KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Израйыл ҳәм Ҳамас келисимге еристи

Израйыл ҳүкимети ҳәм Ҳамас ўәкиллери Ғаза секторында ҳүжимди тоқтатыў ҳәм тутқынларды азат етиў бойынша келисимге еристи, деп жазады Kun.uz.

Associated Press агентлиги мағлыўматына бола, жойбар төмендеги басқышларды өз ишине алады:
1-басқыш – 42 күн даўамында гиреўде услап турылған 33 Израйыл пуқаралары азат етиледи. Израйыл армиясы болса Ғаза аймағынан шығады.

2-басқыш – барлық ер адамлар азат етилип, Израйыл әскерлери Ғазадан шығып кетеди.

3-басқыш – гиреўде болғанлар ҳәм қайтыс болғанлардың өликлери қайтарылады, Ғазаны қайта тиклеў режеси ислеп шығылып, жаңа басқарыў системасы жаратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Рәсмий мағлыўмат

Тақыятас Ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийетиндеги электр тармақларында қысқа тутасыў болғанлығы себепли авариялық жағдай жүзеге келген. Сонлықтан, электр энергиясын жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылды, дейди Тақыятас Ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийети.

Ҳәзирги ўақытта жүзеге келген авариялық жағдай сапластырылмақта. Тез арада Ыссылық электр станциясы арқалы электр энергиясы жеткерип берилиўи толық қайта тикленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ертең ҳаўа-райы қандай болады?

Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, 17-январь күни республикамыз аймағында ҳаўа-райы бираз булытлы болып, айырым орынларда жаўын-шашын (қар, жаўын) болады, думан түсиўи де мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Температура түнде 1-6° суўық, күндиз 1-6° жыллы болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкисте қар...❄️

Қар жаўып атыр... Ҳәрбир зәрре жер бетине меҳир менен түсип атырғандай. Аппақ қар қыстың ҳақыйқый гөззаллығын көрсетип, кеўилде жыллы сезимлерди оятады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мектеп асханаларында нелерди сатыўға болмайды?

Санэпид комитети мәлимлеме хызмети улыўма билим бериў шөлкемлеринде руқсат етилмейтуғын 38 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлардың дизимин жәриялады.

Бул дизимдеги өнимлерди сатыўға жол қойыў нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгиннен баслап 100 граммлы алтын қуймалар сатыўға шығарылды

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки халықтың инвестиция имканиятларын еле де арттырыў ҳәм қымбат баҳалы металлардың айланбасын кеңейтириў мақсетинде 2025-жылдың 17-январынан баслап 5, 10, 20, 50 граммлы алтын қуймаларға қосымша түрде аўырлығы 100 грамм болған алтыннан таярланған өлшемли қуймаларды коммерция банклери арқалы сатыўға шығарылып атырғанлығын мәлим етти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ойлап табыўшылар ҳәтте қағаздан да қуўатлағыш жаратты

Сингапурда алымлар алты ҳәпте ишинде топырақта пүткиллей бөлеклерге бөлинип кететуғын ҳәм зәҳәрли элементлерди қалдырмайтуғын «қағаз» қуўатлағышларды жаратты, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Литий ҳәм кобалттың орны цинк ҳәм марганец пенен алмастырылады, ислеп шығарыў қәрежетлери литий-ион қуўатлағышлар баҳасының 10%ин қурайды.

Имканият ҳәзирше бар-жоғы 600 мА/саатты қурайды, бирақ олар келешекте технологияны жақсылаўға ўәде берип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды

Әдиллик министрлиги менен биргеликте LexAI ҳуқықый чат-боты жаратылды.

Бул жойбар мәмлекет бюджетиниң қатнасыўысыз, толық бийпул әмелге асырылған. Бүгинги күнде чат-боттың биринши функциясы ҳуқықый мәселелерге тез жуўап бериў имканиятын усынып атыр.

Жақын арада иске түсирилетуғын функциялар:

Ҳүжжет жойбарларын экспертизадан өткериў – нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын онлайн баҳалаў имканияты;

Ҳуқықый әмелиятты анализлеў – пайдаланыўшылардың берген ҳуқықый кейслерин анализ етиў арқалы жуўап қайтарыў;

Ҳүжжет жойбарларын таярлаў – ғәрезсиз ҳүжжет таярлаў конструкторы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айдаўшылық гүўалығы паспорт орнын баса алады

Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер органлары системасында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў сапасын еле де жетилистириў ҳәм тәртиплерди әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары 6-бәнтине муўапық, пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары яки миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсты тастыйықлайтуғын рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет атына ийе болғанлығы себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процессинде паспорттың орнын баса алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT Өзбекстанда ең көп кирилетуғын төртинши сайтқа айланды

ChatGPT 2024-жылдың декабрь айында Өзбекстандағы көп адам пайдаланатуғын сайтлар ишинде төртинши орынды ийеледи.

SEMrush мағлыўматларына бола, платформаға кириўлер саны жыл даўамында 6 млн 261 мың 948,5% ке өсип, 42,73 млнға жетти, деп жазады Daryo.uz.

Жасалма интеллекттиң ғалабалығы ҳүкиметтиң ҳәрекетлери себепли де өсип атыр. Ҳүкимет мәмлекетте жасалма интеллектти енгизиў стратегиясын белсенди раўажландырмақта, билимлендириў бойынша басламаларды әмелге асырып, технологияларды мәмлекетлик хызметлерге интеграция қылып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
АҚШта TikTok хызмети тоқтатылды

АҚШта 19-январьдан TikTok'ты қадаған етиў көзде тутылған нызам күшке кирди, деп хабар береди Qalampir.uz.

18-январь күни АҚШ Жоқары суды TikTok'ты сатыўды яки қосымшаны мәмлекетте пүткиллей қадаған етиўди талап ететуғын нызамды мақуллады. Бундай қарар миллий қәўипсизлик ҳәм TikTok'тың Қытай ҳүкимети менен шамаланған байланысларына тийисли қәўетерлер себепли қабыл етилди.

TikTok екшембиге өтетуғын түнде ислемей қалған, оның қосымшасы App Store'дан да жоғалды. Америкалық пайдаланыўшылар TikTok сервисына ийелик ететуғын Қытайдың ByteDance компаниясы менен байланыслы Capcut, Lemon8, Gauth ҳәм Hypic қосымшалары да ислемей қалғанлығын айтып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

Мопед ҳәм скутерлерди айдаўшылық гүўалығысыз басқарғанлар жәриймаға тартылады;

Өзбекстанда аэротакси хызмети енгизиледи;

Мәҳәлле басшыларының ўәкиллик мүддети узайтырылып атыр;

Мектеп асханаларында нелерди сатыўға болмайды?;

Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды;

Айдаўшылық гүўалығы паспорт орнын баса алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2024-жылда ҳәким жәрдемшилери 309 коррупциялық жинаятты әмелге асырған

Өткен жылы Өзбекстанда 5 мың 716 коррупциялық жинаят әмелге асырылған болып, оларда 7 мың адам қатнасқан. Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасында 309 коррупцияға байланыслы жинаятлар ҳәким жәрдемшилериниң хызмети менен байланыслы.

20-январь күни МҒКАда болып өткен брифингде Қоррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызмети Өзбекстандағы коррупциялық жинаятлар туўралы мағлыўмат берди.

Мәлим етилиўинше, 2024-жылы жәми 6 мың 898 шахс тәрепинен 5 мың 716 жинаят исленген. 2023-жылға салыстырғанда коррупцияға байланыслы жинаятлар «Аймақлықгазтәмийнат» АЖ, Суў хожалығы, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм банк тараўында кемейген.

Жоқары билимлендириў, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында болса артқан. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, денсаўлықты сақлаў, кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик тараўларында коррупциялық жинаятлардың салмағы жоқарылығынша сақланып қалып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлери ваучер системасы тийкарында қаплап бериледи

Бул бойынша Президент қарары қабыл етилди.

Оған бола:

2025-жыл 1-февральдан кәсипке оқытыў мақсетинде ажыратылатуғын стипендиялар нәгиранлығы болған шахсларға, сондай-ақ, мүддети 3 айдан көп даўам ететуғын оқыў курсларына қабыл етилетуғын Кәмбағал шаңаралақлар рейестриндеги шаңарақлардың жумыссыз ағзаларына төленеди.

2025-жыл 1-майға шекем жумыссыз халықты, сол қатарда, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша ваучер системасы енгизиледи.

Бул система 2025-жыл 1-февральдан Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында сынақтан өткериледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Нөкисте техника университети ашылады

Президент Шавкат Мирзиёев 22-январь күни жоқары билимлендириў ҳәм илим-пән тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Жыйналыста Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары презентация етилди. Оған бола, жаңа бағдарлар ашылып, шет ел методлары енгизиледи, студентлердиң илимий-инновациялық прецесслерде қатнасы кеңейтириледи ҳәм ЖООларға санаат шериклери бириктириледи.

Бул бағдардағы 35 шөлкемди үлкейтиў есесине, 22 техника университети шөлкемлестириледи. Усы жылдың ақырына шекем болса 17 инженерлик мектеби ашылыўы көзде тутылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәденият министрине орынбасар тайынланды

Хожаназаров Ильяс Мухаммедович ― Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

И.Хожаназаров усы күнге шекем экономика тармақларында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2024-жылда төленген контракт төлеминиң 12%ин қайтарып алыў мүмкин

Студентлер төлеген контракт суммасының 12%ин қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Жоқарыдағы видеода үйден шықпай контракт төлеминиң 12% ин қайтарып алыў мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўмат берилген.

Алдын перзентиниң контрактын төлегенде 26 жасқа шекемги болған шеклеў бар еди. Ҳәзир перзенти ушын төлемде жас шегарасы алып тасланған. Өмирлик жолдасы ушын контракт төлегенде болса бул шеклеў сақлап қалынған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасы арттырылады

«KfW» банки (Германия Федератив Республикасы) қатнасыўындағы ««Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-18-сан, 22.01.2025) қабыл етилди, деп жазады Yuz.uz.

Қарарға муўапық, «Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбары бойынша төмендегилер тастыйықланды:

Жойбардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери;

Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде «KfW» банкиниң қарызларын қайтарыў, қосымша ҳақ ҳәм процент төлеўдиң прогноз кестеси;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты медициналық шөлкемлери ушын сатып алынған медицианлық әсбаплардың бөлистирилиўи;

Сатып алынған арнаўлы автотранспорт қуралларының аймақлар бойынша бөлистирилиўи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў, грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер әмелге асырыўшы орган есапланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube