KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мектеп асханаларында нелерди сатыўға болмайды?

Санэпид комитети мәлимлеме хызмети улыўма билим бериў шөлкемлеринде руқсат етилмейтуғын 38 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлардың дизимин жәриялады.

Бул дизимдеги өнимлерди сатыўға жол қойыў нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгиннен баслап 100 граммлы алтын қуймалар сатыўға шығарылды

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки халықтың инвестиция имканиятларын еле де арттырыў ҳәм қымбат баҳалы металлардың айланбасын кеңейтириў мақсетинде 2025-жылдың 17-январынан баслап 5, 10, 20, 50 граммлы алтын қуймаларға қосымша түрде аўырлығы 100 грамм болған алтыннан таярланған өлшемли қуймаларды коммерция банклери арқалы сатыўға шығарылып атырғанлығын мәлим етти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ойлап табыўшылар ҳәтте қағаздан да қуўатлағыш жаратты

Сингапурда алымлар алты ҳәпте ишинде топырақта пүткиллей бөлеклерге бөлинип кететуғын ҳәм зәҳәрли элементлерди қалдырмайтуғын «қағаз» қуўатлағышларды жаратты, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Литий ҳәм кобалттың орны цинк ҳәм марганец пенен алмастырылады, ислеп шығарыў қәрежетлери литий-ион қуўатлағышлар баҳасының 10%ин қурайды.

Имканият ҳәзирше бар-жоғы 600 мА/саатты қурайды, бирақ олар келешекте технологияны жақсылаўға ўәде берип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды

Әдиллик министрлиги менен биргеликте LexAI ҳуқықый чат-боты жаратылды.

Бул жойбар мәмлекет бюджетиниң қатнасыўысыз, толық бийпул әмелге асырылған. Бүгинги күнде чат-боттың биринши функциясы ҳуқықый мәселелерге тез жуўап бериў имканиятын усынып атыр.

Жақын арада иске түсирилетуғын функциялар:

Ҳүжжет жойбарларын экспертизадан өткериў – нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын онлайн баҳалаў имканияты;

Ҳуқықый әмелиятты анализлеў – пайдаланыўшылардың берген ҳуқықый кейслерин анализ етиў арқалы жуўап қайтарыў;

Ҳүжжет жойбарларын таярлаў – ғәрезсиз ҳүжжет таярлаў конструкторы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айдаўшылық гүўалығы паспорт орнын баса алады

Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер органлары системасында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў сапасын еле де жетилистириў ҳәм тәртиплерди әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары 6-бәнтине муўапық, пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары яки миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсты тастыйықлайтуғын рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет атына ийе болғанлығы себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процессинде паспорттың орнын баса алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT Өзбекстанда ең көп кирилетуғын төртинши сайтқа айланды

ChatGPT 2024-жылдың декабрь айында Өзбекстандағы көп адам пайдаланатуғын сайтлар ишинде төртинши орынды ийеледи.

SEMrush мағлыўматларына бола, платформаға кириўлер саны жыл даўамында 6 млн 261 мың 948,5% ке өсип, 42,73 млнға жетти, деп жазады Daryo.uz.

Жасалма интеллекттиң ғалабалығы ҳүкиметтиң ҳәрекетлери себепли де өсип атыр. Ҳүкимет мәмлекетте жасалма интеллектти енгизиў стратегиясын белсенди раўажландырмақта, билимлендириў бойынша басламаларды әмелге асырып, технологияларды мәмлекетлик хызметлерге интеграция қылып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
АҚШта TikTok хызмети тоқтатылды

АҚШта 19-январьдан TikTok'ты қадаған етиў көзде тутылған нызам күшке кирди, деп хабар береди Qalampir.uz.

18-январь күни АҚШ Жоқары суды TikTok'ты сатыўды яки қосымшаны мәмлекетте пүткиллей қадаған етиўди талап ететуғын нызамды мақуллады. Бундай қарар миллий қәўипсизлик ҳәм TikTok'тың Қытай ҳүкимети менен шамаланған байланысларына тийисли қәўетерлер себепли қабыл етилди.

TikTok екшембиге өтетуғын түнде ислемей қалған, оның қосымшасы App Store'дан да жоғалды. Америкалық пайдаланыўшылар TikTok сервисына ийелик ететуғын Қытайдың ByteDance компаниясы менен байланыслы Capcut, Lemon8, Gauth ҳәм Hypic қосымшалары да ислемей қалғанлығын айтып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Мопед ҳәм скутерлерди айдаўшылық гүўалығысыз басқарғанлар жәриймаға тартылады;

Өзбекстанда аэротакси хызмети енгизиледи;

Мәҳәлле басшыларының ўәкиллик мүддети узайтырылып атыр;

Мектеп асханаларында нелерди сатыўға болмайды?;

Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды;

Айдаўшылық гүўалығы паспорт орнын баса алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2024-жылда ҳәким жәрдемшилери 309 коррупциялық жинаятты әмелге асырған

Өткен жылы Өзбекстанда 5 мың 716 коррупциялық жинаят әмелге асырылған болып, оларда 7 мың адам қатнасқан. Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасында 309 коррупцияға байланыслы жинаятлар ҳәким жәрдемшилериниң хызмети менен байланыслы.

20-январь күни МҒКАда болып өткен брифингде Қоррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызмети Өзбекстандағы коррупциялық жинаятлар туўралы мағлыўмат берди.

Мәлим етилиўинше, 2024-жылы жәми 6 мың 898 шахс тәрепинен 5 мың 716 жинаят исленген. 2023-жылға салыстырғанда коррупцияға байланыслы жинаятлар «Аймақлықгазтәмийнат» АЖ, Суў хожалығы, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм банк тараўында кемейген.

Жоқары билимлендириў, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында болса артқан. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, денсаўлықты сақлаў, кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик тараўларында коррупциялық жинаятлардың салмағы жоқарылығынша сақланып қалып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлери ваучер системасы тийкарында қаплап бериледи

Бул бойынша Президент қарары қабыл етилди.

Оған бола:

2025-жыл 1-февральдан кәсипке оқытыў мақсетинде ажыратылатуғын стипендиялар нәгиранлығы болған шахсларға, сондай-ақ, мүддети 3 айдан көп даўам ететуғын оқыў курсларына қабыл етилетуғын Кәмбағал шаңаралақлар рейестриндеги шаңарақлардың жумыссыз ағзаларына төленеди.

2025-жыл 1-майға шекем жумыссыз халықты, сол қатарда, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша ваучер системасы енгизиледи.

Бул система 2025-жыл 1-февральдан Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында сынақтан өткериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Нөкисте техника университети ашылады

Президент Шавкат Мирзиёев 22-январь күни жоқары билимлендириў ҳәм илим-пән тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Жыйналыста Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары презентация етилди. Оған бола, жаңа бағдарлар ашылып, шет ел методлары енгизиледи, студентлердиң илимий-инновациялық прецесслерде қатнасы кеңейтириледи ҳәм ЖООларға санаат шериклери бириктириледи.

Бул бағдардағы 35 шөлкемди үлкейтиў есесине, 22 техника университети шөлкемлестириледи. Усы жылдың ақырына шекем болса 17 инженерлик мектеби ашылыўы көзде тутылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәденият министрине орынбасар тайынланды

Хожаназаров Ильяс Мухаммедович ― Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

И.Хожаназаров усы күнге шекем экономика тармақларында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2024-жылда төленген контракт төлеминиң 12%ин қайтарып алыў мүмкин

Студентлер төлеген контракт суммасының 12%ин қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Жоқарыдағы видеода үйден шықпай контракт төлеминиң 12% ин қайтарып алыў мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўмат берилген.

Алдын перзентиниң контрактын төлегенде 26 жасқа шекемги болған шеклеў бар еди. Ҳәзир перзенти ушын төлемде жас шегарасы алып тасланған. Өмирлик жолдасы ушын контракт төлегенде болса бул шеклеў сақлап қалынған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасы арттырылады

«KfW» банки (Германия Федератив Республикасы) қатнасыўындағы ««Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-18-сан, 22.01.2025) қабыл етилди, деп жазады Yuz.uz.

Қарарға муўапық, «Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбары бойынша төмендегилер тастыйықланды:

Жойбардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери;

Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде «KfW» банкиниң қарызларын қайтарыў, қосымша ҳақ ҳәм процент төлеўдиң прогноз кестеси;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты медициналық шөлкемлери ушын сатып алынған медицианлық әсбаплардың бөлистирилиўи;

Сатып алынған арнаўлы автотранспорт қуралларының аймақлар бойынша бөлистирилиўи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў, грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер әмелге асырыўшы орган есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Күнине 9 сааттан көп уйқылаў инсультқа себеп болыўы мүмкин

Nordic Health Research жойбары 32 мың адамның қатнасыўында изертлеў өткерди. Алымлар алты жыл даўамында изертлеў қатнасыўшыларын бақлап, олардың уйқы тәртиби ҳәм кеселлик тарийхы ҳаққында мағлыўмат топлайды. Нәтийжелер күнине тоғыз сааттан артық уйқлайтуғын (қатнасыўшыларының 24%и) яки күндиз 90 минуттан көбирек дем алатуғын (қатнасыўшылардың 8%и) адамларда инсульт қәўипи жети-сегиз саат уйқлайтуғын адамларға қарағанда 85% жоқары екенлигин көрсетти.

Алымлардың айтыўынша, ҳәдден тыс көп уйқылаў қан-тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин арттырады. Түнги уйқы даўамлылығы усыныс етилген нормадан өткен қатнасыўшыларда инсульт қәўпи 23%ке артқан. Узақ мүддетли күндизги уйқы да қәўипли болып шықты: Изертлеўде бир ярым сааттан көп дем алыў қан-тамыр кеселликлери итималылығын 25%ке көбейткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, драматург, сценарист Полат Айтмуратов дүньядан өтти. Марҳумның шаңарағына, туўған-туўысқанларына ҳәм кәсиплеслерине терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

П.Айтмуратовтың қәлемине тийисли қарақалпақ киноиндустриясындағы дәслепки «Бир достың болсын» атлы көп сериялы филми халқымыз тәрепинен жақсы күтип алынған еди. Оның көплеген пьессалары мәмлекетлик театрларымызда ҳәм өзбек тилине аўдарылып сахналастырылды. 2014-жылы «Талаплыға нур жаўар», 2020-жылы «Бир достың болсын», 2021-жылы «Алпыс асқар» атлы китаплары баспадан шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Rankings TOP-1000_2025.pdf
1.3 MB
Дипломлары туўрыдан-туўры тән алынатуғын TOP-1000лыққа кирген ЖООлардың дизими жәрияланды

Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 2025-жыл ушын тастыйықланған халықаралық шөлкемлердиң (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education, Academic Ranking of World Universities) рейтингинде жоқары оқыў орынлары арасында биринши 1000 орынды ийелеген сырт ел ЖООларының дизими тастыйықланды.

Мағлыўмат ушын, TOP-1000 ЖООларын тамамлаған студентлерлиң допломлары Өзбекстанда тест сынақларсыз тән алынады.

Бул дизим ҳәр жылы жаңалап турылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда орташа айлық ис ҳақы артты

2024-жылы Өзбекстанда орташа номинал (салық ҳәм басқа төлемлерди өз ишине алған) айлық ис ҳақы 5 млн 357 мың сомды қурады (2023-жылда 4 млн 562 мың болған). Есап-китапларда киши исбилерменлик субъектлериниң ис ҳақылары инабатқа алынбаған.

Өткен жыл январь – декабрь айларында аймақлар бойынша орташа айлық ис ҳақының ең жоқары көрсеткиши Ташкент қаласында бақланған – 9,1 млн сом. Кейинги орынларда Наўайы (6,7 млн сом), Ташкент ўәлаяты (5,1 млн сом), Әндижан ўәлаяты (4,6 млн сом) турыпты. Ең кем орташа ис ҳақы Қашқадәрья (3,8 млн сом), Сурхандәрья (3,8 млн сом) ҳәм Наманган (3,9 млн сом) ўәлаятларында бақланған.

Қарақалпақстан Республикасында болса орташа айлық ис ҳақы 4,7 млн сомды қурайды.

Жыл даўамында билимлендириўде 3,6 млн сом, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлерди көрсетиўде 3,4 млн сомлық орташа ис ҳақы төленген. Бул муғдарлар басқа тараўлардикине салыстырғанда сезилерли дәрежеде төмен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньядағы ең жуқа қағаз ислеп шығарылды

Японияның киши Хидака аўылында ислеп шығарыўшылар дүньядағы ең жуқа қағазды жаратты, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Оның қалыңлығы 0,02 мм, бул адам шашының ярымына тең. Қағаз туттың талшығынан он хызметкер тәрепинен ислеп шығарылған.

Қағаздың тийкарғы буйыртпашылары ески китаплар, сүўретлер ҳәм абыройлы музейлер ушын ҳүжжетлерди тиклейтуғын реставраторлар есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳаяллар еркеклерге қарағанда көбирек уйқылаўы керек

Ҳаялларға еркеклерге қарағанда орташа 20 минут көбирек уйқы керек. Бул ҳаққында Лафборо университети алымлары изертлеў өткерген.

Университет профессоры Жим Хонның сөзлерине бола, «ҳаял мийи» ер адамның мийинен бираз басқаша дүзилген. Ҳаяллар бир ўақыттың өзинде бир неше жумысларды ислеўге әдетленген, соның ушын олардың мийи еркеклердикине қарағанда тезирек ислейди.

Изертлеў шеңберинде қәнигелер Уллы Британияның 200 ден артық халқының минез-қулқын үйренип шығады. Нәтийжеде еркеклер күнине орташа алты саат уйқылаўы керек, деген жуўмаққа келинген. Ҳаялларға болса 20 минут көбирек уйқы керек. Буннан тысқары, уйқы жетиспеўшилиги ҳаялларға күшлирек тәсир етеди: Олар ашыўшақ болып қалады, тез-тез стресс яки түскинликке түсиўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда 1-апрельден электр энергиясы ушын тарифлер көтериледи

Хожалық тутыныўшылар ушын социаллық норма шеңберинде 450 сомлық тариф 600 сом болады.

Өзбекстанда 2025-жыл 1-апрельден газ ҳәм электр энергиясы тарифлери арттырылады – бул ҳүкиметтиң 2024-жыл апрельдеги қарары менен бегиленип қойылған еди. 23-январь күни МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында «Аймақлық электр тармақлары» компаниясы басшылары апрельде болатуғын электр тарифлериниң артыўы бойынша түсиник берди, деп хабар береди Gazeta.uz.

«2024-жыл апрельдеги Министрлер Кабинетиниң 204-санлы қарары шықты. Онда 2024-2025-жыллар ушын бир ўақыттың өзинде тарифлерге тийисли өзгерислер киргизиў көрсетилген. Өзбекстан социаллық республика болғанлыгы, социаллық (қорғаўға мүтәж) қатламға көбирек итибар берленлиги ушын тарифлер бираз ўақыт арттырылмады» – делинеди хабарда.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube