KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Мопед ҳәм скутерлерди айдаўшылық гүўалығысыз басқарғанлар жәриймаға тартылады

Өзбекстанда 2025-жыл 1-марттан баслап «А» топардағы айдаўшылық гүўалығысыз мопед ҳәм скутерлерди басқарыў жәриймаға себеп болады.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 17-июльдеги қарары менен әмелдеги Жол ҳәрекети қағыйдаларына бир қанша өзгерислер киргизилген еди. Солардан, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер ушын өз алдына парықлаўшы мәмлекетлик номер белгилери енгизилди.

Оған бола, двигательдиң жумыс көлеми 25 см3 ҳәм оннан артық, бирақ 50 см3тен артпайтуғын, сондай-ақ, электр двигателиниң қуўаты 0,25 киловатт ҳәм оннан артық, бирақ 4 киловаттан көп емес, конструктив тезлиги саатына 25 кмден артпайтуғын, оннан көп, бирақ 50 километрден өтпейтуғын транспорт қураллары ушын өз алдына дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери енгизилди.

Мопед яки скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ЖҲҚХ аймақлық басқармаларының дизимнен өткериў ҳәм имтиҳан алыў бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қуяш панели арқалы ислеп шығарылған электр мың сомнан сатып алынады

Қуяш панелин орнатқан халық тәрепинен өзлериниң зәрүрлигинен артықша ислеп шығарылған электрдың ҳәрбир киловаты ушын 1000 сомнан субсидия бериледи, яғный мәмлекет электрди халықтан 1000 сомнан сатып алады.

Исбилерменлер тәрепинен қуяш, самал, биогаз электр станцияларында ислеп шығарылған ҳәрбир киловатт электр 720 сомнан сатып алынады. Буған байланыслы шәртнаманы дүзиў ушын «Аймақлық электр тармақлары» АЖның район (қала) филиалларына мүрәжат етиў лазым.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда аеротакси хызмети енгизиледи

Өзбекстанда аеротакси хызмети ҳәм VIP такси енгизилиўи күтилип атыр, деп жазады Daryo.uz.

Шавкат Мирзиёевтың БАӘге рәсмий сапары даўамында Өзбекстан Транспорт министри Илҳам Маҳкамов ҳәм БАӘның Jetex компаниясы шөлкемлестириўшиси Адел Мардини ортасында ушырасыў өткерилди. Онда Транспорт министрлиги ҳәм Jetex компаниясы ортасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Келтирилиўинше, бул меморандум Өзбекстан пуқара авиациясы тараўында жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын имкан жаратады. «Ташкент - Шығыс» аеропортында FBO (Fixed Base Operator) формасында мәмлекет жеке шериклиги тийкарында VIP ҳәм CIP қарыйдарларға хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырады.

Усы жойбар шеңберинде киши авиация тараўында оңлаў, сатыў ҳәм сақлаў хызметлери жолға қойылады. Аеротакси хызмети ҳәм VIP такси енгизиледи. Бул болса туризм тараўының раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мәҳәлле басшыларының ўәкиллик мүддети узайтырылып атыр

Мәҳәлле басшыларының ўәкиллик мүддети 3 жылдан 5 жылға узайтырылып атыр. Мәҳәлле басшылары сайлаўын өткериў ўәкиллиги сенат кеңесинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңесине өткерилмекте.

Депутатлардың нызамшылық басламасы тийкарында ислеп шығылған нызам жойбары үш оқыўда қабыл етилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қубла Корея президенти қолға алынды

Қубла Кореяда тергеўшилер екинши ҳәрекетинде Юн Сок Ёлды қолға алды, деп жазады Daryo.uz.

Ҳәкимияттан шетлетилген президентти биринши мәрте 3-январь күни қолға алыўға ҳәрекет еткен. Бирақ ол ўақытта Юн Сок Ёлдың қорғайтуғын адамлары полицияға қарсылық еткен.

15-январь күни узақ даўам еткен қарама-қарсылықтан соң тергеўшилер президентти Коррупция бойынша тергеў бюросына алып барыўға ерискен.

Юн Сок Ёл буған дейин видеомүрәжат жәриялап, оны қамаққа алыўды «нызамсыз» деп билиўи, бирақ қан төгилиўиниң алдын алыў ушын тергеўшилер ҳәм полицияға бойсыныўға қарар еткенлигин айтқан.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
АҚШта миллиардер Илон Маск судқа берилди

АҚШ Қымбатлы қағазлар ҳәм биржалар комиссиясы (SEC) Илон Маскты 2022-жылда Twitter'диң үлкен бөлегин сатып алғанлығын кеш жәриялағаны ушын судқа берди.

Миллиардер қымбатлы қағазлар бойынша федерал нызамды бузғанлығы айтылмақта. Себеби, ол Twitter акцияларының дәслепки 5%ин сатып алғанлығын жәриялаўды 11 күнге кешиктирген.

SEC қағыйдаларына бола, инвесторлар 10 календар күн ишинде 5% акцияға ийелик етиў шегарасын кесип өткенлиги ҳаққында хабар бериўи шәрт. Маск ушын бул мүддет 2022-жыл 24-мартта тамамланған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Кыличов Атабек Юлдашович
- Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар, санаат ҳәм саўда бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

А.Кыличов тайынлаўға шекем Өзбекстан мәҳәллелери аўқамының Хожели районлық бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Стипендия қашан төленеди?

Жоқары билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўматқа бола:

Ҳәзир 105 ЖООдан 37синде январь айы стипендия төлемлери толық әмелге асырылған.

50 ЖООда есаплаў процесслери тамамланып, төлемлер бойынша сораўнамалар тийисли органларына жиберилген ҳәм ертең банк күни ашылыўы менен төлемлер әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

Қалған 18 ЖООда стипендияларды есаплаў жумыслары даўам еттирилип атыр. Техникалық қәте-кемшиликлер программистлер тәрепинен туўрыланып, бул төлемлер де ертең әмелге асырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Илажларда бийпул нәрселерди тарқатыў арқалы пуқараларды тартыў мүмкин емес

Нызамшылыққа муўапық, ғалабалық илаж шөлкемлестириўшиси илажға реклама, акция ҳәм басқа мақсетлерде азық-аўқат, буйымлар және басқа өнимлер ҳәм товар-материаллық байлықларды бийпул тарқатыў яки ҳәдден тыс арзанластырылған баҳада сатыў арқалы пуқараларды тартыўға жол қойылмаўы керек.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Израйыл ҳәм Ҳамас келисимге еристи

Израйыл ҳүкимети ҳәм Ҳамас ўәкиллери Ғаза секторында ҳүжимди тоқтатыў ҳәм тутқынларды азат етиў бойынша келисимге еристи, деп жазады Kun.uz.

Associated Press агентлиги мағлыўматына бола, жойбар төмендеги басқышларды өз ишине алады:
1-басқыш – 42 күн даўамында гиреўде услап турылған 33 Израйыл пуқаралары азат етиледи. Израйыл армиясы болса Ғаза аймағынан шығады.

2-басқыш – барлық ер адамлар азат етилип, Израйыл әскерлери Ғазадан шығып кетеди.

3-басқыш – гиреўде болғанлар ҳәм қайтыс болғанлардың өликлери қайтарылады, Ғазаны қайта тиклеў режеси ислеп шығылып, жаңа басқарыў системасы жаратылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Рәсмий мағлыўмат

Тақыятас Ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийетиндеги электр тармақларында қысқа тутасыў болғанлығы себепли авариялық жағдай жүзеге келген. Сонлықтан, электр энергиясын жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылды, дейди Тақыятас Ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийети.

Ҳәзирги ўақытта жүзеге келген авариялық жағдай сапластырылмақта. Тез арада Ыссылық электр станциясы арқалы электр энергиясы жеткерип берилиўи толық қайта тикленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ертең ҳаўа-райы қандай болады?

Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, 17-январь күни республикамыз аймағында ҳаўа-райы бираз булытлы болып, айырым орынларда жаўын-шашын (қар, жаўын) болады, думан түсиўи де мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Температура түнде 1-6° суўық, күндиз 1-6° жыллы болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкисте қар...❄️

Қар жаўып атыр... Ҳәрбир зәрре жер бетине меҳир менен түсип атырғандай. Аппақ қар қыстың ҳақыйқый гөззаллығын көрсетип, кеўилде жыллы сезимлерди оятады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мектеп асханаларында нелерди сатыўға болмайды?

Санэпид комитети мәлимлеме хызмети улыўма билим бериў шөлкемлеринде руқсат етилмейтуғын 38 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлардың дизимин жәриялады.

Бул дизимдеги өнимлерди сатыўға жол қойыў нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бүгиннен баслап 100 граммлы алтын қуймалар сатыўға шығарылды

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки халықтың инвестиция имканиятларын еле де арттырыў ҳәм қымбат баҳалы металлардың айланбасын кеңейтириў мақсетинде 2025-жылдың 17-январынан баслап 5, 10, 20, 50 граммлы алтын қуймаларға қосымша түрде аўырлығы 100 грамм болған алтыннан таярланған өлшемли қуймаларды коммерция банклери арқалы сатыўға шығарылып атырғанлығын мәлим етти.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ойлап табыўшылар ҳәтте қағаздан да қуўатлағыш жаратты

Сингапурда алымлар алты ҳәпте ишинде топырақта пүткиллей бөлеклерге бөлинип кететуғын ҳәм зәҳәрли элементлерди қалдырмайтуғын «қағаз» қуўатлағышларды жаратты, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Литий ҳәм кобалттың орны цинк ҳәм марганец пенен алмастырылады, ислеп шығарыў қәрежетлери литий-ион қуўатлағышлар баҳасының 10%ин қурайды.

Имканият ҳәзирше бар-жоғы 600 мА/саатты қурайды, бирақ олар келешекте технологияны жақсылаўға ўәде берип атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды

Әдиллик министрлиги менен биргеликте LexAI ҳуқықый чат-боты жаратылды.

Бул жойбар мәмлекет бюджетиниң қатнасыўысыз, толық бийпул әмелге асырылған. Бүгинги күнде чат-боттың биринши функциясы ҳуқықый мәселелерге тез жуўап бериў имканиятын усынып атыр.

Жақын арада иске түсирилетуғын функциялар:

Ҳүжжет жойбарларын экспертизадан өткериў – нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын онлайн баҳалаў имканияты;

Ҳуқықый әмелиятты анализлеў – пайдаланыўшылардың берген ҳуқықый кейслерин анализ етиў арқалы жуўап қайтарыў;

Ҳүжжет жойбарларын таярлаў – ғәрезсиз ҳүжжет таярлаў конструкторы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айдаўшылық гүўалығы паспорт орнын баса алады

Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер органлары системасында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў сапасын еле де жетилистириў ҳәм тәртиплерди әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары 6-бәнтине муўапық, пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары яки миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсты тастыйықлайтуғын рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет атына ийе болғанлығы себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процессинде паспорттың орнын баса алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube