❗️Өзбекстанда материаллары тарқатылыўы қадаған етилген бетлердиң дизими жәрияланды
Жоқары суд интернетте диний экстремистлик, террористлик ҳәм догматизм идеялары менен суўғарылған деп табылған ҳәм Өзбекстан аймағына алып кириў, таярлаў, сақлаў, тарқатыў ҳәм қойылыўы қадаған етилген дерек ҳәм контентлердиң жаңаланған дизимин жәриялады.
Бул дизимге 1400 ге жақын веб-сайтлар, социаллық тармақлардағы аудио, видео ҳәм текст форматындағы материаллар, бет ҳәм каналлар киргизилген. Олар Telegram'да 713, Instagram'да 226, Facebook'та 203, TikTok'та 203, YouTube'да 135, OK.ru'да 35 ти қурайды.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

Тайынлаў
Нуримбетов Ильяс Аңсатбаевич - Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры лаўазымына тайынланды.
И. Нуримбетов тайынланыўға шекем Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Медициналық хызметлер сапасын қадағалаў басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады
Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўге шақырды.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12779

2025-жыл «Ашық бюджет» порталында өткерилетуғын жойбарлардың дизими жәрияланды
Оған бола:
1⃣ Январь айында 2024-2025-оқыў жылы ушын «Мениң мектебим» жойбары болып өтеди. Даўыс бериў 13-17-январь күнлери өткериледи.
Жойбардың 2025-2026-оқыў жылына арналған мәўсими октябрь айына мөлшерленген. Жойбарларды киргизиў 1-10-октябрьде, даўыс бериў 21-30-октябрь күнлери болады.
2⃣ «Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими февраль-март айларына режелестирилген. Жойбарларды киргизиў 1-10-февральда, даўыс бериў 11-20-март аралығында болады.
Жойбардың 2-мәўсими июль-август айларында болып өтеди. Жойбарларды киргизиў 15-июльден 3-августқа шекем, даўыс бериў 22-августтан 31-августқа шекем етип белгиленген.
3⃣ «Мениң бағым» жойбары апрель айында өткериледи. 1-10-апрельде жойбарларды киргизиў, 21-30-апрельде болса даўыс бериў болып өтеди.
4⃣ «Мениң бақшам» жойбары июнь айында өткериледи. Жойбарлар ушын даўыс бериў процесси 1-10-июнь күнлерине белгиленген.

2027-жылдан Өзбекстанда пластик пакетлер қадаған етилиўи мүмкин
2027-жылдан баслап пластик пакетлерди ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етилиўи ҳәм экологоялық жақтан зыянсыз пакетлерден пайдаланыў хошаметлениўи мүмкин.
Өзбекстанда 2025-2027-жылларға белгиленген пластик пенен патасланыўды кемейтиў бойынша миллий бағдарлама жойбарын ислеп шығыў режелестирилип атыр.
Бул жәмийетшилик додалаўына қойылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл жкономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама» жойбарында нәзерде тутылған.

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады
Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ талапларына муўапықластырылады.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12780

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта
Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылыўы жобаластырылмақта. Бул ҳаққында 2025-жыл ушын арналған мәмлекетлик бағдарлама жойбарында көзде тутылған.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12781

❗️Миграция агентлиги Қазақстан Республикасындағы Өзбекстан пуқараларын ескертти
Қазақстан Республикасы аймақларында ҳаўа-райының кескин суўытыўы нәтийжесинде жолларда ҳәрекетлениў менен байланыслы қолайсызлықлар жүзеге келмекте.
Магистрал жолларда күшли қар боранлары ҳәм музлаў жағдайлары бақланып атыр. Бул автожолларда ҳәрекетлениўде қыйыншылықларды келтирип шығармақта.
Усы мунәсибет пенен, қоңсы мәмлекеттеги Өзбекстан пуқараларынан жолларда ҳәрекетлениўде барлық қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўди, жүдә зәрүр болғанда поезд яки самолётқа миниўди, зәрүрлик болмаса узақ аралықлы жолларда транспорт қуралларында ҳәрекетленбей турыўды соранамыз, дейди Миграция агентлиги.

Дүньядағы ең кәмбағал президент рактан емлениўге қарсылық билдирди
Уругвайдың ески президенти Хосе Мухика рак кеселлигин емлеўден бас тартты ҳәм ўатанласлары менен хошласты, деп хабар береди Daryo.uz.
«Қызылөңештеги рак баўырымды ийелеп атыр. Мен оны ҳеш нәрсе менен тоқтата алмайман. Неге? Себеби мен қартайдым ҳәм еки созылмалы кеселим бар. Маған химиялық емлеў де, хиррургия да мас келмейди, денем буған шыдай алмайды» деди ол.
Сыясатшы 2012-жылы BBC тәрепинен көпшилик сайлаўшылар сыяқлы жасағанлығы ушын дүньядағы ең кәмбағал президент деп табылған еди.
Мухика, буннан былай интервью бермейтуғынлығын ҳәм емлениўди жобаластырмағанлығын айтқан.
Президентлик дәўиринде Хосе Мухика сарайда жасаўдан бас тартқан, оның орнына айлығының үлкен бөлегин қайырқомлық жумысларына сарыплаған. Президентлик лаўазымын ийелеген ўақытта оның мүлки тек 1987-жылғы Volkswagen Beetle автомобили еди.

Өзбекстан армиясы дүньядағы ең күшли армиялар рейтингинде нешинши орында екенлиги жәрияланды
Өзбекстан армиясы дүньяның ең күшли армиялары рейтингинде 145 мәмлекет ишинде 58-орынды ийеледи ийеледи, деп хабар берди Daryo.uz.
Өзбекстан бул нәтийже менен өткен жылғы көрсеткиштен 7 текше жоқарылаған.
Орайлық Азия мәмлекетлери арасынан Қазақстан 57, Түркменстан 77, Қырғызыстан 105, Тәжикстан 108-орынды ийелеген.
Рейтингдеги күшли онлықтан АҚШ, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Қубла Корея, Уллы Британия, Франция, Япония, Түркия ҳәм Италия армиялары орын алған.

Дүньяның ең перспективалы туристлик орынлары дизиминде Өзбекстан биринши орынды ийеледи
Wanderlust саяхат журналы ҳәр жылғы Reader Travel Awards ушын дүньядағы ең унамлы орынларға даўыс бериў бойынша сораўнама өткерди. Бул жылы 168 мың саяхатшы 22 түрли даўыс берди. Оқыўшылар өзлериниң унататуғын бағдарлары ушын да даўыс берген ҳәм Өзбекстанды ең перспективалы раўажланып атырған бағдар деп атаған, дейди Uzbekistan.travel.
Журналда «Өзбекстан өзиниң тарийхый байлықларынан басқа Қызылқум шөлиниң кеңликлеринен баслап Арал теңизи жағаларына шекем болған әжайып көринислерге ийе екенлиги, бирақ бул гөззаллықлар көбинесе итибардан шетте қалыўы» айтылған.
«Бирақ бул Өзбекстанда көриў мүмкин болған барлық нәрсе емес. Мәмлекет аймағында Нурата таўлары жайласқан. Сондай-ақ, Өзбекстанның узақ виношылық тарийхы ҳәм YUNESCOның мәдений мийрасының дизимине киргизилген палаў менен танысыў арқалы өзбек мәдениятына тереңирек сүңгиў имканиятлары да бар» делинеди.

Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
➖ 1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды;
➖ Магистратураға қосымша қабыллаў тийкарында оқыўға киргенлерге тәлим кредити берилмейди;
➖ Ўақтында «кадастр» қылдырмағанлығы ушын жәриймалар кемейтилмекте;
➖ Орайлық банк бир пуқараға ажыратылатуғын карталар санына шеклеў киргизди;
➖ Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди;
➖ 1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий тән алынады;
➖ Әжинияз Қосыбай улының шығармалары түркмен тилинде басылып шықты;
➖ Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўы жолға қойылады;

«Мениң мектебим» жойбары шеңберинде даўыс бериў басқышы басланды
Бүгин, 13-январь күни «Мениң мектебим» жойбары бойынша даўыс бериў басқышы басланды. Бул процесс усы жылдың 17-январына шекем даўам етеди.
Жойбардың өткерилиў тәртиби, даўыс бериў, жеңимпазларды анықлаў ҳәм басқа да процесслер менен жоқарыдағы инфографикаларда толық танысыўыңыз мүмкин.

Студентлердиң стипендиясы неге кешигип атыр?
Хушнудбектиң анықлаўынша, стипендия кешигип атырғанлығының себеби ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў шөлкемлериниң финанслық системасын толық санластырыў жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа жеткен. Сол себепли техникалық тәрептен кешигип атыр.
Буннан мақсет жоқары билимлендириў системасында талан-тараж ҳәм пул «жеў»лердиң алдын алыў, деп жуўап берген тийисли жуўапкер шахслар.
Система дерлик тайын, айырым ЖООларда бүгиннен төлем басланған. Узағы менен 3 күн ишинде басқа ЖООларда да басқышпа-басқыш төлемлер әмелге асырылады, дейди жуўапкерлер. Үлкен бөлеги ертең төленеди.

Алимбетов Байрамбек Нағметович – Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң қаржы-экономика ҳәм инвестиция бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Б.Алимбетов усы күнге шекем Нөкис районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.