт ата») шегара өткериў пункти арқалы шахслар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм руқсат етилген толық аўырлығы 3,5 тоннадан көп болмаған жүк автомобильлериниң ҳәрекети 2025-жыл 1-феврал сәнесинен баслап 3 ай мүддетке ўақтынша тоқтатылады.

Буған себеп шегара өткериў пунктлеринде оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары алып барылыўы деп хабар береди Бажыхана комитети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ертең қар жаўыўы мүмкин

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, 28-январь күни республикамыз аймағында ҳаўа-райы бираз булытлы болады, айырым орынларда қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Температура түнде 3-8° суўық, күндиз 2° суўық-3° жыллы болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Uzbekistan Airways бир күнлик шегирме жәриялады

Uzbekistan Airways авиакомпаниясы эконом ҳәм бизнес класс тарифлерине 30% шегирме жәриялады. Шегирме барлық жөнелислер бойынша тек бир күн – 2025-жыл 28-январь күни әмел етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими 1-февральдан басланады

«Басламалы бюджет» процесслериниң 2025-жылғы 1-мәусими 1-февральдан басланып, 20-мартқа шекем даўам етеди.

Бунда:

▫️Жойбарды киргизиў басқышы – 1-20-февраль;
▫️Сайлап алыў басқышы – 21-февраль – 7-март;
▫️Үгит-нәсиятлаў басқышы – 8-10-март;
▫️Даўыс бериў басқышы – 11-20-март күнлери өткериледи.

Усы жылдағы 1-мәўсим жеңимпазлары 21-март – Наўрыз байрамы күни жәрияланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда халықаралық имтиҳанларға қызығыўшылық артып атыр

2024-жыл статистикасы бойынша халықаралық имтиҳанлар ушын жәми 24534 арза тапсырылған, бул 2023-жылға салыстырғанда 10% өскенин көрсетеди.

Бунда IELTS ең көп тапсырылған имтиҳанға айланды – 14782 арза келип түскен. Соннан 11421и мәмлекет тәрепинен қаржыландырылды.

IELTSтан басқа TORFL/TРКИ – 5774, TOEFL iBTға – 293 арза тапсырылды.

Академиялық имтиҳанларға да талап жоқары болған: SATқа – 2922, GREге – 54, GMATқа – 36 арза келип түскен.

Азия тиллери бойыша имтиҳанлар (TOPIK, HSK, JLPT) да өз орнына ийе болып, жәми 235 арзаны қурайды.

Соннан қарақалпақстанлы 772 жастың арзалары мәмлекет тәрепинен қаплап берилип, 1,5 млрд сом ақша ажыратылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Спиртли ишимликлер жас ҳәм саламат адамлардың жүреги ушын да қәўипли

Спиртли ишимликлер ҳәтте жас ҳәм денсаўлығы жақсы болған адамларда да жүрек пенен байланыслы машқалаларды келтирип шығарады, деп хабар береди Stuttgarter Nachrichten газетасы. Изертлеў процесинде алымлар ЭКГ жәрдеминде жаслардың жүрек урыў ритмин 48 саат бақлайды. Қәнигелер спиртли ишимлик ишиўден алдынғы дәўир, ишиў ўақтындағы дәўир ҳәм тиклениў дәўири ортасындағы парықларды анықлады.

Изертлеўде турақлы түрде спиртли ишимлик ишетуғын 200ден аслам жас еркек ҳәм ҳаяллар қатнасқан. Келтирилиўинше, изертлеў ўақтында қандағы алкоголь муғдарының ең жоқары дәрежеси 2,5 промиллеге жеткен.

«Изертлеўимиз алкогольди өткир түрде ҳәдден тыс ишиўдиң кардиология тәрепинен денсаўлыққа және бир унамсыз тәсирин көрсетип атыр» – деди изертлеў топары ағзасы Мориц Синнер.

Изертлеўшилер спиртли ишимликлер жүрек искерилигине салмақлы тәсир көрсетиўи мүмкин, деген жуўмаққа келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әдиллик басқармаларының баслықлары үстеме алады

2025-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармаларының баслықлары лаўазым айлығының 5%и муғдарында үстеме менен хошаметленип барылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан шегара пунктлеринде автомобильлер ушын электрон нәўбет енгизиледи

«Өзбекстан Республикасының транспорт-логистика системасын еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Өзбекстанның транспорт-логистика системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепсиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

Сондай-ақ, ҳүжжетте белгилениўинше, 2025-жыл 1-июньннен мәмлекет шегарасы арқалы автомобиль өткериў пунктлеринде автотранспорт қуралларының электрон нәўбет системасы енгизиледи. 27-январьдан сынаў тәризинде иске түсирилген Қазақстан менен шегарадағы «Наўайы» бажыхана постында халықаралық жөнелистеги автомобильлер ушын электрон нәўбет системасы енгизилиўи хабарланған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қырғызстанда той ҳәм мерекеге артықша пул сарыплағанлар жәриймаға тартылады

Қырғызстанда той ҳәм мерекелерде артықша қәрежет сарыплағанлар 100 мың сомнан 300 мың сомға шекем ( 15 млн сомнан 45 млн сомға шекем) жәриймаға тартылыўы мүмкин.  Жогорку Кенеш нызам жойбарын жәмийетшилик додалаўына қойды, деп хабар береди Daryo.uz.

Нызам жойбарының мақсети үрип-әдетлер ҳәм мәресимлерди өткериўде артықша қәрежетлерди шеклеў екенлигин айтқан.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Хожаназаров Турганбай Жумамуратович - Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бозатаў районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Т.Хожаназаров тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети баслығыныӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Расбергенов Зинетбай Бердибаевич - Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда ең көп айлық алатуғын кәсиплер қайсылар?

2024-жыл жуўмағы бойынша Өзбекстанда орташа номинал ис ҳақы 5,3 млн сомды қураған. Бул көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда 17,4%ке өскен.

Ең жоқары айлық төленетуғын тараўлар:

◽️Финанс тараўы – 15,2 млн сом;
◽️ Байланыс тараўы – 13,1 млн сом;
◽️ Транспорт тараўы – 8,1 млн сом.

Орташа дәрежедеги айлықлар:

▫️Санаат – 6,4 млн сом;
▫️Саўда – 6,2 млн сом;
▫️Қурылыс – 5,9 млн сом.

Ең кем айлық алатуғын тараўлар:

◾️Денсаўлықты сақлаў – 3,4 млн сом;
◾️Билимлендириў – 3,6 млн сом.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Айдаўшылық курсларында кимлер бийпул оқыўы мүмкин?

Мәмлекетимизде «Жаслар дәптери»не кирген жасларға айдаўшылық курсларында бийпул оқыў имканияты берилген.

«Жаслар дәптери»не кириў ушын yoshlardaftari.uz платформасы, 1093 қысқа номери яки мәҳәлле жаслар жетекшисине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Жоқарыдағы видеода бул ҳаққында толығырақ мағлыўматқа ийе боласыз.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жүрек ҳәм қан айланыўы ҳаққында қызықлы фактлер

🔺Үлкен жастағы адамның денесиндеги қан тамырларының улыўма узынлығы 100 мың километрге жетеди.

🔺Жүрек үлкен жаслы адамның өмири даўамында шама менен 175 млн литр қанды айдайды.

🔺Адамның қан айланыў системасының ең киши элементлери болған капиллярлардың диаметри шаштың диаметринен шама менен 50 мәрте киши.

🔺Жүрек күнине шама менен 7-10 мың литр қанды айдайды.

🔺Адамның жүреги өмири даўамында шама менен 2,5 миллиард мәрте қысқарады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Шамуратов Шухрат Төремуратович «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ Қоспа кәрханасы бас директоры етип тайынланды.

Тайынлаўға шекем Ш.Шамуратов "Қоңырат сода заводы" ЖШЖ ҚК бас директорының ислеп шығарыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан 2027-жылдан картошкаға мүтәжликти толық өзи қаплайды

Картошка жетилистириўди раўажланыдырыў ушын 400 миллиард сом ажыратылады, деп хабар береди Kun.uz.

Өзбекстанда 2027-жылдан картошкаға мүтәжлик толық ишки имканият есабынан қапланыўы жобаластырылып атыр. Бул ҳаққында президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егин майданларында дәраматлы өним жетилистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген жыйналыста мәлим етилген.

Усы жылы картошка жетилистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы фондынан 400 млрд сом ажыратылады. Шеттен алып келинетуғын туқымлы картошкаға мүтәжлик толық ишки имканият есабынан қапланыўы жобаластырылған, делинеди хабарда.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи

Олий Мажлисте жаңа нызам жойбары – «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет додаланды. Бул нызам биринши оқыўда қабыл етилген.

Жойбарға муўапық, жаңа туўылған перзент ушын әкелерге де орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи көзде тутылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube