KarInform.uz
390 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Экономика ҳәм қаржы министри тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министри лаўазымында Ерлепесов Нуруллан Умирзакович өз жумысын баслады, деп хабар береди ҚР Министрлер Кеңеси.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң екинши сессиясында Қарақалпақстан Руспубликасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Ерлепесов Нуруллан Умирзакович тайынланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Facebook ҳәм Instagram фактчекингди бийкар етежақ

Meta Platforms Inc басшысы Марк Цукерберг Facebook, Instagram ҳәм Threads социаллық тармақларында цензура бар екенлигин тән алды ҳәм контент модерациясы кескин ҳәлсирегенин жәриялады. Бул ҳаққында 7-январь күни социаллық тармақларында жәриялаған видеомүрәжатында мәлим етти, деп жазады Qalampir.uz.

Ҳәзир Meta топарының социаллық тармақларында фактчекинг системасы ислейди. Facebook веб-сайтына бола, буны «ғәрезсиз халықаралық фактчекинг тармағы яки Европа фактчекинг тармағы тәрепинен сертификатланған үшинши тәреп фактчекинг шөлкемлери» әмелге асырады.

Енди Цукерберг бул системаның бийкар етилиўин дағазалады, себеби ол цензураға өтип кеткен. Буның орнына Илон Масктиң X социаллық тармағында әллеқашан әмелде болған Community Notes системасын енгизбекте. Ол жерде пайдаланыўшылардың өзлери қабыл етиўге болмайтуғын қурамлар ҳәм қәтелер ҳаққында шағым етеди. Цукерберг жаңа система «Х сыяқлы» болыўын анық айтты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️Өзбекстанда материаллары тарқатылыўы қадаған етилген бетлердиң дизими жәрияланды

Жоқары суд интернетте диний экстремистлик, террористлик ҳәм догматизм идеялары менен суўғарылған деп табылған ҳәм Өзбекстан аймағына алып кириў, таярлаў, сақлаў, тарқатыў ҳәм қойылыўы қадаған етилген дерек ҳәм контентлердиң жаңаланған дизимин жәриялады.

Бул дизимге 1400 ге жақын веб-сайтлар, социаллық тармақлардағы аудио, видео ҳәм текст форматындағы материаллар, бет ҳәм каналлар киргизилген. Олар Telegram'да 713, Instagram'да 226, Facebook'та 203, TikTok'та 203, YouTube'да 135, OK.ru'да 35 ти қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тайынлаў

Нуримбетов Ильяс Аңсатбаевич - Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры лаўазымына тайынланды.

И. Нуримбетов тайынланыўға шекем Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Медициналық хызметлер сапасын қадағалаў басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўге шақырды.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12779
2025-жыл «Ашық бюджет» порталында өткерилетуғын жойбарлардың дизими жәрияланды

Оған бола:

1⃣ Январь айында 2024-2025-оқыў жылы ушын «Мениң мектебим» жойбары болып өтеди. Даўыс бериў 13-17-январь күнлери өткериледи.

Жойбардың 2025-2026-оқыў жылына арналған мәўсими октябрь айына мөлшерленген. Жойбарларды киргизиў 1-10-октябрьде, даўыс бериў 21-30-октябрь күнлери болады.

2⃣ «Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими февраль-март айларына режелестирилген. Жойбарларды киргизиў 1-10-февральда, даўыс бериў 11-20-март аралығында болады.

Жойбардың 2-мәўсими июль-август айларында болып өтеди. Жойбарларды киргизиў 15-июльден 3-августқа шекем, даўыс бериў 22-августтан 31-августқа шекем етип белгиленген.

3⃣ «Мениң бағым» жойбары апрель айында өткериледи. 1-10-апрельде жойбарларды киргизиў, 21-30-апрельде болса даўыс бериў болып өтеди.

4⃣ «Мениң бақшам» жойбары июнь айында өткериледи. Жойбарлар ушын даўыс бериў процесси 1-10-июнь күнлерине белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2027-жылдан Өзбекстанда пластик пакетлер қадаған етилиўи мүмкин

2027-жылдан баслап пластик пакетлерди ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етилиўи ҳәм экологоялық жақтан зыянсыз пакетлерден пайдаланыў хошаметлениўи мүмкин.

Өзбекстанда 2025-2027-жылларға белгиленген пластик пенен патасланыўды кемейтиў бойынша миллий бағдарлама жойбарын ислеп шығыў режелестирилип атыр.

Бул жәмийетшилик додалаўына қойылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл жкономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама» жойбарында нәзерде тутылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ талапларына муўапықластырылады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12780
Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылыўы жобаластырылмақта. Бул ҳаққында 2025-жыл ушын арналған мәмлекетлик бағдарлама жойбарында көзде тутылған.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12781
❗️Миграция агентлиги Қазақстан Республикасындағы Өзбекстан пуқараларын ескертти

Қазақстан Республикасы аймақларында ҳаўа-райының кескин суўытыўы нәтийжесинде жолларда ҳәрекетлениў менен байланыслы қолайсызлықлар жүзеге келмекте.

Магистрал жолларда күшли қар боранлары ҳәм музлаў жағдайлары бақланып атыр. Бул автожолларда ҳәрекетлениўде қыйыншылықларды келтирип шығармақта.

Усы мунәсибет пенен, қоңсы мәмлекеттеги Өзбекстан пуқараларынан жолларда ҳәрекетлениўде барлық қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўди, жүдә зәрүр болғанда поезд яки самолётқа миниўди, зәрүрлик болмаса узақ аралықлы жолларда транспорт қуралларында ҳәрекетленбей турыўды соранамыз, дейди Миграция агентлиги.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньядағы ең кәмбағал президент рактан емлениўге қарсылық билдирди

Уругвайдың ески президенти Хосе Мухика рак кеселлигин емлеўден бас тартты ҳәм ўатанласлары менен хошласты, деп хабар береди Daryo.uz.

«Қызылөңештеги рак баўырымды ийелеп атыр. Мен оны ҳеш нәрсе менен тоқтата алмайман. Неге? Себеби мен қартайдым ҳәм еки созылмалы кеселим бар. Маған химиялық емлеў де, хиррургия да мас келмейди, денем буған шыдай алмайды» деди ол.

Сыясатшы 2012-жылы BBC тәрепинен көпшилик сайлаўшылар сыяқлы жасағанлығы ушын дүньядағы ең кәмбағал президент деп табылған еди.

Мухика, буннан былай интервью бермейтуғынлығын ҳәм емлениўди жобаластырмағанлығын айтқан.

Президентлик дәўиринде Хосе Мухика сарайда жасаўдан бас тартқан, оның орнына айлығының үлкен бөлегин қайырқомлық жумысларына сарыплаған. Президентлик лаўазымын ийелеген ўақытта оның мүлки тек 1987-жылғы Volkswagen Beetle автомобили еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шавкат Мирзиёев қысқа мүддетли мийнет дем алысын жуўмақлады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қысқа мүддетли мийнет дем алысынан қайтты, деп хабар береди Президент баспасөз хаткери.

Мәмлекет бассышысы 6-январьдан дем алысқа шыққан еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан армиясы дүньядағы ең күшли армиялар рейтингинде нешинши орында екенлиги жәрияланды

Өзбекстан армиясы дүньяның ең күшли армиялары рейтингинде 145 мәмлекет ишинде 58-орынды ийеледи ийеледи, деп хабар берди Daryo.uz.

Өзбекстан бул нәтийже менен өткен жылғы көрсеткиштен 7 текше жоқарылаған.

Орайлық Азия мәмлекетлери арасынан Қазақстан 57, Түркменстан 77, Қырғызыстан 105, Тәжикстан 108-орынды ийелеген.

Рейтингдеги күшли онлықтан АҚШ, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Қубла Корея, Уллы Британия, Франция, Япония, Түркия ҳәм Италия армиялары орын алған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube